Page 137
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
Volume 3, Issue 6, Part 3 Iyun 2025
www.in-academy.uz
1960-1980-ШИ ЖЫЛЛАРЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА
ҒАЛАБАЛЫҚ СПОРТ ШӨЛКЕМЛЕРИНИӉ ЖАҒДАЙЫ
Кеӊесбаев Өтебай Жолдасбаевич
Нɵкис мǝмлекетлик техника университети Компьютер илимлери
факультети «Тиллер ҳǝм гуманитар кафедрасы» ассистент
оқытыўшысы Нɵкис қаласы.
https://doi.org/10.5281/zenodo.15751435
ARTICLE INFO
ABSTRACT
Qabul qilindi: 20-Iyun 2025 yil
Ma’qullandi: 24-Iyun 2025 yil
Nashr qilindi: 27-Iyun 2025 yil
Мақалада
ХХәсирдиӊ
60-80-ши
жыллары
Қарақалпақстанда спорт ҳәм дене тәрбиясы менен
шуғылланыў исин ғалабаластырыўға қаратылған
ис-илажлардыӊ нәтийжелери ҳәм жәмийетлик
шөлкемлердиӊ роли хаққында сөз етиледи
KEYWORDS
1960-1980-жыллары
Қарақалпақстанда
спорт
ҳәм
дене
тәрбиясы
мәселесине
мәмлекетлик
уйымлар тәрепинен үлкен
итибар қаратылған..
1960-1980-жыллары Қарақалпақстанда спорт ҳәм дене тәрбиясы мәселесине
мәмлекетлик уйымлар тәрепинен үлкен итибар қаратылған. Себеби Қарақалпақстанда
ыҳтыярлы спорт жәмийетлериниӊ аҳўалы ўлыўма аўқамлық шеӊберинде алып
қарайтуғын болсақ, көплеген районлық ҳәм аўыллық жерлерде дене тәрбиясы ҳәм
спорт орайларының искерлиги бираз төмен еди. 1969-жылы 4-июнде ӨзКП Орайлық
комитети ҳәм ҳүкиметиниӊ Республикамызда дене мǝденияты ҳәм спорт
жумысларына басшылықты буннан былайда жақсылаў ҳәм дене мǝденияты
мекемелериниӊ материаллық базаларын беккемлеў хаққындағы» қарары тийкарында
бул машқаланы шешиў ушын тапсырмалар бериледи. Бирақ сол дәўирдеги
имканиятлар шекленгенлиги себепли, ыҳтыярлы спорт жәмийетлери толық
имканиятларға ийе емес еди. Мәселен, Шымбайда «Пахтакор» ыҳтыярлы спорт
жәмийети бөлими тек ғана өз күши менен спорт орайларын қурыў менен шекленген.
Район бойынша 12 баскетбол, 37 волейбол, 5 футбол майданшалары ғана бар еди.
Спорт пенен шуғылланыў массалық характерге ийе емес еди [1]. Бирақ базы бир
районларда, мәселен, Төрткүл районында сол қарар тийкарында «Пахтакор»
ыҳтыярлы спорт жәмийети басламасы тийкарында балалар спорт мектеби ашылған,
жаӊадан
спорт
майданшалары
исленеди,
массалық
спорт
жарыслары
шөлкемлестирилген [2].
Сол қарар тийкарында 1970-ши жыллардан баслап ҳәр бир районда спорт ҳәм
дене мǝденияты, саламат турмыс тийкарларын сиӊдириў бойынша ис-илажлар алып
барылған. Биринши гезекте, ҳәр бир районда спорт ҳәм дене тәрбиясы мәселелери
бойынша районлық комитетлер дүзиле баслайды. Мәселен, Қоӊырат район бундай
комитет 1973-жылы дүзилген ҳәм оған 2 спорт жәмийети (ДССО «Пахтакор», ДССО
Page 138
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
Volume 3, Issue 6, Part 3 Iyun 2025
www.in-academy.uz
«Локомотив») бириктирилген. Район бойынша тек ғана 6 мектепте спорт зал болған,
қалған 61 волейбол, 34 баскетбол, 10 футбол ҳәм 25 гандбол майданшалары ашық
аспан астында болған. 1975-жылы мектеплерде оқыйтуғын 11000 жоқарғы класс
оқыўшылары болған, яғный, жоқарыда көрсетилген ҳәр бир спорт зал менен
майданшаларына 81 оқыўшыдан туўра келген. Егер олардыӊ қатарына ортаншы класс
оқыўшылары ҳәм ересеклерди де қосатуғын болсақ, спорт ҳәм дене мǝденияты
жумыслары жағдайы анық көринеди. Оған қоса спорт инвентарьлары және спорт
формалары менен тәмийнлеў иси де жүдә төмен еди. Соған қарамастан, районда халық
арасынан шыққан спорт шеберлери, талантлы жаслар өз күшин спорт
майданшаларында өзлерин көрсете билген. Спорт ҳәм дене мǝденияты бойынша
жәмийетлик шөлкемлердиӊ шөлкемлестириўи ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаўы
менен кейинги еки жыл ишинде районда миллий гурес бойынша Өзбекстан ССР-ы
спорт шебери, еркин гүрес бойынша спорт шеберине талабан таярланған, 15 адам
спорт разрядларыныӊ ийеси, 1475 адам улыўмалық спорт разрядларына ийе болған.
Спорт ҳәм дене мǝденияты бойынша жәмийетлик шөлкемлери ағзалары болған район
спортшылары республикалық Спартакиадада бирқатар жетискенликлерге ерискен [3].
1970-ши жыллардыӊ ақырларына келип дене мǝденияты ҳәм спорт менен
шуғылланыў еки бағдарда әмелге асырылған – миннетли ҳәм ыхтыярлы түрде.
Миннетли түрде дене мǝденияты менен шуғылланыўға орта ҳәм орта арнаўлы, жоқары
тәлим оқыў орынлары оқыўшы-студентлер, республикалық министрликлер ҳәм
басқада уйымлардыӊ хызметкерлери тартылған. Ал дене мǝденияты ҳәм спорт пенен
ыхтыярлы түрде шуғылланыў ушын жумыстан ҳәм оқыўдан тысқары ўақытында ҳәр
түрли жәмийетлик спорт ҳәм дене мǝденияты клубларына тийисли болған спорт
заллары ҳәм майданшаларына барған. 1970-ши жыллары Өзбекстанда усындай 10 дене
мǝденияты ҳәм спорт жәмийетлери болған. Олардан – Кәсиплик аўқамларына қараслы
«Буревестник», «Зенит», «Ёш куч», «Локомотив», «Спартак» ыхтыярлы спорт
жәмийетлери, «Мехнат» ыхтыярлы спорт жәмийети, республикалық мекемелерге
қараслы «Динамо» ҳәм «Трудовые резервы», ерикли аўыллық спорт жәмийети
«Пахтакор», Түркстан әскерий округыныӊ Әскерий спорт клубы. Мәселен, «Трудовые
резервы» ыхтыярлы спорт жәмийети тийкарынан орта арнаўлы оқыў орынлары
оқыўшылары бириктирилип, ҳәр жылы бул жәмийеттиӊ өз алдына республикалық,
Өзбекстан ҳәм Советлер аўқамы шеӊберинде спорт жарыслары болып турған. 1979-
жылы кәсиплик-техникалық билим бериў орынлары (училище ҳәм техникумлар)
жаслары арасында III республикалық Спартакиадасы болып өткен. Жарыслар
спорттыӊ бес түринен болып, улыўма 9 мыӊға шамалас адам қатнасқан [4].
1980-ши жыллардыӊ басында усы дене мǝденияты ҳәм спорт жәмийетлериниӊ
Өзбекстан бойынша 10129 бирлемши уйымлары болып, ол жерде 2 891 274 адам ағза
болған. Соныӊдай-ақ, 265 балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, спорт
түрлери бойынша ҳәр түрли клублар болған. Бул жәмийетлери қарамағында 124
стадион, 4519 футбол майданшалары, 122 бассейн, 26854 киши спорт майданшалары,
2164 спорт заллары болған. Қарақалпақстанда бул тараўда жүдә артта қалып қойған
еди.
Қарақалпақстанда спорт ҳәм дене мǝденияты менен шуғылланыў иси
дағдарысқа ушыраған еди. Мәселен, 1980-ши жыллары «Буревестник» ыҳтыярлы
Page 139
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
Volume 3, Issue 6, Part 3 Iyun 2025
www.in-academy.uz
спорт жәмийетиниӊ материаллық-техникалық базасыныӊ жағдайы үйренилгенде
төмендегилер анықланған екен: бириншиден, 1980-ши жыллардыӊ басында ашылған
спорт орайлары ремонтсыз, ҳәттеки, ашық майданшалардыӊ жағдайы еки-үш жылда
ашынарлы жағдайға келген. «Спортфактыӊ 48х12 м. типовой спорт залы еки бөлинип,
бир тәрепи актовый зал етилген, гүрес ушын арнаўлы зал китап қоры етип
пайдаланылып атыр, - делинеди архив хүжжетлеринде. – Филология факультетиниӊ
спорт залы театрға айландырылған» [5]. «Мийнет резервлери» ҳәм «Ёш куч»
ыҳтыярлы спорт жәмийетлерине орта ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында тәлим
алып атырған жасларда бириктирилген еди.
Кәсиплик аўқамларыныӊ (Облсовпроф) өзиниӊ ыҳтыярлы дене мǝденияты ҳәм
спорт жәмийети (ДФСО профсоюзов) дүзилген еди. Облсовпроф үш ыхтыярлы спорт
жәмийетин – «Спартак», «Мехнат», «Пахтакор» - қаржыландырып отырған. Оныӊ
қурамында 356 дене мǝденияты жәмәәтлери, соныӊ ишинде, 35 колхозлық, 113
совхозлық, 22 орта арнаўлы оқыў орынлары ҳәм Нөкис мәмлекетлик университети ҳәм
т.б. бар еди. Бул жәмәәтлерде улыўма 90500 адам, яғный мийнет етиўши ҳәм
оқыўшылардыӊ 31,3% дене мǝденияты менен шуғылланыў ушын ҳәр түрли
секцияларға қатнасқан. Кәсиплик аўқамлардыӊ ыҳтыярлы дене мǝденияты ҳәм спорт
жәмийетине 2 стадион, 14 спорт залы, 88 баскетбол, 197 волейбол, 48 гандбол, 78
футбол майданшалары қараслы еди [6].
Сол жыллары Қарақалпақстанда жоқарыда айтылған «Пахтакор», «Спартак» ҳәм
«Мехнат» жәмийетлери жумыс алып барған, бирақ инфрадүзилмелердиӊ ашынарлы
жағдайы олардыӊ дурыс жумыс алып барыўы ушын тосқынлық болған. Мәселен,
«Спартак» ыҳтыярлы спорт жәмийети 53 дене мǝденияты жәмәәтлерин бириктирген.
Рәсмий мағлыўматлар бойынша, оларға 16,8 мыӊ адам ағза болған. Оныӊ қурамында 2
балалар спорт мектеби, шахмат-шашка клубы, улыўма физикалық таярлық залы
болған. 1975-жылы Нөкисте «Спартак» стадионы 5 мыӊ адамлық трибунасы менен
салынып, қалған жумыслар шала, қаржы жетпегенлиги себепли питкерилмей иске
қосылған.
Сондай спорт объектилериниӊ бири Нөкистеги ипподром болып, олда толық
питкерилмей қалған. 1977-жылы Қарақалпақстан АССР-ы Министрлер Кеӊеси
тәрепинен республикамызда Атлы спорт клубын «Пахтакор» ыҳтыярлы спорт
жәмийети қурамында шөлкемлестириў хаққында қарар қабыл етилген еди. Клубтыӊ
басшысы етип ветврач Ж.Турғанбаев тайынланып, сол жылы 11 нәсилли ат сатып
алынған [7]. Дәслеп бул клуб Хожелиде, Қарақалпақстан нәсилли маллар
бирлеспесинде ашылады. 166-стройтрестке тапсырма берилип, Нөкисте ипподром,
оған 1977-жылы 113 мыӊ рубль, 1978-жылы 226 мыӊ рубль ажыратылып, еки этажлы
мектеп, 50 бас атқа арналған қора салыў тапсырылған [8]. Бирақ қарежетлер
сарыпланған болса да қурылыс питкерилмей, сол күйинде пайдаланыўға берилген.
Соныӊдай-ақ, Нөкистеги Республикалық спорткомплексин, 3 бассейн,
«Комсомол» көлиндеги (Ашшыкөл) спорт лагери ҳәм ескек есиў бойынша спорт
базасы, Төрткүлдеги 20-мыӊ адамға мөлшерленген стадионныӊ қурылысы бирнеше
жылдан бери тоқтап қалған еди.
Республикадағы бәрше ыҳтыярлы спорт жәмийетлериниӊ пуқаралар менен
ислесиўи, яғный, оларды спорт пенен шуғылланыўға тартыў иси артта қалып кеткен
Page 140
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
Volume 3, Issue 6, Part 3 Iyun 2025
www.in-academy.uz
еди. Себеби, көплеген спорт орайлары тренажерлар жетиспейтуғын еди,
спортзаллардыӊ жағдайы талапларға жуўап бермей қалған, инвентарьлар (топлар,
волейбол сеткалары, бокс қолғаплары, штанга ҳәм т.б.) жетиспейтуғын еди. Еӊ баслы
машқала – бул кадрлар менен тәмийнлениўи болды. Мәселен, Кәсиплик аўқамлардыӊ
ыҳтыярлы дене тәрбиясы ҳәм спорт жәмийетине қараслы 356 жәмәәтинде тек ғана
104 инструктор-методист лаўазымы болып, олардан тек 17 арнаўлы дене мǝденияты
кәсибине ийе еди.
Усы жерде айтып кетиў керек, 1980-ши жыллары дене мǝденияты ҳәм спорт
орайлары жағдайы республикамызда жүдә ашынарлы ҳалда болған. Мәселен, 1980-ши
жыллардыӊ басында Қарақалпақстанда 918 спорт орайлары болған, бирақ дене
мǝденияты жәмәәтлерине тийисли бирде бир типовой стадион ҳәм бассейн болмаған.
541 улыўма орта билим бериўши мектеплердиӊ дене мǝденияты жәмәәтлеринине
тийисли 291 әпиўайы мектеп стадионы ҳәм 96 спорт заллары болған, яғный,
мектеплердиӊ 53,7%-и футбол стадионына ҳәм 17,7%-и спорт залларына ийе болған.
Ал қағазда усы 541 мектептиӊ ҳәммесинде ыҳтыярый спорт жәмәәтлери
шөлкемлестирилип, жумыс ислеп турған [9]. Бул мәселени тереӊ үйренген ўақытта
Қарақалпақстанда спорт жарысларын өткериў ушын тек 9 футбол, 5 баскетбол, 4
волейбол, 2 теннис ҳәм 1 гандбол майданшалары жарамлы болып шықты.
КПСС Орайлық комитетиниӊ 1985-жылы 12-июньдеги «Клуб мекемелеринен
ҳәм спорт қурылысларынан пайдаланыўды жақсылаў бойынша илажлар хаққында»ғы
қарары ыҳтыярый спорт жәмийетлериниӊ искерлигине итибар қаратты. Негизинде
бул қарардыӊ қабыл етилиўи сол жыллары әмелге асырылған алкоголизмге қарсы
гүрес шеӊберинде қабыл етилген еди. Қала ҳәм районларда спорт ҳәм дене тәрбиясы
мәселеси
совет-партия
уйымларыныӊ
мәжилислеринде
қаралып,
улыўма
республикалық дәрежеде сыный көзқараста үйренилип шығылды. Стадион ҳәм спорт
залларын ремонтлаў, жаӊа спорт орайларының қурыў режелестрилди. Мәселен,
Шымбай районында көплеген спорт орайларының ремонтланып, 1985-жылы район
бойынша ыҳтыярый спорт жәмийетлерине қараслы 66 волейбол, 43 футбол, 46
баскетбол, 6 спорт залы жумыс ислеп турды ҳәм ол жерде 20 мыӊға жақын адам
турақлы спорт ҳәм дене мǝденияты менен шуғылланған [10].
Бирақ бундай жағдай бәрше районларға тән емес еди. Мәселен, Қараөзек
районында «Ёш куч» ыҳтыярый спорт жәмийетине қараслы 10 әпиўайы спорт
майданшалары ҳәм 5 спорт залы ғана болған. Жәмийет тәрепинен спорт ойынларын
шөлкемлестириў ушын кадрлар ҳәм инвентарьлар жетиспеген. Районда жаслар менен
ислесиў, оларды спортқа тыртыў жолға қойылмаған. Жоқарыда көрсетилген қарар
тийкарында Қараөзек районы орайында 5 мыӊ адамлық стадион салыў
режелестирилген еди, бирақ ол әмелге асырылмады [11].
Улыўма алғанда, 1980-ши жыллардыӊ орталарында Қарақалпақстанда жасаўшы
1050 мыӊ адамға тек ғана 3 стадион, 146 спорт залы болып, олардыӊ да көпшилиги
әпиўайы талапларға жуўап бермейтуғын ҳалда болған. Республика бойынша бирде бир
жүзиў бассейни болмаған. Соған қарамастан, рәсмий мағлыўматлар бойынша
республикамызда 385,4 мыӊ адам (35%) спорт пенен турақлы шуғылланып келген
деген мағлыўматлар берилген [12]. Бирақ бул санлар қағаз жүзинде болғанлығы да
сыр емес. Мәселен, Бозатаў районында қағазда ыҳтыярый спорт жәмийетлеринде 13
Page 141
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
Volume 3, Issue 6, Part 3 Iyun 2025
www.in-academy.uz
дене мǝденияты жәмәәтлери болып, 2600 адам спорт пенен шуғылланатуғынлығы,
олардан 466-сы спорт бойынша разряды бар екенлиги көрсетилген. Бирақ тексериўлер
нәтийжесинде районда бирде бир спорт майданшасы я спорт разрядына ийе адамды
ушыратпаған. Ямаса Нөкис районында бирден бир стадион болмаған, тек мектеплер
жанында спорт майданшалары ғана болған. Еӊ үлгили деп есапланған Хожели
районыныӊ «Пахтакор» ыҳтыярый спорт жәмийети өзиниӊ спорт базасына ийе
болмаған, қағаз жүзинде 19 дене мǝденияты жәмәәтлери ҳәм 13 спорт секциялары
жумыс алып барған [13]. «Трудовые резервы» жәмийетине (бул жәмийетке орта
арнаўлы оқыў орынларыныӊ оқыўшылары ағза болған) қараслы 41 училище
оқыўшылары ушын тек 14 спорт заллары, 11 футбол майданлары, 13 волейбол ҳәм 50
баскетбол майданшалары болған. Усы жәмийеттиӊ Қарақалпақстан ўалаятлық Кеӊеси
баслығыныӊ орынбасары В.Подпригораныӊ мәлим етиўинше, «бул санлар шарт-
шараятлардыӊ реал жағдайын билдирмейди, себеби көплеген спорт заллары еӊ
керекли болған спорт инвентарьлары менен тәмийнленбеген, футбол майданлары
бәхарли-күз жүрип болмайтын ылай-батпақ» [14].
1985-жылы 19 июлде Нөкис қаласында клуб мекемелери ҳәм спорт орйларының
пайдаланыўын жақсылаў бойынша мәжилисте жәмийетлик шөлкемлердиӊ жумысы
қатаӊ сынға алынады. Мәжилисте шығып сөйлеген ӨзбКП ҚҚ обкомыныӊ хаткери
М.Аралбаев: «Бүгинги күнде ыҳтыярый жәмийетлер болған «Билим», НТО (Илимий-
техникалық жәмийет), ВОИР (Ойлап табыўшылар ҳәм рационализаторлардыӊ Пүткил
аўқамлық жәмийети), ДОСААФ, Естеликлерди қорғаў, Қызыл ярым Ай, Китапханлар
жәмийети, дөретиўшилер аўқамларыныӊ жумысы қанаатландырарсыз, - деп атап
өтеди. – Олар адамлардыӊ жыйналатуғын, өз ара пикирлесетуғын орынларға
айланбады. Тек ағза төлемлери жыйналады, гезектеги ис-илажлар әмелге асырылады,
есабатлар жазылып, штаттағы хызметкерлер өз гезекшилигин атқарып, айлық алып
отыр» [15]. Сол мәжилисте республикамызда жәмийетлик шөлкемлердиӊ жумысын
жеделестириў, олардыӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, кадрлар
таярлаў мәселелери бойынша бирқатар шешимлер қабыл етилди. Биринши гезекте
жаӊа ыҳтыярый бирлеспелер ҳәм жәмийетлерди шөлкемлестириў тапрсырылды.
1988-жылы Қарақалпақстанда қағаз жүзинде 2795 спорт орайлары болып,
соныӊ ишинде 3 стадион, 188 спорт заллары, 201 атыў тирлери, футбол, волейбол,
баскетбол майданшалары, теннис кортлары болған. Бирақ олардыӊ жағдайы жүдә
аўыр болған: көпшилиги ашық аспан астында болғанлығы себепли қыс айларында,
бәҳар ҳәм гүз мǝўсиминде бул жерлерде спорт жарысларын өткизиў жүдә мүшкил
болған.
1980-ши жыллар ақырында, яғный, СССР-дағы сиясий-экономикалық кризис
болып, ол пуқаралардыӊ күнделикли турмысына тәсир етип қоймай, адамлардыӊ сана-
сезими, пикирлеў қабылети өзгерди, бирлесип ҳәрекет етиў имканиятлары
нәтийжесинде, бизиӊ пикиримизше, ғәрезсизлик ҳәм еркинлик идеяларыныӊ
қәлиплесиўине негиз болды.
Пайдаланған әдебиятлар ҳәм дереклер:
1.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 2-китап, 2366-ис, 2-б.
2.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 2-китап, 2366-ис, 5-6-бетлер.
3.
ҚРОМА, ф. Р-551, 55-китап, 94-ис, 4-б.
Page 142
CENTRAL ASIAN JOURNAL OF ACADEMIC
RESEARCH
Volume 3, Issue 6, Part 3 Iyun 2025
www.in-academy.uz
4.
Советская Каракалпакия, 30-август 1979-жыл.
5.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 48-китап, 427-ис, 10-б..
6.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 48-китап, 427-ис, 18-б.
7.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 55-китап, 107-ис, 1-б.
8.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 55-китап, 107-ис, 18-б.
9.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 45-китап, 283-ис, 54-б.
10.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 46-китап, 492-ис, 12-б.
11.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 46-китап, 492-ис, 15-б.
12.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 46-китап, 492-ис, 62-б.
13.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 46-китап, 492-ис, 65-б.
14.
Советская Каракалпакия, 19-март 1987-жыл.
15.
ҚР ОМА, ф. Р-551, 46-икитап, 492-ис, 69-б.