Мифологическое обсуждение Байтерек

CC BY f
191-196
27
4
Поделиться
Сапарниязов, Р. (2022). Мифологическое обсуждение Байтерек. Развитие лингвистики и литературоведения и образовательных технологий в эпоху глобализации, 1(1), 191–196. извлечено от https://inlibrary.uz/index.php/dllseteg/article/view/5530
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

В данной статье анализируется мифологическое понятие культа дерево Байтерек. В том числе сравнительно изучается взгляды и мнения мировых ученых дерева байтерек как понятие “дерево жизни”. В результате определяется, что понимание, восприятие дерева Байтерек в качестве вещи, который воплотил в себе сильный жизненный потенциал, считать священным как объект со сверхъестественными качествами привело к его трактовке на уровне культа.


background image

Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari

191

БАЙТЕРЕКТИҢ МИФОЛОГИЯЛЫҚ ТАЛҚЫНЫ ҲАҚҚЫНДА

Р.Сапарниязов –

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети


Аннотация:

Бул мақалада байтерек култының дүнья фольклорында

мифологиялық түсиниклери талқыйын етиледи. Соның менен бирге
байтеректиң “өмир ағашы” түсинигине дүнья алымларының көзқараслары,
пикирлеўлери салыстырмалы изертленеди. Нәтийжеде, байтеректиң жүдә
күшли турмыс потенциалды өзинде жәмлестирген жанлы нәрсе деп түсиниў,
ойлаў ҳәм ғайрийтәбиий қәсийетке ийе болған объект ретинде муқаддес деп
есаплаў дәстүри оның культ дәрежесинде талқыйын етилиўинине алып
келгенлиги белгиленеди.

Таяныш сөзлер:

байтерек, култ, мифология, “өмир ағашы”, “әлем

ағашы”, дәстан, ертек.

Аннотация:

В данной статье анализируется мифологическое понятие

культа дерево Байтерек. В том числе сравнительно изучается взгляды и
мнения мировых ученых дерева байтерек как понятие “дерево жизни”. В
результате определяется, что понимание, восприятие дерева Байтерек в
качестве вещи, который воплотил в себе сильный жизненный потенциал,
считать священным как объект со сверхъестественными качествами привело
к его трактовке на уровне культа.

Ключевые слова:

байтерек, культ, мифология, “дерево жизни”, “дерево

вселенной”, эпос, сказка.

Annotation:

This article deals with the mythological concept cult of the tree

Bayterek. Including the comparative study of the views and opinions of world
scientists of the tree Baiterek as the concept of “tree of life”. As a result, it is
determined that the understanding, perception of the Bayterek tree as a thing that
embodied a strong life potential, considered sacred as an object with supernatural
qualities, led to its interpretation at the level of a cult.

Key words:

bayterek, cult, mythology, “tree of life”, “tree of universe”, epic, tale.


Дүнья илимине нәзер таслағанымызда дарақытлар (терек) пенен

байланыслы халық көзқараслары, түсиниклери, мифологиялық ойлаўлар, соның
менен бирге, дарақыт (терек) образының фольклор шығармаларындағы көркем
талқыны мәселеси дүнья фольклортаныўында ҳәм этнологиясында кең
изертленгени көзге тасланады. Бул нени билдиреди деп пикирлеймиз? Бул
бизиң ата-бабаларымыздың тереклерди муқаддес есаплағаны, соның менен
бирге оларға сыйыныў, оларда ғайрийтәбиий қәсийет бар екенлиги, соның
менен бирге оларды өз миллий салт-дәстүрлеринде кең қолланылыўы болып
табылады. Бул ҳаққында белгили алым Ж.Ж.Фрэзердиң пикирлеўинше, тәбиий
тоғайлардың ертедеги адамлар тәрепинен руўҳлар, тәңрилер, иләхийлик ҳәм
мабудалар менен байланыслы муқаддес жай ретинде түсинилиўи дарақыт
(терек) культы ҳаққындағы түсиниклерди келтирип шығарған.

