89
ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДАҒЫ ТҮРКМЕНЛЕРДИҢ СӨЙЛЕСИÝ ТИЛИНЕ
(ӨЗБЕК, ҚАРАҚАЛПАҚ) ТИЛЛЕРИНИҢ ӨЗ-АРА ТӘСИРИ
Куртчаев Алтыбай Таганмырадович
КМУ филология кафедрасы ассистенти
99893 843 06 77
https://doi.org/10.5281/zenodo.15037198
Ключевые слова:
каракалпакский язык, диалект, лексика, фонетика,
социолингвистика, туркменский язык,узбекский язык.
Резюме
: Мақалада автор Қарақалпақстанда жасаўшы қарақалпақ, өзбек, түркмен
сөйлесиў тилиниң өз-ара тәсири, соның нәтийжесинде олардың сөйлеў тилиниң
лексикалық, фонетикалық, морфологиялық өзгерислерге тәсири.
Өзбек, қарақалпақ, туркмен халыклары географиялық жақтан өз ара араласып
жасап киятыр. Бул процесс бүгинги күнде де даўам етип атыр. Бул миллетлер атамасы
менен өз алдына республикалар дүзилген. Миллий ғәрезсиз республикалар
халықларының қурамы тек бир миллеттен ибарат болып қалмастан, бир неше миллет
ўәкиллеринен ибарат. Соның ишинде Өзбекистан Республикасы қурамындағы
суверенли Қарақалпақстан Республикасында түркий тиллес халықлардан қарақалпақ,
қазақ, өзбек, түркмен миллети ўәкиллери басқаларына қарағанда көпшиликти
қурайды. Қоңсылас жасаған бул халықлардың сөйлеў тили элементлери өз-ара тәсир
нәтийжесинде бир-бирине өтип отырады. Тил билиминде тиллердиң бундай өз-ара
тәсири мәселеси түрлише бағдарда үйренилген.
Қарақалпақстандағы жасаўшы түркий халықлар сөйлеў тилиниң бир-бирине
тәсири мәселеси социолингвистикада үйрениледи. Бул мәселе лингвистикада Стефан
Вурм, Карл Менгес, С.Е.Малов, Е.Д.Поливанов, Н.А.Баскаков, сондай-ақ жергиликли
алымлардан Д.С.Насыров, О.Доспанов, О.Бекбауловлар тәрепинен изертленеди. Бул
илимпазлардың мийнетлеринде көбинесе, қарақалпақ сөйлеў тилиниң диалектлик
өзгешеликлери анықланады.
Академик А.Дәўлетов Қарақалпақстанда жасаўшы түркий тиллес халықлар
сөйлеўиндеги уқсаслардың жүзеге келиўинде төмендеги үш факторды көрсетеди:
«қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен тиллериниң генетикалық жақтан шығыў тегиниң
бир негиз тилге барып тирелиўи, ареаллық жақтан бул халықлардың көп заманлардан
берли географиялық жайласыўы бойынша қоңсылас жасаўы, типологоялық жақтан
бул тиллердиң ҳәммесине ортақ универсаль сыпатқа ийе болған тиллик
қубылыслардың көплеп ушырасыўы олардың уқсаслығын тәмийин етип, жақынлығын
хәм туўысқанлығын тастыйықлап отырады»
1
. Ал түркий тиллес халықлардың сөйлеў
тилиндеги кейинги дәўирде жүзеге келген өзгешеликлердиң түп-тамыры ҳаққында
проф. Н.А.Баскаков төмендегише пикир билдиреди: «қәўим ҳәм қәўимлер арасындағы
бирлеслик ҳәм ыдыраўшылық қубылыслары түркий тиллердиң раўажланыўының
тийкарғы өзгешеликлериниң бири есапланады»
2
.
1
Дәў
летов А.Түркий тиллердиң өз-ара тәсири менен бир-бирин байытыўының дереклери. // Түркий тиллердиң
өз-ара байланысы мәселелери. –Нөкис, 1998, 7-бет.
2
Баскаков Н.А. Тюркские языки. –М., 1960, стр. 23
90
Қарақалпақстандағы түркий тиллердиң сөйлесиў лексикасының қәлиплесиўи,
өзгешеликлерин изертлеўлер төмендеги көрсетилген факторларға дыққат аўдарады:
-ҳәр бир миллетиң халық болып қәлиплесиў тарийхына;
-географиялық жақтан қоңсылас жасаған халықлар тарийхына, мәденияты,
әдебиятына;
-ўақты бойынша бир неше дәўирлерден берли бундай географиялық шараятта
қоңсы жасап атырғанлығына;
-жәмийеттеги атқаратығын хызметине қарай миллет тилиниң қолланыў
дәрежесине;
-жасап атырған жәмийеттеги миллет тилиниң тил бийлигине ийе болыўы ҳ.т.б.
