YOSH OLIMLAR
ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI
in-academy.uz/index.php/yo
13
ҲАФИЗУДДИН КЕРДЕРИЙ ҲӘМ ОНЫҢ ИЛИМИЙ МИЙРАСЛАРЫ
Идрисов Абдураҳман
Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў
институти таяныш докторанты
https://doi.org/10.5281/zenodo.15349609
«Бул кисиниң толық аты «Ҳафизуддин Муҳаммад ибн Муҳаммад ибн Шиҳаб ибн
Юсуф ибн Умар ибн Аҳмад» әл Баратқиний әл-Кердерий әл Баззазий. Илимлер
таснийфи, фиқҳ ҳәм усулул-фиққ бойынша өз заманында теңи жоқ алым» [1, Б 354].
«Ҳафизуддин Муҳаммад ал Кердерий Кердер ўәлаяты Баратқин аўылында
туўылған, бирақ туўылған жылы мәлим емес»[2, Б 45]. «Айырым дереклерде
Ҳафизуддин Муҳаммад ал Кердерий ҳижрий 729-жылы туўылып, 816-жылы қайтыс
болған, делинген. (Миләдий 1329-1413-жыллар)»[3, Б 177].
«Шиҳабуддин Маржанийдиң «Мустафадул ахбар» китабында айтылыўынша жасы
сексеннен өтип қайтыс болған екен»[4, Б 87]. Соған көре, ҳижрий 735 ямаса оннан да
алдынлаў туўылған болыўы мүмкин.
Муҳаммад ал Кердерийге заманлас уламалар «Ҳафизуддин», яғный «динниң
қорғаўшысы» лақабын берген.
Баззазий кәсибинен келип шыққан ат болып, ол яки әкеси Насируддин Муҳаммад
ал Кердерий гезлеме саўдасы менен шуғылланған, соның ушын Баззазий ямаса ибн
Баззазий нисбаты берилген.
«Ол өзиниң илимлерин дәслеп әкеси Насируддин Кердерийден үйренген, ол
Жалалуддин Гүрленийдиң шәкирти болған. Ол илимде излениўшеңлиги ҳәм фиқҳ
илимине қызығыўы менен жоқары илимий уқыпқа ийе болып, өз дәўиринде атақлы
улама болған.
Ол Кердер қаласында туўылған, Жайық (Волга) дәрьясы бойындағы "Сарай"
қаласында жасаған. Кейиншелик Қырым қаласына сапар етип, ол жерде еки жыл
жасаған. Қырымда алымлар, уламалар ҳәм фақиҳлер менен сәўбетте болып, олар менен
илимий әнжуманлар өткереди. Оның ақыл ҳәм зийреклиги, илими алымларды ҳайран
қалдырып, өрнек сыпатында көрсетилген»[5, Б 236].
Дереклерде айтылыўынша, «Қырымда оның шәкиртлеринен Муҳйиддин
Кәфийжий, Сирожуддин Аҳмад әл-Қырымый, Шарафуддин ибн Камал әл-Қырымыйлар
болған»[ 5, Б 236]. Сондай-ақ, Исҳақ ибн Исмайыл ал Қырымый да ол кисиниң
шәкиртлеринен болған. «Кафаўийдиң жазыўынша, ол Қырымда Қуранды ядлаған
екен»[6, Б 332].
«Ҳафизуддин Муҳаммад ибн Баззазый дүнья жыйнаўға қызықпаған, тақўалы адам
болған. Китапларда айтылыўынша, ол киси отырғанда да, турғанда да, жүрип кетип
баратырғанда да, көликке мингенде де Қураны кәриймди оқып жүрген»[5, Б 236].
Дереклерде айтылыўынша «Беркехан Ислам неъматы менен шарафланғанда,
дәшттиң әтирапын уллы ҳәм туўры динди таратты. Адамларды бир динде ҳәм бир
жолда бирлестириў ушын әтираптан ҳәм басқа журтлардан уламаларды, алымларды
жыйнады. Бундай заман Өзбекханның дәўиринде, оннан кейин Жәнибекханның
дәўиринде де болды. Сол дәўирде аллама Қудбуддин ар Розий, шайх Саъдуддин
Тафтазаний, Ҳажибия китабын шарҳлаған шайх Жалалуддин ҳәм олардан басқа да
ҳанафий ҳәм Шәфеий уламалар сарайға жыйналды. Олардың заманынан кейин
мәўлана Ҳафизуддин ал Кердерий, мәўлана Аҳмад Хожандийлер Сарайға келди. Усы
YOSH OLIMLAR
ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI
in-academy.uz/index.php/yo
14
алымлардың жәрдеминде Сарай қаласы уламалар, фазыллар қаласына айланды»[7, Б
14].
«Ҳижрий 806-жылы (1403-жылы) Қырымнан Кердерға келеди ҳәм өзиниң
дүньяға белгили «Фатаўаи Баззазия» китабын жазады»[5, Б 236]. «Кафаўий өзиниң
«Катаибу аъламил ахяр» китабында Ҳафизуддин Кердерий өзиниң «Фатаўаи Баззазия»
китабының ақырындағы «Ужра» бөлимин ҳижрий 806-жылы таўысқан екен»[6, Б 256].
«Ибн Арабшаҳ лақабы менен танымал алым Аҳмад ибн Муҳаммад Кердерге
Ҳафизуддин Муҳаммад ал Кердерийдиң алдына келип төрт жыл илим үйренеди. Бул
кисиден фиқҳ, усул, маъаний ҳәм баян илимлерин үйренген»[8, Б 138].
«Кейинирек Рум диярына кетеди. Ол жерде Шамсуддин әл-Фанарый менен
илимий ушырасыўлар өткереди. Фуруъ илими бойынша әл Фанарийден үстин екени
билинеди» [5, Б 236]. Алымлардың айтыўынша, ол ақылый илимлерде де, диний
илимлерде де жүдә билимли болғанлықтан мудамы оның гәпи үстин келер екен.
Ҳафизуддин Муҳаммад ал Кердерий Рум диярына келгеннен кейин Султан
Жылдырым Баязидхан мәмлекетиниң уламаларынан бирине айланған[9, Б 294].
Ибн Баззазыйдың бир неше мийнетлери бар:
1. «Әл Жәмиъул-Ўәжийз». Бул китаптың толық аты «Әл Жәмиъул Ўәжийз фий
мәзҳабил имамил аъзам Әбий Ҳанийфатан Нуъман». Халық арасында «Фәтәўәи
Баззазийя» аты менен белгили. Ибн Баззазый бул китапты Рум диярына барыўдан
алдын жазып таўысқан. «Ҳижрий 812-жылы жазып болған»[10, Б 242].
«Фәтәўәи Баззазийя» китабы 51- бап, 284-бөлимнен ибарат, соннан 32 бап
жәмийетлик тараўларға, 11-бап экономикалық тараўларға, 8-бап ҳуқықы тараўларға
тийисли. «Фәтәўәи Баззазийя» таҳарат бөлиминен басланып, мийрас бөлими менен
жуўмақланады.
«Фәтәўәи Баззазийя» китабы ислам журтларында соншелли танымал ҳәм
әҳмийетли болған, ҳәттеки Ҳажы Халифаның жазыўынша, «бир күни танымал муфтий
Әбиў Суьуд мырзадан «Неге енди өзиңиз муфтий болып турып, бәрше пәтўаларды
жыйнап бир китап жазбайсыз?», деп сорағанда ол киси: «Ибн Баззазыйдың китабы
турғанда мен басқа китап жазыўға уяламан, себеби ол уллы бир жыйнақ. Оның ишинде
керекли нәрселердиң ҳәммеси жыйналған», деген екен»[10, Б 242].
Бул китап ҳәзирги күнге шекем жетип келген ҳәм ислам журтларында бул
китаптан пайдаланылады.
2. «Мәнақибул имам әл-Аъзам Әбий Ҳанийфа». Бул китап мәзҳаббысымыз Әбиў
Ҳанийфа ҳаққындағы китап болып, жүдә белгили китаплардан. Көп алымлар
өзлериниң китапларында усы китаптан пайдаланған, солар қатары, имам Әбиў Заҳра
да бул китапта келтирилген Әбиў Ҳанийфа ҳаққындағы мағлыўматларды келтирген.
3. Рисәләту фий таҳқийқиз зикрил жәҳрий. (Жәҳрий зикирдиң үйренилиўи
ҳаққында китап). Бул китап Ирак исламий илимлер факультети изертлеўшиси Әлий
Қасым Зайдан тәрепинен үйренилип шығылған. Бул китаптың қолжазба нусқасы
Саудия Арабстаны Рияз қаласындағы «Мәктәбәтул мәлик Абдулазиз» китапханасында
сақлаўлы турыпты. Бул нусқа 19 әсирде көширилген болып, жәми бес беттен ибарат,
өлшеми 15х21 см., ҳәр бир бети 21 қатар ҳәм ҳәр бир қатар 7-8 сөзден ибарат. Бул
китапта жәҳрий зикир қылыўдың дурыслығы, зикирдиң пазыйлети, дуўа ҳәм
зикирдиң парықлары ҳәм соған уқсас мағлыўматлар бар.
4. «Мухтасар фий бәяни таърифәтил аҳкәм»[11. Б 3].
YOSH OLIMLAR
ILMIY-AMALIY KONFERENSIYASI
in-academy.uz/index.php/yo
15
5. «Әдәбул қуззот» [11. Б 3].
6. «Ал Мутолиъул алия» [11. Б 3].
Ибн Баззазый ҳижрий 827-жылы Бурса қаласында [5, Б 236] (1423-жылы) Рамазан
айының орталарында[1, Б 354], айырым дереклерде айтылыўынша ҳижрий 829-жылы
(1425-жылы) қайтыс болған.
References:
Используемая литература:
Foydalanilgan adabiyotlar:
1.
Әбул Фада, Қасым ибн Қутлу Буға «Тәжут тарожим», Бейрут, «Дәрул қолам», 1992-
жыл.
2.
Хойруддин Зириклий «Ал-Аълам», Бейрут, «Дәрул илм», 1987-жыл, 7-том.
3.
Умар ибн Риза ибн Муҳаммад, Роғиб ибн Абдулғаний, «Муъжамул муаллифийн»,
Байрут, «Дәру иҳяит туросил арабийя», баспаханасы, 3-том.
4.
Шиҳабуддин Маржаний, «Мустафадул ахбар», Қазан, 1897-жыл, 1-том.
5.
Мустафа ибн Абдуллаҳ ал Усманий «Сулламул ўусул ила тобақотил фуҳул»,
Истамбул, «Мәктабату Ирсика», 2010-жыл, 3-том.
6.
Маҳмуд ибн Сулайман Ҳанафий Кәфәўий «Кәтәибу аъламил ахяр мин фуқаҳаи
мәзҳабин нуъманил мухтар», қолжазба китап, Туркия Республикасы, «Миллий Эгитим
Баканлығы»на қараслы китапханада сақланып турыпты.
7.
Аҳмад Ҳасан Зайят, «Мәжәлләтур рисәлә», 254-сан.
8.
Тақийюддин ибн Абдулқодир ат Тамиймий «Тобақотус сәнийяту фий тарожимил
ҳанафийяти», «Дәрур рифаъий», 1983-жыл.
9.
Абдуллатийф ибн Муҳаммад Балтафий «Асмаул кутуб» Дарул фикр, Дамашқ, 1403
ҳ.ж, 3-баспа.
10.
Мустафа ибн Абдуллаҳ Ҳажы Халийфа «Кашфуз зунуўн», Бейрут, «Дәру иҳяут
туросил ҳәдийсә», 1999-жыл, 1-том.
11.
Ҳафизуддин ал Кердерий «Фатаўаи Баззазия», Бейрут, «Дәрул кутубил илмийя»,
2009-жыл.