146

Этнограф

146

Фрезер Д. Золотая ветвь. – М.: Политиздат, 1986. – С.110.


background image

Respublika ilmiy-amaliy konferensiya

192

алым Э.Тайлор дарақыт (терек) мифологиясында еки баслы аспекттиң бар
екенин айрықша белгилейди, олар төмендегише: а) ҳәр бир өсимлик, дәслеп,
дарақыттың (терек) жанлы деп тусинилиўи дарақытларға (терек) сыйыныў,
ибадат етиў дәстүрлерин келтирип шығарған; б) дарақыт денеси өлген адамның
руўхы ушын материаллық қабық ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

147

Усы

дарақыттың (терек) мифологиялық қәсийети ҳаққындағы илимий дәреклерде
билдирилген пикрлерди салыстырып қарағанымызда оларда өсимлик ҳәм
ҳайўанат дүньясының анимистикалық мифологиясы ҳаққындағы тәлийматтың
тәрепдарлары, дарақыт культының тарийхый тийкарларын өсимликлер, усы
орында, дарақытлардың (терек) да жанлы деп түсинилиўи ҳаққындағы
мифологиялық түсиниклерге байланыстырады. Олардың пикирлеўлеринше,
тәбийий объектлердиң мазмуны дарақытлар (терек) тек ғана өсип турған
ўақтында емес, ал кесилгеннен кейин де өзиниң иләхийлик, ғайрийтәбиий
қәсийетлерин сақлап қалады екен, деген түсиниклердиң пайда болыўына
тийкар болғаны айдынластырылады.

Усындай, дарақытлардан бири байтерек болып, ол дүнья фольклорында

муқаддес есапланған. Биз де усы мақаламызда усы байтерек ҳәм оның
мифологиялық түсиниклери ҳаққында дүнья фольклорында билдирилген
талықлаўлар, пикирлеўлер жөнинде тоқтап, оларды салыстырмалы изертлеўди
мақсет еттик.

Қазақ фольклортаныўындағы мийнетлерге қарағанда ертедеги дәўир

фольклоры ҳаққында айтқанда ең алды менен тек қазақ халқында ғана емес, ал,
басқа да түркий халықлардың да фольклоры менен байланыслы екенлиги,
оларда аңыз-ертеклердиң мотивлерине айналған, символ ретинде қаралатуғын
“мықан ағашы” ның бар екенлиги белгиленеди. Қазақ аңыз-ертеклериндеги
мықан ағашының (байтеректиң) символ белгиси – заман, мәңгилик өмир. Қазақ
ушын о дүнья менен бул дүньяның шегаралық белгиси – гүдәсте терек. Ер
Төстик те, Керқула атлы Кендебай да, Тазша бала да байтеректиң түбине келип,
усы өмирге келеди. Олар биз жайлаған кеңисликтен басқа кеңисликте өмир
сүрип келген. «Күн астындағы Күникей қыздағы» алтын ағаш та сондай
қүдиретке ийе, мықан ағашы (байтерек) – мәңгилик ўақыттың символы
екенлиги белгиленеди. Қазақ фольклорында Жер мен Көкти жалғастырыўшы
Бәйтерек ағашы – Мықан ағашы деп аталады екен

1

.

Бундай мағлыўматлар Қазақстан интернет Уикипедия мағлыўматларында

да мынадай деп келтириледи. Байтерек – ертедеги түсниклер бойынша сырлы
қәсийетке ийе ағаш есапланады екен. Бәйтерек ертедеги орталық түсинигинде
жердиң дәл орайында өсетуғын инсан дүньясының жер асты тамырлары,
денеси, тийкарынан руўлар мәканы болып есапланатуғын көкти тиреген ағаш
есапланады екен. Бундай ағаш үлгиси дәстүрли қәўимлерде мықан ағашы,
мырзатерек, әўлийе ағаш, сетер тал делинип, формасы ҳәм мәнисине қарап ҳәр
түрли аталған. Бәйтерек қадимги түркий сөз болып, бай «үлкен» деген сөз,

147

Тайлор Э. Миф и обряд в первобытной культуре. – Смоленск: Русич, 2000. – С.186.

