Page 74
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF EDUCATION
AND INNOVATION
IF = 5.281
Volume 4, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
1965-1985 ЖЫЛЛАРДА ҚАРАҚАЛПАҚСТАН
КОМСОМОЛ ШӨЛКЕМЛЕРИ ИСКЕРЛИГИНДЕГИ
МАШҚАЛАЛАР ҲӘМ ШЕШИМЛЕР
Кеӊесбаев Өтебай Жолдасбаевич
Нɵкис мамлекетлик техника университети Компьютер илимлери
факультети «Тиллер ҳǝм гуманитар кафедрасы» ассистент
оқытыўшысы Нɵкис қаласы.
https://doi.org/10.5281/zenodo.15561913
ARTICLE INFO
ABSTRACT
Qabul qilindi: 25-May 2025 yil
Ma’qullandi: 28-May 2025 yil
Nashr qilindi: 31-May 2025 yil
Совет ҳәкимияты жыллары жаслар менен ислесиў
мәселесинде шешиўши ис-илажларды әмелге
асырыўда тийкарғы жәмийетлик хәрекетлер
ишинде комсомол шөлкеминиӊ роли кўшли болған.
Мақалада усы жаслар уйымыныӊ искерлигиндеги
жетискенликлер
ҳәм
машқалалар
шешими
хаққында сөз етиледи
KEY WORDS
Ҳаял-қызлар
Кеӊеси,кәсиплик
аўқамлар«Алтын
жағыс»
,комсомол шөлкеми.
Қарақалпақстан тарийхында 1965-1985 жыллар бүгинги күнге шекем қарама-
қарсы пикирлерди пайда етпекте. Тарийхшы-алымлар усы дәўирдеги социаллық-
экономикалық ҳәм мәдений тараўдағы белгили дәрежедеги жетискенликлерди атап
отырып, «деген менен усы 20-30 жыл ишинде Қарақалпақстан бурынғы артта
қалыўшылығынан үзип-жулқып алға шығып кете алмады. Оныӊ социаллық-
экономикалық раўажланыў дәрежеси басқа автономиялы республикалар ҳәм
Өзбекстанныӊ ўалаятлары менен салыстырғанда бурынғыдай төмен болды» деп
көрсетеди [1].
Соныӊ менен қатар усы процесслерде жәмийетлик шөлкемлердиӊ роли қандай
болғанлығы хаққында онша көп айтылмайды. Егер совет дәўиринде жарық көрген
илимий мийнетлерди алып қарасақ, жәмийетлик шөлкемлерден тийкарынан
комсомол, Ҳаял-қызлар Кеӊеси ҳәм Кәсиплик аўқамлары көбирек тилге алынады.
Сол жыллары комсомол шөлкемлери өз жумысын 1962-жылы қабыл етилген
жаӊа Уставы тийкарында жумыс алып барып, партия системасында характерге ийе
дүзилисине ийе еди. Партия уйымы комсомол жумысын қадағалап, оныӊ басшыларын
сайлаў тиккелей партияныӊ жергиликли ҳәм орайдағы басшылары рухсаты менен
әмелге асырылатуғын еди. Бул хаққында 1964-жылы Республикалық комсомол
шөлкеминиӊ баслығы етип сайланған С.Қаниязовтыӊ «Алтын жағыс» китабында баян
етиледи: «1964-жылы февраль айында мени Өзбекстан ЦК комсомолына шақыртты.
Секретары – Абдуллаева Рано Хабибовна. Ол: - «Москваға Орайлық комсомол
мектебине оқыўға барасаӊ, - деди. Мен келисим бердим… Оқыўымыз питиўине он күн
қалғанда Нөкистен обкомныӊ екинши секретары Новицкийдиӊ атынан маған
«Нөкиске тез жетиӊ!» деген телеграмма келди…Мен Нөкиске уштым. Самолеттен
түстим де, Новицкийдиӊ алдына кирдим. Кабинетинде өзи, обкомныӊ
шөлкемлестириў бөлиминиӊ баслығы Лунёв, улыўма бөлимниӊ баслығы
Page 75
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF EDUCATION
AND INNOVATION
IF = 5.281
Volume 4, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
Галихин, Өзбекстан ЦК-сы шөлкемлестириў бөлиминиӊ баслығы Орлов төртеўи
отыр екен … Арадан еки-үш күн өткеннен кейин мени, Алымбайды (Примов), Сабитти
(Равелев) ҳәм «Қуралпа» совхозыныӊ бас инженери – төртеўмизди Ташкентке, ЦК
комсомолға жиберди. Ол жерде ҳәр тараў бойынша бизлер менен көриспеген, бизлер
менен сөйлесиўлер өткермеген, ҳәр тәреплеме сын тәрезисине салып өлшемеген,
бирде-бир тараў қалмады. Бундай елеўлердиӊ нәтийжесинде елгезерде тек еки түйир –
мен ҳәм Алымбай Примов қалдық.
Екеўмизди Өзбекстан Орайлық партия комитетиниӊ бөлим баслығы Георгий
Михайлович Орловтыӊ қабыллаўына жиберди…» [2].
Солай етип, сол гезде комсомол шөлкеминиӊ басшысын тайынлаў Ташкент ҳәм
Москва арқалы әмелге асырылып, жергиликли ҳәкимият тийкарғы жумысты
идеологиялық шеӊберлер тийкарында әмелге асыратуғын еди.
1960-жыллардыӊ ортасында ағзалыққа қабыллаў массалық түрде әмелге
асырыла баслады. Себеби комсомол шөлкеминиӊ искерлигиниӊ нәтийжелиги
биринши гезекте сол қала ямаса райондағы комсомол жаслар санына байланыслы
болды, сонлықтан ҳәр бир комсомол шөлкемииниӊ басшысы жумыстыӊ сапасына емес,
комсомолға жасларды тартыў исине тийкарғы итибар қаратты. Мысалы, 1967-жылға
келип республикамызда комсомол жаслар саны 65312 адамға жетти, оныӊ ишинде
хаял-қызлар 43,2%-ти қурады. Салыстырып қарайтуғын болсақ, 1966-жылы комсомол
жаслар саны республикамызда 263 адамға көп болған [3]. Қадағалаўшы совет-партия
уйымлары буны жергиликли комсомол шөлкемилериниӊ жеткиликсиз жумыс алып
барып атырғанлығы, жасларды коммунистлик руўҳта тәрбиялаў исине немқурайлы
қарап атырғанлығынан деп түсиндиреди. Сол тийкар, 1966-жылы комсомол
шөлкеминиӊ областлық комитети Бюросында «Комсомол шөлкеминиӊ Нөкис қалалық
комитетиниӊ ВЛКСМ қатарына қабыл етиў бойынша қанаатландырарсыз искерлиги
хаққында» мәселе додаланып, сол Бюро ағзалары Утарбаев ҳәм Ситницкаялар
комсомол қатарына жасларды таярлаў ҳәм қабыл етиў исин жетерли алып
бармағанлары ушын қатаӊ ескертиў алады [4].
Бирақ комсомол жаслар қатары азайыўы даўам ете берди: 1967-жылы
Қарақалпақстанда 860 комсомолдыӊ бирлемши шөлкемлеринде 60510 ағза болып,
олар 1 қалалық ҳәм 10 районлық комсомол шөлкемлерине бириктирилген еди [5], ал
1985-жылға келип, комсомол шөлкеминиӊ республикамыз бойлап 190078 ағзасы
болған екен [6].
Бирақ жасларды комсомол қатарына тартыў олардыӊ арасында машқала ҳәм
талапларды шешип бермейтуғын еди. Еӊ баслы машқала – жаслардыӊ дем алыў
орынларыныӊ азлығы, ал хәрекет етип турған дем алыў ҳәм мазмунлы ўақыт өткериў
мекемелериниӊ материаллық-техникалық базасыныӊ нашарлығы себеп болды.
Мәселен, Нөкис қаласыныӊ өзинде жаслар ушын жәмийетлик-спорт шөлкемлери
дүзилмеген, балалар ҳәм жас өспиримлер ушын кинотеатр болмаған. Жаслар өз бос
ўақытын өткериў ушын клублар ҳәм кафелер де болмаған. Балалар китапханасы,
мектептен тысқары балалар шөлкемлери (жас натуралистлер клубы, пионерлер ҳәм
оқыўшылар үйи, балалар спорт мектеби, республикалық балалар туристлик-
экскурсиялық станциясы) өз имаратларына ийе емес еди, сонлықтан ҳәр түрли
кәрханалар қараслы тар бир-еки бөлмелерде жумыс алып баратуғын еди. Нәтийже де
Page 76
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF EDUCATION
AND INNOVATION
IF = 5.281
Volume 4, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
мектептен тысқары тәлим бериўши шөлкемлерде улыўма оқыўшылардыӊ тек ғана
8%-и бул дөгереклерге тартылған [7]. Мектеплерде болса оқыўшылар саны
көбейгенликтен сабақлар 2-3 сменада, гейде төрт сменада оқытылатуғын еди, сол
себепли мектептен тысқары жумыслар улыўма алып барылмаған.
Екинши мәселе – бул жаслар арасындағы хуқықбузарлық ҳәм жынаят ислеўдиӊ
алдын алыў еди. Ис-илажлар тийкарынан ҳәр түрли жыйналыслар өткериў ҳәм
сәўбетлер арқалы әмелге асырылатуғын еди. Мәселен, 1969-жылға Қарақалпақстан
комсомол обкомыныӊ республика бул бағдарда Ишки ислер министрлиги менен
биргеликте алып барылатуғын ис-илажлар жобасына нәзер тасласақ, тийкарынан
Нөкис қалалық ҳәм районларда комсомол активи менен ушырасып, ӨзССР Ишки ислер
министрлигиниӊ 1969-жыл 16-апрельдеги «Ер жетпеген жас өспиримлер арасында
қадағалаўсыз қалғанлар ҳәм жынаятшылықтыӊ алдын алыў бойынша комсомол
шөлкемлери ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте жумыс алып барыўы
хаққында»ғы қарарын додалаў, бул бойынша Мойнақ ҳәм Шымбай комсомол
райкомыныӊ жумсысын тексериў, Нөкис ҳәм Төрткүл райкомыныӊ комсомоллық
оперативлик топарлар жумысын қадағалаўын тексериў, комсомоллық оперативлик
топарлардыӊ командирлери менен инструктивлик семинар-совещание өткизиў,
жаслар арасында хуқықый үгит-насият жумысын жетилистириў бойынша усыныслар
ислеп шығыў ҳәм т.б. усындай жыйналыс, көргизбе, шөлкемлестириў қусаған
жумысларды алып барыў режелистирилген [8]. Яғный, хуқықбузарлық ҳәм
девиантлық минез-қулыққа қарсы комсомол шөлкеми оператив ҳәм әмелий ислер
емес, бәлки жоқары совет-партия уйымлары сыяқлы, буйрық бериў ҳәм ҳǝкимшилик
ислерди алып барыўға салынып кеткен еди.
Нәтийжеде 1980-жылға келип жаслар арасындағы хуқықбузарлық ҳәм
жынаятшылық дәрежеси өсип кетти. Ҳәттеки бул жағдай СССР Ишки ислер
министрлиги тәрепинен айрықша қадағалаўына алынған. ҚҚАССР Ишки ислер
министри У.Утемуратовтыӊ баян етиўинше, «Хуқықбузарлыққа қарсы гүрестиӊ
күшейиўине қарамастан, автономиялы республикамызда ер жетпеген жаслар арасында
хуқықбузарлық жағдайлары өсип кетти, кейинги ўақытлары Тахиаташ қаласында,
Амиўдǝрья, Бозатау, Кегейли, Ленинабад, Нөкис, Төркүл, Хожели, Шоманай
районларында жас өспиримлер арасында жынаятшылық ислеў көбейип тур. Жоқарыда
көрсетилген жағдайлар комсомол шөлкемлериниӊ жумыс алып барыў формалары ҳәм
усыллары дәўир талабынан артта қалып қойғанлығын көрсетеди. Мектеплерде,
профтехучилищелер ҳәм жасаў орынларында олар менен индивидуал ислесиў жүдǝ
төмен. Хуқықбузарлықтыӊ алдын алыў исинде жаслардыӊ бос ўақытын мазмунлы
өткериўин шөлкемлестириў үлкен әҳмийетке ийе. Ашып айтатуғын болсақ, әмелий
жақтан 15 жастан 18 жасқа шекемги жаслардыӊ бос ўақтын өткериўи исин комсомол
шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилиўи жүдǝ төмен жағдайда» [9].
Комсомол шөлкемлериниӊ унамлы искерлигиниӊ көриниси ретинде жаслар ҳәм
жасөспиримлер арасында спорт жарысларын шөлкемлестириў жумысларын атап
айтсақ болады. Спорт майданшаларыныӊ азлығы ҳәм спорт инвентарьларыныӊ
жетиспеўшилигине қарамастан республикалық комсомол шөлкемлери өзиниӊ
бирлемши уйымлары менен биргеликте Нөкис ҳәм районларда ири массалық спорт
ойынларын шөлкемлестирген еди. Мәселен, 1960-шы жыллардыӊ екинши ярымында
Page 77
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF EDUCATION
AND INNOVATION
IF = 5.281
Volume 4, Issue 05, Part 2 May 2025
www.in-academy.uz
республикамызда еки рет қызлар арасында Спартакиадасы, қала ҳәм район
орталықларында көше жасөспиримлери арасында футбол бойынша «Былғары топ»
турнири өткерилди. Қызлар арасындағы Спартакиада ойынлары үш басқыштан ибарат
болып, 1970-жылы оныӊ биринши басқышында 12 мыӊ қыз, олардыӊ ишинде 8
мыӊнан асламы жергиликли миллет ўәкиллери еди [10].
Бирақ балаларды ҳәм жас өспиримлерди дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен
шуғылланыў ушын шарт-шараятлар улыўма жоқ еди. 1970-ши жыллары
Қарақалпақстанда 4 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби ислеп, олардыӊ 20
бөлими болған. Тийкарынан спорт мектеплери Нөкис ҳәм Хожелидеги улыўма орта
билим беретуғын мектеплердиӊ базасында жумыс алып барған, яғный, өзлериниӊ
арнаўлы спорт заллары я имараты болмаған. Спорттыӊ 15 түри бойынша 122 топарда
1847 балалар менен 47 тренер шуғылланған [11]. Тийкарынан бокс, волейбол,
баскетбол, футбол ҳәм шахмат спорт түрлери раўажланған еди. Сол жыллары
академиялық ескек есиў, фехтование ҳәм жүзиў бойынша секциялар ашылған еди.
Улыўма алғанда, 1965-1985 жыллары Қарақалпақстан комсомол шөлкеми жаслар
арасында бирқатар әмелий жумысларды алып барған. Жаслар менен ислесиў, жаслар
арасында хуқықбузарлықтыӊ алдын алыў, саламат турмыс тәрзин кеӊ үгит-нәсиятлаў
әмелиятындағы машқалалар ҳәм шешимлер нәтийжелиги бүгинги күнде де өз
әҳмийетин жойытқан жоқ.
Пайдаланылған әдебиятлар ҳәм дереклер:
1.
Қарақалпақстанныӊ жаӊа тарийхы. – Нөкис, 2003. 231-б.
2.
Қаниязов С. Алтын жағыс. Мемуар. – Нөкис, 2006. 77-82 бб.
3.
ҚР ОМА, ф. 549, 1-китап, 1701-ис, 246-б.
4.
ҚР ОМА, ф. 549, 1-китап, 1701-ис, 252-б.
5.
ҚР ОМА, ф. 549, 1-китап, 1729-ис, 4-б.
6.
ҚР ОМА, ф. 549, 1-китап, 4278-ис, 1-2 бб.
7.
ҚР ОМА, ф. 549, 1-китап, 1702-ис, 12-б.
8.
ҚР ОМА, ф. 549, 1-китап, 2006-ис, 1-3 бб.
9.
ҚР ОМА, ф. 549, 1-китап, 3489-ис, 17-20 бб.
10.
ҚР ОМА, ф. 549, 1-китап, 2078-ис, 5-б.
11.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 55-китап, 94-ис, 1-б.