Авторы

  • Тимур Даулетмуратов
    Ўзбекистон Республикаси ИИВга қарашли Нукус "Темурбеклар мактаби" лицейи ҳуқуқшунослик фани ўқитувчиси

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.dptms.82966

Ключевые слова:

коррупция ҳуқықый система социаллық-экономикалық система мәмлекет басқарыўы әдалатсызлық жәмийет.

Аннотация

Мақалада коррупцияның ҳуқықый жəне социаллық тийкарлары анализленген. Коррупция ҳəр қандай жəмийетте социаллық-економикалық системаны бузыў, əдалатсызлик жəне социаллық теңсизликти келтирип шығарыўы мүмкин. Бул ҳуқықый ҳəдийсе, əсиресе, мəмлекет шөлкемлеринде лаўазымларды кери мақсетте пайдаланыў ҳəм жеке мəплер ушын пайдаланыў арқалы əмелге асырылады. Мақалада коррупуияның тарийхы, оның мəмлекет ҳəм жəмийетке болған тəсири де көрип шығылған.


background image

DEVELOPMENT OF PEDAGOGICAL TECHNOLOGIES IN

MODERN SCIENCES

International scientific-online conference

142

КОРРУПЦИЯНЫҢ ТАРЫЙХЫЙ-ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАРЛАРЫ ҲӘМ

ОНЫҢ ЖӘМИЙЕТ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ТӘСИРИ

Даулетмуратов Тимур Даулетмуратович

Ўзбекистон Республикаси ИИВга қарашли

Нукус "Темурбеклар мактаби"

лицейи ҳуқуқшунослик фани ўқитувчиси

https://doi.org/10.5281/zenodo.15300345

Аннотация:

Мақалада коррупцияның ҳуқықый жəне социаллық

тийкарлары анализленген. Коррупция ҳəр қандай жəмийетте социаллық-
економикалық системаны бузыў, əдалатсызлик жəне социаллық
теңсизликти келтирип шығарыўы мүмкин. Бул ҳуқықый ҳəдийсе, əсиресе,
мəмлекет шөлкемлеринде лаўазымларды кери мақсетте пайдаланыў ҳəм
жеке мəплер ушын пайдаланыў арқалы əмелге асырылады. Мақалада
коррупуияның тарийхы, оның мəмлекет ҳəм жəмийетке болған тəсири де
көрип шығылған.

Таяныш сөзлер:

коррупция, ҳуқықый система, социаллық-

экономикалық система, мәмлекет басқарыўы, әдалатсызлық, жәмийет.

Аннотатсия.

Мақолада коррупциянинг ҳуқуқий ва ижтимоий

асослари таҳлил қилинган. Коррупция ҳар қандай жамиятда ижтимоий-
иқтисодий тизимни бузиш, адолатсизлик ва ижтимоий тенгсизликни
келтириб чиқариши мумкин. Ушбу ҳуқуқий ҳодиса, айниқса, давлат
органларида лавозимларни суиистеъмол қилиш ва шахсий манфаатлар
учун фойдаланиш орқали амалга оширилади. Мақолада коррупциянинг
тарихи, унинг давлат ва жамиятга бўлган таъсири ҳам кўриб чиқилган.

Калит сўзлар:

коррупция, ҳуқуқий тизим, ижтимоий-иқтисодий

тизим, давлат бошқаруви, адолатсизлик, жамият.

Annotation.

The article analyzes the legal and social foundations of

corruption. Corruption can disrupt the socio-economic system, cause injustice,
and lead to social inequality in any society. This legal phenomenon, in particular,
occurs through the abuse of office positions in government bodies and the use of
these positions for personal gain. The article also examines the history of
corruption and its impact on the state and society.

Keywords: c

orruption, legal system, socio-economic system, state

governance, injustice, society

Аннотация.

В статье анализируются правовые и социальные основы

коррупции. Коррупция может нарушать социально-экономическую
систему, вызывать несправедливость и приводить к социальной
неравенству в любом обществе. Этот правовой феномен, в частности,


background image

DEVELOPMENT OF PEDAGOGICAL TECHNOLOGIES IN

MODERN SCIENCES

International scientific-online conference

143

осуществляется через злоупотребление должностными полномочиями в
государственных органах и использование этих полномочий в личных
целях. В статье также рассматривается история коррупции и ее влияние на
государство и общество.

Ключевые слова:

коррупция, правовая система, социально-

экономическая система, государственное управление, несправедливость,
общество.

Коррупция – ҳәр бир жәмийетте өзине тән социяллық ҳәм

экономикалық унамсыз ақыбетлерге алып келетуғын қурамалы ҳуқықый
ҳәдийсе есапланады. Ол адамзат тарыйхының ең дәслепки дәўирлеринен
баслап болған ҳәм бүгинги күнде де заманагөй жкмийетте кең тарқалған
актуал машқалалардан бири. Ашынарлысы, ол мәмлекетте тек ҳуқықый
ҳәм экономикалық сиситемаларды бузып қалмастан, жәмийеттеги
этикалық нормаларды да қәўип астына қояды.

Коррупция қурамалы социаллық ҳәдийсе болғанлығы себепли ол

хаққындағы билимлер бүгинги күнде көпшилик ушын қызығарлы
темалардан

бири

есапланады.

Усы

тийкардағы

мағлыўматлар

ҳуқықтаныўшылар, экономистлер, сиясатшы ҳәм социологлар ушын
баслы изертлеў тараўларынан бири болып баратырғаны сыр емес.
Изертлеўшилер ҳәр қандай қурамалы социаллық ҳәдийсе сияқлы
коррупцияның ҳәм жалғыз анық тәрийпи жоқ екенин көрсетеди.
“Коррупция” атамасының этималогик тәрепи хаққында түрли пикири бар.
Кең ғалабаласқан биринши пикир тәрепдарларына көре, этималогик
тәрептен “коррупция” атамасы латынша “corruptio” сөзинен келип шыққан
болып “пара есесине аўдырыў” деген мәнини аңлатады [1]. Сондай-ақ, усы
атама айырым әдебиятларда латынша “corrumpere” сөзинен келип
шыққан болып “булзылыў, айныў” [2], басқа әдебиятларда латынша “cor
ruptum” сөзинен келип шыққан болып, “сынған, булзылған” сияқлы
мәнини билдириўи ҳәм жеке өмир ҳәмде корпоратив пайда жолында
жәмийет мәплерине зыян жеткерилиўин аңлатылыўы көрсетилген [3].
Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлигинде болса, “коррупция (лот. corruptio –
бузылыў, жолдан аздырыў, сатып алыў) – лаўазымлы шахслардың
өзлерине

исенип

тапсырылған

ҳуқықлары

ҳәм

ҳәкимият

ўәкилликлеринен жеке байлық арттырыў мақсетинде пайдаланыўы”, деп
түсиндирме берилген [4]. Айырым авторлар тийкарлы рәўиште коррупция
– инсаният теңлесидир [5], деп есаплайды. Хақыйқаттанда, “ҳәр бир
мәмлекет тарийхында жаңа социаллық сапа жағдайына өтиў,


background image

DEVELOPMENT OF PEDAGOGICAL TECHNOLOGIES IN

MODERN SCIENCES

International scientific-online conference

144

ашынарлысы, коррупция жынаяты сияқлы жийиркенишли ҳәдийсе менен
бирге жүз берген... Қәншелли қайғылы түйилместен, жынаятшылығы
ҳәмме мәмлекетлерде ҳәм ҳәмме дәўирлерде болған” [6]. Мәмлекет ҳәм
хуқық пенен дерлик бир ўақытта пайда болған “коррупция” деп аталыўшы
социаллық емес ҳәдийсениң социаллық табияты сонда пайда болады,
социаллық басқарыў функцияларын орынлаўшы шахслар жәмийеттиң
раўажланыў процессинде шахслардың айрықша бир қәлиплестиреди [7].
Олар өз социаллық дәрежисиниң өзине тәнлиги себепли басқалардан
ажыралып туратуғын адамлардың айрықша топарын пайда қылады. Бул
топар ўәкиллериниң өзине тәнлиги оларға ғалабалық өзгешеликке ийе
болған ҳәкимият ўәкилликлери берилгени менен белгиленеди. Буның
нәтийжесинде оларда мазмунына көре жәмийеттиң басқа ағзалары
мәплеринен пүткиллей парық қылатуғын айрықша мәплер пайда болады.
Усы жағдай бар сиясий институтлар ҳәм мәмлекеттиң ҳәкимият
дүзилмелери ол яки бул дәрежеде турақсызланыўына алып келеди,
белгили тайпадағы лаўазымлы шахсларда топар мәпи яки жеке мәпине
ерисиў жолында бирдемликти пайда қылады [8].

Әййемги Рим хуқықында коррупция улыўмалық мазмунда бузыў,

ўайран қылыў, қәлбекилестириў, сатылыў мәнилерин билдирип, хуқыққа
қарсы қылмыс мазмунында түсинилген. Кейиншелик, бул сөз жәмийетти
басқарыў ислериндеги нормал процессти бөлиў мәнисин сәўлелендириўди
баслаған. Бул түсиник ўақыт өткен сайын юридик пәнде жәнеде
анықластырылыў хызмет ис алып барыўдағы сатылыў түсинигин аңлата
баслады. Бүгинги күнде ҳәм коррупция сөзи өзиниң келип шығыўы
процеси

билдирген

мазмунына

муўапық

рәўиште

жәмийет

раўажланыўына қарсы болған социаллық қәўипли қылмыс сыпатында
қаралады.

Профессор Қ.Р.Абдурасулованың ҳақлы табыўынша: “Коррупция”

түсинигине мәмлекет ҳәм хуқық теориясы, жынаят хуқықы көз қарасынан
сол ўақытқа шекем анық тәрийп берилмеген [9]. Бул болса, усы усыныслар
ҳәдийсеге қарсы гүрес раўажланыўына белгили дәрежеде тәсир етпекте.

Коррупция ҳәкимият ҳәм мәмлекетшилик пенен байланыслы екен,

оның тарийхы ҳәм ҳәкимиятлардың пайда болыў тарийхы сияқлы.
Коррупциялық жынаятшылық түрлери ҳәм формалары инсаният
тарийхый раўажланыўының түрли дәўирлеринде оның менен бирге жасап
келмекте. Тарийхтың түрли дәўирлеринде мәмлекет ҳәкимиятының
тәбияты, мәмлекетиндеги социаллық-сиясий, экономикалық ҳәм мәдений


background image

DEVELOPMENT OF PEDAGOGICAL TECHNOLOGIES IN

MODERN SCIENCES

International scientific-online conference

145

өмир дәрежесине мүнәсип рәўиште жәмийетте парахорлық, лаўазымлы
шахслардың өз ўазыйпаларын лазым дәрежеде орынламаў жағдайлары
ушырап турған. Бул иллетлер ҳүкимдарлар, ҳүкиметлер тәрепинен әдетте
қараланып келинген болса-да, оны пүткиллей жоғалтып таслаўдың
имкәны болмаған. Тарийхта тек айырым әдил ҳәм дана ҳүкимдарлар ғана
мәмлекетиндеги бундай жағдайларға қарсы белгили дәрежеде жемисли
гүрес алып бара алған. Буның ушын, әлбетте, әдалатлы нызамлар қабыл
қылынған, пуқара аўҳалы турақлы үйренип барылған. Мысалы, эрамыздан
алдынғы XVIII әсирде патша Хамураппи нызамларында парахорлық ушын
жаза нәзерде тултылған [10]. Эрамыздан алдынғы VI әсирде Хиос греклар
атаўында лаўазымлы шахслардың саўғалар алыўы олардың сатылыўы
есапланған ҳәм нызамы менен көрсетилген [11]. Әйемги ҳинд мәмлекет
басқарыў шеберлиги хаққындағы шығарма “Артхашастра”да (э.ш IV әсир)
патша алдында турған маңызлы ўазыйпалардан бири бул ғазийне
урлығына қарсы гүресиў екенлиги айтып өтилген.

Мәмлекетимиз жайласқан аймақта тарийхта қарар таўып, кризиске

жүз тутқан мәмлекетлерге қарасақ, қашан мәмлекетте күшли мәмлекет
болған болса, ол жерде, әлбетте, әдиллик үстин болған, парахорлық қатаң
қуўдаланған ҳәм бул раўажланыў ушын маңызлы принцплерден бири
болған. Қайсы мәмлекетте мәмлекет күшсиз болған болса, парахорлық
ҳәўиж алған, оның тәсиринде мәмлекет қалақлық, булгиншиликке жүз
тутқан.

Республикамызда коррупцияның пайда болыўы тиккелей алдынғы

Совет Аўқамы дәўиринде бул иллеттиң кең тарқанғанлығы ҳәм ғәрезсиз
республикамызға

аўыр

мийрас

болып

өткенлиги

менен

түсиндирмеленеди деўимиз мүмкин. Ашынарлысы, Совет дәўири хуқықый
ҳәм криминология шығармаларында коррупция түсиниги мазмуны
улыўмалық ашып берилмес, мәмлекет ҳәкимияты органлары, әсиресе,
партия тәрепинен рәсмий ҳүжжетлерде ҳәм әмелий өмирде улыўмалық
тән алмаўға әшкара ҳәрекет қылынар еди. Бирақ, әмелде коррупция
көринислери анализ қылынғанда олардың тийкарғы себеплери
сыпатында партия, кәсиплик аўқамлары ҳәм мәмлекет органлары ис алып
барыўындағы, әсиресе, мийнеткешлерди тәрбиялаўдағы кемшиликлер
санап өтилди. Коррупцияны социаллық өмирдеги тәшиўиш туўдыратуғын
иллет сыпатында қарамаў ҳәм оған қарсы әҳмийетли иләжлар көрмеў, тек
бул тайпа жынаятшылық муғдарын көбейип барыўына себеп болды
деўимиз мүмкин. Буны төмендеги цифрлардан ҳәм көриў мүмкин.


background image

DEVELOPMENT OF PEDAGOGICAL TECHNOLOGIES IN

MODERN SCIENCES

International scientific-online conference

146

Совет дәўиринде лаўазымлы шахслар тәрепинен мәмлекет мүлкиниң

талан-тараж қылыў жынаяты XX әсир 50-жыллардың орталарынан 1986-
жылға шекем 2,5 есе асқан болса, парахорлық жынаяты 25 есеге көбейген
еди [12].

ССР Аўқамы халық депутатлары съездиниң 1989-жыл 9-июндағы 39-I-

сан “CCCР ишки ҳәм сыртқы сиясатының тийкарғы жөнелислери
хаққындағы”

қарарында

хуқықты

қорғаўшы

органларының

шөлкемлескен жынаятшылыққа ҳәм

коррупцияға қарсы гүрес

тараўындағы исинде үлкен кемшиликлер барлығы айтып өтилген [13].

Өзбекстан ғəрезсизликке ерискенинен кейин де бурынғы Совет

Бирлеспеси дəуиринен мийрас болып қалған жоқарыдағы бир қатар
машқалалы мəселелер, атап айтқанда, коррупцияның тамырлары да елеге
шекем өз тəсирин жойтпаған еди. Совет дəуиринде “жоқарыдан берилген
тапсырманы” орынлаў принципи әмелдк болған болып, бул болса жеке
мəплерди мəмлекет мəплеринен үстин қойыўға алып келген. Бундай
орталықта коррупциялық қатнасықлар жасырын болса да, дерлик барлық
дəрежелерде əмелдеги болған. Мысалы, мəмлекет хызметинде мийнет
еткенлердиң жетискенликлери көбинесе “таныс-билис”, “парахорлық”
арқалы

шешилген.

Бул

машқалалар

Өзбекстан

Республикасы

ғәрезсизликке ерискеннен кейин де мәмлекет турмысында өзиниң
унамсыз тәсирлерин тийгизди ҳәм турмысымыздың ҳәрбир саласында
терең ревормалар әмелге асырыўды талап етти.

Жуўмақ ретинде соны айтыўымыз мүмкин, коррупция жəмийет

раўажланыўына үлкен тосық болып, оның тийкарлары əййемги
дəуирлерден берли бар. Өзбекстанда бул машқала тарийхый мийраслар
ҳәм басқарыў тараўындағы кемшиликлери менен тиккелей байланыслы.
Коррупцияға қарсы гүресте тек жазаға емес, бəлки тараўларда реформалар
ҳəм пуқаралар белсендилигине тийкарланған жантасыў зəрүр.

Пайдаланылған әдебиятлар:

1. Криминология. Учебник. Отв.редакТар: М.Х.Рустамбаев. – Ташкент:
ТГЮИ, 2008. – С. 219.
2. Интернет манзили: http://ru.wikipedia.org
3. Зуфаров Р. Порахўрлик- коррупция негизи // Давлат ва ҳуқуқ. – 2000. –
№ 4. – Б. 41.
4. Ўзбек тилининг изоҳли луғати: 80000 дан ортиқ сўз ва сўз бирикмаси.
Ж.II. Е-М. / Таҳрир ҳайъати: Т.Мирзаев ва бошқ. – Тошкент: Ўзбекистон
миллий энциклопедияси, 2006. –Б.409.


background image

DEVELOPMENT OF PEDAGOGICAL TECHNOLOGIES IN

MODERN SCIENCES

International scientific-online conference

147

5. Эминов В.Е., Максимов СВ., Мацкевич И.М. Коррупционная преступность
и борьба с ней. – М.: Юрист, 2001. –С.23.
6. Каримов И.А. Ўзбекистон XXI аср бўсағасида: хавфсизликка таҳдид,
барқарорлик шартлари ва тараққиёт кафолатлари. – Тошкент: Ўзбекистон,
1997. –Б.83.
7. Криминология. Учебник. / Отв. редакТар: М.Х.Рустамбаев. – Ташкент:
ТГЮИ, 2008. –С.222.
8. Малиновский И.Б. Коррупция: проблемы уголовной ответственности
государственных и муниципальных служащих. – М., 2004. –С.5.
9. Абдурасулова Қ., Қурбонов О. Коррупция: тийкарый тушунча ва
шакллари. – Тошкент: Фалсафа ва ҳуқуқ институти, 2009. – Б. 21.
10. Ванцев В.А. Проблема легального определения понятия коррупции. //
Коррупция в России. Информационные и аналитические материалы. Вып.
3. - М., 2001. –С.5.
11. Коррупция и демократия: извращенные отношения. // Международная
политика, 1998, № 4
12. Лунеев В.В. Преступность ХХ века: Мировые, региональные и
российские тенденции. - М.: НОРМА, 1999. – С. 337.
13. СССР Халқ депутатлари съезди ва СССР Олий Советининг
Ахборотномаси, 1989 йил, 3-сон, 52-модда.

Библиографические ссылки

Криминология. Учебник. Отв.редакТар: М.Х.Рустамбаев. – Ташкент: ТГЮИ, 2008. – С. 219.

Интернет манзили: http://ru.wikipedia.org

Зуфаров Р. Порахўрлик- коррупция негизи // Давлат ва ҳуқуқ. – 2000. – № 4. – Б. 41.

Ўзбек тилининг изоҳли луғати: 80000 дан ортиқ сўз ва сўз бирикмаси. Ж.II. Е-М. / Таҳрир ҳайъати: Т.Мирзаев ва бошқ. – Тошкент: Ўзбекистон миллий энциклопедияси, 2006. –Б.409.

Эминов В.Е., Максимов СВ., Мацкевич И.М. Коррупционная преступность и борьба с ней. – М.: Юрист, 2001. –С.23.

Каримов И.А. Ўзбекистон XXI аср бўсағасида: хавфсизликка таҳдид, барқарорлик шартлари ва тараққиёт кафолатлари. – Тошкент: Ўзбекистон, 1997. –Б.83.

Криминология. Учебник. / Отв. редакТар: М.Х.Рустамбаев. – Ташкент: ТГЮИ, 2008. –С.222.

Малиновский И.Б. Коррупция: проблемы уголовной ответственности государственных и муниципальных служащих. – М., 2004. –С.5.

Абдурасулова Қ., Қурбонов О. Коррупция: тийкарый тушунча ва шакллари. – Тошкент: Фалсафа ва ҳуқуқ институти, 2009. – Б. 21.

Ванцев В.А. Проблема легального определения понятия коррупции. // Коррупция в России. Информационные и аналитические материалы. Вып. 3. - М., 2001. –С.5.

Коррупция и демократия: извращенные отношения. // Международная политика, 1998, № 4

Лунеев В.В. Преступность ХХ века: Мировые, региональные и российские тенденции. - М.: НОРМА, 1999. – С. 337.

СССР Халқ депутатлари съезди ва СССР Олий Советининг Ахборотномаси, 1989 йил, 3-сон, 52-модда.