1

Сарбасов Б.С., Кдыралиева Ж. Б. Ежелгі әдеби мұралардағы ағаш бейнесі. Казахский национальный женский

педагогический университет, Алматы, Казахстан ВЕСТНИК КазНПУ им. Абая, серия «Филология», №4(74),
2020 г. –Б.- 312


background image

Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari

193

«бай» сөзиниң фонетикалық өзгериске ушыраған формасы (бәйбіше,
бәйшешек), үлкен, алғашқы деген мәнислерди, ал терек (парсы тилинде –
дарақ) «ағаш» деген мәнисти билдиреди. Демек, Байтерек еки сөздиң
биригиўинен жасалып, «бәлент ағаш» дегенди билдиреди

1

.

Филология илимлериниң докторы Т.А.Агапкинаның «Деревья в

славянской народной традиции»

2

атамасындағы очеркинде славян халықлары

дәстүрли мәдениятта көктеректен (Populus tremula) басқа, Populus ботаникалық
туқымының басқа түрлерин, ең алдымен, Populus alba, ақ терек ямаса гүмис рең
терек символ түсиниги менен салт-дәстүрлеринде қолланғанлығын белгилейди.
Аңызлар бул дарақыттың индивидуал қәсийетлериниң бири ретинде дәслеп
оның жапырақларының шайқалыўының себеби менен түсиндиреди. Усындай
тереклердиң қәсийетлерин аңызларға «көшириў» қубла славян дәстүрлеринде
көбирек ушырасатуғынын ҳәм болгарлар, серблер ҳәм хорватлар терек деп
атайтуғынын илимпаз түсинидирип өтеди.

Турк фольклортаныўында өтмиштен хәзирге күнге шекем болған ўақыялар

ағашлар-тереклер менен анықланғаны, оларға хәр түрли көринистеги аңызлар
ҳәм мәнислер берилгени, соның ушын ҳәр бир теректиң муқаддес
есапланыўының себеплери бар екени белгиленеди. Адамлар тереклерди
өзлериниң жасайтугын территория ҳәм үрп-әдет, салт-дәстүрлерине көре,
қутқарыўшы, жәрдемши, байланыстырыўшы қурал яки қудай сыпатында
қараған. Айрымлары болса, теректиң астында дуўа оқып, басқалары болса
терекке таўар байлап, тилек билдиреди екен. Теректи қудай сыпатында көрген
яки оны қудайға ерисиўдиң қуралы екенлигин қабыл еткенлер оны «Өмир
ағашы» (өмир байтереги) деп атаған ҳәм "дүньяның орайы" мәнисин берген.
Түрк фольклорындағы тереклер ҳаққындағы аңызларда, әпсаналарда
ағашлардың муқаддес есапланыў себеплери әўладтан-әўладға өтип, бүгинги
күнге шекем жетип келген. Оларда тереклердиң әҳмийети оның көриниси
менен байланыслы болған. Терек адамлар сыяқлы жоқарыға қарап өседи ҳәм
мийўесин бериўге ҳәрекет етеди. Инсанлар ушын муқаддес есапланған «Өмир
ағашы» өним бериў менен байланыслы. Инсанның жаратылыўы мине усы терек
пенен байланыслы екенин илимпазлар белгилейди.

