68
2. Cheremisina, T.I. Funksionalniy aspekt neassimilirovannix zaimstvovaniy v sovremennom
angliyskom yazike // Sbornik nauchnix trudov / Moskovskiy ordena Drujbi narodov
gosudarstvenniy pedagogicheskiy institut inostrannix yazikov imeni M. Toreza; redkol.:
G.Yu. Knyazeva (otv. red.) [i dr.]. – M., 1983. – Vip. 212. – 124 s.
3. Xomenko S.A., Svetkova Ye.Ye., Basoves I.M. Osnovi teorii i praktiki perevoda nauchno-
texnicheskoy literaturi s angliyskogo yazika na russkiy. – Mn.: BNTU, 2004. – 204 s.
СЕМАНТИКАЛЫҚ ПРИМИТИВЛЕРДИҢ УЛЫЎМА ЛИНГВИСТИКАЛЫҚ
СТАТУСЫ
Кудайбергенова Сапиура Полатбаевна,
ҚМУ Шет тиллери факультети ассистент
Семасиология илиминиң кейинги жыллардағы раўажланыўы бизди мәни
ҳәдийсесиниң тәбиятына тән сырларын инсан когнитив искерлиги ҳәм қәбилети
шеңберинен излеў кереклигине тағы бир мәрте исендирмекте. Семантика когнитив тил
билиминиң ажыралмас бөлеги, керек болса, тийкарына айланып атырғанлығына гуўа болып
турмыз [1,311].
А.Н.Баранов, Д.О.Добровольский, М.Н.Михайлов, П.Б.Паршин, О.И.Романовалар
тәрепинен исленген “English-Russian dictionary of linguistics and semiotics” сөзлигинде
семантикалық примитив терминине синоним ретинде semantic element ҳәм
conceptualprimitive сөзлери келтирилген. [2,73]
Бул сөзликте “primitive” сөзине төмендегише түсиник берилген:
Бул Primitive термининиң тил билиминдеги бирден-бир мәниси емес. Алдынрақ,
биринши басылыўы 1938-жылда, кеңейтилген екинши басылыўы 1982-жылда баспадан
шығарылған. Джозеф Девлинниӊ “Инглис тилиниң синонимлер ҳәм антонимлер сөзлиги”
нде [3, 384].
Primitive (примитив) сөзи “түпкиликли сөз” мәнисинде қолланылған ҳәм автор сөзге
төмендеги түсиник берди.
“Примитивлер сондай сөзлер, олар кишилеў, әпиўайылаў формаларға бөлинбейди,
әмелде примитивлер өзек сөзлер болып табылады”. Семантикалық примитивлерди түрли
тиллерде ажыратып алыныўы, белгилениўи ҳәм топарға бөлиў ушын хызмет ететуғын
критерия ҳәм объектлер ҳаққында бир қатар тилшилер изертлеў алып барған. Атап
айтқанда, Ж. Гринзберг (1972), Берлин, Ромнь (1964) Берлин (1968), Хайджер (1951),
Кэррол, Касагранде (1958), Талми (1972), Адамс Конклин (1973) ҳәм басқалар. Олар
семантикалық примитивлер қурамын анықлаўға фактлик материал ретиндеги түрли
жастағы адамлар сөйлесиўин үйренген. Олардың айтыўынша, түрли тиллерде
байқалатуғын универсал белгилер ретинде санлар ҳәм ҳәрекет фейиллери, адамлар,
ҳайўанлар, адамлардың социаллық орны, туўысқанлық дәрежеси, жасы, кәсиби, жынысы
ҳәм ҳайўанлардың инсан социаллық санасындағы орны, көлеми (үлкен-кишилиги), жасаў
орталығы, атқаратуғын ўазыйпасы есапқа алыныўы керек.
Буннан тысқары тил билиминде, анығырағы когнитив тил билиминде тағы бир
термин мине сол “prime” түбиринен жасалған болып, оны Майкл Хоуи тил билимине
Lexical primes-лексик праймлер (басланғыш мәнили лексикалық бирлик) деген тәрийплер
менен алып кирген. [4,220]
69
Прайминг (Praiming) термини психолингвистикалық термин болып, ол төмендеги
мәниде жумсалады.
