TRAINING AND DEVELOPMENT OF ART PERSONNEL

HAC
Google Scholar
To share
Moyanov, I. (2023). TRAINING AND DEVELOPMENT OF ART PERSONNEL. Modern Science and Research, 2(9), 65–69. Retrieved from https://inlibrary.uz/index.php/science-research/article/view/24282
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Abstract

This article discusses the issues of training Karakalpak art personnel, including the opening of the department of the first state Artistic and Musical Drama Society and the first actors and the first written plays of the national Karakalpak troupe "morning light".


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

65

КӨРКЕМ ӨНЕР КАДРЛАРЫН ТАЯРЛАЎ ҲӘМ ЖЕТИЛИСИТИРИЎ

ЖУМЫСЛАРЫ

Моянов Ықласбай Жийенбаевич

доцент, п.и.б.ф.д (PhD)

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы

https://doi.org/10.5281/zenodo.8409258

Аннотация.

Бул мақалада қарақалпақ көркем өнер кадрларын таярлаў мәселелери

бойынша жәнеде

биринши Мәмлекетлик көркем өнер музыкасы драма жәмийетиниң

бөлими ашылыўы ҳәм «Таң нуры» миллий қарақалпақ труппасының биринши актёрлары
ҳәм биринши жазылған пъесалары

ҳаққында сөз етилген.

Гилт сөзлери:

Театр, Таң нуры труппасы, көркем өнер кадрлары, пъеса, биринши

актёрлар, драма, клуб, китапхана, ҳәўескерлер дөгереклери, музыка, бақсы жыраў,
қыссақан, сазенделер, ойыншылар, шын қобыз шертетуғынлар.

TRAINING AND DEVELOPMENT OF ART PERSONNEL

Abstract.

This article discusses the issues of training Karakalpak art personnel, including

the opening of the department of the first state Artistic and Musical Drama Society and the first
actors and the first written plays of the national Karakalpak troupe "morning light".

Key words:

Theater, Ton nuri troupe, artistic personnel, play, first actors, drama, club,

library, amateur togaraks, music, Bakhshi zhirov, kissakan, soloists, dancers playing the shang-
kobyz.

ОБУЧЕНИЕ И РАЗВИТИЕ ТВОРЧЕСКИХ КАДРОВ

Аннотация.

В данной статье рассматриваются вопросы подготовки

каракалпакских художественных кадров и в том числе об открытии отделения первого
государственного художественно-музыкального драматического общества и первых
актерах и первых написанных пьесах национальной Каракалпакской труппы «утренний
свет».

Ключевые слова:

Театр, труппа «Тон нури», художественный состав, спектакль,

первые актеры, драма, кружок, библиотека, любительские тогараки, музыка,
Бахшижиров, кисакан, солисты, танцоры, играющие на шанг-кобызе.

Тарийхый тәжирийбе көрсеткениндей ақ ҳәр мәмлекет адамларының қәнигелиги

бойынша ақыл мийнети менен жумыс ислейтуғын айрықша бир социяллық қатламсыз күн
көрмеген ҳәм күн көре алмайды. Бул қатламға инженерлер, техниклер, агрономлар,
врачлар, муғаллимлер, көркем өнер хызметкерлери ҳәм ақыл мийнетиниң басқада
хызметкерлери киреди.

«Республикада әмелге асырылып атырған демократиялық ҳәм экономикалық

реформаларды кадрлар менен беккемлеўде ҳәм ақыл зийреклигин асырыўға қаратылған деп
көрсетип өтеди». [1; 258; б]. Қарақалпақ халқының миллий көркем өнери кең көлемде
раўажлана баслады.

1917-жылдың ақырында (Петро Александровскиге) биринши Мәмлекетлик көркем

өнер музыкасы драма жәмийетиниң бөлими ашылды. Оның ўазыйпасына Әмудәрья
бөлиминдеги ҳәўескерлер дөгереклерин бирлестириў оларға басшылық етиў, қалаларда
төлемли спетакльлер, концертлер ҳәм кешелер шөлкемлестириў сондай ақ орайлық


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

66

қалалардың Профессионал коллективлер шақырыў илажлары кирилди. Хийўадағы өзбек
театр топары – Хорезм республикасының мәмлекетлик театр жәмәәтиниң гостроллары
Қоңыраттың мәдений турмысында үлкен ўақияға айланды. Хийўа артистлериниң өнер
көрсетиўлери жергиликли халық арасында үлкен қызығыўшылықлар туўғызды ҳәм олар
арасында үлкен өзлериниң театр дөгерегин шөлкемлестириў тилегин пайда етти. [2]

1920-жылға келип Қоңырат округлик комсомол комитети жанынан 25 адам

қурамында усындай дөгереклер дүзилди. 1920-1921 жылларда бундай дөгереклер
клублардың, интернатлардың, дийхан үйлериниң, қызыл чайханалардың, шымбай
шораханның, шаббаздың қызыл мүйешлеринде пайда болды.

1921-жылға келип Төрткүлде қалалық клуб, китапхана ҳәм театр ашылды. Клубда ҳәр

қандай кешелер өткерилди. Лекция, докладлар дөгерек қатнасыўшылардың күши менен
концертлер шөлкемлестирилди.

1920-жылларда Өзбек әдебиятының тийкарын салыўшы Хамза Ҳәкимзада Ниязий

қарақалпақстанда болыўы қарақалпақ халқының драмматургиясы менен театр өнериниң
раўажланыўына сөзсиз әдеўир тәсир жасады. 1925-жылы. З.Ф. Касимов Хорезмнен
қарақалпақстанға келди. Ол ҳәўескерлер дөгереклерине белсене қатнасыўшылардан
қарақалпақ театр труппасын шөлкемлестирди.

1927-жылы 24-апрельден баслап миллий қарақалпақ театры шөлкемлестирилди. Онда

дәслеп 14 адам соның ишинде 3 ҳаял-қыз болған. Т.Сейтмуратов, А.Матякупов,
К.Убайдуллаев, М.Матжанов, И.Сейтов, М.Темирханов ҳәм басқалар «Таң нуры» миллий
қарақалпақ труппасының биринши актёрлары болды. 1922-25 жылларда А.Өтепов
«Жездежан», «Зиндан» пъесаларын «Теңин тапқан қыз», «Шәлеке бай» пъесалар жазды.

1927-жылға келип «Таң нуры» труппасы репертуарларында К.Әўезовтың «Тилек

жолында», С.Мажитовтың «Ерназар алакөз», «Ақсақал» пъесалары театр сахналарында
қойылды.

1930-жылға келип қарақалпақ миллий театр шөлкемлестирилди. Қарақалпақстанның

барлық районларында хызмет көрсетиўге жиберилди. 1932-жылдың ақырында
қарақалпақстан театрында 122 адам болды. Соннан 96 адам артист, 35 адам Қарақалпақстан
театрында иследи. Жас театрдың талантлы артистлеринен Ю.Шарипов, Файзиев,
К.Бегимов, АХожалапесов, Машарипов, Ж.Шамуратов, Х.Ахмедов ҳ.б.

1934-жылы 10-августта Қарақалпақстанда театр ҳәм музыка театр салыў туўралы

қарар қабыл етилди.

1937-жылы Нөкисте скрипка, фортепиано, қосық айтыў ҳәм аяқ ойын ойнаў

класслары бар оқыў мүддети үш жыллық музыка мектеби ашылды. Драмматургияны
буннан былайда раўажландырыў ҳәм қарақалпақ театрларын қәнигели кадрлар менен
толықтырыў мақсетинде москва А.В.Луначарский атындағы театр өнери институты
жанында миллий қарақалпақ студиясы шөлкемлестирилди. Ташкент, Москва қалаларына
ресаубликалық студиясы шөлкемлестирилди. Ташкент, Москва қалаларына республиканың
барлық театрларынан белгили қәнигелер таярлаў ушын А.Шамуратова, Т.Рахманова,
А.Қурбанова, З.Зарипов, Ю.Шарипов, С.Юсупова ҳ.б. белгили көркем өнер усталары
жиберилди. Кейинги жылларда Қарақалпақстанда қәнигели кадрлар таярлаў бойынша
Ташкенттен Моннан Уйғыр театр көркем институтын питкерип келген режиссёр, актёр ҳәм
актриссалар театрдың талантлы жаслары жасы үлкен артистлерден тәжрийбесинен ҳәм


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

67

дәстүрлеринен үйренди. Олардың Бердақ атындағы республикалық сыйлықтың лаурияты
К.Абдиреймов, Н.Аңсатбаев, қарақалпақстан халық артисти Д.Ранов, Р.Сапарова,
З.Сайпова, Ж.Султабаев ҳ.б. көплеген артистлер көзге түсти. Ҳәзирги күнде усы аты
аталған жолдаслар Қарақалпақстанда театр тараўын раўажландырыўда бир қанша кадрлар
таярлаўда өзлериниң хызметлерин аямай ислеп келмекте. [3]

Қарақалпақстанда музыка қәнигелерин таярлаўда Қарақалпақстан областьли

жумысларды жолға қойыў бойынша «Әдебият бар жерде, нама саз болады» қарары
бойынша мине соны ең жайдырыў бойынша бақсыларды, шайырларды қурылыс
жумысларына тартыў жолға қойыла баслады. Музыка тараўы бир қанша жумысларды алып
барыў ушын оларды оқытыў, көркем өнер ҳәўескерлер дөгерегине тартыў солай етип
аўылдағы бай хожалықлардан, ийшан моллалардан жат қылмысларын саз намалар менен
ашкаралаў менен бирликте сол дәўирдеги турмыс ўақияларын сәўлелендиретуғын
музыкалар жүзеге шыға баслады.

1936-жылы халық талантыларын кеңнен прапагандалаў мақсетинде олардың даўсын

грам пластинкаға алыў мәлелеси қойылды. Соған байланыслы Төрткүлде өнерпазлардың
үлкен жарысын өткерип узақ таярлықлар көре баслады. Солардан сазенделер
Ж.Шамуратов, Е.Қосполатов, И.Нийетуллаев, К.Ахмедовлардан музыкалар таңлап
алынды.

1939-жылы

Төрткүлде өткерилген Пүткил Республикалық көркем өнер

олимпиядасында республиканың барлық түпкирлеринен жыйналған талантлылардың саны
360 тан асып кетти. Бул олимпиядадағы буннан ел арасында аты шығып атырған бақсы
жыраўлар менен бирге қыссақан, сазенделер, ойыншылар, шын қобыз шертетуғынлар,
улыўма халық музыкасының талантлылары қалмай қатнасты.

1934-жылы 21-ноябрде ККАССР халық комиссарлар совети мәмлекетлик миллий

театрдың жумысын қайта қурыў ҳаққында қабыл етилди. Соның менен қатар искусствоның
ҳәр қандай тараўы бойынша ҳәр қыйлы қәнигелер шақырыў мәселеси қойылды.

1934-жылы Москвадағы Луначарский атындағы театр институтына 34 талантлы

оқыўшылар оқыўға жиберилди. Қарақалпақстанда кадрлар таярлаў бир қанша
қәнигеликлер өсип шығыўына байланыслы Ленинград консерваториясына 5 адам,
Ташкенттеги музыка техникумына 11 адам, театр техникумына 20 адам ҳәм балет
мектебине 5 адам жиберилди. Булардың көпшилиги питкерип келип Республикамыздың
театрларында, музыка мектеплеринде, ансамбллеринде ислей баслады. [4; 15: б]

1938-жылы Обласлық комитети халық комиссарлар совети «Қарақалпақстанда

искусстваны буннан былайда раўажландырыў бойынша илажлар ҳаққында» деген арнаўлы
қарар қабыл етилди. Бул Қарақалпақстанда музыка тараўын раўажландырыў бойынша
кадрлар таярлаў бойынша Ташкент қаласынан белгили композиторлар Д.Туманиян,
В.Г.Шафранников, А.Халимовлар шақыртылып Қарақалпақстанда музыка көркем өнерин
раўажландырыўда өзлериниң үлеслерин қоса баслады. Қарақалпақстанда мәдений
мәкемелер ҳәм көркем ҳәўескер жәмәәтлери ушын кадрлар таярлаў бойынша көркем өнерде
буннан былайда раўажландырыў ҳәм оған басшылық етиў ушын ККАССР Халық
Комиссарлар Кеңесиниң жанында театр ҳәм музыка ҳәм көркем ҳәўескерлер бөлимлери бар
көркем өнер ислери бойынша басқарма шөлкемлестирилди.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

68

1938-жылы 27-ноябрде ККАССР Халық Комиссарлар Кеңесиниң ӨзКП Областлық

Обкомының Қарақалпақстанда көркем өнерди ҳәм көркем ҳәўескерлер жәмәәтлериниң
буннан былайда раўажландырыў илажлары ҳаққында қарар қабыл етилди.

1940-жылы Республикада мәмлекетлик филармония 10 районлық ҳәм колхоз театры

онлаған, онлаған көркем өнер ҳәўескерлер жәмәәтлери ислеп турды. Колхоз театрларында
көркем өнер ҳәўескерлер дөгереклеринде тәжирийбели маман басшылар болмады. Бул
әлбетте театрлардың ҳәм дөгереклердиң жумыс санасына тәсир жасады. Көркем
ҳәўескерлик дөгереклериниң басшылары ушын 50 адамлық қысқа мүддетли курслар
шөлкемлестирилди. Солай етип Қарақалпақстанда бир қанша талантлы жаслар елимиздиң
музыка учелищелеринде ҳәм Консерваторияларға оқыўға жиберилди. Соның ишинде
Ташкенттеги музыка техникумы, Төрткүлдеги музыка техникумына Ленинград
консерваториясына белгили талант ийелери Қутлымуратов, Төребаев, Мендитаевлар
оқыўға жибериле баслады.

Бул жаслар оқыўларды табыслы питкерип район ҳәм қалаларда өз жумысларын даўам

еттире баслады.

1958-жылға келип Қарақалпақстанда музыкалы учелище, 1967-жылы мәдений

ағартыў техникумы ашылып бул оқыў орынлары халқымызға мәденият хызметкерлерин
таярлаўда үлкен хызметлер исленип келмекте.

Солай етип қарақалпақ халқы мәдениятының улыўма көтерилиўи, халық

билимлендириўиниң раўажланыўы, мәдений мекемелери тараўының өсиўи, баспа сөздиң,
көркем әдебияттың, театр көркем өнериниң раўажланыўы миллий кадрлардың өсиўи
Қарақалпақстанның ҳәр тәреплеме раўажланыўының тийкары болды.

REFERENCES

1.

Өзбекстан Республикасы Биринши Президенти И.Каримов өзиниң «Өзбекстан XXI
– әсир босағасында»: қәўипсизликке қәўип турақлылық шәртлери ҳәм раўажланыў
кепилликлери» атлы китабы.

2.

Қарақалпақстан тарийхы том 2. Н-1972 ж.

3.

П.Муратова. «Қарақалпақстанда интелентция кадрлар таярлаў» Н-1992 ж.

4.

Т.Адамбаева «Қарақалпақстан музыкасының тарийхы», «Қарақалпақстан» баспасы
Нөкис-1985 ж. 15-бет.

5.

Jiyenbaevich M. I. Competence-based approach in higher musical and professional
education //ACADEMICIA: An International Multidisciplinary Research Journal. – 2022.
– Т. 12. – №. 4. – С. 42-47.

6.

Jiyenbaevich M. I. The evolution of music pedagogy of the karakalpak people: Historical
and theoretical aspects //Asian Journal of Research in Social Sciences and
Humanities. – 2021. – Т. 11. – №. 10. – С. 27-32.

7.

Тажимуратова Ш. С. САНЪАТШУНОСЛИК ФАНЛАРИНИ ЎҚИТИШ ОРҚАЛИ
ТАЛАБАЛАРНИНГ

МУСТАҚИЛ

ИШЛАШ

КЎНИКМАЛАРИНИ

ШАКЛЛАНТИРИШ. – 2023.

8.

Tajimuratova S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT
PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Modern Science
and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 5. – С. 196-203.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

69

9.

Saginbaevna T. S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT
PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Spectrum Journal
of Innovation, Reforms and Development. – 2022. – Т. 9. – С. 386-392.

10.

Tajimuraova S. S. INFORMATION AND COMMUNICATIONS IN MANAGEMENT
//Journal of Integrated Education and Research. – 2022. – Т. 1. – №. 5. – С. 509-511.


References

Өзбекстан Республикасы Биринши Президенти И.Каримов өзиниң «Өзбекстан XXI – әсир босағасында»: қәўипсизликке қәўип турақлылық шәртлери ҳәм раўажланыў кепилликлери» атлы китабы.

Қарақалпақстан тарийхы том 2. Н-1972 ж.

П.Муратова. «Қарақалпақстанда интелентция кадрлар таярлаў» Н-1992 ж.

Т.Адамбаева «Қарақалпақстан музыкасының тарийхы», «Қарақалпақстан» баспасы Нөкис-1985 ж. 15-бет.

Jiyenbaevich M. I. Competence-based approach in higher musical and professional education //ACADEMICIA: An International Multidisciplinary Research Journal. – 2022. – Т. 12. – №. 4. – С. 42-47.

Jiyenbaevich M. I. The evolution of music pedagogy of the karakalpak people: Historical and theoretical aspects //Asian Journal of Research in Social Sciences and Humanities. – 2021. – Т. 11. – №. 10. – С. 27-32.

Тажимуратова Ш. С. САНЪАТШУНОСЛИК ФАНЛАРИНИ ЎҚИТИШ ОРҚАЛИ ТАЛАБАЛАРНИНГ МУСТАҚИЛ ИШЛАШ КЎНИКМАЛАРИНИ ШАКЛЛАНТИРИШ. – 2023.

Tajimuratova S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Modern Science and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 5. – С. 196-203.

Saginbaevna T. S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Spectrum Journal of Innovation, Reforms and Development. – 2022. – Т. 9. – С. 386-392.

Tajimuraova S. S. INFORMATION AND COMMUNICATIONS IN MANAGEMENT //Journal of Integrated Education and Research. – 2022. – Т. 1. – №. 5. – С. 509-511.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов