Authors

  • С. Танирбергенов

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.47903

Keywords:

жанылғы углерод оксиды зәҳәрли гази ыссытыў үскенеси.

Abstract

Бул мақалада углерод оксиды (СО) зәҳәрли гази ҳәмде турар жайларда ысытыў үскенелеринен пайдаланыу ҳаққында сөз етилген.

background image


Noyabr, 2024-Yil

512

УГЛЕРОД ОКСИДЫ (СО) ЗӘҲӘРЛИ ГАЗИ БУЛ КӨРИНБЕС ЖЫНАЯТШЫ

С.Танирбергенов

Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими,

Баслығы орынбасары. Майор.

https://doi.org/10.5281/zenodo.14207860

Аннотация. Бул мақалада углерод оксиды (СО) зәҳәрли гази ҳәмде турар жайларда

ысытыў үскенелеринен пайдаланыу ҳаққында сөз етилген.

Гилт сөзлер: жанылғы, углерод оксиды, зәҳәрли гази, ыссытыў үскенеси.

CARBON MONOXIDE (CO) IS A DEADLY GAS THAT IS INVISIBLE TO THE

NAKED EYE

Abstract. This article discusses carbon monoxide (CO) and the use of heating equipment

in residential areas.

Keywords: fuel, carbon monoxide, toxic gas, heating equipment.

ЯДОВИТЫЙ ГАЗ УГАРНЫЙ ГАЗ (SO) – НЕВИДИМЫЙ ПРЕСТУПНИК

Аннотация. В данной статье рассматривается токсичный газ угарный газ (SO) и

использование бытового отопительного оборудования.

Ключевые слова: топливо, углекислый газ, токсичный газ, отопительное

оборудование.

Жанылғылар күнделикли турмысымызда кең қолланылады ҳәм ҳәр күни турар

жайларымызда ислетиледи. Ыссытыў қазанлары ҳәм двигателлерде жандырылған газ,

нефт, көмир ҳәттеки ағаш материалларда углерод оксидын (CO) зәҳәрли газин шығарыўы

мумкин. Ыссытыў үскенелери (котёл) туўры орнатылғанда ҳәмде оларға техник хызмет

турақлы түрде көрсетилсе, CO зәҳәрли газ пайда болыў итималлығы сезилерли дәрежеде

кемейеди. Углерод оксиды (CO) зәҳәрли гази менен зәхарлениў қурбанларының көпшилиги

ысытыў үскенелерин (котёл) жетерли дәрежеде самаллатыў қылынбаған гәзлерге тәсир

қылады.

Турар жайларда сиз ысытыў үскенелеринен пайдалансаңыз, төмендегилерге

әмел етиўиниз керек:

- Ыссытыў үскенесин (котёл) турар жай имаратынан бөлек жайластырыўыңыз;

- Ыссытыў үскенеси (котёл) орнатылған ханада ҳәмде үскенениң өзинде тийисли

самалатыў шараяты жаратылыўы;


background image


Noyabr, 2024-Yil

513

- Ысытыў үскенеси (котёл) туўры орнатылыўы яғный ысытыў үскенесиниң морысы

60

0

мүйеш астында ямаса перпендекуляр(тик) раўиште курылыўы ҳәмде турар жай

имаратының төбесинен 50 см шығып турыўы;

- Ҳар жылы ысытыў мәўсиминен ҳәмде пайдаланыўдан алдын ыссытыў үскенесине

техник хызмет көрсетилиўи яғный ыссытыў үскенеси (котёл) морысы ҳәр түрли

шығындылардан тазаланыўы;

- Егер көп қабатлы турар жайларда болса, Сиз ысытыў үскенелеринен (котёл)

пайдалансаңыз, ишки ыссытыў үскенеңиздиң орнына көп қабатлы турар жайға келип

турған

орайластырылған ямаса локал ыссылық системасына

жағаныўыңз ямаса

қәўипсизлик талапларына туўры келетин заводта ислеп шығарылған ыссытыў үскенесинен

пайдаланыўыныз керек.

