Қарақалпақларда өз-ара жəрдем дəстҥринде ҳаял-қызлардың тутқан орны

CC BY f
87-89
6
0
Поделиться
Хожаниязова, Г. (2023). Қарақалпақларда өз-ара жəрдем дəстҥринде ҳаял-қызлардың тутқан орны. Этнографические исследования в Каракалпакстане: история и современность, 1(1), 87–89. извлечено от https://inlibrary.uz/index.php/ethnography_karakalpakstan/article/view/21927
Г Хожаниязова, Каракалпакское отделение Академии наук Республики Узбекистан

Докторант Института гуманитарных наук

Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

Хаялдын шанарак х.ам жэмийеттеги орны айрыкша болып, мэмлекеттин сиясий, социал-экономикалык хам мэдений рауажланыуында улеси Улкен- Солай екен, каракалпак халкы да, баска халыклар сыяклы хаял кызларды айрыкша хурмст стип. олардыц жэмийетлик орталыктагы орнын жокары бахалайды.


background image

1

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты







ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ

ИЗЕРТЛЕЎЛЕР: ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстан

ға мийнети сиңген

илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты

Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына бағышланған

илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ













Нѳкис

«Илим»

2023


background image

2

УOK 008(575.172)+94(575.172)
КБК 63.3(5Қар)
Қ50

Қарақалпақстанда

этнографиялық

изертлеўлер:

тарийх

ҳәм

заманагӛйлик // Республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.
ӚзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты.
Нѳкис: «Илим» баспасы, 2023ж., 132 б.



Топлам

Ӛзбекстан

Республикасы

Илимлер

Академиясы

Қарақалпақстан бӛлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў
институты Илимий Кеӊесиниӊ (2023-жыл, 10-апрель кҥнги №3-санлы
баянлама) қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасыныӊ
этнография илимине ѳз ҥлесин қосқан Қарақалпақстанға мийнети сиңген
илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың
90-жыллығы мҥнәсибети менен шѳлкемлестирилген «

Қарақалпақстанда

этнографиялық изертлеўлер: тарийх ҳәм заманагӛйлик

» атамасындағы

республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.



Бас редактор:

Қарлыбаев М.А.

Жуўаплы редактор:

Курбанова З.И.

Таярлаўшы:

Сайтов А.Т.


Топламда берилип атырылған материаллардағы мағлыўматлардыӊ

ҳәм мазмуныныӊ дурыслылығына авторлар жуўапкер, олардыӊ пикирлери
редакцияныӊ пикирлери болып есапланбайды.




ISBN 978-9943-8869-6-4

© «Илим» баспасы, 2023ж.


background image

87

Г.М. Хожаниязова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ӨЗ-АРА ЖƏРДЕМ ДƏСТҤРИНДЕ

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ

Г.М. Хожаниязова

Ɵзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бӛлими

Гуманитар илимлер илим-изертлеў институты докторанты

Ҳаялдың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги орны айрықша болып, мәмлекеттиң сиясий,

социал-экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўында ҥлеси ҥлкен. Солай екен,
қарақалпақ халқы да, басқа халықлар сыяқлы ҳаял-қызларды айрықша ҳҥрмет етип,
олардың жәмийетлик орталықтағы орнын жоқары баҳалайды.

Ҳаял-қызларымыздың қол мийнети, ақыл-парасаты менен дӛретилген миллий

мәдений, материаллық байлықларымыз жҥдә кӛпти қурайды. Қарақалпақлардың белгили
жазыўшысы С. Баҳадырова ӛз шығармасында қарақалпақ ҳаялын тәрийплеп: «Ҳәзир
музейдиң жарасығы болған кӛк кӛйлек, сәўкеле, қызыл жегде менен ақ жегде сениң
қолыңнан шыққан! Оларды кӛрип турып, не деген мәденият, не деген шеберлик, деп таң
қалмайтуғын адам жоқ! Халқымның ӛлмес миллий байлығы сениң қолың менен
дӛретилген» (Баҳадырова, 2017. 23 б.) деп кӛрсетеди.