Хоуидиң пикири бойынша, Прайминг термини сөйлеўши гөзлеп турған сөзин айтыў
ушын керекли информация менен тәмийинлеў процесин билдиреди. Мысалы: Алдынырақ
тыңлаўшы “div” (дене) сөзин үйренген болса ол кейинирек “heart” сөзин аңсат таныйды,
бирақ “trick” сөзин танымайды. Басқаша етип айтқанда, div сөзине “heart” ҳәм “trick”
сөзлеринен ибарат дилемма берилсе, ол аңсат “heart”ты таңлайды, себеби деректе “heart”
турған болса мақсет (нышан) -Goal де “trick” болмайды, себеби екилемши интерпретацияда
да, басланғыш интерпретацияда да “heart” ҳәм “trick” бир-бири менен байланыспайды. Олар
байланыспайтуғын мәнилер болып табылады. Әлемде да бул зат өз көринисин тапқан. М:
Жүрек пенен ҳәзиллесип болмайды, себеби ол аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Демек, прайминг сөзлердиң сөйлеўде байланысыў мәнисин түсиндирип бериўши
психологиялық ҳәдийсе болып табылады. Қандайда бир сөздиң неге бир сөз менен
байланысады да, басқа сөз бенен байланыса алмаўын мине усы прайминг анықлап береди.
Семасиологлар бул сыяқлы қатнасларға кирисип атырған сөзлер белгили бир
муғдардағы семантикалық белгилер комплексинен ибарат ҳәдийсе ретинде бар екенлигин
тәмийнлейтуғын әмел сыпатында компонентлер ҳәм семалар анализи қабыл етилгенлиги
белгили. Бул бағдардағы анализ нәтийжесинде ажыратылатуғын мәни бөлеклерди белгилеў
мәселеси актуалласты, бул бойынша анық бир нәтийжеге ерисиў түрли себеплер менен
қыйын кешпекте екенлигин көрсетеди.
Семантикалық примитивлердеги ҳәр түрлиликтиң себеби тиллерде емес, бәлки бул
тиллерде пайдаланыўшы халықлардың мәденияты, жасаў шараяты, турмыс таризи, дини,
исеними, социаллық жағдайы ҳәм сол сыяқлы факторлардың тәсири екенлиги менен
түсиндириледи.
Заманагөй теориялық қыяллардың тилди үйрениў ҳәм туўма, универсал примитивлер
менен байланыслы лингвистикалық изертлеўлер позицияларының жақынласыўы
Брунердиң төмендеги пикирлеринде жүдә жақсы берилген: " Тилге қандай киремиз? " деген
сораў тиллик семантикалық таярлықтың қайсы тәбияты менен байланыслы ҳалда көрип
шығылыўы керек. Басқаша айтқанда, инсан тәбийий бар ҳәм актив излеп шуғылланады, деп
мәнислер бар.
Когнитив әлемниң концептуал көринисин қәлиплестириў тийкарында болады ҳәм
тиллик өзгешелигинде ойлаў процесси зәрүрлигин тәмийнлеў ҳәм әлем ҳаққындағы
билимлерди улыўмалық көринисте бериў ҳәм сақлаўда көринеди.
ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР:
1.Сафаров Ш. Семантика. – Т.: УзМЭ, 2013. – Б. 311.
2.Baranov A.N., Dobrovolskiy D.O., Mixailov M.N., Parshin P.B, Romanova O.L. English
Russian dictionary of lingvisticsand Semantiсs. – M.: Institut Russkogo yazika, RAN, 2003. – Р.
73.
3.Devlin J. A Dictionary of synonyms and antonyms. Warner book. – , 1982. – 384 р – 7р
4.Hoey M. Lexical primes. A New theory of words and language. – N-York: Routledge, 2005. –
202 p.