Углерод оксиди (CO) менен зәҳәрлениў

Инсан организми углерод оксидын тез ҳәм аңсат қабыл қылады. Егер сиз дем алып

атырған ҳаўада углерод оксиды топланса, сиз оның тәсирин сезе баслайсыз. Дем алғаннан

соң,

углерод

оксиды

кислород

тасыўшы

гемоглабин

менен

қосылып,

карбоксогемоглобинди пайда етеди, бул болса кислородтың дене бойлап өтиўине

тосқынлық қылады ҳәм кислород жетиспеўшилигине алып келеди.

Бул кислород жетиспеўшилиги, әсиресе жүрек, бас мийи ҳәм орайлық нерв

системаларына тәсир қылады.


background image


Noyabr, 2024-Yil

514

Углерод оксиды менен узақ ўақт даўамында зәҳәрлениў белгилери

Бас аўырыўы

Бас айланыўы

Кеўил айныўы

Шаршаў

Концентрациянын жетиспеўшилиги

Еслеў жоғалыўы

Ориентацияның жоғалыўы

Ашыўшақлық

Көкрек бойлап қысылыўлар пайда болады.

Денеде CO углерод оксиды жүда көп муғдарда асыўы менен төмендеги

аламатлар пайда болады

Шалғыў

Ҳәлсиреў

Инсан организиминде тең салмақлылықтың бузылыўы

Жүректеги машқалалар


background image


Noyabr, 2024-Yil

515

Бас мий исиўи

Булшық етлердиң қысқа мүддетли аўрыўлы түрде тартысыўы ҳәм босасыўы

Кома

Өлимге алып келеди.

Жүрекке тәсири тез ҳәм тартибсиз жүрек урыўы, қан басымының пәсейиўи, жүрек

ритимының бузылыўы, дене ыссылығының көтерилиўи ҳәм өлимди өз ишине алады.

Углерод оксиды менен зәҳәрлениўге дус келгенде бас мийи исиўи раўажланыўы

пайда болыўы мумкин. Бас мий исиўи нерв клеткаларыны қысып набыт кылыўы мумкин.

Углерод оксиды менен зәхәрлениў симтомлары арқалы грипп ямаса гастроентерит

деп натуўры жуўмаққа келиниўи мумкин. Бас мий ҳәм нерв системасына тәсирине

байланыслы ол неврологик ямаса психиатрик кеселлик сыпатында надурыс диагностика

қойылыўы мумкин.

Кимлерде углерод оксиды менен зәхарлениў қәўпи жуда тез ҳәм күшлирек

болады?

Уй ҳайўанлары симтомларды тезрек көрсетеди ҳәм адамларға уқсас белгилер

гүзетилиўи мумкин. Жүрек хәстелигинен жәбир шегип атырған инсанлар дем алыў

системасы менен байланыслы машқалалар болғаны сыяқлы углерод оксидын жүда тез

қабыл қылады.

Шегиўшилер жоқары қәўип астында, себеби олардың қанында карбоксигемоглабин

(Hb+CO=HbCO) дәрежеси әллеқашан көтерилген.


background image


Noyabr, 2024-Yil

516

CO зәҳәрлениўи ҳәм гәз аспаблары

Көпшилик "бул мен менен ҳеч қашан болмайды" деп ойлайды. Имканият бар екен,

бундай болмайды, Бирақ бул қәўипти кемрек қылыў ушын сақланыў илажларын көриў

керек. Егер сиз углерод оксиды менен зәхәрлениўге байланыслы мағлыўматларды

билсеңиз, қәўипиңизди кемейтириў ушын ҳәрекет қылыўыңыз мумкин.

Мағлыўматларға қарағанда:

Ыссытыў мәўсими гүздиң биринши салқын күнлеринен ыссытыў системасы

биринши мәрте иске түсирилгеннен баслап, бәҳәр айында өширилген ўақтқа шекем ең көп

зәхәрлениў жүз беретуғын дәўир есапланады.