Солай екен, қарақалпақ ҳаял-қызларының кӛзге илинбес жигери, аўыл-хожалық

жумысларындағы, той ҳәм мерекелердеги, ағайин-туўысқан арасындағы, дослық,
қоңсышылық қатнасықларындағы, кҥнделикли турмыстағы дәстҥрий ӛз-ара жәрдем
мәселесинде атқаратуғын хызметлерин айрықша материаллар тийкарында кӛрсетип бериў
ҳәзирги кҥнде актуал мәселелерден есапланады. Миллий ҥрп-әдет ҳәм дәстҥрлеримиздиң
сақланып турыўына, олардың жаңа басқышта раўажланып барыўына ҳаял-қызларымыз
салмақлы ҥлес қосып келмекте.

Усыған байланыслы, ӛз изертлеў жумысымыздан узаққа кетпеген ҳалда,

қарақалпақ ҳаял-қызларының ӛз-ара жәрдем мәселесиндеги айрықша орнын тӛмендегише
кӛрсетип ӛтпекшимиз: той ҳәм мерекелердеги ҳаял-қызлардың ӛз-ара жәрдем
дәстҥриндеги атқаратуғын хызметлери, ағайин-туўысқан ҳәм дослар арасындағы,
қоңсышылық қатнасықлардағы ҳаял-қызлардың орны.

Қарақалпақлардың кҥнделикли турмысындағы ҥлкен ямаса кишигирим

мәресимлерде, ҳаял-қызларымыздың, яғный жасы ҥлкен апаларымыздың мәсләҳәтисиз
ҳәм жас келинлердиң бийминнет жәрдемисиз әмелге асыўы қыйын. Бул қарақалпақ
ҳаялларына жыллар бойы алған турмыслық тәрбия арқалы сиңип кеткен ҳәм дәстҥрге
айланған әдетлердиң бири.


background image

88

Аўыл хожалығындағы дәстҥрий ӛз-ара жәрдем мәселесинде изертлеўши

Г.А.Никитина: «Терең тарийхый тҥбирге ийе болған ӛз-ара жәрдем ҳәм ӛз-ара жәрдем
дәстҥрлери аўыл жәмәәтиниң рәсмий ҳәм рәсмий емес қатнасықларын беккемлейтуғын
ҳәм оның турмысының материаллық ҳәм руўхый жақтан раўажланыўына тәсир
кӛрсететуғын қәдириятлардың бири болып есапланады» (Никитина, 2014. 74 б.) деген
тҥсиник берди.

Қарақалпақларда дәстҥрий ӛз-ара жәрдем бериў дәстҥрлери қәдирият сыпатында

жақсы раўажланған. Жасларға тәрбиялық сабақ бериў менен бирге келешек әўладқа
жақсы жетип барыўын тәмийнлеўде де ҳаял-қызларымыздың орны айрықша.

Әсиресе, жасы ҥлкен кейўаны апаларымыз тәрепинен қоңсы ҳаялларды ямаса жас

келинлерди басқарып, олардың той ҳәм мерекениң тийкарғы жумысларында бийминнет
ӛз-ара жәрдем дәстҥрин атқарыўдағы хызметлериниң ӛзи жаслар ушын ҥлкен тәрбиялық
мектеп ўазыйпасын атқарады. Информатордың мағлыўмат бериўинше: «

Аўылда бизлер,

үйимизде кандайда бир мереке болатуғын болса, аўылдың жасы үлкен апаларын шайға
шақырамыз. Ишинде ҳәммеге гәпи ӛтетуғын, аўыл ҳаяллары сайлаған бий апамыз
болады. Соның басшылығында, ер адамларымыз ойласқан қонық мәселесине қарап,
мерекеге сарыпланатуғын нан ҳәм баўырсақ, басқа да тойдың қәрежетлери ҳаққында
мәсләҳәтлесемиз. Бул бизлердиң той ямаса мереке алды аўыл ҳаялларының мәсләҳәтимиз
есапланады

» (АДЖ 2022, № 48) деп келтиреди. Әлбетте, бундай кӛпти кӛрген, кейўана

апалар той ҳәм мерекелерде артықша ысырапгершиликке жол қоймаўға ҳәрекет етиўши,
изинде орнын басып киятырған жасларға, ҥлги бола алатуғын жасы ҥлкен апаларымыз
есапланады.