Түркий тиллердиң өз-ара байланысы ҳәм тәсири мәселелерин үйрениўде
тюркологлар ҳәр қыйлы методларды қолланыўды усыныс етеди. Мысалы, татар тилин
изертлеўшы И.А.Богородицский лингвистикалық география методын, Е.Д.Поливанов
лексикалык қурамды тарийхый-генетикалық жақтан үйрениўди, В.В. Решетов
халықлардың генетикалық жақтан қәлиплесиўин үйрениўди мақул деп есаплайды.
Қарақалпақстандағы түркий тиллердиң өз-ара тәсирин изертлеўшилер өзбек,
қарақалпақ, қазақ, түркмен тиллериниң бир-биринен сөз ҳәм сөз формаларын
өзлестириўин ең тийкарғы тиллик қубылыслар сыпатында көрсетеди.
3
Қарақалпақстандағы түркий тиллердиң тәсири жергиликли илимпазлардан
А.Дәўлетов, Д.Насыров, О.Доспанов, А.Бекбергенов, Қ.Пахратдинов, өзбек
илимпазларынан Э.Ю.Ўрозов, А.Мадаминов, А.Ишаев, түркмен илимпазарынан
С.Аразкулиев, АШыхиев, қазақ илимпазларынан Б.Бекетовлардың изертлеўлеринде
арнаўлы үйрениледи.
А.Дәўлетов «Түркий тиллердиң өз-ара тәсири менен бир-
бирин байытыўының дереклери» мақаласында тиллердиң өз-ара тәсири дегенде,
көбинесе, сол тиллердиң сәйкес жергиликли орынларындағы көринислерин
(говорларын) нәзерде тутады. Илимпаздың пикиринше, буның «себеби тиллердиң
бундай өзара тәсирине байланыслы болған өзгерислер әдебий тил менен оның
жергиликли орынларындағы көринислеринде (говорларда) бирдей емес. Тиллердиң
тәсири белгили бир сорамларда өзиншелик өзгешеликлери менен, ягный қайсы
тиллердиң ўәкиллериниң аралас жасаўы менен тиккелей байланыслы болады». Буның
мысалы сыпатында Республикамыздың арқа ҳәм қубла районларындағы тиллик
өзгешеликлерди көрсетеди.
Сондай-ақ, мақалада өзлестирилген сөзлерде тиллердиң өз-ара тәсири
нәтийжесинде жүзеге келген тил қубылысы сыпатында көрсетиледи. Бул процесстиң
ғәрезсизликтен кейин жүз бериўи де автор тәрепинен жетерли дәлиллер тийкарында
тастыйықлап бериледи. Мысалы, өзбек тилинен қарақалпақ тилине сөзлердиң
өзлестирилиўин еки усылға бөлип қарайды. Бириншиси, атамаларды миллий тилге
аўдарыўдағы өзбек тилиниң тәсири (медсестра-ҳәмшийра, аллея-қыябан ҳ.т.б),
екиншиси өзбек тилинен қарақалпақ тилине тиккелей жаңа сөзлердиң аўысыўы деп
бөлип қарайды.
3
Бекбергенов А., Пахратдинов Қ. Қарақалпақ тилине Қарақалпақстандағы басқа түркий тиллериниң тәсири.
//Түркий тиллердиң өз-ара байланысы мәселелери. Илимий мақалалар топламы. –Нөкис, 1998, 13-бет.
91
А.Бекбергенов ҳәм Қ.Пахратдиновлардың пикиринше, тиллердиң бир-биринен
тәсири
социаллық
фактлерге,
ҳәр
тилдиң
структуралық-типологиялық
өзгешеликлерине, сөйлеўшилердиң санына, тилдиң хызмет ететуғын территориясына
байланыслы болып келеди. Социолингвистикалық изертлеўлерге анализ ете отырып,
А.Бекбергенов ҳәм Қ.Пахратдинов тиллердиң бир-бирине тәсириндеги еки процессти
көрсетеди: «1.Дифференциация процеси, яғный бир тилдиң бир неше айырым
тиллерге бөлиниўи. 2. Интеграция процеси, яғный тиллердиң қосылыўы, биригиўи»
4
.
Бул процесслер түркий тиллер тарийхына тийисли болып, ҳәзирги ўақытта өнимли
емес деп есаплайды. Ал тиллердиң өз-ара тәсири-бул бир тилдиң екинши тиден сөз ҳәм
сөз формаларын өзлестириўи деп қарайды. Бул мақаладағы келтирилген
социолингвистикалық мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстандағы қарақалпақ
тилине өзбек тилиниң тәсир әдеўир дәрежеде күшли болып, ал усы аймақта жасаўшы
түркмен ҳәм қазак тиллериниң қарақалпақ тилине тәсири жоқ. Керисинше, түркмен
тилине (Төрткүлдеги түркменлер тилине қарақалпақ тилиниң тәсири аз, ал Хожели,
Шоманай районлардағы түркменлер тилине қарақалпақ тилиниң тәсири күшли).
Мақалада тиллердиң өз-ара тәсири географиялық жайласыўына қарай үйренилген.
Ал Хожели, Шоманай, Төрткүл, Беруний, Елликқала районларында, Маңғыт
қаласында жасаўшы түркменлердиң сөйлеў тилине олар менен сыбайлас жасаған
қарақалпақ, өзбек, қазақ тилиниң тәсири күшли болады. Бул мәселе лингвистикада
С.Аразкулиев (түркменстанлы),А.Аразов ҳәм А.Шыхыевлер (карақалпақстанлы)
тәрепинен арнаўлы үйренилген. Олардың изертлеўлеринде анықлаўынша,
Қарақалпақстанда жасаўшы түркменлердиң сөйлеў тилин де түркмен әдебий тилине
салыстырғанда фонетикалық, лексикалық, морфологиялық өзгешеликлер ушырасады.
Қарақалпақстанда жасаўшы қазақлардың сөйлеў тилин изертлеўши илимпаз
Б.Бекетовтың көрсетиўинше, қазақлардың тилиндеги ушырасатуғын жергиликли
өзгешеликлерди де тиккелей қарақалпақ тилиниң тәсиринен деп қараўға болады»
5
.
Қарақалпақстанда жасаўшы түркий тиллес халықлар тилиниң тәсири мәселесин
изертлеўге арналған мийнетлерди анализлей отырып, бул аймақтағы түркий тиллерге
қарақалпақ тилиниң тәсири белгили дәрежеде күшли деген жуўмақ шығарыўға
болады. Бул изертлеўлерде еле де алдағы ўақытта үйренилиўи тийис мәселелер бар
екенлигин көремиз. Булар усы аймақтағы түркий тиллердиң диалектологиялық
сөзлигин ислеп шығыў, түркмен тилине қарақалпақ тилиниң тәсири мәселесин
районлар кесиминде тереңирек үйрениў ҳ.т.б. теориялық ҳәм әмелий әҳмийетке ийе.
Foydalanilgan adabiyotlar/Используемая литература/References:
1.
Дәўлетов А.Түркий тиллердиң өз-ара тәсири менен бир-бирин байытыўының
дереклери. // Түркий тиллердиң өз-ара байланысы мәселелери. –Нөкис, 1998.
2.
Баскаков Н.А. Тюркские языки. –М., 1960.
3.
Бекбергенов А. Пахратдинов Қ. Қарақалпақ тилине Қарақалпақстандағы басқа
түркий тиллериниң тәсири. //Түркий тиллердиң өз-ара байланысы мәселелери.
4
Бекбергенов А., Пахратдинов Қ. Қарақалпақ тилине Қарақалпакстандағы басқа түркий тиллердиң
тәсири.//Түркий тиллердиң өз-ара байланысы мәселелери. Илимий мақалалар жыйнағы. (Ред: А.Дәўлетов).
Нөкис, 1998. 14-бет.
5
Бекетов Б. Қарақалпақ қазақтарының тiлi.Алматы,1992. 36-бет.
92
Илимий мақалалар топламы. –Нөкис, 1998.
4.
Бекбергенов А. Пахратдинов Қ. Қарақалпақ тилине Қарақалпакстандағы басқа
түркий тиллердиң тәсири.//Түркий тиллердиң өз-ара байланысы мәселелери. Илимий
мақалалар жыйнағы. (Ред: А.Дәўлетов). Нөкис, 1998.
5.
Бекетов Б. Қарақалпақ қазақтарының тiлi. Алматы, Көрсетилген 1992.