Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari
165
«ҒӘРИП-АШЫҚ» ДӘСТАНЫНЫҢ ДӨРЕЛИЎ ДӘЎИРЛЕРИ ҲӘМ
ЖАНРЛЫҚ ӨЗГЕШЕЛИК МӘСЕЛЕЛЕРИ
Есебаев Марат Матекович
–
Ажинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институты, Қарақалпақ әдебияты кафедрасы үлкен
оқытыўшысы, ф.и.ф.д.(PhD)
Үлкен әдебияттың бир тараўы болған қарақалпақ әдебияты өзиниң барлық
тарийхый дәўиринде басқа туўысқан халықлары мәденияты менен өз-ара
байланыста, бир-бирине тәсир етиў арқалы өсип ҳәм раўажлана отырып, пүткил
адамзат мәдениятына өзиниң пайдалы тәсирин тийгизди. Бул тараўда тийкарғы
орынды қарақалпақ фольклоры, әдебият тарийхы ийелейди. Жәмийеттиң алға
қарай раўажланыўына байланыслы, көркем сөз тәжирийбесиниң өсиўи,
эстетикалық заўықтың жетилисиўи әдебият ҳәм көркем өнерде ҳәр қыйлы
жанрлардың пайда болыўына алып келди. Эстетикалық заўықтың күшейиўи
менен аўыз әдебияты пайда болып, ол жазба әдебиятың қәлиплесиўине ҳәм
раўажланыўына жол таярлады.
Усындай Орта Азияда көркем ойдың сондай-ақ, түркий ҳәм шығыс
халықларының мәдениятының қәлиплесиўинде ҳәм аўызеки әдебиятының
раўажланыўында бизге ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған муққадес
әдебий естеликлердиң орны үлкен әҳмийетке ийе. Себеби бул әдебий
естеликлер усы халық аўызеки әдебиятының жанрларының қәлиплесиўине
тийкар салды, сонда-ақ дәстанларымыздың да қәлиплесиўине ҳәм
раўажланыўына тийкар болды. Адамзат жәмийетиниң эстетикалық көз
қарасының қәлиплесиўи, мәдениятының өсиўи, дүньяны таныўына үлкен
хызмет етти.
Мәселен, «Авесто» Орта Азия халықларының әййемги тарийхы,
географиялық жайласыӯы, халқымыздың, ата-бабаларымыздың мәдений үрип
әдетлери, олардың турмыс тәризиниң раӯажланыӯы, философиялық –
эстетикалық, тәлим-тәрбия негизи тийкарындағы қараслары арқалы ѳзинде бай
мағлыӯматларды топлаған бул мухаддес естелик Шығыс халықларының кѳркем
ойының ѳсиӯинде айрықша орынды ийелейди. Бул мийнет түркий
халықларының аӯызеки кѳркем дѳретиӯшилиги дәслепки эпикалық
дәстүрлериниң раӯажланыӯына «Авесто» шығармаларының сюжетлери, оның
мотив ҳәм образлар системасы ѳзиниң үлкен салмақлы үлесин қосты» [1.55.].
«Ашықлық» дәстанлар қарақалпақ халқы арасында әзелден кең таралып,
оқылып, бақсылар тәрепинен атқарылып киятырған әдебий мийраслардан бири
болып табылады. Дәстанды Орта Азия, Закавказье ҳәм түрк тиллес және басқа
тилдеги көп ғана халықлар үлкен сүйиспеншилик пенен ортақ руўхый байлық
ретинде ардақлайды. Оны азербайжан, түркмен, өзбек, қарақалпақ, грузия,
армиян, қумық, қарайым, балқар, түрк, иран, араб халықлары да өзлериниң
миллий әдебий мийрасы деп санайды.
Усы бир атамадағы дәстан версияларының сюжет линиясы менен мотив,
образларының аралық тыңламай өрис алып келиўи, улыўма халықлық
мәденияттың қәлиплесиўиндеги өз-ара көркем тәсир етиўши күш болғанлығын
Respublika ilmiy-amaliy konferensiya
166
көрсетеди. Бул сыйқырлы күш пенен дәстанның миллий өзгешелигин ҳәм
генетикалық байланысын үйрениў мәселеси бүгинги күн фольклортаныўында
әҳмийетли мәселелердиң бири болып есапланады.
«Ғәрип-ашық» дәстаны қарақалпақлар арасында аўызша ҳәм китабий ҳәм
қолжазба көширме тағы басқа да түрлише усылда таралып келген. Оның кең
өрис алыўына басқа халықлардың да тиллик өзгешелиги, миллий мәденияты
менен диний айырмашылықлары ҳеш қандай иркиниш етпестен, усындай яки
ҳәр қыйлы атамаларда көп ғана шегараларды атлап өтип, үлкен территориялық
аралықта жасап келди. Соның менен бир қатарда бул дәстанның көрсетилген
халықлардағы версияларының гейпара сюжетлик барысындағы уқсаслығы
менен мотивлердиң улыўмалығына қарамастан спецификалық айырмашылығы
жағынан ҳәр қайсысы өз алдына оргинал дөретпе болып табылады. Бул
версиялардағы ҳәр бир халықтың поэтикалық дөретпесиндеги миллий дәстүрин
белгилейтуғын өзине тән поэтикалық ҳәм стильлик дүзилиси оның өз алдына
толық пүтин дөретпе екенлигин дәлиллейди. Солай етип, сөз етилип атырған
дәстанда жырланған ўақыялар белгили бир халықтың тарийхый ўақыясын
аңлатса да, тап сол дәўирдиң жемиси болып ғана қалмай, ондай ўақыялардың
басқа халықларда да басқа дәўирлерде де тәкрарланып туратуғын болғанлықтан
ҳәр бир дәўирде жаңаланып, заманға сай өзгерип, дәўир ўақыяларына сай
қосып алынып, жаңаланып келгенине гүман туўдырмайды. Сондай-ақ, «Ғәрип-
ашық» дәстаны идеялық мазмуны ҳәм көркемлик өзгешелиги менен қарақалпақ
миллий дәстанларының қатарынан ылайықлы орын алып отыр.
Бул мәселени үрениўде туўысқан халықлардың аўыз әдебиятындағы жақсы
тәжирийбелерден пайдаланыўдың өзи де дәўир әдебияты яки анық бир
дәстанлардың кең таралыў дәўириндеги белгили қатнас ҳәм реаль тарийхый
итияжларға байланыслы болған ҳәдийсе болып, бул усы тарийхый орталықтың
ишки раўажланыў қуўаты менен салыстырылады. Тарийхый жағдайлардың
талап етиўине байланыслы лиро-эпикалық дәстанларда дөреди.
Биз «Ғәрип-ашық» дәстанының дөрелиўи, таралыўы ҳәм раўажланыў
жолларын үйрениўге келгенде тийкарынан бул бойынша илимпазлардың ҳәр
қыйлы пикирлерине дус келемиз. Дәстан қаҳарманларының ўатанын излеў,
қайсы халыққа тийисли екенлигин ҳәм қайсы заманларда өмир сүргенин
анықлаў оғада қыйын, машқалалы мәселе. Бул бойынша белгили илимпаз
С.П.Толстов былай келтирип өтеди. «Азетбайжандағы – Шамахи, Сирияда –
Халап (Әлепшырўан), Түркияда – Диарбәкир қалаларының ушырасыўы менен
Шасәнемниң гезлесетуғын ўақытларын нәзерде тутып, дәстанды сол әтирапта
XII, XIII, XIV – әcирлерде дөреген деген жуўмаққа келеди» [2.118].
Белгили рус саяхатшысы генерал Н.Н.Муравьев Түркменстан ҳәм Хийўаға
жасаған саяхатында жазып алған «Шах-Сәнем» қаласы ҳәм ол ҳаққында аңыз»
атлы гүрриңинде «Ғәрип-ашық» дәстанының ең ерте заманларда дөреген
ертеклик вариантлары болып, олар Хорезимде кең таралған, [3.151-153.] деп
жазады.
Усындай пикирлер өзимиздиң қарақалпақлар арасына таралған аңызларда
барлығын билемиз. Мәселен, Шааббаз (Беруний) қаласы «Ғәрип-ашық»
дәстанының дөрелиўине тийкарғы орай болды деп есаплайды. Буннан тысқары
Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari
167
қарақалпақлардың бир бөлеги жайлаған жер Сырдәрьяның төменги
ағымындағы Жанд қаласының XI әcрдеги ҳәкими пүткил Хорезимди жаўлап
алған Шах Малик ибн Әлийдиң тапсырмасы бойынша жазылған аңызлардың
бир шақабы делинген пикирлерде бар [4.7.]. «Ғәрип-ашық» дәстанының
усындай насрый вариантлары бар. Мәселен, парсы филологы Риза-Кули хан
Ҳидоят [5.151-153.] 1851-жылы Хийўаға келгенде ҳәм көрнекли илимпаз
Армений Вамбери [6.16.] Қоңырат әтирапында болған ўақытларында жазып
алған. Вамберий жазып алған вариантында ашықлар бир-бирине қосыла алмай,
тагедиялық жағдайда өледи.
Түркменлерде
болса
түркмен
әдебиятының
классиги
Андалип
(Нурмуҳаммед Ғариб) тәрепинен дөрелген деп тастыйықлайды. Профессор
Гомад Араслының пикиринше дәстан Ғәрип атлы атақлы Табриз шайыры
тәрепинен XVI әсирде дөретилгенин айтады.
В.В.Радлов жазып алған «Ашық Ғариб туркулери» деп аталған версиясы
бастан аяқ қосық пенен жазылған ҳәм тили де күтә әпиўайы, халықтың сөйлеў
тилине қурылған. «Ғәрип-ашық» дәстанының түркмен версиясын көп
изертлеген көрнекли илимпаз Халық Короглы, азербайжанлы профессор
М.Г.Тахмасиб, М.Ю.Лермонтов жазып алған «Ашық Кериб»ин илертлеўши
илимпаз С.А.Андреев-Кривилер «Ғәрип-ашық» дәстанының Хорезимде,
Сырдәрьяның төменги ағымында огузлар группасында дөретилип, кейинирек
Кавказ ҳәм Киши Азияға өткен деген пикирди айтады.
Академик В.М.Жирмунский ҳәм профессор Ҳ.Т.Зариповлар «Ғарип-ашық»
ты огузлардың «Китаби Дәдам Қорқыт» дәстанынан кейин Сырдәрья
әтирапында дөреген соның даўамындай яки соған уқсас дәстан деп көрсетеди.
Бул жағдайдың бәри де дәстанның күтә ерте заманларды дөрелип, XVI
әсирлерде қәлиплесип, халқымыз арасында тарала баслағаннан дәрек береди.
Ҳақыйқатында да «Ғәрип-ашық» дәстанының Орта Аия версиялары менен
Жақын Шығыс (Кавказ ҳәм Киши Азия) версиялары бир-биринен мазмуны ҳәм
қаҳарманларының ис-ҳәрекетлери жағынан түптен парқ етеди. Орта Азия
версиялары өзинде терең тарийхый ўақыяларды қамтып, қулшылықтың
гүлленген дәўирин, саўда-сатық шарўашылық, өнерментшилик, бағы-ҳәрем,
дийқаншылықтың халық тиришилигиниң тийкарғы дереги болған дәўирлерди
сөз етеди. Жақын Шығыста тараған версияларында болса, көбирек сонғы
ўақытларда саўданың гүлленген дәўири сөз етилип, дәстан қаҳарманлары
саўдагершилик пенен шуғылланып жүреди. Мине солардың бири уллы рус
шайыры М.Ю.Лермонтов 1837-жылы Гузияға барған ўақтында Азербайжан
повети «Ашық-Кериб» [7.258] деген ат пенен бириши ирет жазып алады. Бул
жазып алынған нусқа улыўма «Ғәрип-ашық» дәстаны бойынша жазып алынған
дәслкпки нусқа екенлиги менен де баҳалы.
Улыўма жуўмақлап айтқанда дәстаны дөреген ҳәм тарқалған географиялық
территорияда басқа халықлар менен әзелден бирге жасап киятырған қарақалпақ
халқының да «Ғәрип ашық» дәстанның дөрелиўи менен қәлиплесиўинде теңдей
үлеси бар екенлиги айқан көзге тасланады.
Respublika ilmiy-amaliy konferensiya
168
Әдебиятлар:
1. Есебаев, М. М. Әййемги архаикалық мифлердиң фактлери ҳәм халықтың
эпосларды қәлиплестириў усыллары / М. М. Есебаев // Polish Journal of Science.
– 2022. – No 48-2 (48). – P. 55.
2. Алымов А. Қарақалпақ лиро-эпикалық дәстанлары. – Нөкис,
«Қарақалпақстан» баспасы, 1983. 118.
3. Муравьева Н.Н. Путешествие в Туркмении иХиву. – М., 1822. стр.151-
153. интернет материаллары.
4. Қарақалпақ фольклоры, көп томлық XIV том. – Нөкис «Қарақалпақстан»
баспасы, 1985. 7.б.
5. Сборник материалов по истории туркмен и Туркмения. Т., П (ч. I. М.,
1822. стр. 151-153. интернет материаллары.
6. Вамбери. Г.А. 1867, VIII, 360, 7. XIII, 16.стр. (библиотеке им. С.
Шедрина) интернет материаллары.
7. Вс. Миллер. в Константинополе в1881 году и озаглавленное «Повесть
Ашик-Гариба» стр.258. (Сборник материалов для описания местной и племен
Кавказа.) интернет материаллары.