Бундай кейўаны апаларымыз тәрепинен той ҳәм мереке кҥнлери аўыл ҳаялларының

жәрдемин арнаўлы бӛлистириўиниң ӛзинде кӛплеген жумыслар атқарылады.
Информатордың мағлыўмат бериўинше: «

Тойларда қуда-қудағай күтерде жасы үлкен

апаларымыз, аўқат асылатуғын қазанға еки ҳаялды жуўапкер етип тайынлайды. Олар
аўкаттың мазалы болып писиўине, келген қонақларға сулыў кӛринисте жеткерилиўин
тәмийнлейди

» (АДЖ 2022, № 54) деп кӛрсетсе, басқа бир информатор:

«жасы үлкен

кейўана апаларымыз тойларымыздың сәни болған «кепкир күйди» кәделеринде

, аўыл

ҳаялларына басшылық етип, олардың тәртип пенен ҳәрекет етиўин тәмийнлейди

» (АДЖ

2022, № 44) деп кӛрсетеди.

Усы орында кейўана сӛзине итибар қарататуғын болсақ, «Қарақалпақ тилиниң

тҥсиндирме сӛзлиги»нде кейўана сӛзине былайынша тәрийп берилген: кәйўана-орта
жастағы ақыллы, парасатлы, ҳәр нәрсеге кеңес берерлик ҳаял, қатын». Ал, этнограф
илимпаз А.Бекмуратова ӛз мийнетинде: «турмысқа шыққаннан кейин бир баласы бар ҳаял
– ҳаял, қатын. Ал, 45 жастан 55 жасқа шекемги ҳаяллар болса – кейўана, ал, 55 жастан соң
– кемпир» (Бекмуратова, 1969. 46-47 б.) деп аталады» деп жазған.

Жуўмақлап айтқанда, қарақалпақлардың кҥнделикли турмысында ӛз-ара жәрдем

бериў дәстҥрлеринде ҳаял-қызларымыздың орны айрықша. Әсиресе, жасы ҥлкен, кейўана
апаларымыз тәрепинен той ҳәм мерекелердеги шӛлкемлестириўшилик, басқарыўшылық
уқыбы кейинги жаслардың тәрбия алыўын ҳәм дәстҥрлеримиздиң сақланып қалыўын
тәмийнлейди.

Пайдаланылған әдебиятлар:

кепкир кҥйди қәдеси – той алды жәрдем есабында қоңсы ҳаяллардың кӛмеги тийкарында әмелге

асырылатуғын, тойдағы нан ҳәм баўырсақ писириў дәстҥри


background image

89

Баҳадырова С. Қарақалпақ қандай халық. Ташкент, 2017.
Бекмуратова А. Быт и семья каракалпаков в прошлом и настоящем. Нукус,1969.
Никитина Г.А. Взаимопомощь как неотъемлемая составляющая «моральной

экономики» крестьянства // Ежегодник финно-угорских исследований, 2014. 74-81 бетлер.

Қарақалпақ тилиниң тҥсиндирме сӛзлиги. Т. 2. Нӛкис, 1984.
Автордың дала жазыўлары (АДЖ), 2022, № 48. Кегейли районы Қумшҥңгил АПЖ.

Информант: Хожамбергенова Санавар.

АДЖ, 2022, №54. Қараɵзек районы, Қаратал кɵшеси. Информант: Ақымбетова

Сулыўхан.

АДЖ, 2022, №44. Кегейли районы Қумшҥңгил АПЖ. Информант: Айтбаева

Амангҥл.

G.