Түрк фольклоршысы Эргунның белгилеўинше «Өмир ағашы» дүньяның

жаратылыўынан бери бар болған деп, түсиниледи екен. Исенимлерге қарағанда,
“Өмир ағашы” дүньяның орайынан жети қабат аспанға шекем узайған, сондай-
ақ, өз тамырынан жер ҳәм аспан ортасындағы мүнәсибетти тәмийнлеп, жер
асты дүньясына түсетуғын муқаддес тиришилик ийеси есапланады. Исеним ҳәм
динине қарамастан, барлық халықларда өмир ағашының әҳмийети терекке
сыйыныўдың адамларды бирлестириў қүдиретин аңлатады. Өмир ағашы –
мәңги жаслық ҳәм өлмесликтиң дәреги. "Өмир ағашы» бәрқулла жасыл,
бәрқулла гүллеп-жаснайтуғын, ҳәмийше мийўеге толы ҳәм оны жеген
өлмейтуғын барлық ағашларды өзинде жәмлеген. "Өмир ағашы хақыйқатты,

1

https://kk.wikipedia.org //

Қазақтың этнографиялық категориялар, ұғымдар мен атауларының дәстүрлі жүйесі.

Энциклопедия. – Алматы: DPS, 2011. –

ISBN 978-601-7026-17-2

2

Агапкина Т.А. Деревья в славянской народной традиции: Очерки.

М.: Индрик, 2019. 274 с.


background image

Respublika ilmiy-amaliy konferensiya

194

иләҳийликти ҳәм өмирдиң символы болып табылады, ол көбинесе барыўы
қыйын болған жерде яки орайда жайласқан ҳәм тек ғана таңланғанлар жеўи
мүмкин болған сырлы теректе сәўлеленген"

1

.

Түрк фольклортаныўшы алым Эрбектиң белгилеўинше “Жер жүзинде

өлмейтуғын инсан бул рет өлиминен кейин қайта тирилиўи яки руўҳтың
өлмейтуғынына шешим таба алады. Өмир ағашы мотиви де мине усы
туйғыларды сәўлелендириў ушын ислетилген екен”

2

.

Дереклерде келтирилиўинше космик ағаш, дүнья ағашы, әлем ағашы ҳәм

өмир ағашы бир көринистеги ағашты билдиретуғын тереклер ретинде мәлим
болады. Бул түсиниклер әўлатдан-әўладқа ҳәр түрли түсиниклер менен жетип
келген. Бирақ бул ағашлар бир қөринистеги ағаш болып, пайдаланыўындағы
өзгешеликлердиң себеби усыда көринеди, бул ағашлардың ҳәр түрли
мифологиялық қәсийетлери ҳәр түрли жәмийетте де биринши орынға шығады.
Өмир ағашы да, әлем ағашы да, космоголиялық тәртиби, яғный, өмирдиң
үзликсизлигин, оның ўақыяларды, тәртип пенен даўам етиўин ҳәм бәрқулла
жаңаланып турыўын тәмийнлейди. Усы көзқарастан, әлем ағашы ҳәм дүнья
ағашы бир-бирине туўра келеди ҳәм бир-бири менен жақын мүнәсибетте
болады. Әлем ағашы дүньяның иләҳийлиги, улыўмалығы ҳәм даўамыйлығы,
жаратылысты, ҳақыйқат ҳәм өмир, өлмеўди өзинде жәмлестиреди. (Белл, 1982).

Түрк фольклорында терек жер астынан аспанға шекем болған үш әлемди

бирлестиргени ҳаққында айтылады. “Байтерек” қудайдың символы”. Терек
өлим ҳәм тирилиўдиң символы. (Эргун, 2004, 216-бет).

Мине, ағаш ҳаққында усындай мифологиялық түсиниклер Қытай

фольклорында да сақланып қалған. Қытай мифологиясында өмир ағашы
түсиниги әдетте мәңгиликти билдиреди. Бирқанша ағашларға бул сыпатлама
берилген. Өмир ағашы түсиниги адамлардың арзыў-әрманларын, тилеклерин
өзинде жәмлеген терек. Қытай халқында бул мәселеге көбирек қызығыўшылық
пайда болған. Сонлықтан, өмир ағашы адамлардың санасында мәңгилик
өмирди тәмийнлеўши ретинде белгили болған. Фольклоршы М.Элиаданың
белгилеўинше "Қытай мифологиясында сырлы ағаш әлемниң орайында өседи,
мәмлекеттиң орайы усы жерде деп түсинеди

1

.

Сондай-ақ, алым М.Элиаде ағаш культының келип шығыўына мынадай

факторлар тийкар болған деп есаплайды. Олар төмендегилерден ибарат:

1) «тас-ағаш-муқаддес

мәкан»

түсиниклери

комплексиниӊ

реал

микрокосмос ретинде түсинилгени;

2) ағаш – космос образы ретинде пикир етилиўи;
3) ағаш – турмыс қуўат белгиси ретинде өнимдарлық, ҳасылдарлық ҳәм

қут-берекетти өзинде жәмлегени (ағаштыӊ өнимдарлық, хасылдарлық ҳәм
перзент символы муқаддес Ана образы ҳәм суў культы менен
байланыслылығы;

1

Salih IŞIK.Hayat Ağacı ve Kutsal Ağaçlar: Türk ve Çin Mitolojisi Üzerine Bir Karşılaştırma. International journal of

humanities and education (IJHE), Volume 5, ISSUE 11, P. 546 – 566. // Ergun, 2004, -B.155.// https://dergipark.org.tr/

2

Salih IŞIK.Hayat Ağacı ve Kutsal Ağaçlar: Türk ve Çin Mitolojisi Üzerine Bir Karşılaştırma. International journal of

humanities and education (IJHE), Volume 5, ISSUE 11, P. 546 – 566. // Ergun, 2004, -B.155.

1

Элиаде М., Трактат по истории религии. Т.2. — Спб.: Изд-во «Алетейя», 1999. – С.297.


background image

Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari

195

4) ағаштыӊ мәңгилик турмыс, аман қалыў дереги деп түсинилиўи);
5) ағаш – «әлемниӊ оғы» яки космик пүтинлик теӊсалмақлығын

сақлайтуғын қурал екени;

6) ағашлар менен адамлардыӊ арасында магиялық байланыстыӊ бар

екенлиги (ағашларды ата-бабалар руўҳыныӊ мәканы деп ойлаў; ағашлардыӊ
сынаў-инициация байрамлары ҳәм ритуалларындағы (дәстүрлериндеги) рәмзий
әҳмийетке ийе екени);

7) ағаш – тәбияттыӊ рәмзий өлип-тирилиўи, бәҳәр ҳәм жылдыӊ

жаӊаланыўы символы деп баҳаланыўы

1

Усындай ағаш култының мазмуны ҳаққындағы пикирлеўлер алым

И.М.Маковскийдиң изертлеўлеринде де ушырасады:

1) оныӊ семантикалық қурсаўы «өзге-басқа әлем», «о дүнья» темаларын өз

ишине алыўы;

2) «әлем оғы», «турмыс дарақты», «әлем орайы» ретинде түсинилиўи;
3) космик тутаслықты өз-ара байлап турыўы ҳәм аспан тәртип-

интизамыныӊ теӊ салмақлылығын сақлайтуғын қурал хызметин атқарыўы;

4) өзинде «ғайриий тәбиий», «сыйқырлы», «әжайып» сыпатларды

билдириўи менен белгиленеди

5) ағаш-теректиң өнип-өсиў символы ретинде көз алдына келтирилиўи

себепли, оның «туўылыў», «жаратылыў» идеясы менен байланыслылығы менен
белгиленеди.

2

«Инглис фольклорында жасыл адам (Jack-in-the-Green) тәбият тымсалы

есапланады. Бул мифологиялық образ биринши мәртебе Кельт фольклорында
пайда

болғанлығы

шама

етиледи. Тек

ғана

еркек

көринисинде

сәўлелендириледи. Оныӊ көриниси жапырақлардан түзилген болып, көриниси
жасыл реӊдеги жасыл адам деп аталады. Бул образ Орта әсирлер архитектурасы
ҳәм суўрет өнеринде, соныӊ менен бире, инглис дөретиўшилигинде көп
ушырасады. Инглис әдебиятындағы танымалы поэмалардан бири “Сэр Гавейн
ҳәм Яшил Рицарь”да жасыл адам тийкарғы қаҳарман ретин де суўретленген»

1

Бухара мәмлекетлик университетиниң изертлеўшиси Г.Шербекова өзиниң

“Әпсана ҳәм аңызларда “өмир ағашы” образының сәўлениўине байланыслы
айырым пикирлеўлер” атлы мақаласында мифологияның материяллық
мәденият естеликлериндеги талқынларын изертлеген алым В.В.Евсюковтиң
"Өмир агашы" ең дәслепки умманның шексиз суўлары арасындағы қурықлықта
биринши болып, жүзеге келгенлиги ҳәм инсанияттың дәслепки ата-бабалары
мине усы ағаштың түбинде өзиниң ең биринши қәдемлерин қойғанлығы,
сонлықтан, бул ағаштың астында неке қурған адамдан инсан заты пайда
болғанлығы ҳаққындағы әпсана ҳәм аңызлардың кең тарқағанлығы”
ҳаққындағы пикирлерин келтиреди

2

. Сонының менен бирге изертлеўши

1

Элиаде М., Трактат по истории религии. Т.2. — Спб.: Изд-во «Алетейя», 1999. – С.234-235.

2

Маковский М.М. Сравнительный словарь мифологической символики в индоевропейских языках. Образ мира

и миры образов. – М.: Владос, 1996. – С.134-141.

1

Назарова Г. Британия фольклоридаги мифологик образларнинг ўзига хослиги. Бухаро давлат университети

Ilmiy Axborot. 2018. №4.–Б. 172.

2

Шербекова Г. Афсона ва ривоятларда “ҳаёт дарахти” образи ифодаланишига оид айрим мулоҳазалар. Scientific

progress. Volume 3 ǀ ISSUE 2 ǀ 2022. –Б. 244. // Евсюков В. В. Мифы о вселенной. – Новосибирск: Наука, 1988. –
177 с. – С.45. http://www.scientificprogress.uz/


background image

Respublika ilmiy-amaliy konferensiya

196

Г.Шербекова алымның қүдиретли араллар ҳакқында дөретилген әпсаналар
жөнинде сөз еткенлигин ҳәм жәннеттиң ортасында өсетуғын бул ағаш
жақсылық ҳәм жаўызлықты айырып туратуғын және өзинен жақсы ийис яки
керисинше жағымсыз ийисти тарқатып туратуғыны ҳаққындағы пикирлеўлерин
қоллап-қуўатлайды. Сондай-ақ, изертлеўши өзиниң мақаласында өзбек
фольклорында да ағаш култының муқаддес есапланатуғыны ҳаққында айырым
пикирлерин билдиреди.

Усындай адам өмиринде ағаштың магиялық қүдирети ҳаққындағы

түсиниклер қарақалпақ фольклорында да сақланып қалған. Мәселен,
«Алпамыс», “Шийрин-Шекер” дәстанлары, “Талас”, “Кишкинежан кишкине”
ертеклери буған мысал бола алады.

Улыўма алғанда, дүнья фольклорында байтерек ағашы ҳаққындағы

пикирлеўлерди салыстырып қарағанымызда ағашты-байтеректи жүдә күшли
турмыс потенциалын өзинде жәмлестирген жанлы нәрсе деп түсиниў, ойлаў
ҳәм ғайрийтәбиий қәсийетке ийе болған объект ретинде муқаддес деп есаплаў
дәстүри оның культ дәрежесинде талқын етилиўинине алып келгенлигин
көриўге болады.

Әдебиятлар:

1. Фрезер Д. Золотая ветвь. – М.: Политиздат, 1986. – С.110.
2. Тайлор Э. Миф и обряд в первобытной культуре. – Смоленск: Русич,

2000. – С.186.