Гәз бенен байланыслы углерод оксиды CO менен зәхәрлениўиниң көпшилиги жасаў

үйлерде жүз береди.

Мағлыўматларға қарағанда углерод оксиды зәҳарли газиниң пайда болыўына ең көп

ушрайтын себеблер бул ыссытыў қурылмаларына (котёл) техник хызмет көрсетилмегени.

Кейингиси тез-тез ушрайтын себеб бул сол жерде ҳаўа алмасыў мумкиншилиги

жаратылмағаны болып табылады.

Инсанлар көбинесе жатақханада ямаса жасаў ханасында зәҳәрленеди ҳәмде набыт

болады.

Углерод оксиды менен зәҳәрлениўдиң алдыны алыў

Жанылғыдан (газ, көмир, отын) пайдаланылатын қурылмаға ийе болған ҳәр бир

инсан төмендегилерге итибар қаратыўы керек:

- Ысытыў үскенесинде (котёл) жанып турған жалын көриниси егер ол сары реңде

жанып атырған болса, ол туўры ислемей атыр ҳәм СО углерод оксиды зәҳарли газин

шығарыў қәўпи бар;


background image


Noyabr, 2024-Yil

517

- Ыссытыў қазаны үскенесин (котёл) туўры сақлаң- ысытыў қазанларында (котёл)

моры тығылып қалмағанлығыны тексерип турың, ҳәр қыйлы шығындыларды морының

тутин тартыў майданынан алып таслаң;

- Турар жайда тек зыянлы гәзлерди шығарыў ушын емес, балким кислород ҳәм таза

хаўа киритиў ушында жетерли самалатыўды жаратың;

- Егер сиз ижарашы болсаңыз турар жайды газ қәўипсизлиги хызметкерлерине

тексертирип қағыйда талапларына әмел етиўиңиз керек. Сизге турар жай ийеси уйдиң

қәўипсизлигин тәмийнлеп бериўи керек;

- Егер Сизде бас аўрыўы, бас айланыўы, кеўил айныў, шаршақ, дыққатты жәмлеў,

есте сақлаўды жоғалтыў, ашыўшақлық ҳәм көкрек қуўысындағы қысылыўлар болса, Сиз

СО углерод оксиди зәҳарли гәзинен жәбирленип атырған болыўыңз мумкин. Сиз бундай

жағдайда дарҳал шыпакериңизге көриниң ҳәмде карбоксогемолабин (HbCO) тестини сораң;

- Углерод оксиды (CO) менен зәҳәрлениўдиң жеңил жағдайларында жәбирленгенлер

кислород жиберилгенде ямаса апиўайы таза хаўаға шығарылғанда тәўир болып

кетеди. Егер сиз углерод оксиды (CO) менен зәҳәрлениў ақибетлерин сезе басласаңыз,

дарҳал имаратан таза хаўаға шығың.

- Турар жайыңзды ысытыў ушын ашық жалыннан, газ плитадан ҳәм басқалардан

пайдаланбаң-үскенелерди тек белгиленген мақсетлерде пайдаланың;

- Ядыңызда болсын, Тек сиздиң ысытыў қазанларыңыз (котёл), балким жаныў менен

байланыслы ҳар қандай нәрсе углерод оксидын пайда қылыўы мумкин. Аўқат писириўде,

суў ысытқышлары, газ ошақлары, ағашлы пешлер, ашық жалын, двигателлер ҳәм қатты

жанылғы аспаблары CO пайда етиўи мумкин.

Углерод оксиды өзинен из қалдырадыма?

Ысытыў мәўсими ўақтында

“көринбес жынаятшы”

деп аталыўшы углерод оксиды

(CO) реңсиз, ийисиз ҳәм дәмсиз гәз инсан саламатлығы ҳәм қәўипсизлиги ушын тийкарғы

қәўипти келтирип шығарады. Оны анықлаў қыйынлығы себепли ол зәҳәрлениў ҳәм өлимди

алып келеди.


background image


Noyabr, 2024-Yil

518

Углеродлы жанылғылардан пайдаланған жағдайда толық болмаған жаныў

реакциясы нәтийжесинде қара шаң пайда болыўы усы қәўипли химиялық бирикпениң және

бир итибар талап қылатын қәсийети болып есапланады.