Sharjaubayeva -

Q


background image

130

МАЗМУНЫ

I. Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ҲАҚҚЫНДА ................. 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ......................................... 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ТИЙКАРҒЫ ИЛИМИЙ МИЙНЕТЛЕРИ ........................................ 4

Ж. Айтмуратов -

МИЛЛЕТ ЗИЯЛЫЛАРЫН АРДАҚЛАҒАН АЛЫМ ............................ 12

М.М. Давлетияров -

Х.ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ МИЙНЕТЛЕРИНДЕ

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ЭТНОГЕНЕЗИ ҲӘМ ЭТНИКАЛЫҚ ТАРИЙХЫ
МӘСЕЛЕСИНИҢ ҤЙРЕНИЛИЎИ ....................................................................................... 14

А.Р. Қудияров -

ҚАЛА ТАРИЙХЫН ИЗЕРТЛЕЎШИ ......................................................... 17

З.И. Курбанова -

ИСПОЛЬЗОВАНИЕ ФОЛЬКЛОРНЫХ МАТЕРИАЛОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ............................................................................................. 21

С.У.Нуржанов -

КЛАССИФИКАЦИЯ ИСТОЧНИКОВ ИСТОРИЧЕСКОГО

КРАЕВЕДЕНИЯ (НА ОСНОВЕ «ҚОӉЫРАТ ТАРИЙХЫЙ ҲӘМ МӘДЕНИЙ
ЕСТЕЛИКЛЕРИ» Х.ЕСБЕРГЕНОВА) .................................................................................. 23

Н.А. Тлеубергенова -

ВОПРОСЫ МАТЕРИАЛЬНОЙ КУЛЬТУРЫ КАРАКАЛПАКОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ........................................................................................... 26

II. ЭТНОГРАФИЯ, ЭТНОЛОГИЯ, АНТРОПОЛОГИЯ МӘСЕЛЕЛЕРИ .............................. 29

М.А. Абдуллаев -

МУСТАҚИЛЛИК ЙИЛЛАРИДА ҚОРАҚАЛПОҚЛАР

ЭТНОЛОГИЯСИ ТАДҚИҚИ ................................................................................................. 29

У.К. Абсетерова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫҢ СУЎСЫЗЛЫҚ ЖЫЛЛАРЫНДА

ҚОЛЛАНҒАН ҤРП-ӘДЕТЛЕРИ ........................................................................................... 32

Г.А. Акимниязова -

КАРАКАЛПАКСКИЕ БАЗАРЫ НАЧАЛА XX ВЕКА КАК

КУЛЬТУРНО-РАЗВЛЕКАТЕЛЬНЫЕ ЦЕНТРЫ ................................................................. 34

А.Е. Бижанова, А.Ж. Дауесова -

СЕМАНТИКА ПОМИНАЛЬНЫХ ДАТ В

ТРАДИЦИОННОЙ КУЛЬТУРЕ КАЗАХОВ ........................................................................ 37

T.R. Jabbarbergenov -

XX ÁSIR JERGLIKLI IZERTLEWSHILERDIŃ

MIYNETLERINDE QARAQALPAQ JASLARÍNÍŃ BOS WAQÍTÍ .................................... 40

G. Joldasbaeva -

KELIN TAŃLAW HÁM OL MENEN BAYLANÍSLÍ DÁSTÚRLER ...... 42

Р.А. Исметов -

МУҚАДДЕС ОРЫНЛАРҒА ҚОЙЫЛҒАН АЙЫРЫМ АТАМАЛАР

ТАРИЙХЫ ............................................................................................................................... 45

Р.С. Камалова -

СОВРЕМЕННАЯ ТРАДИЦИОННАЯ ОБРЯДНОСТЬ: ПРАКТИКА,

ФАКТОРЫ И ТЕНДЕНЦИИ (НА ОСНОВЕ СВАДЕБНОЙ ОБРЯДНОСТИ) ................. 48

З.И. Курбанова -

КУЛЬТУРА ПИТАНИЯ КАРАКАЛПАКОВ ПОД ВОЗДЕЙСТВИЕМ

ГЛОБАЛИЗАЦИОННЫХ ПРОЦЕССОВ ............................................................................. 51

Д.А. Кудайбергенова -

ЗЕРГЕРЛИК БУЙЫМЛАРЫНДАҒЫ НАҒЫС МОТИВЛЕРИ ... 54

И.М. Нурмухамедова -

ПЕРВАЯ РУБАШКА МЛАДЕНЦА «

ИЙТ КӚЙЛЕК

»

У КАРАКАЛПАКОВ .............................................................................................................. 56

Ә. Қ. Пахратдинов -

КИНДИК ШЕШЕ МЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ ДӘСТҤРЛЕР .......... 60

А. Пирназарова -

И.В. САВИЦКИЙ АТЫНДАҒЫ МУЗЕЙ ЭКСПОНАТЛАРЫНЫҢ

ЖЫЙНАЛЫЎ ТАРИЙХЫНАН ............................................................................................. 63

З. Раҳмоналиев -

ЯНГИ ТАРАҚҚИЁТ БОСҚИЧИДА ЭТНОС ВА МИЛЛАТ

ТУШУНЧАЛАРИ .................................................................................................................... 66


background image

131

А.Т.Сайтов -

ПРИМЕТЫ И СУЕВЕРИЯ У КАРАКАЛПАКОВ, CВЯЗАННЫЕ

С РЫБОЛОВСТВОМ .............................................................................................................. 69

О.С. Сейтмуратов -

ПАСТУШЕСКОЕ РЕМЕСЛО У КАРАКАЛПАКОВ ..................... 71

С. Ш.Таджетова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТУРМЫСЫНДА «КЕЛИН» СТАТУСЫ

ҚӘЛИПЛЕСИЎИНДЕ ҚЫЗ-БАЛА ТӘРБИЯСЫ ................................................................ 74

К.Ж. Турекеев -

ОБЫЧАИ И ОБРЯДЫ КАРАКАЛПАКОВ САМАРКАНДСКОЙ

ОБЛАСТИ, СВЯЗАННЫЕ С РОЖДЕНИЕМ РЕБЁНКА (НА МАТЕРИАЛЕ
БУЛУНГУРСКОГО И ДЖАМБАЙСКОГО РАЙОНОВ) ................................................... 77

М.Б. Утебаев -

ПЕРСПЕКТИВЫ КРОСС-КУЛЬТУРНЫХ ИССЛЕДОВАНИЙ

В КАРАКАЛПАКСТАНЕ ...................................................................................................... 81

М.И. Ходжанов -

ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ЎЗБЕКЛАРИНИНГ СОВЧИЛИК

УРФ-ОДАТЛАРИ ................................................................................................................... 84

Г.М. Хожаниязова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ӚЗ-АРА ЖӘРДЕМ ДӘСТҤРИНДЕ

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ............................................................................... 87

G. Sharjaubayeva -

QARAQALPAQSTANLÍ KOREYSLERDIŃ AYÍRÍM

SHAŃARAQLÍQ MÁRESIMLERI ......................................................................................... 89

М.Ж.Эгамберганова -

ЭТНИК ИДЕНТИКЛИК ТУШУНЧАСИНИНГ ЭТНОЛОГИЯ

ФАНИДАГИ АҲАМИЯТИ .................................................................................................... 91

Б.Ж. Юсупова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚОЛ ӚНЕРИ: АҒАШҚА НАҒЫС ОЙЫӮ МӘСЕЛЕСИ

МУЗЕЙТАНЫӮ ҲӘМ ЭТНО-АҒАРТЫӮШЫЛЫҚ НӘЗЕРИНДЕ ................................... 94

III. ЭТНОГРАФИЯ ҲӘМ ГУМАНИТАР ИЛИМЛЕРДИҢ ИНТЕГРАЦИЯЛАСЫЎЫ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ............................................................................................................................ 97

А.Т. Бекбаулиев -

НЕКОТОРЫЕ ИТОГИ ИЗУЧЕНИЯ КУВШИНОВ С ГОРОДИЩА

КУРГАНЧА (КОБЛАНДЫ-КАЛА) ....................................................................................... 97

З.У. Бекбергенова -

Ә.ӘЖИНИЯЗОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ТОПОНИМЛЕРДИҢ

ТУТҚАН ОРНЫ ҲӘМ КӚРКЕМЛИК ХЫЗМЕТИ ........................................................... 101

A.Ó. Gúlimbetov -

XIX ÁSIR EKINSHI YARÍMÍ XX ÁSIR BASLARÍNDA QUBLA ARAL

BOYÍ SAWDA HÁM EKONOMIKASÍNÍŃ TARIYXTANÍWSHÍLÍǴÍ MÁSELESI ........ 104

О.Т.Доспанов -

АРХЕОЛОГИЯ, ЭТНОГРАФИЯ МАТЕРИАЛЛАРЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ГЕЙПАРА САЛТ-ДӘСТҤРЛЕРИН САЛЫСТЫРЫЎ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ...................................................................................................................... 106

Т. Қ. Жәримбетова -

ҚАРАҚАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА КӚРКЕМ-ҲҤЖЖЕТЛИ

ШЫҒАРМАЛАРДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ СҤЎРЕТЛЕЎЛЕР ......................................... 110

М.И. Ниязова -

К ВОПРОСАМ ЭТНОАРХЕОЛОГИИ / МАСТЕРСКИЕ ЮВЕЛИРОВ

ПОЗДНЕСРЕДНЕВЕКОВОЙ БУХАРЫ ............................................................................. 113

П.Ж.Ӛтениязов -

ХАЛЫҚ ЕРТЕКЛЕРИНИҢ ПАЙДА БОЛЫЎ ДЕРЕКЛЕРИ ............ 115

К.С. Палымбетов, О.Ж. Юсупов -

ҚАРАҚАЛПАҚ ЭТНО-ДӘСТАНЛАРЫ: ӘМИР

ТЕМУР ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒА ҲӘМ ФОЛЬКЛОРЛЫҚ ОБРАЗ ...................................... 119

Г.У. Сейдаметова -

ГОРОДСКАЯ СЕМЬЯ И ОСОБЕННОСТИ БРАКОСОЧЕТАНИЯ В

КАРАКАЛПАКСТАНЕ В 1960-1980 ГОДЫ ..................................................................... 122

С. Ә. Сулайманов -

ҚУБЛА АРАЛ БОЙЫ ДӘСТҤРИЙ ҚАТНАС ЖОЛЛАРЫНДА СУЎ

ЖОЛЛАРЫНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ..................................................................................... 125

B.U.Temirxanov -

GÁREZSIZLIK JÍLLARÍNDA QARAQALPAQ DIYQANSHÍLÍQ

ILIMIY-IZERTLEW INSTITUTÍ ILIMIY JOYBARLARÍ ESABATÍNAN ........................ 127


background image

132

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР:

ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери,

тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына

бағышланған илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ

Редактор:

А.И. Алниязов

Верстка:

В. Султангулова

Basıwǵa ruqsat berilgen waqtı 05.05.2023 j. Format – 60/84

.

“Times” garniturası. Ofset usılında basıldı. Kólemi 8,25 b.t.

Nusqası 100 dana. Buyırtpa №14-22/K

«Miraziz Nukus» JShJ baspaxanasında basıldı

Ózbekstan Respublikası baspa sóz hám xabar agentliginiń

2018-jıl 16-maydaǵı № 11–3059 licenziyası.

Библиографические ссылки

Бахадырова С. Каракалпак капдай халык. Ташкент, 2017.

Бекмуратова А. Быт и семья каракалпаков в прошлом и настоящем. Нукус, 1969.

Никитина Г.А. Взаимопомощь как неотъемлемая составляющая «моральной экономики» крестьянства И Ежегодник финно угорских исследований, 2014. 74-81 бетлер.

Каракалпак тилиниц тусиндирме сезлиги. Т. 2. Некие, 1984.

Автордын дала жазыулары (АДЖ), 2022, № 48. Кегейли районы Кумшунгил АПЖ.Информант: Хожамбергенова Санавар.

АДЖ, 2022, №54. Караозск районы, Каратал кошсси. Информант: Акымбстова Сулыухан.

АДЖ, 2022, №44. Кегейли районы Кумшунгил АПЖ. Информант: Айтбасва Амангул.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов