Page 172
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
IF = 5.441
Volume 3, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
ЖАЗАНЫ АЎЫРЛАСТЫРЫЎШЫ ЖАҒДАЙЛАР ҲӘМ
ОЛАРДЫ ҚОЛЛАНЫЎ ӘМЕЛИЯТЫ
Калбаева Эльдора Узақбаевна
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Юридика факультети 3-басқыш студенти
E-mail: eldorakalbaeva@gmail.com
https://doi.org/10.5281/zenodo.15503291
ARTICLE INFO
ABSTRACT
Qabul qilindi: 05-May 2025 yil
Ma’qullandi: 10- May 2025 yil
Nashr qilindi: 15-May 2025 yil
Мақалада
Өзбекстан
Республикасы
Жынаят
нызамына муўапық, жынаят ислеўде айыплы деп
табылған шахсларға қарата жаза тауынлаўда
қолланылатуғын
жазаны
аўырластырыўшы
жағдайлар түсиниги, ҳуқықый мазмуны, түрлери
ҳәм олардың әҳмийети ҳаққында сөз жүритилген.
Сондай-ақ,
автор
жазаны
аўырластырыўшы
жағдайлардың жынаятшының шахсы ҳәм исленген
жынаяттың өзгешелигине тәсири анализленген
ҳәм шет ел мәмлекетлери тәжирийбеси менен
салыстырылған.
KEYWORDS
реформа,
жынаят
процессуал нызамшылығы,
халықаралық стандартлар,
жазаны аўырластырыўшы
жағдайлар,
айыпланыўшының
материаллық жағдайы.
Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформалар,
жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жаза системасын либералластырыў бағдарында
әҳмийетли ислер амелге асырылмакта. Әсиресе, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм
еркинликлерин тәмийинлеў, әдил судлаўды енгизиў ҳәм жынаятшылыққа қарсы
гүресиўде нәтийжели ҳуқықый механизмлерди жаратыў мәмлекетлик сиясаттың
тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Бул бойынша, Өзбекстан
Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм
қарарлар жынаят-ҳуқық системасын түп-тийкарынан реформалаўға хызмет етпекте.
Мысалы, 2022-жыл 28-январ күни қабыл етилген “2022—2026-жылларға
бағдарланған жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы 60-санлы
Президент пәрманының 14-мақсетинде де жынаят, жынаят-процессуал ҳәм жынаят
орынлаў нызамшылығын жетилистириў сиясатын избе-из даўам еттириў, жинайый
жазалар ҳәм оларды орынлаў системасына инсаныйлық принципин кең енгизиў
белгилеп қойылған [1].
Соның менен бирге, 2018-жыл 14-май күни қабыл етилген “Жынаят ҳәм жынаят-
процессуал нызамшылығы системасын түптен жетилистириў илажлары ҳаққында”ғ
3723-санлы Президент қарарына көре, концепцияның 2.3-бәнтинде жазалар
системасы ҳәм оларды белгилеў механизмлерин қайтадан көрип шығыў, ески ҳәм де
заманагөй талапларға жуўап бермейтуғын жазалар формасы ҳәм түрлерин шығарып
таслаў ўазыйпасы белгиленген [2].
Бул қарарлар жынаят-ҳуқықый системасын түп-тийкарынан жаңалаўда үлкен
әҳмийетке ийе болды. Себеби, олар арқалы тек ғана әмелдеги жазалар системасын
Page 173
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
IF = 5.441
Volume 3, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
жетилистириў емес, ал оны халықаралық стандартларға масластырыў бойынша бир
қатар нәтийжелерге ерисилди. Әсиресе, жазалаўдың мақсети тек репрессив илаж
сыпатында емес, ал шахсты дүзетиўге, оны жәмийетке пайдалы тәризде қайтарыўға
қаратылған унамлы шаралардың бири сыпатында қаралмақта.
Жынаят ислеген шахсларга жаза тайынлауда хаттеки, ауырластырыуша
жагдайлар да Озбекстан Республикасы Жынаят кодексинде инсаныйлый, адиллик
ппринсиплерин коллаган халда белгиленеди.
Жазаны аўырластырыўшы жағдайлар жынаят қурамы белгилерине кирмейтуғын,
жынаяттың обьектив ҳәм субъектив жағдайларын сыпатлаўшы ҳәм де суд тәрепинен
санкция шеңберинде аўырырақ жаза белгилеўде есапқа алынатуғын жағдайлар болып
табылады.
Аўырластырыўшы жағдайлар еки топарға бөлинеди:
Бириншиси,
Жинаят кодекси улыўма бөлими 56-статьясында келтирилген,
барлық жынаятлар ушын қолланылыўы мүмкин болған аўырластырыўшы жағдайлар;
Екиншиси,
Жинаят кодекси арнаўлы бөлиминде тийисли статьяда нәзерде
тутылған оның структуралық бөлеги болған аўырластырыўшы жағдайлар.
С.В.Бародинниң
пикирине
қарағанда
улыўма
бөлимде
көрсетилген
аўырластырыўшы
жағдайлар
Арнаўлы
бөлимниң
бөлек
статьяларында
анықластырылады [3].
Бул жағдай принципиал көз қарастан надурыс болмайды. Мысалы, ЖКның 97-
статьясында пәс нийетлер ретинде л) бийзарылық әқыбетинде; м) диний ериўлер
нийетинде; н) адам ағзаларын кесип алып, басқа биреўге көшириў (трансплантат)
ямаса өликтиң бөлимлеринен пайдаланыў мақсетинде; о) басқа қандайда бир
жынаятты жасырыў ямаса оның ислениўин аңсатластырыў мақсетинде адам өлтириў
нәзерде тутылған. Сол тийкарда, С.В.Бародин “жынаят квалификациясына тәсир
етиўши жағдайлар бөлек нәтийжени әмелде қолланылғанда Жынаят кодекси 56-
статьясында нәзерде тутылған аўырластырыўшы жағдайларды әйне бул статьяда
тийкарланып жаза белгилеўде инабатқа алыўды киргизбейди.
Усы мәселеге қарата юридика пәнлери докторы профессор М.Х. Рустамбоев
төмендегише пикирди айтып өткен: “Жеңиллестириўши ҳәм аўырластырыўшы
жағдайларды нәзерде тутатуғын жынаят улыўма ғәрезсиз қурамға ийе болып, ҳәр
қайсы сондай жағдай жынаяттың объектин, объектив тәрепин ямаса субъектин
аңлатыўшы белгилерди аўыр өзгертип жибереди” [4, 123].
Өзбекстан
Республикасы
Жынаят
кодексиниң
56-статьясында
жазаны
аўырластырыўшы жағдайлар анық көрсетилген болып, олар жынаяттың қәўиплилик
дәрежесин баҳалаўда әҳмийетли өлшем болып хызмет етеди.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 56-статьясына мууапык, төмендеги
жағдайларда жынаят ислеў жазаны аўырластырыўшы жағдайлар деп табылады:
ҳәмиледарлығы айыпкерге белгили болған ҳаялға қарата;
жас бала, кексе яки әззи жағдайдағы шахсқа қарата;
хизмет ўазыйпасын яки пуқаралық миннетин орынлаўы мүнәсибети менен
шахсқа яки ониң жақын туўисқанларына қарата;
айыпланыўшыға материаллық жақтан, хызмет жағынан ямаса басқа тәрептен
ғәрезли болған шахсқа қарата;
Page 174
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
IF = 5.441
Volume 3, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
оғада аяўсызлық пенен;
көпшилик ушин қәўипли болган усылда;
жас бала ямаса руўхый ҳалатының бузылыўы айыпкерге белгили болған
шахстан пайдаланған ҳалда;
жинаят нәтийжесинде аўыр ақибетлер келип шиққанлығы;
улуўма апачылық шараятынан пайдаланған ҳалда ямаса айрықша жағдай
ўақтында ямаса ғалабалық тәртипсизликлер процесинде;
ғәрезли яки басқа да пәс нийетлерде;
расалық ямаса миллий душпанлық ямаса әдаўат тийкарында;
бир топар шахслар тәрепинен алдын ала тил бириктирип яки шөлкемлескен
топар яки жынайый бирлеспе тәрепинен;
алдын да қастан жынаят ислеген шахстың тәкирарый ямаса қастан жаңа
жынаят ислеўи;
мәслик жағдайында ямаса наркотик қураллар, олардың аналоглары, психотроп
ямаса адамның ақылына тәсир йетиўши басқа дәрилик затлар тәсиринде жинаят ислеў
[5].
Жазаны аўырластырыўшы жағдайлардың дизими қатаң болып басқа
жағдайларды аўырластырыўшы жағдай деп табыў мүмкин емес. Бул бойынша
Өзбекстан Республикасы Жоқары Суд Пленумының “Суд тәрепинен жынаят ушын жаза
белгилеў әмелияты ҳаққында”ғы 1-сан қарарының 8-бәндинде де атап өтилген.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 56-статьясының 2-бөлегинен келип
шығып аўырластырыўшы жағдайлардың айрықша қәсийетлерин көрип шығыўымыз
мүмкин.
Айипкерге әдалатлы жаза тайынлаўда аўырластырыўшы жағдайларды дурыс
колланыу жүдә әҳмийетли, себеби егер жаза әдалат принципине тийкарланбаса, оның
тәрбиялық тәсири де, жынаятлардың алдын алыў функциясы да толық әмелге
аспайды. Бундай жағдайда тек ғана судланған шахс емес, ал оның шаңарағы ҳәм
жәмиеттиң өзи де унамсыз ақыбетлерге дус келиўи мүмкин. Соның ушын жаза
тайынлаў процесинде шахстың ислеген жынаятын дурыс квалификациялаў да
айрықша орынға ийе.
Солай етип, жазаны инсаныйлық принципине тийкарланып тайынлаўдан
тысқары, оны белгилеўде жынаят исленген жағдайлар ҳәм айыпланыўшының жеке
өзгешеликлерине де айрықша итибар қаратылыўы лазым. Себеби ҳәр бир жаза
индивидуал түрде, әйне жынаяттың аўырлығы ҳәм оны ислеген шахстың кимлигине
қарап белгиленеди. Әне соль себепли жазаны белгилеўде жеңиллестириўши ҳәм
аўырластырыўшы жағдайларды есапқа алыў әдил судлаў процесиниң ажыралмас
бөлеги болып есапланады.
Жаза белгилеўде суд жынаят ислеўде айыпланып атырған шахстың жынаят
ислеў ўақтындағы минез-қулқына емес, бәлки, жынаят ислеўден алдынғы ҳәм жынаят
ислегеннен кейинги минез-қулқын да есапқа алады.
Илимпаз Е.Х.Норботаевтың пикирине қарағанда, жәмийетлик қәуиплилик
дәрежеси бир-бирине жақын болған жынаятлар ушын бирдей жазаны нызамда
белгилениўи жазаның әдалатлылығын тәмийинлейди. Буны жынаят нызамындағы
салыстырмалы арнаўлы бир санкцияларды мүмкиншилиги барынша кемейтиў,
Page 175
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
IF = 5.441
Volume 3, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
тийкарланып
абсолют
санкцияларды
көбейтиў,
жеңиллестириўши
ҳәм
аўырластырыўшы жағдайлардан ўаз кешиў кереклигин усыныс етеди [6].
Бизиң пикиримизше, Е.Х.Норботаев пуқаралардың нызам алдындағы теңлиги
дегенде жазаның алдында теңлигин түсинеди. Бизиңше, нызам алдындағы теңлиги
дегенде жынаят ушын жынайый жуўапкершиликтиң ҳәм жазаның анықлығы
түсиниледи.
Дүняның түрли мәмлекетлериниң жынаят нызамшылығында аўырластырыўшы
жағдайлар ғәрезсиз дизим ретинде жынаят кодексиниң улыўма қағыйдаларында
ямаса статя диспозициясының структуралық бөлеги ретинде нәзерде тутылыўы
мүмкин.
Мысалы, Швецария Жынаят кодексине нәзер салатуғын болсақ, бул кодексте
жазаныжеңиллестириўши жағдайлар арнаўлы бир статьяға жыйналған (64-статьясы)
лекин жазаны аўырластырыўшы жағдайлар ушын арнаўлы норма жоқ, жазаны
аўырластырыўшы жағдайлар ҳаққында тек бир орында гәп барады. Яғный, нызамсыз
түрде еркинен айырыў жынаятында егер шахс жәбирлениўшин азат етиў ушын төлеў
талап қилса, жәбирлениўшиге аяўсыз мүнәсебетте болса, тутқынға алыў мүддети он
күннен артық даўам етсе ямаса жәбирлениўшиниң денсаўлығына аўыр зыян
жеткерилген болса (184- статьясы) аўыр жағдай деп қаралады.
Норвегия жынаят кодексинде болса жазаны жеңиллестириўши жағдайлардың
дизими жынаят кодексиниң 56-статьясында берилген бирақ, аўырластырыўшы
жағдайлардың қатаң дизими кодексте арнаўлы нормада берилмеген, бул жағдайларды
инабатқа алыў ўәкиллиги тек судқа берилген ҳәм де Жынаят кодексиниң арнаўлы
бөлеги статьяларында бөлек етип егер аўырластырыўшы болса, қанша жаза белгилеў
кереклиги анық көрсетилген. Мысал ушын, Норвегия жынаят кодексиниң 85-
статьясына көре: “Шет мәмлекетлер ортасындағы урыс ўақтында ҳәкимияттың
бийтәреплиги ҳаққындағы буйрығын бузған ямаса оған үлес қосқан шахс жәрийма
ямаса 4 жылға шекем еркинен айырыў формасында жазаланады. Әсиресе
аўырластырыўшы жағдайларда 4 жылға шекем еркинен айырыў жазасы қолланылыўы
мүмкин” делинген. Тағы бир мысал, 104-статьясына көре: “Жеке әскерий шөлкемди
дүзген ямаса оларда қатнасқан, бундай шөлкемге ағзаларды тартқан ямаса қоллап-
қуўатлаған шахс 2 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Егер шөлкем
ямаса оның ағзалары қурал-жарақ яки партлайтуғын затлар резервине ие болса, 18
жасқа толмаған ағзалар, әскерий ҳәрекетлер ушын 18 жасқа толмаған шахслардан
пайдаланаа ямаса басқа аўырластырыўшы жағдайлар әмелдеги болса, 6 жылға шекем
еркинен айырыў жазасы қолланылады [7].
Жоқарыдагилардан жуўмақ етип айтатуғын болсақ, жазаны аўырластырыўшы
жағдайлар жынаят нызамында жазаны индивидуалластырыўда әҳмийетли орынды
ийелейди. Себеби, олар жынаяттың қәўиплилик ҳәм жынаяшының жәмийетлик
қәўиплилик дәрежесин, сондай-ақ, исленген нызамға қарсы ҳәрекеттиң ақыбетлерин
есапқа алып, суд тәрепинен жазаның муғдары ҳәм түрин белгилеўде әҳмийетли
фактор болып хызмет етеди. Аўырластырыўшы жағдайларды анық белгилеў ҳәм
дурыс қолланыў жынаятларға қарсы гүресиў нәтийжелилигин арттырыўға жәрдем
береди.
Пайдаланылған әдебиятлар:
Page 176
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
IF = 5.441
Volume 3, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
1. 2022-жыл 28-январдағы “2022—2026-жылларға бағдарланған жаңа Өзбекстанның
раўажланыў стратегиясы ҳаққында”ғы 60-санлы Президент пәрманы//lex.uz
2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жынаят ҳәм жынаят-процессуал
нызамшылығы системасын түптен жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-3723
санлы қарары//lex.uz
3. Бородин С. В. Общая характеристика отягчающих обстаятельств умишленного
убийства по Ветнамскому законодательству. B KH: Совершенствование мер борби с
преступностью и ее профилактика-Т.: 1980-C. 31.
4. Рустамбоев М.Х. Осуществление правосудия по уголовнымделам судами
незввисимого Узбекистана. –Т.: "Узбекистон". 1994 С. 123.
5. Ўзбекистон Республикаси Жиноят кодекси https://www.lex.uz/acts/111453
6. M.Usmonaliev, P.Bakunov.Jazo tayinlashda yengillashtiruvchi holatlarni hisobga olish.
O'quv qo'llanma. T.: TDYU nashriyoti, 2006.-64 bet.
7. The penal code of Norway.// https://lovdata.no/dokument/NLE/lov/2005-05-20-28