3. Сарбасов Б.С., Кдыралиева Ж. Б. Ежелгі әдеби мұралардағы ағаш

бейнесі. Казахский национальный женский педагогический университет,
Алматы, Казахстан ВЕСТНИК КазНПУ им. Абая, серия «Филология», №4(74),
2020 г. –Б.- 312

4. https://kk.wikipedia.org//Қазақтың этнографиялық категориялар, ұғымдар

мен атауларының дәстүрлі жүйесі. Энциклопедия. – Алматы: DPS, 2011. – ISBN
978-601-7026-17-2

5. Агапкина Т.А. Деревья в славянской народной традиции: Очерки. М.:

Индрик, 2019. 274 с.

6. Salih IŞIK.Hayat Ağacı ve Kutsal Ağaçlar: Türk ve Çin Mitolojisi Üzerine

Bir Karşılaştırma. International journal of humanities and education (IJHE), Volume
5, ISSUE 11, P. 546 – 566. // Ergun, 2004, -B.155.// https://dergipark.org.tr/

7. Элиаде М., Трактат по истории религии. Т.2. — Спб.: Изд-во «Алетейя»,

1999. – С.234-235.

8. Маковский М.М. Сравнительный словарь мифологической символики в

индоевропейских языках. Образ мира и миры образов. – М.: Владос, 1996. –
С.134-141.

9. Назарова Г. Британия фольклоридаги мифологик образларнинг ўзига

хослиги. Бухаро давлат университети Ilmiy Axborot. 2018. №4.– Б. 172.

10. Шербекова Г. Афсона ва ривоятларда “ҳаёт дарахти” образи.

ифодаланишига оид айрим мулоҳазалар. Scientific progress. Volume 3 ǀ ISSUE 2 ǀ
2022. –Б. 244. // Евсюков В. В. Мифы о вселенной. – Новосибирск: Наука, 1988.
– 177 с. – С.45. http://www.scientificprogress.uz/.

Библиографические ссылки

Фрезер Д. Золотая ветвь. – М.: Политиздат, 1986. – С.110.

Тайлор Э. Миф и обряд в первобытной культуре. – Смоленск: Русич, 2000. – С.186.

Сарбасов Б.С., Кдыралиева Ж. Б. Ежелгі әдеби мұралардағы ағаш бейнесі. Казахский национальный женский педагогический университет, Алматы, Казахстан ВЕСТНИК КазНПУ им. Абая, серия «Филология», №4(74), 2020 г. –Б.- 312

https://kk.wikipedia.org//Қазақтың этнографиялық категориялар, ұғымдар мен атауларының дәстүрлі жүйесі. Энциклопедия. – Алматы: DPS, 2011. – ISBN 978-601-7026-17-2

Агапкина Т.А. Деревья в славянской народной традиции: Очерки. М.: Индрик, 2019. 274 с.

Salih IŞIK.Hayat Ağacı ve Kutsal Ağaçlar: Türk ve Çin Mitolojisi Üzerine Bir Karşılaştırma. International journal of humanities and education (IJHE), Volume

, ISSUE 11, P. 546 – 566. // Ergun, 2004, -B.155.// https://dergipark.org.tr/

Элиаде М., Трактат по истории религии. Т.2. — Спб.: Изд-во «Алетейя», 1999. – С.234-235.

Маковский М.М. Сравнительный словарь мифологической символики в индоевропейских языках. Образ мира и миры образов. – М.: Владос, 1996. – С.134-141.

Назарова Г. Британия фольклоридаги мифологик образларнинг ўзига хослиги. Бухаро давлат университети Ilmiy Axborot. 2018. №4.– Б. 172.

Шербекова Г. Афсона ва ривоятларда “ҳаёт дарахти” образи. ифодаланишига оид айрим мулоҳазалар. Scientific progress. Volume 3 ǀ ISSUE 2 ǀ 2022. –Б. 244. // Евсюков В. В. Мифы о вселенной. – Новосибирск: Наука, 1988. – 177 с. – С.45. http://www.scientificprogress.uz/.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов