YOSH OLIMLAR
ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI
in-academy.uz/index.php/yo
123
«ҚЫРЫҚ ҚЫЗ» ДӘСТАНЫНЫҢ ҚУРБАНБАЙ ЖЫРАЎ ВАРИАНТЫНДА
ТЕҢЕЎ ҲӘМ МЕТАФОРАЛАР
Оразымбетова Айшолпан Муратбай қызы
ӨзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлерилим
изертлеў институты таяныш докторанты
https://doi.org/10.5281/zenodo.14001250
Аннотация:
Бул мақалада Қурбанбай Тәжибаев өз репертуарынлағы «Қырық
қыз» дәстанында ушырасатуғын көркем сүўретлеў қуралларынан атап айтқанда теңеў
ҳәм метафоралардан орынлы ҳәм шеберлик пенен пайдаланғаны ҳаққында сөз болады
ҳәм ол мысаллар менен ашып бериледи.
Гилт сөзлер:
жыраў, метафора, теңеў, Қырық қыз.
Қурбанбай жыраў атқарған дәстанлардың поэтикасы ҳаққында пикир билдириў
ҳәм оны толық анализлеў ушын оның бир ғана «Қырық қыз» дәстанына нәзер аўдарыў
жетерли болып есапланады. Жыраў атқарған дәстан қатарларында көркем сүўретлеў
қуралларынан жүдә орынлы пайдаланылған. Әсиресе теңеў, метафоралар көп
ушырасады. Булардың бир бөлеги халқ арасында ҳәм басқа әдебий шығармаларда
ушырасады. Бул жағдай Қурбанбай жыраўдың қәдирин төменлетпейди. Керисинше
әдебий эстетика ҳәм поэтикалық дәстүрлерге садық екенлигин сондай-ақ, оны даўам
еттиргенин көрсетеди. Буннан тысқары жыраў халық тилинен ҳәм оны пайдаланыўдан
узақласпағанын билемиз.
Көркем сүўретлеў қуралларының бири болған теңеў дәстан басында-ақ көринеди.
Гүлайымның сулыўлығын суўретлеўде шашы, қасы, көзи, сөзи, ерни, аўзы, мурны,
мойны, тислери…. улыўмалық теңеўлер менен көз алдымызда пайда болады:
Тал шыбықтай
таўланған,
Алтын киби
пуўланған,
Қара қаслы,
қолаң
шашлы,
Жаўдыр
көзли
шийрин
сөзли,
Жуқа
ерин
қаймақтай,
Аўзы сулыў
оймақтай,
Писте
мурын,
бадам
қабақ,
Кең қушаклы
ақ
тамақ,..
Қәлем
қасы қыйылып,
Маңлайы айдай
жарқырап,
Ай нурынан бәҳәр алып,
Сулыўдың
қыпша беллери
,
Тал шыбықтай таўланып,
Аўзынан шыққан демлери,
Сары алтындай
пуўланып,
Жас жүреги дүрсилдеп,
Демин бөлип алғанда,
Ақ тамағы бүлкилдеп,
Жатыр еди Гүлайым,
YOSH OLIMLAR
ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI
in-academy.uz/index.php/yo
124
Қайта-қайта қаrайды,
Оның
сүмбил шашына
,
Оннан сайын тигилер,
Қыйылған
қыйғаш қасына
,
Қайрай берме
ҳинжидейин тисиңди
,
Көзим менен көрдим барлық исиңди,
Ойын сөзге ашыўланба қостарым,
Қия шөлде шейт етпе кисиңди.
Оның жүзи ай, қуяш киби жарқырайды ҳәм жақтысы қараңғы түнди де жақты
қылады деген мәни де терең ашып бериледи.
Көрген жанлар келбетине тойғандай,
Арсар болып ақыл-қуўшын жойғандай,
Айсыз түнде шықса ол қыз далаға,
Қараңғы үйге ҳасыл гәўҳар қойғандай
.
Бағ ишинен ҳасыл гүллер тергендей,
Саўлаты оның күн орнына жүргендей,
Күн шықпастан қырқ жыл қамал болса да,
Аппақ
жүзи ай сәўлесин бергендей.
Ол қыз
айдан жақсы, күннен де арыў
,
Оның бар ағасы қайтпастай қарыў,
Ҳаў қақайым
айтқаныма қулақ сал
,
Саған уят билсең ол жерге барыў.
Сарбиназдың сулыўлығы ҳәм характери да жәмийет тәрепинен қабыл етилген ең
сулыў көринислер арқалы сәўлеленген. Оның көзи қойдың көзине, жүреги ат
жәниўарының басына (мәртлик белгиси) сулыўлығы пәрийге теңеледи. Мысалы:
Усы қырқ қыз ишинде,
Бийдай ирең, қой көзли
,
Ақыллы
аўыр минезли
,
Жүреги аттың басындай,
Шаққан шақмақ тасындай,
Сәрбиназ сулыў бар еди.
Пери киби
Сәрбиназ,
Ҳәмме қыздан жас еди,
Жанып атырған жанын кебапқа теңеўи де өзгеше ҳеш кимде ушыраспйтуғын
теңеўлердиң бири десек болады.
Сениң ушын тәнде
жаным қабапты
,
Асықпайын көп етейин таўапты,
Алты жылдан Сурша келип апа жан,
Жан шығармай қамал етер Саркопты.
YOSH OLIMLAR
ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI
in-academy.uz/index.php/yo
125
Көксин жуп алма яки анарға теңеў Қурбанбай жыраўда да ушырасады. Әшир,
Аманқүл ҳәм Саекениң арасындағы сәўбет арқалы жыраў бизге төмендеги сөзлерди
жеткереди. Бул сәўбеттеги теңеў арқалы жыраў бизге сол 3 адамның жаман
нийетлерин бизге ашып береди.
Ҳа десе аўзын ашырмай,
Қырқ қызын гәптен утайық,
Кеўилде әрман қалмасын,
Тутайық қос алмасын
,
Жатқарса сонда жатайық,
Сондай-ақ, бир қыздың 14 жасқа келгенинде ғумша киби ашылыўы ҳәм гүлге
теңелиўи де Қурбанбай жыраўдағы қыз-гүл-бүлбил арасындағы ең сулыў теңеўлердиң
бири болып есапланады.
Гүлайым ашылған бағда қызыл гүл,
Күни-түни сайрап турған ол бүлбил,
Барған менен дертиңе дерт қосылар,
Айтып болдым, ендигисин өзиң бил!
Қыз яки жақсы көрген инсан қушағының жыллы ҳәм жумсақлығын қалайынша
жақсы сүўретлеў мүмкин? Әлбетте халық аўызеки дөретиўшилиги буны пахта менен
тәрийиплеўди орынлы деп билген. Бул теңеў Қурбанбай жыраўда да ушырасады.
Жаным қурбан Гүлайымның жолына,
Кирмей-ақ қояйын
мамық қойнына
,
Бул дүняда болмас еди әрманым,
Қушақласып қолым тийсе қолына.
Сондай-ақ Гүлайымге ерисиўге ҳәрекет етип жүрген Әшир, Аманкул ҳәм Саеке өз-
ара сөйлескен ўақтында Гүлайымниң сулыў емес қыз екени, оған ерисиў ахмақлық
болатуғыны айтылады. Жыраў бул сюжетти ашып бериўде төмендегише теңеўлерден
пайдаланады.
Қоллары қамыстай
, бармағы жуўан,
Көзлери алады, қылығы ҳайўан
,
Ол қыз ушын отқа түспең жоралар,
Быдым-быдым бети
көрсең жуўмаған.
Аўзы кемсиген тислери кетик,
Гөнерген келбети-ақпушта етик,
Бетлери бөкпендей,
қаслары жабық,
Урты томпайған, көзлери питик.
Буннан тысқары жыраў ғәзеп ҳәм ашыўды өткир сүўретлей алған. Көркем
сүўретлеў қуралларынан тәсирли ҳәм орынлы пайдаланған.
Сол ўақлары Аманқул,
-Не дейди бул ақмақ!- деп,
Қарлар киби борайды,
Сондай-ақ ғәзеп ҳәм ашыўды тәсирли етип жеткериўде метафора ҳәм
теңеўлерден нәтийжели пайдаланғанын төмендеги мысал арқалы да көриўимизге
болады.
YOSH OLIMLAR
ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI
in-academy.uz/index.php/yo
126
Сол ўақлары Гүлайым,
Ашыўы келди, арланды,
Жаўдыраған көзлери,
Жанған оттай жайнады.
Жүреғиниң қайғысы,
Қазандай болып қайнады,
Буның менен Журынтаз,
Әжеп ғана ойнады,
Батыр буған арсынып,
Шыбын жанын қыйнады.
Қурбанбай жыраў барлық ҳәм предметлер тәрепинен шығатуғын сеслерди
дәстандағы қосық қатарларына киргизиўге уста. Яғный бул бағдарда да шеберлик
көрсеткен. Мәселен аттың аўзынан шығатуғын сеслер «ғарс-ғарс» ономатопиясы
менен сүўретленген.
Торының көзин жайнатып,
Суўлығын ғарс-ғарс шайнатып,
Кеткенлердиң изинен,
Арадан аз ўақ өтпей-ақ,
Әшир атын ойнатып,
Қуўып жетти кейнинен,
Қырық қыз дәстанының Қурбанбай жыраў вариантының қысқа бир бөлиминиң
өзинде көплеген көркем сүўретлеў қураллары яғный теңеў ҳәм метафоралардан кең
пайдаланылғанын айқын көремиз. Бул өзгешелик Қурбанбай жыраўдың жыраўшылық
өнериниң күшли екенлигин, халық тилин терең билип, оннан орынлы
пайдаланғанлығын билдиреди.
References:
1.
Қарақалпақ фольклоры (көп томлық) VI том. “Қырық қыз”. Қурбанбай жыраў
варианты. -Нөкис, “Қарақалпақстан”, 1980.
2.
Бахадырова С. "Қаракалпақ халық дәстанлары "Қырық қыз", "Алпамыс", "Қоблан",
"Едиге". -Ташкент, "Anorbooks".
3.
Uygur C.V. Kırk Kız Destanı. Metin-Aktarma, TDK Yayınları, Ankara. 2007. 854 sayfa.
(ISBN: 978-975-16-1945-7)