Authors

  • К Танирбергенов

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.48126

Keywords:

өрт қаўипсизлиги айрықша жағдайлар үгит-нәсият профилактика

Abstract

Бул мақалада өрт қәўипсизлиги бир айлығы ҳәм район аймағындағы жайласқан көп қабатлы ҳәм жеке меншик турақ жай обьектлеринде өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳаққында сөз етилген.

background image


Noyabr, 2024-Yil

571

ИЙИС ГАЗИНЕН ЗӘҲӘРЛЕНИЎДИҢ АЛДЫН АЛАЙЫҚ

К.Танирбергенов

Тахтакөпир районы АЖБ П хам КБ ага инспекторы, капитан.

https://doi.org/10.5281/zenodo.14229662

Анотация.

Бул мақалада өрт қәўипсизлиги бир айлығы ҳәм район аймағындағы

жайласқан көп қабатлы ҳәм жеке меншик турақ жай обьектлеринде өрт қәўипсизлигин

тәмийинлеў ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳаққында сөз етилген.

Гилт с

ө

злер:

өрт қаўипсизлиги,

айрықша жағдайлар, үгит-нәсият, профилактика

LET'S PREVENT GAS POISONING

Abstract.

This article discusses the fire safety month and the measures to ensure fire safety

and prevent emergency situations in multi-storey and individual residential buildings located in

the district.

Keywords:

fire safety, emergency situations, education, prevention.

ПРЕДОТВРАТИМ ОТРАВЛЕНИЕ ЗАПАХОМ ГАЗА

Аннотация.

В данной статье рассмотрены вопросы пожарной безопасности за

один месяц, а также обеспечения пожарной безопасности и предотвращения

чрезвычайных ситуаций в многоэтажных и индивидуальных жилых домах, расположенных

на территории района.

Ключевые слова:

пожарная безопасность, пропаганда чрезвычайных ситуаций,

профилактика.

Ийис гази бул- үйлеримизде пайдаланып атырған табиий газ, қатты отын ҳәм басқада

жаныўшы затлардың толық жанбаўы натийжесинде пайда болатуғын газ. Ийис гази инсан

организиминиң дем алыў жоллары ҳәм дем алыў органларына күшли тәсир қылады. Ийис

гази дем алыў жоллары арқалы организмди, орайлық нерв системасын зәҳәрлейди. Ис

газинен зәҳерлениў оның ҳаўадағы концентрациясына ҳәм тәсир етиў мүддетине

байланыслы болады.

Жеңил турдеги зәҳерлениўде- бас қатты аўырады, бас айланады, қулақлар

шыңылдайды, кеўили айныйды, қусыў ҳәм өзин жоғалтыўы мүмкин.

Орташа түрдеги зәҳерлениўде - булшық етлер ҳәлсизленеди, дем алыўы

қыйынласады, пульстиң урыўы тезлеседи, артерия қан басымы пәсейеди, кеўили айныйды,

ақыл еси пәсейеди, уйқысы келеди, бетте сепкил дақлар пайда болады.


background image


Noyabr, 2024-Yil

572

Аўыр түрдеги зәҳерлениўде- адам өзин жоғалтады. Аяқлары көгерип ҳәм ағарып,

бетте сепкил дақлар пайда болады. Пульстиң урыўы тезлеседи, артерия қан басымы

пәсейеди, дем алыў қыйынласады ҳәм тереңлеседи, булшық етлер босасады, дем алыў

тоқтайды ҳәм адам набыт болады.

Ийис газиниң ҳаўадағы өлимге алып келетуғын концентрациясы 0,08 процентти

қурайды. Алды менен биринши жәрдем көрсетиў ушын, зәҳерленген адамды тез арада таза

ҳаўаға алып шығыўы керек. Күнниң ыссы ўақытлары оны далаға алып шыққан жақсы.

Қысқа-қысқа дем алғанда ямаса дем алыўы тоқтап қалғанда жасалма дем бериледи.

Бул иләж наўқас еркин дем алыўына шекем ҳәм биологик өлим түри пайда

болғанынша даўам еттириледи. Денени ўқалаў, аяқларға грелка қойыў, азырақ нашатырь

спиртин пайдаланыў зәҳерлениўди тоқтатыўына алып келеди.

Зәҳерленгенлерди емлеўханаларға жатқарыўы керек, себеби азырақ ўақыт өткеннен

кейин өкпе ҳәм нерв системаларында аўырыўлар алып келиўи мүмкин. Емлеўханадан

шыққаннан кейин наўқаслар терапевт ҳәм невропатолог бақлаўында болыўы шәрт.

Егер наўқастың жағдайы жақсы болса, денениң жоқары бетин қысып турыўшы

кийимлерден босатылады, ыссы шай ҳәм кофе ишкизеледи.

Усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде, Районымыз аймагында бой тиклеп

атырган таза курылыс, реконструкция хам капитал онлау жумыслары алып барылып

атырган имаратларга, үйлерге печка орнатылып атырған ўақытта оның жақсы ҳәм саз ҳалда

жалғаныўы, газ қулақлары, газ плитасы ямаса печке болған белгили аралықта жайласыўы,

үй ишине печка орнатыўдан алдын оның морысы сазлығын көрип шығыў, газ қулақларына

балалардың жақынласпаўы ҳәм оның менен ойнамаўлары, қала берсе инсан саламатлығына

ҳәм өмир ушын зыянлы қәўипли болған барлық затлар ҳаққында балаларға барқулла

үйретип барыў мақсетке муўапық болады.

Табиий ҳам ийис гази менен зәҳерлениў жағдайлары менен байланыслы айрықша

жағдайлар жүз бериўине төмендегилер себеп болыўы мүмкин, яғный, табиий газдиң толық

жанбаўы ақыбетинде пайда болатуғын ийис газдиң тәсири, үй ишлерин ысытыў

системаларына табиий газдиң жалғаныўы талапқа жуўап бермеўи, тәбиий газден

пайдаланыўда техникалық қәўипсизлик талапларына жуўап бермеўи, ысытыў ушын

мөлшерленген печкалар ямаса морылардың саз жағдайда емеслиги, жақсылап

тазаланбағанлығы ҳәм басқалар.

Ханаға табиий газ толып қалғанын сезген жағдайда, тез арада төмендегилерди

әмелге асырыў тийис, яғный, хананың әйнек-көзлерин ашып, шамаллатыў, ханада электр


background image


Noyabr, 2024-Yil

573

үскенелерин жақпаў, жанып турған болса өширмеў, ханада ушқын шығарыўшы затлардан

пайдаланбаў, газ қулақларын бекитиў, газ қулақларын бекитиўдиң иләжы болмаса ямаса

жарылған, сынған ҳәм тесилген жерлери анықланса, дәрҳалгаз тармақларының авария

хызметиниң 104 номерине хабар бериў керек.

REFERENCES

1.

Vazirlar Mahkamasining 2020-yil 20-oktabrdagi 649-son qaroriga ILOVA

2.

O‘z.R. “Yong‘in xavfsizligi” to‘g‘risidagi qonuni. T.: - 2009 2. Yuldashev О.R, G‘ulomova

G.M., Raxmatova D.M. Yong‘in xavfsizligi asoslari. Amaliy mashg‘ulotlarni bajarish uchun

uslubiy qo‘llanma – Т.:, ТDТU, 2015 - 75 b.

3.

Гуломова Г.М., Нарзиев Ш.М. Методичеcкое руководство для проведения

лабораторных работ по предмету Основы пожарной безопасности -Т.: ТГТУ, 2015.

4.

Сулейманов А.А., Петросова Л.И., Шомансуров С.С. Учебнометодическое пособие к

выполнению практических работ по курсу «Основы пожарной безопасности»– Т.:,

ТГТУ, 2017- 60 с. 5. G‘ulomova G.M. Yong‘in va yonish-portlash xavfsizligi. O‘quv

qo‘llanma. T.: Tafakkur tomchilari, 2021-246 b.

References

Vazirlar Mahkamasining 2020-yil 20-oktabrdagi 649-son qaroriga ILOVA

O‘z.R. “Yong‘in xavfsizligi” to‘g‘risidagi qonuni. T.: - 2009 2. Yuldashev О.R, G‘ulomova G.M., Raxmatova D.M. Yong‘in xavfsizligi asoslari. Amaliy mashg‘ulotlarni bajarish uchun uslubiy qo‘llanma – Т.:, ТDТU, 2015 - 75 b.

Гуломова Г.М., Нарзиев Ш.М. Методичеcкое руководство для проведения лабораторных работ по предмету Основы пожарной безопасности -Т.: ТГТУ, 2015.

Сулейманов А.А., Петросова Л.И., Шомансуров С.С. Учебнометодическое пособие к выполнению практических работ по курсу «Основы пожарной безопасности»– Т.:, ТГТУ, 2017- 60 с. 5. G‘ulomova G.M. Yong‘in va yonish-portlash xavfsizligi. O‘quv qo‘llanma. T.: Tafakkur tomchilari, 2021-246 b.