Углеродлы жанылғының толық жанбаслығы нәтийжесинде пайда болатуғын қара

қалдық, әдетте қара куйик деп атаймыз. Усы жанылғылар шала жанғанда ҳаўаға киши

көлемдеги углерод молекулаларын ислеп шығарады. Усы молекулалар майдан кесимлерге

топланып, көринетуғын дәрежеде қара қапламаны пайда қылыўы мумкин.

Ысытыў қазанлары, пешлер ҳәм автомобиллердиң жаныў системалары қара куйик

ҳәм углерод оксидин кең тарқалған ислеп шығарыўшылары болып есапланады.

Ўақт өтиўи менен қара куйиктиң топланыўы самаллатыў жолларының тығылып

қалыўына алып келиўи мумкин, бул болса олардың ис қабийлетиниң пәсейиўине ҳәм

углерод топланыў итималылығын артырады.

Ол инсанлардың қәўипсизлиги ушын керек болған қәўип ҳаққында анық еслетпе

сыпатында ҳәрекет қылыў кереклигин ескертеди. Қара куйикти көриў ушын уй ийелери

тексерип қәнийгелерден жәрдем сораў ҳәм тийисли қәўипсизлик илажларын көриў ушын

ескертиўи мумкин болса-да, углерод оксидының өзин елеге шекем инсанлар анықлаўы

қыйын. Тек оны арнаўлы детектор үскенелери жәрдеминде анықланады.

Өз ден саўлығыңыз ҳәм атираптағы инсанлардын өмири бийпарўа болмаң.

REFERENCES

1.

Vazirlar Mahkamasining 2020-yil 20-oktabrdagi 649-son qaroriga ILOVA

2.

O‘z.R. “Yong‘in xavfsizligi” to‘g‘risidagi qonuni. T.: - 2009 2. Yuldashev О.R, G‘ulomova

G.M., Raxmatova D.M. Yong‘in xavfsizligi asoslari. Amaliy mashg‘ulotlarni bajarish uchun

uslubiy qo‘llanma – Т.:, ТDТU, 2015 - 75 b.

3.

Гуломова Г.М., Нарзиев Ш.М. Методичеcкое руководство для проведения

лабораторных работ по предмету Основы пожарной безопасности -Т.: ТГТУ, 2015.

4.

Сулейманов А.А., Петросова Л.И., Шомансуров С.С. Учебнометодическое пособие к

выполнению практических работ по курсу «Основы пожарной безопасности»– Т.:,

ТГТУ, 2017- 60 с. 5. G‘ulomova G.M. Yong‘in va yonish-portlash xavfsizligi. O‘quv

qo‘llanma. T.: Tafakkur tomchilari, 2021-246 b.

References

Vazirlar Mahkamasining 2020-yil 20-oktabrdagi 649-son qaroriga ILOVA

O‘z.R. “Yong‘in xavfsizligi” to‘g‘risidagi qonuni. T.: - 2009 2. Yuldashev О.R, G‘ulomova G.M., Raxmatova D.M. Yong‘in xavfsizligi asoslari. Amaliy mashg‘ulotlarni bajarish uchun uslubiy qo‘llanma – Т.:, ТDТU, 2015 - 75 b.

Гуломова Г.М., Нарзиев Ш.М. Методичеcкое руководство для проведения лабораторных работ по предмету Основы пожарной безопасности -Т.: ТГТУ, 2015.

Сулейманов А.А., Петросова Л.И., Шомансуров С.С. Учебнометодическое пособие к выполнению практических работ по курсу «Основы пожарной безопасности»– Т.:, ТГТУ, 2017- 60 с. 5. G‘ulomova G.M. Yong‘in va yonish-portlash xavfsizligi. O‘quv qo‘llanma. T.: Tafakkur tomchilari, 2021-246 b.