Authors

  • Опаев.Б

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.universal-scientific-research.118769

Abstract

Исатай Махамбеттиң басшылығындағы миллий азатлық көтерилиси қазақ халқының тарийхындағы әҳмийетли ўақыялардың бири. Бирақ, бул көтерилистиң тәғдири тек ғана жеңис ямаса жеңилис пенен өлшенбейди. Олардың арасында көтерилиске қатнасып, соңынан тәғдирдиң жазыўы менен басқа жерге барып, өзгеше өмир баслаған адамлар да бар. Солардың бири - Жаншора.


background image

ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2024 SJIF 2024 = 5.073/Volume-3, Issue-6

298

ЖУМАШ БЕКЛЕРБЕГИНИҢ ТӘҒДИРИ: ҚАШҚЫНЛЫҚТАН

БИЙЛИККЕ ШЕКЕМ

Опаев.Б

Исатай Махамбеттиң басшылығындағы миллий азатлық көтерилиси қазақ

халқының тарийхындағы әҳмийетли ўақыялардың бири. Бирақ, бул көтерилистиң
тәғдири тек ғана жеңис ямаса жеңилис пенен өлшенбейди. Олардың арасында
көтерилиске қатнасып, соңынан тәғдирдиң жазыўы менен басқа жерге барып,
өзгеше өмир баслаған адамлар да бар. Солардың бири - Жаншора.

Оның мылтық соғатуғын усташылық шеберлиги болған, Исатай

көтерилисинде мылтық соққан. Көтерилис сәтсиз жуўмақланғаннан соң болыс
дайысының жәрдеминде Хийўа ханлығының аймағына өтип кеткен

1

.

Жаншора - туўылған жериндеги сәтсизликтен кейин ол жаңа өмир излеўге

мәжбүр болды. Хийўада ол хан әскерине қосылып, тез арада өзиниң батырлығы ҳәм
әскерий шеберлиги менен көзге түсти. Жыллар өтип, оның баласы Жумаш та
ханның исенимине ийе болып, беклербеги лаўазымына шекем көтерилди.

Усы жерде оның исми менен байланыслы мағлыўматларды айтып өтейик,

оның туўылғанында әкесиниң қойған аты Жумағүл. Бирақ тарийхый дереклерде
оның аты ҳәр түрли айтылады: Жумаш, Жумағамбет, Төре, Жуманияз*.

Араб тилинен алынған жума - жыйын, улыўма жәмәәт жыйналатуғын күн.

Биригиўши қурамлы атлар - Жумағамбет, Жумағул, Жумагелди ҳәм т.б. Еркелетип
айтылатуғын түри - Жумаш

2

.

Соған қарағанда, Хийўа ханлығындағы салық төлеўши қазақ-қарақалпақлар

дизиминдеги Жумақул менен Жуманиёз деген атлар бир адам болыўы мүмкин.

Буны Хийўа ханлығының салық ҳүжжетлерин изертлеген Ю.Э.Брегель де

тастыйықлайды,

«жоқарыда

келтирилген

бир

аттың

орфографиялық

вариантларынан тысқары, бир исмниң диалектлик формалары болған басқа да
вариантлар бар. Бул вариантлар бир аттың өзинше айтылыўындағы

1

Опаев Б. Дала жазыўлары. Алмата, 2025.

*Буның себеби көтерилис жеңилиске ушырап, Хийўа ханлығына өткеннен кейин атын өзгерткени менен байланыслы
болыўы мүмкин. Себеби Россия патшалығы үзликсиз Хийўа ханлығынан өтип кеткен адамларды қайтарып бериўди
сорап турған.

2

Электрон ресурс: қараңыз

https://sozdikqor.kz/soz?id=59524&a=Juma

Қаралған ўақыты: 03.07.2024.


background image

ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2024 SJIF 2024 = 5.073/Volume-3, Issue-6

299

айырмашылықларды ямаса түркий тил имласының турақсызлығын көрсетеди,
соның нәтийжесинде ҳәр қыйлы жазыўшылар бир атты ҳәр түрли жазыўы мүмкин.
Көпшилик жағдайларда белгили бир форма бир адамға бекитилип қойылған, бирақ
жәрияланған ҳүжжетлер сөзсиз дәлиллегениндей, бир адамға байланыслы ҳәр
қыйлы формалар, соның менен бирге дурыс әдебий формалар да қолланылыўы
мүмкин. Буннан тысқары, қурама аттың бир бөлеги күнделикли турмыста түсип
қалыўы ямаса басқа, мәниси бирдей сөз бенен алмастырылыўы мүмкин. Усындай
параллель формалардың қолланылыўының ең тән алғылықлы мысалларын ғана
келтиремен – деп жаза отырып мысал келтирген адам атлары арасында Жуманияз
менен Жумақул бир адам екенин айтады

3

.

Жумаш өз қол астындағы халықтан түйе менен жылқылары ушын салық

салдырмаған. Жоқарыда айтқанымыздай Ю. Э. Брегельдиң қазақ-қарақалпақлардан
жыйналған закат салығы (1871-жылы июль, 19-август) бойынша салық дәптеринде
Жуманияздың 200 сыйыры ҳәм 100 қойы дизимге алынған

4

.

Жумаштың Хийўадағы өмири аңсат болмады. Ол жаңа ортаға үйренисиўге,

тилди үйрениўге ҳәм жергиликли үрип-әдетлерди қабыл етиўге мәжбүр болды.
Бирақ оның батырлығы ҳәм садықлығы оған көп жәрдем берди. Ол әдиллиги ҳәм
шешим қабыллаў уқыбы менен танылды. Беклербеги сыпатында Жумаш Хийўа
ханлығының ишки ҳәм сыртқы сиясатына белсенди қатнасты.

Жумаштың тәғдири тек ғана оның жеке өмири менен шекленбейди. Ол

сондай-ақ, қазақ-хийуа қатнасықлары тарийхындағы әҳмийетли дәўирди көрсетеди.
Оның Хийўадағы хызмети еки ел арасындағы сиясий ҳәм мәдений байланыслардың
раўажланыўына тәсир етти. Жумаш қазақ даласы менен Хийўа арасындағы жанлы
көпирге айланды, еки халықтың өз-ара түсинисиўин арттырыўға умтылды.

Хийўа ханы қол астындағы халықты услап турыў ушын олардың арасында

бийлер санын көбейткен. Бийлердиң үстинен аталық, беклербеги қараған. Бийлер
аталыққа, аталық беклербегиге бағынған. Оларды хан лаўазымға тайынлағанда
жарлық берген. Олар ханның жарлығысыз рәсмий түрде ўазыйпасына кирисе
алмаған.

3

Брегель Ю.Э. Документы архива хивинских ханов по истории и этнографии каракалпаков. – М.: Наука, 1967. – 74

- 75 с.

4

Брегель Ю.Э. Документы архива хивинских ханов по истории и этнографии каракалпаков. – М.: Наука, 1967. – 209

с.


background image

ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2024 SJIF 2024 = 5.073/Volume-3, Issue-6

300

О.

Жалилов

өз

мийнетлеринде

беклербеги

лаўазымы

Хорезм

тарийхшыларының шығармаларынан тысқары архив материалларында да көп
ушырасатуғынын атап өткен. Ол мысал ретинде өзбеклерден Бағыбек беклербеги,
жәмшидлерден Абдулла беклербеги, теке түркменлеринен Қожамберди-бек ҳәм
Қулкелди беклербегилерди тилге алады. Соның менен бирге, қазақлардан Омар
төре Жумаш, Мусылман, Әзизберген, Халмухаммед, Көпжүрсин, Шүкир
Мухаммед, Шаҳарбай, Жанмухаммед сыяқлы шахслардың да беклербеги болғанын
жазады.

Қарақалпақлардан

Қоңырат

қарақалпағынан

Қабыл,

Юсуп

беклербегилерди, ал Он төрт руў қарақалпағынан Сайыпназар, Қудайназар, Қутлы
Мурат беклербегилерди де архив дереклеринен тапқанын көрсетип өткен

5

.

Жумаштың қашан беклербеги лаўазымына тайынланғаны ҳаққында бизде

анық мағлыўмат жоқ. Бирақ шама менен 1865-жылы деп айтыўға болады. Себеби,
сол жылы Хийўа тахтына Саййид Муҳаммед Раҳимхан II отырып, өзине хызмет
еткен көплеген адамларға бий, аталық, беклербеги лаўазымларын берген. Жумаш
беклербеги болған ўақтында жүдә жас болған. Омонбек Жалилов болса оны 1870-
жыллары беклербеги болған дейди. Сонда ол 22-23 жасларында усы лаўазымға
тайынланған деп айтыўға болады.

А. В. Каулбарс қазақ урыўларының көшип келиўин баянлап, олардың бир

бөлеги егиншилик пенен шуғылланғанын ҳәм қарақалпақлар арасында араласып
жасағанын айтады. Жумаш дәслеп Хийўа ханлығының арқасында Дәўқарада, кейин
Хийўа ханы арнаўлы жарлық пенен Бадай тоғайынан жер сыйлағаннан соң, усы
тоғайдағы Уйғыр районына орналасады. Сондай-ақ, ол көшип келген қазақлар
ушын Хийўа ханынан сорап жер алып берген.

Усы жерде айтып өтиў керек, ҳүжжетлерде бәрқулла Жумаш беклербегиниң

аты алдына Омар төре деп жазылған, соған қарап биз араб жазыўында үтир
қойылмайтуғынын есапқа алып, оның Хийўа ханлығына келгеннен кейинги оған
берилген толық ат Омар Төре Жумаш деп ойлаймыз. Аманбек Жалилов болса
монографиясында оларды еки адам деп есаплап арасына үтир қойып жазған болса,
өзиниң илимий диссертациясында Омар Төре Жумаш деп үтир қоймастан анық
жазған. Ол диссертациясында былай дейди: «Архив ҳүжжетлерде көрсетилиўинше,
XIX әсирдиң 60-70 жылларынан баслап қарақалпақларда еки беклербеги,

5

Жалилов О. XIX-XX аср бошларидаги қорақалпоқ тарихидан (Хива давлат ҳужжатлари асосида). – Тошкент: Фан,

1986. – 106-107 б.


background image

ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2024 SJIF 2024 = 5.073/Volume-3, Issue-6

301

қазақларда төрт беклербеги бар еди. Солардан, 1872-жыллары теристамғалы Қабыл,
маңғыт Қудайназар беглербегилер болса, қазақлардан Омар Төре Жумаш,
Мусулман,

Азизберген

беклербегилер

болған»

6

.

Бул

жерде

қазақ

беклербегилеринен тек үшеўиниң аты жазылған. Сол дәўирде төрт беклербегиден
бириниң аты аталмаған.

1873-жылы Хийўаға келген Швейцариялы саяхатшы, Рус географиялық

жәмийети експедицияларының қатнасыўшысы Анри Мозердиң (1844-1923)
айтыўынша, ол Хийўа ханлығында көрген ҳәм сөйлескен адамлардан бири болған:
«Төре-бай-Дәўлет - жас қырғыз (қазақ О.Б.) - адай (Каспий бойындағы жаўынгер
ордадан шыққан), фарангты (француз) бийпул шығарып салыўды усыныс еткен.
Бул жигирма алты жасар жигиттиң ашық жүзи, кеўилли минези ҳәм әжайып
ҳәзилкешлиги мени оны кәрўанға алыўға ҳәм оның хызметин қабыл етиўге
исендирди. Төре бай - султанлардың әўлады. Ол ата-бабаларын мақтаныш етеди,
пул ҳәм пайда излемейди, Френгистан (Франция) ды бир көриўди әрман еткен
ҳақыйқый саяхатшы-батыр»

7

. Оған әкесинен қалған 50 танап жер берилген.

Жумаштың баласы Хожатилеу медреседе оқыған. Медресени питкергеннен

кейин мурап хызметинде ислеген. Қарақалпақстанда оның қаздырған ҳәм өзиниң
аты менен аталатуғын «Тилеў мурап арнасы» болған. Ол гейпара ўақытлары «қазақ
арнасы» деп те аталған.

Бул - бир тәрептен, қазақ жигитиниң қәлеген жерде өз қәбилетин көрсете

алатуғынына дәлил. Екинши тәрептен, Жумаштың тәғдири тарийхтың
қурамалылығын, адамның өмир жолындағы тосқынлықлар ҳәм таңлаўларды
көрсететуғын мысал болып табылады. Ол өз халқы ушын гүрескен батырдан басқа
елде жоқары лаўазымға ерискен шахсқа айланды. Жумаштың тарийхы - умытылмас
мийрас, өтмиштиң сабағы ҳәм келешекке болған исенимниң белгиси
сыпатлайтуғын архив дереклеринен табылған мағлыўматларға тоқталып өтемиз:

Әмиўдәрья бөлиминиң начальниги генерал-майор Ивановтың Хийўа ханына

жазған 1875-жыл 23-августтағы хатында Жумағамбет бийдиң түркменлер менен
талан-тараж жөниндеги келиспеўшиликлерин түп-тийкарынан шешиў ушын,

6

Жалилов О. XIX иккинчи ярими XX аср бошларидаги қорақалпоқ тарихидан. Тарих фанлари бўйича кандидатлик

диссертация, Тошкент: 1970. – 615 б.

7

Henry Moser.

A travels l'asie Centrale. La steppe kirghize; le Turkestan russe; Boukhara; Khiva; le pays des turcomans et

la perse. Paris, 1885. – 290 p.


background image

ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2024 SJIF 2024 = 5.073/Volume-3, Issue-6

302

қазақлардың талабы елеге шекем қанаатландырылмағанынан шағым етип
атырғанлығы себепли, түркменлер менен қазақларға, бир-биринен қарыздарларға
Хожели қаласында съезд* тайынлап, барлық ислерди лаўазымлы шахслар ҳәм
Әмиўдәрья бөлими жиберген адамның қатнасыўында дурыс көрип шығыўын
сораған

8

.

Әмиўдәрья бөлими баслығының Хийўа ханына жазған 1877-жыл 13-майдағы

хатында Маңғыстаў приставы усы жылдың 19-январында бөлим баслығына өзине
исенип тапсырылған приставтың Жумағамбетке Хийўа ханлығында турақлы ҳәм
ўақтынша көшип жүрген барлық Маңғыстаў қазақларын басқарыўды тапсырғаны
ҳаққында хабар берди. Бул ҳаққында Әмиўдәрья бөлиминиң баслығы генерал-
майор Иванов усы жылдың 25-февралында Хийўа ханына мағлыўмат ушын хабар
еткен, бирақ Хийўа ханы сол ўақытта Жумағамбеттиң өзиниң пуқарасы екенин
билдирмеген. Ал Хийўа ханы Жумағамбет ҳәм оның адамлары Хийўа қол астында
деген хаты бойынша генерал-майор Ломакин*нен усы аңласпаўшылықты
түсиндириўди сораған.

Усы жерде соны айтып кетиў керек, бул дәўирде Хийўа ханлығына

Әмиўдәрьяның шеп жағалығы қараслы болды. Соның менен бирге Үстирттиң
үстинде сийрек жайласқан көшпели халықлар жасады. Олар арасында
Маңғыстаўтан көшип келген ҳәм жайлаў ушын қоныс аўдарған көшпели қазақлар
бар еди. Жоқарыдағы архив мағлыўматына тийкарланып соны айтыў мүмкин,
Жумағамбет (Жумаш) Маңғыстаўтан келген барлық қазақлардың бийи етип
тайынланған. Анри Мозердиң мағлыўматы бойынша Үстирит тегислигинде 24
мыңға шамалас халық жасаған

9

.

*

Халық суды еки инстанциядан турады: аўыл суды (ҳәр аўылда үш қазы) ҳәм приставлықтың бийлер суды съезди

(ҳәр волосттан бир бий ҳәм бир кандидат). Аўыл қазылары Закаспий әскерий бөлиминиң басшысы тәрепинен, ал
приставлық сот жыйналысларының қазылары Кавказ әскериниң бас қолбасшысы тәрепинен тастыйықланатуғын еди.
Приставлықтың бийлер жыйналысы жылына еки мәрте - 1-декабрьден 1-февральға дейин ҳәм 1-апрельден 1-майға
дейин өткерилетуғын еди. (Дерек: Турсунова М. С. Казахи Мангишлака во второй половине XIX века. Алма-Ата.
1977. - 123 с.) Ал, Сырдәрья областының Әмиўдәрья бөлиминде бийлер суды менен отырықлы халық ушын қазылар
суды хызмет етти. Қазылар судынан жоқары қазылар сьезди турды. Ол қазылар судының шешиўине қанаатланбаған
адамлардың

шағым арзаларын қарады (Дерек: Р.Қосбергенов. Қарақалпақ халқының колониал дәўирдеги мәденияты

ҳәм турмысы. Нөкис, 1970. - 15 – бет. .

8

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 25-27 варақ.

*Закаспий областының начальниги

9

Анри Мозер. Через Среднюю Азию. Киргизская степь,

русский Туркестан, Бухара, Хива, край туркмен и Персия:

впечатления от путешествия. Франкоязычные путевые очерки о

Центральной Азии: Путешествия Наполеона Нея и


background image

ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2024 SJIF 2024 = 5.073/Volume-3, Issue-6

303

Буннан тысқары, Жумағамбет Хийўа ханына қағазлар менен еки қазағын

жибергенин, оларды Хийўа тутқынға алғаны ҳаққында шағым еткен.
Жумағамбеттиң мәлим етиўинше, бул адамлар да Россия пуқаралары
болғанлықтан, олардың ҳәр бириниң қандай айыбы бар екенлигин түсиндириўин
сораған.

Солай етип, жоқарыдағы мағлыўматларды таллап, Маңғыстаў приставының

есабатындағы Жумағамбеттиң статусы ҳәм Хийўа ханлығына қатнасына
байланыслы қурамалы мәселелер пайда болмақта. Бул жағдай Әмиўдәрья
бөлиминиң баслығы генерал-майор Ивановтың хабары ҳәм Жумағамбеттиң Хийўа
ханының өзиниң қараўында екенлиги ҳаққындағы билдириўи менен тиккелей
байланыслы. Каспийарты ўәлаятының баслығы генерал-майор Ломакиннен
түсиник сораў арқалы буны анықластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилген.

1877-жылы 28-ноябрьде Әмиўдәрья бөлиминиң баслығының Хийўа ханына

билдириўине қарағанда, Жумағамбет бийге өз дизимине жазылған қазақлардан
салық жыйнаўдан алдын, қазақлар өзлерине қараслы деп есаплайтуғын ҳәм Хийўа
ханы қол астында деп есапланатуғын бийликлери менен келисиўин сораған

10

.

1877-жыл 30-июль күни Әмиўдәрья Бөлими баслығының ўазыйпасын

атқарыўшы айырым қазақлардан отаў салығын өндирип алыўға жәрдем сорап,
Хийўа ханына шағым етеди. Маңғыстаў бийи Жумағамбет ханлықта көшип жүрген
Маңғыстаў приставлығының қазақлары Жумағамбет Досов, Даўылбай Алтаев,
Жарылқан Алапов, Тәжи Даўылбаев, Турман Қулшаров ҳәм Боранбай Алтаевлар
1876-жыл ушын отаў салығын төлемегенин, салық жыйнаўшы Манат Боранқулов
олардың орнына қазнаға салықты төлегенин жазған

11

.

1877-жылы 6-мартында Түркстан әскерий округи Әмиўдәрья бөлиминиң

баслығы Хийўа ханына жолланған рапортта Маңғыстаў бийи Жумағамбет
Жанчуринниң хатын тиркеп, айыпкерлерден өндириў ҳәм өлтирилген қазақтың
туўысқанларын қанаатландырыўды сораған. Жанчуринниң хабарындағы түркмен
тонаўшылары ҳаққындағы мағлыўматлар дурыс болса, ханнан қатаң илажлар
көрип, айыпкерлерди жазалаў өтиниш етилген

12

.

Анри Мозера во

второй половине

XIX

века: (перевод с французского

)

/ авторы

А.Мозер,

Н.Ней; составитель,

переводчик, автор вступительной статьи С.Атанова. – Москва: Кучково поле Музеон, 2023. – 347 с.

10

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 36 варақ.

11

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 96 варақ.

12

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 140 варақ.


background image

ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2024 SJIF 2024 = 5.073/Volume-3, Issue-6

304

Әмиўдәрья бөлиминиң баслығы 1877-жылы 25-февральдағы Хийўа ханына

жазған хатында, Маңғыстаў приставлығы Адай аўылының қазағы Жумағамбетке
өзине исенип тапсырылған приставлықтағы барлық қазақларды басқарыўды
тапсырды, олар сизиң жоқары мәртебели ханлығыңызда турақлы көшип-қонып
жүргенлер де, ҳәр түрли ислер бойынша ўақытша келип жүргенлер де болады. Усы
ҳаққында хабарлай отырып, зәрүр болған жағдайда қазақ Жумағамбеттиң нызамлы
өтинишлерине өз тәрепиңизден қоллаў көрсетиўиңизди өтинемен

13

.

Бул архив дереклерине таянып жуўмақ қылып айтатуғын болсақ,

Жумағамбеттиң кейинги тәғдири Россия империясы ҳәм Хийўа ханлығы
ортасындағы өз-ара келиспеўшиликлер менен байлыныслы болған. Оның қашан
ҳәм қайжерде қайтыс болғанлығы бойынша анық бир мағлыўмат жоқ. Бирақ
аўызеки дереклерге сүйенетуғын болсақ ол өлгеннен кейин Хожелидеги
Гәўирқалаға жерленген.

Жумаштың өмири - қазақ тарийхының бир бөлеги. Оның мәртлиги,

жигерлилиги ҳәм өмирге болған умтылысы әўладтан-әўладқа мийрас болып
қалады. Ол өз тәғдирин өзгерткен, қыйыншылықларға бойсынбаған ҳәм басқа елде
де өз орнын тапқан қазақ батырының символы. Жумаштың тарийхы - өтмишимизди
еске түсирип, келешекке болған исенимимизди арттырады.

Жуўмақлап айтқанда, Жумаш беглербеги ҳаққында еледе тереңирек изертлеў

жумысларын алып барыў керек. Еле үйренилмеген халық толғаўлары ҳәм архив
ҳүжжетлерин ақтарып, ол ҳаққында еле тарийхтың ашылмаған бетлери бар екенине
исенемиз. Бүгинги әўлад Жумаш беглербегиниң тарийхын билиўи керек. Ол бизди
өз тарийхымызды ҳүрмет етиўге, қыйын жағдайларда күшли болыўға ҳәм бәрқулла
жақсылыққа умтылыўға үйретеди. Жумаштың тәғдири - қазақ халқының руўхының
беккемлиги ҳәм өмирге болған сүйиспеншилигиниң дәлийли.

Пайдаланылған әдебиятлар:

1.

Henry Moser.

A travels l'asie Centrale. La steppe kirghize; le Turkestan russe;

Boukhara; Khiva; le pays des turcomans et la perse. Paris, 1885.

13

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 145 варақ.


background image

ISSN (E): 2181-4570 ResearchBib Impact Factor: 6,4 / 2024 SJIF 2024 = 5.073/Volume-3, Issue-6

305

2.

Анри Мозер. Через Среднюю Азию. Киргизская степь, русский Туркестан, Бухара,
Хива, край туркмен и Персия: впечатления от путешествия. Франкоязычные
путевые очерки о Центральной Азии: Путешествия Наполеона Нея и Анри Мозера
во второй половине XIX века: (перевод с французского) / авторы А.Мозер, Н.Ней;
составитель, переводчик, автор вступительной статьи С.Атанова. – Москва:
Кучково поле Музеон, 2023.

3.

Брегель Ю.Э. Документы архива хивинских ханов по истории и этнографии
каракалпаков. – М.: Наука, 1967.

4.

Жалилов О. XIX иккинчи ярими XX аср бошларидаги қорақалпоқ тарихидан. Тарих
фанлари бўйича кандидатлик диссертация, Тошкент: 1970.

5.

Жалилов О. XIX-XX аср бошларидаги қорақалпоқ тарихидан (Хива давлат
ҳужжатлари асосида). – Тошкент: Фан, 1986.

6.

Қосбергенов Р. Қарақалпақ халқының колониал дәўирдеги мәденияты ҳәм
турмысы. Нөкис, 1970.

7.

Опаев Б. Дала жазыўлары. Алмата, 2025.

8.

Турсунова М. С. Казахи Мангишлака во второй половине XIX века. Алма-Ата. 1977.

9.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 140 варақ.

10.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 145 варақ.

11.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 25-27 варақ.

12.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 36 варақ.

13.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 96 варақ.

14.

Электрон ресрус:

https://sozdikqor.kz/soz?id=59524&a=Juma





References

Henry Moser. A travels l'asie Centrale. La steppe kirghize; le Turkestan russe; Boukhara; Khiva; le pays des turcomans et la perse. Paris, 1885.

Анри Мозер. Через Среднюю Азию. Киргизская степь, русский Туркестан, Бухара, Хива, край туркмен и Персия: впечатления от путешествия. Франкоязычные путевые очерки о Центральной Азии: Путешествия Наполеона Нея и Анри Мозера во второй половине XIX века: (перевод с французского) / авторы А.Мозер, Н.Ней; составитель, переводчик, автор вступительной статьи С.Атанова. – Москва: Кучково поле Музеон, 2023.

Брегель Ю.Э. Документы архива хивинских ханов по истории и этнографии каракалпаков. – М.: Наука, 1967.

Жалилов О. XIX иккинчи ярими XX аср бошларидаги қорақалпоқ тарихидан. Тарих фанлари бўйича кандидатлик диссертация, Тошкент: 1970.

Жалилов О. XIX-XX аср бошларидаги қорақалпоқ тарихидан (Хива давлат ҳужжатлари асосида). – Тошкент: Фан, 1986.

Қосбергенов Р. Қарақалпақ халқының колониал дәўирдеги мәденияты ҳәм турмысы. Нөкис, 1970.

Опаев Б. Дала жазыўлары. Алмата, 2025.

Турсунова М. С. Казахи Мангишлака во второй половине XIX века. Алма-Ата. 1977.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 140 варақ.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 145 варақ.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 25-27 варақ.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 36 варақ.

Ўз МА, И-125 ф., 2-руйхат, 16-иш, 96 варақ.

Электрон ресрус: https://sozdikqor.kz/soz?id=59524&a=Juma