ОБРАЗОВАНИЕ НАУКА И ИННОВАЦИОННЫЕ ИДЕИ В МИРЕ
https://scientific-jl.org/obr
Выпуск журнала №-69
Часть–3_ Мая –2025
69
2181-3187
ДАЎЫТ АТА ЕСТЕЛИГИНДЕГИ АРХИТЕКТУРАЛЫҚ
ҚУРЛЫСЛАР (ҚОҢЫРАТ РАЙОНЫ)
Мырзамуратов Байрам, Бердақ атындағы
ҚМУ тарийх қәнигелиги 1-басқыш магистранты
Қоңырат районы аймағы тарийхый ҳәм мәдений естеликлерге бай сондай-
ақ ҳәм тарийхый естеликлердиң саны, районның аймағы бойынша да
республикамызда алдынғы орынды ийелейди ҳәм Үстирттиң Қарақалпақстанға
тийисли бөлеги де Қоңырат районына қарайды. Мине Үстирт кеңислигинде
жайласқан Даўыт ата естелиги XVIII-XIX әсирлерге тийисли болып ол жер
бүгинги күнде қойымшылық хызметин аткарып, өзиниң тарийхыйлығы,
жайласқан орны, аткарған хызмети бойынша да өзгешеликке ийе.
Даўыт ата естелиги Қоңырат қаласының қубла батысында тәрепинде 12 км
узақлықта Үстирт кеңислигиниң етегинде жайласқан болып, бул естеликке ең
биринши мәрте Асаў улы Даўыт жерленгенлиги себепли усындай атама
берингенлигин халқымыз жақсы биледи. Асаў улы Даўыт қоңырат беклигине
киретуғын халықларды жаўмыт басқыншыларынан қорғаған, оның әкеси Асаў
да батыр адам болған ҳәм Патша Россиясының Қазақстанда алып барған басып
алыўшылық сиясатына қарсы саўашларда белсене қатнасқан. Асаўдың әкеси
Барақ болса, киши жүз қазақларының батыры сыпатында тарийхта из қалдырған.
Оның бул ерлиги туўралы «Асаў – Барақ» деп аталған дәстан да дөретилген [1,
3].
Даўыт ата XVIII- әсирдиң екинши ярымы XIX-әсирдиң басында жасаған
адам оның мазары өз әтирапындағы қулаған, ҳәр дәўирде салынған
естеликлердиң материалларынан тикленип, ал қулпы тас XX-әсирдиң екинши
ярымында қойылған. Оның мазары төрт мүйешли 1,5-2 метр бийикликте болып,
батыс қапталына қулпы тас орнатылған. Гүмбез ишинде қойтаслардың түринде
ОБРАЗОВАНИЕ НАУКА И ИННОВАЦИОННЫЕ ИДЕИ В МИРЕ
https://scientific-jl.org/obr
Выпуск журнала №-69
Часть–3_ Мая –2025
70
2181-3187
тас плиталар қаланған, оның үстине тасқа ойылып исленген төбеси сүйри, бас
кийиминиң сүўрети салынған. Бул естеликлер бийик қумның төбесине
жайласқан. Бийикликтен арқа шығыста гүмбезлер орналасқан. Биринши
гүмбез тахтайшалардан еки қатар етип қаланып, аралары майда таслар менен
толтырылған. Оның төбесине қазахлардың қара үйиниң шаңарағын еслететугын
дөңгелек түрдеги гүмбез орнатылған. Сондай-ақ гүмбез төбесинде қырлары
әлемниң төрт тәрепине бағдарланған төрт қырлы тас орнатылған. Жергиликли
халықлардың айтыўынша бул гүмбезлерди ағайинли Мәмбетнияз ҳәм
Дәўлетнияз тәрепинен салынған –деп атап өтеди[1, 83]. Расында да бул
гүмбезлер Текебай, Откилбай. Бердибек. Мәмбетнияз гүмбезлериниң
көринислерин еслетеди. Бул гүмбездиң түслик қапталында 1291 ҳижрий сәнеси
бизиңше 1874-1875 жылларға туўра келетуғын сәнелер жазылған. Гүмбез
өрилген тахтайшалардың көлеми ҳәр түрли. Мысалы, бул жердеги тас
тахтайшалардың көлеми 60х65Х51 см 20х10 см ҳәм басқалар. Гүмбез
пақсасының төмени тас пилиталары бир-бирине кийгизилип өрген. Гүмбездиң
түслик пақсасынан жер бетинен 45 см бийикликте 85х65 см тас орнатылған
болып, алдынғы пақса бийиклиги гүмбез пақсасынан 1 метр бийикликте
жайласқан. Бул пақсалардың үстине гүмбез орнатылған, ал гүмбез 7 қатар тас
плиталардан ибарат. Гүмбез төрт мүйешли етип салынған болып, оның ҳәр бири
мүйеши әлемниң төрт бағдарын көрсетеди. Буның қапталындағы орналасқан
гүмбезлердиң қурлыс материаллары да усылы да бир бирине уқсас. Бул жерде
майда пискен гербиштен өрилген гүмбез орналасқан. Оның төмени төрт
мүйешли пахса түринде өрилип, оннан кейин өткел пахсалар үстине төбеси
сүйир гүмбез орнатылған. Бул гүмбезлердиң барлығы жақсы сақланған.
Ғәрезсизлик дәўиринде даўыт ата махбарасы Қоңырат районы ҳәкимиятының
жәрдеми менен қайта қурылады ҳәм мәмлекет қорғалыўына алынады [4].
Бул жердеги халкымыздың ески қол өнерин, ой пикирин, көз қарасын
аңлататугын естеликлердиң бири қойтас, қулпытаслар болып есапланады.
Х.Есбергенов көрсеткен тас плиталардан өрилген гүмбезден шығыста қойтаслар
ОБРАЗОВАНИЕ НАУКА И ИННОВАЦИОННЫЕ ИДЕИ В МИРЕ
https://scientific-jl.org/obr
Выпуск журнала №-69
Часть–3_ Мая –2025
71
2181-3187
ҳәм олардың батыс қапталында қулпытаслар орнатылған. Бул кулпытасларда
адам көриниси елеслейди. Ал, оның қасындағы қулпытаста қуман, мылтық
сүўретлери салынып, 1258-ҳижрий есаба бизиңше 1842-18433 жылларға туўра
келетугын сәнелер жазылған. Бул қойтасқа зергерлер соққан дегмент белбеўдиң
сүўрети салынған. Жоқары төбесиндеги бөлеги гейде бесик тас депте аталған.
Бирақ, олар бесиктен гөре қой көринисине уқсаслаў болып келеди. Үстирт
бийиклигинде ҳәм оның баўраўларында қойтаслар орта әсирлерден бери бар.
Әсиресе С.П.Толстовтың Қос қудық қапталынан тапқан қойтасы қой көринисин
жүдә еслетеди [2,161]. Даўыт ата басына қойылған қойтас төрт текшеден, улыўма
бийиклиги 1 метр 52 см, узынлығы болса 3 метр 27 см. Бул қойтас
қулпытаслардың қурылыс материаллары, ислениў усыллары XII-XV әсирлерден
XX-әсирлерге шекемги дәўирлерде уқсас болыўы жергиликли түркий тиллес
халықлардың бул усылы ҳәм дәстүрлери әўладтан әўладқа турақлы өтип
киятырғанлығынан дерек береди-деп көрсетиледи [2,162].
Сондай ақ тас тахтайшалардан салынған Үстирт баўрайындағы Даўыт
атадағы Үстирт кеңислигиндеги Мәмбетнияз, Текебай, Кетен қала ҳәм тағы
басқалар өз-ара қурлыс материаллары салыныў усылы менен бир адамның
қолынан шыққандай көринеди. Сондай-ақ бул усталардың өнери Қазахстанға ен
жайған. Себеби Дәўлетнияз, Мәмбетнияз усталарға ерип жүрип, өнер үйренген
усталар Жүсип уллары өз устазаларының басшылығында Мыңқыслаўдағы
дәслепки гүмбез, қулпытасларды салып, соңынан бул өнерлерди даўам еткен [1,
85].
Бул орындағы тарийхый дереклердиң бири кулпытаслар ҳәм олардағы
жазыўлар болып есапланады. Мәселен Даўыт ата мазарының күн шығыс
капталларындағы қулпытаслар менен қойтаслар гезлеседи. Олар да араб ҳәриби
менен жергиликли тилде жазыўлар бар. Бул қулпытаслардың биринде кулағын
қайырған малақайлы адамды сәўлелендирсе, екиншисинде төрт сайға бөлинген,
төбеси пөпекли тақыялы адамды еслетеди [1, 86].
ОБРАЗОВАНИЕ НАУКА И ИННОВАЦИОННЫЕ ИДЕИ В МИРЕ
https://scientific-jl.org/obr
Выпуск журнала №-69
Часть–3_ Мая –2025
72
2181-3187
Илимпаз Х.Есбергенов өз илимий-изерлеў жумысларының жуўмақларына
тийкарлана отырып Даўыт ата естелигин XVIII-XIX әсирлерге тийисли
тарийхый- архитектуралық естеликлер қатарына киргизеди. Сондай-ақ Қоңырат
районы аймағындағы сол дәўир естеликлери қатарына Елмурат ахун мешити,
Даўыт ата естелиги, Маштақ батыр қойымшылығы, Наылаж баба қойымшылығы
ҳәм тағы басқа архитектуралық қурлысларды киргизеди [1, 87].
Археолог Ғ.Хожаниязов Қоңырат районында жайласқан Даўыт ата естелиги
ҳаққында мағлыўматлар бериў менен бир қатарда оның әкеси Асаў ҳәм бабасы
Барақ батыр қойымшылығы, сондай-ақ, Даўыт ата тарийхына байланыслы
гейпара мағлыўматларды да келтирип өтеди [3, 44]. Усының менен бирге
Ғ.Хожаниязов Даўыт ата естелигин Қарақалпақстан республикасы аймағындағы
жаңа дәўирдеги мухаддес орынлар (XV-XX әсирлер) қатарында өзгеше
архитектуралық естеликлер қатарына киргизеди [3, 62]. Ҳақыйқатында да Даўыт
ата жасы территориясы жағынан ең үлкен муқәддес орынлар қатарына киреди
бул орын ҳәзирге дейин қоңсылас Туркменистан, Қазақстан территориясында
жасаўшы халықлардың ата бабалары қойылған қойымшылық орны болып
республикалық әҳмийеттеги автомобиль жолы бойында жайласқан. Ҳәр бир
өткен автомобиль басқарыўшылары Даўыт ата естелигине зыярат етип қуран
оқыйды.
Жуўмақлап айтқанымызда Даўыт ата естелиги жергиликли халықлардың
келип шығыўы ҳәм олардың өз ара қарым катнас және байланысларын
аңлататуғын тарийхый архитектуралық жақтан баҳалы естелик болып XVIII-
XIX әсирлердеги Қубла Арал бойларында жасаўшы халықлардың турмысында
қоңысы халықлар менен сиясий - экономикалық қатнасықларында белгили орын
тутқан Асаў улы Даўыт ата туўралы косымша илимий - изертлеў жумысларының
толықтырады. Сонын менен бирге келешек әўладларымызды усындай ўатан
сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда белгили дәрежеде хызмет етеди деп
ойлаймыз.
ОБРАЗОВАНИЕ НАУКА И ИННОВАЦИОННЫЕ ИДЕИ В МИРЕ
https://scientific-jl.org/obr
Выпуск журнала №-69
Часть–3_ Мая –2025
73
2181-3187
ӘДЕБИЯТЛАР
1. Есбергенов Х. Қоңырат тарийхый ҳәм мәдений естеликлер. Н.,
«Қарақалпақстан», 1993.
2.
Толстов С.П. По древним дельтам Окса и Яксарта. М., 1962.
3. Хожаниязов Ғ., Юсупов О. Каракалпақстандағы мухаддес орынлар. Н.,
«Қарақалпақстан», 1994.
4. Қоңырат районы аймағындағы тарийхый мәдений мийрас объектлерин
жаңадан хатлаў, мәдений мийраслардың сақланыў дәрежесин үйрениў бойынша
исши топардың есабаты. Н.,2018.
5. Ембергенов Ө., Шамуратов Ж., Қоңырат. Н., «Қарақалпақстан», 2010.
