Киндик шеше менен байланыслы дəстҥрлер

  • Академия наук Республики Узбекистан, отделение Каракалпакстана. Каракалпакский гуманитарный научно-исследовательский институт
CC BY f
60-62
3
0
Поделиться
Пахратдинов, У. (2023). Киндик шеше менен байланыслы дəстҥрлер . Этнографические исследования в Каракалпакстане: история и современность, 1(1), 60–62. извлечено от https://inlibrary.uz/index.php/ethnography_karakalpakstan/article/view/21934
У Пахратдинов, Академия наук Республики Узбекистан, отделение Каракалпакстана. Каракалпакский гуманитарный научно-исследовательский институт

докторант

Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

Каракалпак салт-дэстурлеринде баланын киндигин кескен хаялды "киндик шеше” деп атаган. Баланын киндигин ксстиргенде перзентлери бар, туудырыу тэжирийбесине ийе, «кол-аягы женил», ел ишинде абырайы бар, минези жаксы, копшиликке орнек болгандай хаялды тацлап коятугын болган. Перзентлери коп хаялды тацлауы бул босанган хаялдын да «перзенти коп болсын», «изи жалгансын» деп нийет етилген болса, скиншидсн, коп псрзснтли болган х,аял бала багыу тэжирийбесине ийе болады деп бил ген. Себеби, жаца босанган хаял озин тиклеймен дегенше киндик шеше ана менен балага караган. Халыктыц исепими бойынша, «баланын минези тогыз ай котерип журген анасына емес, тунгыш рет жерден котергсн киндик шешесине уксайды» деген тусиник болган. Дуньяга келген нэресте ен дэслеп киндик шешесин кереди хам киндик шешесинин барлык минези отеди екен (АДЖ 2023, № 1).


background image

1

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты







ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ

ИЗЕРТЛЕЎЛЕР: ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстан

ға мийнети сиңген

илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты

Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына бағышланған

илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ













Нѳкис

«Илим»

2023


background image

2

УOK 008(575.172)+94(575.172)
КБК 63.3(5Қар)
Қ50

Қарақалпақстанда

этнографиялық

изертлеўлер:

тарийх

ҳәм

заманагӛйлик // Республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.
ӚзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты.
Нѳкис: «Илим» баспасы, 2023ж., 132 б.



Топлам

Ӛзбекстан

Республикасы

Илимлер

Академиясы

Қарақалпақстан бӛлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў
институты Илимий Кеӊесиниӊ (2023-жыл, 10-апрель кҥнги №3-санлы
баянлама) қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасыныӊ
этнография илимине ѳз ҥлесин қосқан Қарақалпақстанға мийнети сиңген
илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың
90-жыллығы мҥнәсибети менен шѳлкемлестирилген «

Қарақалпақстанда

этнографиялық изертлеўлер: тарийх ҳәм заманагӛйлик

» атамасындағы

республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.



Бас редактор:

Қарлыбаев М.А.

Жуўаплы редактор:

Курбанова З.И.

Таярлаўшы:

Сайтов А.Т.


Топламда берилип атырылған материаллардағы мағлыўматлардыӊ

ҳәм мазмуныныӊ дурыслылығына авторлар жуўапкер, олардыӊ пикирлери
редакцияныӊ пикирлери болып есапланбайды.




ISBN 978-9943-8869-6-4

© «Илим» баспасы, 2023ж.


background image

60

Ә. Қ. Пахратдинов -

КИНДИК ШЕШЕ МЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ ДƏСТҤРЛЕР

Ә. Қ. Пахратдинов

Ӛзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бӛлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты докторанты

Қарақалпақ салт-дәстҥрлеринде баланың киндигин кескен ҳаялды "киндик шеше"

деп атаған. Баланың киндигин кестиргенде перзентлери бар, туўдырыў тәжирийбесине
ийе, «қол-аяғы жеңил», ел ишинде абырайы бар, минези жақсы, кӛпшиликке ӛрнек
болғандай ҳаялды таңлап қоятуғын болған. Перзентлери кӛп ҳаялды таңлаўы бул босанған
ҳаялдың да «перзенти кӛп болсын», «изи жалғансын» деп нийет етилген болса,
екиншиден, кӛп перзентли болған ҳаял бала бағыў тәжирийбесине ийе болады деп билген.
Себеби, жаңа босанған ҳаял ӛзин тиклеймен дегенше киндик шеше ана менен балаға
қараған. Халықтың исеними бойынша, «баланың минези тоғыз ай кӛтерип жҥрген
анасына емес, туңғыш рет жерден кӛтерген киндик шешесине уқсайды» деген тҥсиник
болған. Дҥньяға келген нәресте ең дәслеп киндик шешесин кӛреди ҳәм киндик
шешесиниң барлық минези ӛтеди екен (АДЖ 2023, № 1).

Киндик шешени баланың екинши анасы деп қараған. Ата-ана ҳәм жақынларынан

тысқары киндик шеше де балаға тәрбиялық тәрептен жуўапкер адам есапланған
(Бекжанова, 2020. 16 б.).

Этнограф Х.Есбергенов ӛзиниӊ изертлеўлеринде киндик шешениӊ ролин кӛрсетип

ӛткен. Оныӊ келтирген мағлыўматлары бойынша, киндик шеше аўыл ҳаяллары, келинниӊ
анасы ҳәм енеси менен биргеликте туўыў мәресимин ӛткерген. Ҳәмиледар ҳаяллар кӛп
балалы, жасы ҥлкен, босандырыў тәжирийбесине ийе, халық медицинасынан хабары бар
киндик шешелерден ҳәмиледар ўақтында ӛзин қандай сақлаў кереклигин, баланың ерте
туўылыўының алдын алыў ҳәм жаман руўхлардан сақланыў ушын нелерге әмел етиў
кереклиги бойынша мәсләҳәтлер сораған. Киндик шешениң сыйынатуғын қәўендер пири
Бийби Фатма, Бийби Ажар ҳәм.т.б. болған. Толғағы келмей босана алмай атырған
ҳаяллардың қарынын «Мениң қолым емес, пирим Бийби Фатманың қолы» деп айтып
сыйпаса толғағы жеңил келген.

Баланың туўылыўынан тӛрт-бес кҥн алдын ҳәмиледар ҳаял киндик шешеге хабар

жиберетуғын болған. Әдетте қарақалпақлар ҳаялдың босаныў ўақты жақынласқанлығы
ҳаққындағы хабарды әшкаралай бермеўге ҳәрекет еткен. Бул жаўыз руўхлардан қорғаныў
менен байланыслы болып, олар туўылыў ўақтында ҳаял ҳәм оның баласына зыян
жеткереди деген тҥсиник болған. Сондай-ақ, ҳаялдың босаныў пайытында ӛзге
адамлардың ҳәм перзентли болмаған ҳаяллардың болыўын қәлемеген. Бундай
мағлыўматларды «Шәрияр» дәстанынан да кӛриўге болады. Мәселен, Гҥлшара ӛзиниң
перзентлери Шәрияр ҳәм Әнжимге толғатып атырған ўақтында ӛзге адамлардың ҳәм
ӛзинен алдынғы перзент кӛрмеген он тоқалдың бӛлмеден шығып кетиўин кҥйеўинен
соранған (Есбергенов

,

Атамуратов,1975. 128-129 б.).

Толғатып атырған ҳаялдың жанына перзентли бола алмай жҥрген ҳаяллар ҳәм ер

адамлар киргизилмеген. Буған себеп, перзентли бола алмай жҥрген ҳаялдың ықласы урып,
перзент кӛре алмай қалыўы мҥмкин екен. Ал, ер адам кирсе, толғатып атырған ҳаялдың
толғағы қашып кетеди екен. Егер тосаттан билмей кирип қалған жағдайда, киндик шеше


background image

61

сол адамның ықласын, нәзерин қашырыў, қайтарыў ушын, кийиминиң бир шетин жыртып
алатуғын болған ямаса илгегин ҥзип алып қалған (АДЖ 2023, №2.).

Босаныў қыйын кешип атырса, «аңсат босансын» деп, киндик шеше қуманныӊ

сҥмегине ҥплеп суўдан кӛбик шығарған. Киндик шеше баланың киндигин арнаўлы таза
пышақ пенен кесип, оны сабақ пенен байлаған ҳәм кҥйген сарымай жаққан. Ол киндик
кескен пышақты ӛзи менен алып кетип, ҳеш нәрсеге пайдаланбастан, әсиресе, перзент
кӛре алмай жҥрген ҳаяллардың қолына услатпай, сандықта асырап қойған (Есбергенов,
Атамуратов, 1975. 133 – 134 б.).

У. Кусекеевтиң келтирген мағлыўматында

толғатып атырған ҳаялдың жанына еки-

ҥш ҳаял кирген. Биреўи артынан шығып, белинен тартып кӛйлегин кӛтерип отырған. Бир
ҳаял баланы қабыл етип, екинши ҳаял баланың киндигин кесип, жанындағы ҳаялдың
етегине салатуғын болған. Ол ҳаял жыллырақ бир нәрсеге орап баланы жатқарған. Баланы
орамастан алдын шомылдырып алған (Кусекеев, 1934).

Киндик шеше туўылған баланың киндигин кескеннен кейин пышақты жерге

шаншып алатуғын болған. Буның себеби, бул жерге баланың киндик қаны тамады ҳәм
«киндик қаны тамған жеринен алысламайды» деп ырым еткен. Сол себепли халық
арасында «киндик кескен жер», «киндик қаны тамған жер» деген қәсийетли сӛзлер
айтылған. Киндигин кескен пышақты ҳеш затқа пайдаланбай, асырап қойған. Киндигин
балта менен кесиўге байланыслы мағлыўматлар да ушырасады. Кӛп ўақыттан берли ул
перзент кӛре алмай жҥрген болса, «кейингиси ул болсын» деген нийетте киндигин балта
менен кескен. Айырым ўақытлары ул перзент туўылғанда «ер жҥрек болсын, балтадай
кескир болсын» деп ырым еткен (АДЖ 2022, №18).

Киндик шеше тҥскен жолдасы менен киндигин «ҥйинен аяғы ҥзилмесин» деген

нийет пенен, ҥйи әтирапына адам баспайтуғын таза жерге яки ҥйдиң босағасына кӛмген.
Кӛпшилик жағдайларда «ӛзинен ӛнип-ӛсип кӛбейсин» деген нийетте мийўели
тереклердиң, әсиресе жҥзимниң тҥбине кӛметуғын болған (АДЖ 2021, №18).

Баланы туўдырып болып, киндик шеше сҥйинши айтыў мақсетинде кишкене

балаларды ағайин-туўысқанларына ҳәм қоңсыларына жиберген. Сол кҥнниӊ ӛзинде
туўған келиншектиӊ енеси қонақларға дастурхан жайып, май сӛк тарқатқан. Бала
туўылғанан соӊ, киндик шеше нәрестени шомылдырып ҳәм оны «кӛп жасасын» деп, ҥлкен
жастағы апаныӊ кӛйлегине ораған. Соңынан, босанған ҳаялдың ҥш кҥнге шекем дурыслы
сҥти шықпайтуғынлығын есапқа алып, киндик шеше кҥйеў бала тәрепиндеги ямаса сол
аўылдыӊ бир ҳаялына нәрестени емиздириў ушын ҥш кҥнге шекем берген. Оннан алдын
баланыӊ еринине сарымай жаққан. Ҥш кҥн ӛткеннен соӊ, нәрестени емизген ҳаял баланы
ата-анасына алып келген ҳәм оларға «қаўын сатаман» деп, ойын дәстҥр сыпатында
алмасқан. Ал ата-анасы болса «аламан» деп қәде тӛлеген. Қарақалпақ халқында дҥньяға
келген перзент ушын «қутлы болсын» айтып келиўшилердиң ҳәм «сҥйинши», «кӛримлик»
сораўшылардың ӛзлери зат тҥринде соранып алатуғын қәдеси «қәлеў» деп айтылып, бул
буйымлар сораўшылардың қәлеўине қарай бериледи. Сол ўақыттыӊ ӛзинде киндик шеше
ӛзи менен биргеликте баланы туўған анасына таўық сорпа, сҥтли ҳәм басқа да жеңил
аўқатлар алып келген. Ал туўған ҳаялдыӊ ҥйиниӊ иши «рахмет» деп, кӛйлек ямаса таўар
менен сарпайлаған. Соннан кейин анасы баласы менен 40 кҥн шилле услаған (Есбергенов,

Атамуратов,1975. 139, 140, 143 б.).

Ислам дининде балалар жақын туўысқан болмаса да, бир ананың сҥтиннен

азықланған болса, олардың бир-бири менен неке қурыўына жол қойылмаған. Исламда
«киндик шеше» деген тҥсиник жоқ. Бирақ шәрият динге қарсы болмаған дәстҥрди


background image

62

мақуллайды. Соның ушын да, «киндик шеше» атаныў шәрият бойынша гҥнә емес. Буннан
тысқары, киндик шеше менен баланың шаңарағының арасында туўысқанлық байланыс
болмаса, олар бир-биринен қыз берип, қыз алысыўға болады (АДЖ №6, 2023).

Нәресте туўылғаннан 7 кҥн ӛткеннен соӊ, киндик шеше баланы дузлы жыллы суўға

алтын ҳәм гҥмис тағыншақлар салып шомылдырған. Алдынлары киндик шеше ӛзиниң
аяқларын жуўып, тазалап болғаннан соӊ, ләгенге баланың аяғын салып ҳәм аяқлары
ҥстине баланы отырғызып шомылдырған. Бул шомылыў пайытында бала ләгенде тайып
кетпеўи ҳәм жыллы сақлаў ушын исленген усыл болған. Оннан соӊ, суўды тӛгип таслап,
астындағы тийинлерди ӛзине қалдырған ҳәм балаға кҥйдирилген жыллы сарымай жаққан.
Шомылдырыў мәресими таўсылғаннан кейин, балаға «ийт кӛйлек» кийдирген. Сол
кҥнниӊ ӛзинде киндик шеше баланы бесикке байлаған. Халықтыӊ исеними бойынша,
бесик баланы шайтанлардан қорғайтуғын болған. Бесикке жатқармастан алдын, саат
жҥретуғын стрелкаға қарама-қарсы тәрепке жҥрип, әдираспан тҥткен. Бесикке баланы
жатқарыў мәресимин киндик шеше басқарған. Сол кҥни кҥндиз ҳәмме ағайинлери мирǝт
етилген, жыйналған ҳәм бесикке жатқарыўды нышанлаған. Бесикке байлаў мәресимине
тек ҳаяллар қатнасқан. Бесик бӛлмениң ортасында турған, оған кәраматлы мәнис берген,
оныӊ ҥстин жети кийим ҳәм таўар менен жаўып қойған. Егер ул баланы салса, азлаў
кийим салған, ал қыз баланы салса, 9 кийим менен жаўып қойған. Себеби, «балаға аз
қалың мал тӛлеймиз, қызға болса кӛп қалыӊ мал аламыз» деп нийетлеген (Есбергенов,

Атамуратов,1975. 149 б.).

Балалардың ең биринши кийими, егер жӛргекти кийим

сыпатында алып қарамасақ,

ийт кӛйлек

есапланады. Ийт кӛйлек пахта гезлемеден,

жағасыз, ийин беттен горизонтал тҥрде жағаның орны кесип тигилген. Етек пенен
жеңиниң ушларына тигис тҥсирилмеген, қайырылған, тигилмеген. Буның еки себеби
болған: бириншиси - баланың етине қатты батпаўы ушын ҳәм «егер етеги қайырылып
тигилсе, баланың анасы басқа бала кӛтермейди» деп ырым еткен (Курбанова, 2021. 130 –
131 б.).

Киндик шеше жас нәрестени биринши мәрте шомылдырғанда тийин салып

шомылдырған. Шомылдырып болғаннан соң оны қоңсы балаларға «қатарыңызға қосылып
жҥрип ойнап кетсин» деген нийетте бӛлип берген. «Қалың малы кем болсын» деп, ул
баланы 35 кҥнде қырқынан шығарған. Ал, қыз баланы «қалың малы зыят болсын» деп, 40
кҥннен ӛткерип шығарған (Дала жазыў 1987, №31).

Ҳәзирги ўақытта балалар туўыў ҥйлеринде дҥньяға келип атыр. Сол жерде баланың

киндиги акушер-шыпакерлер тәрепинен кесиледи ҳәм оны баланың жақынларына берип
жибереди. Бҥгинги кҥнде де баланың жолдасын ҳәм киндигин мийўели теректиң тҥбине
кӛмеди. Киндигин акушер-шыпакер кескени менен, оны

киндик шешеси

деп атамайды.

Бирақ, гейде баланың ата-анасы яки жақынлары дәстҥрдиң жоғалып кетпеўи ушын,
ӛзлерине мақул кӛрген ҳаялды баланың киндигин кеспесе де, «киндик шешеси» етип
сайлап қойып атырғанлар да ушырасады (АДЖ 2022, № 17).

Киндик шеше бала ер жетемен дегенше баланың екинши анасы сыпатында

шаңарағы менен қатнасығы ҥзилмеген. Бала аўырмай-сырқырамай, жақсы ер жетип,
кейнине басқа да балалары ерсе, «қолы жеңил болды» деп ырым еткен. Туўылған баланың
ата-анасы ҳәм жақынлары киндик шешениң хызметин умытпаған ҳәм қарым-қатнасы
даўам еткен.

Қарақалпақларда киндик шеше баланың туўылыўынан баслап бесикке салыў менен

байланыслы дәстҥрлерди басқарған ҳәм шаӊарақтың кейинги турмысындағы бәрше
мәресимлеринде ағайин-туўысқандай болып қатнасқан.


background image

63

Пайдаланылған әдебиятлар:

Бекжанова Б. Қорақалпоқ туй маросими фольклорининг тарихий этнографик

хусусиятлари. Тарих фанлари бўйича фалсафа доктори (PhD) диссертацияси
автореферати. Нукус, 2020.

Есбергенов Х., Атамуратов Т. Традиции и их преобразование в городском быту

каракалпаков. Нукус, 1975.

Курбанова З. Каракалпакский костюм: Традиции и новации. Нукус, 2021.
Кусекеев У. Этнография ККАССР. Турткуль, 1934 // Оз.РИА ҚҚ бѳлими

Фундаментал библиотекасыныӊ қол жазба фонды, инв. №932.

Автордың дала жазыўы (АДЖ), 2021, №18. Нӛкис районы.

Информант:

Ш.Алламбергенова.

АДЖ, 2022, № 17. Мойнақ районы. Информант: М.Хожаметова.
АДЖ, 2022, №18. Мойнақ районы. Информант: У. Мырзамуратова.
АДЖ, 2023, № 1. Кегейли районы. Информант: Б.Сейтмуратова.
АДЖ, 2023, №2. Кегейли районы. Информант: Н.Базарбаева.
АДЖ, 2023, №6. Нӛкис қаласы. Информант: А.Идрисов.
Этнография бѳлиминин архиви. Қайыпбергенова П. дала жазыўы, 1987, №31.


background image

130

МАЗМУНЫ

I. Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ҲАҚҚЫНДА ................. 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ......................................... 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ТИЙКАРҒЫ ИЛИМИЙ МИЙНЕТЛЕРИ ........................................ 4

Ж. Айтмуратов -

МИЛЛЕТ ЗИЯЛЫЛАРЫН АРДАҚЛАҒАН АЛЫМ ............................ 12

М.М. Давлетияров -

Х.ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ МИЙНЕТЛЕРИНДЕ

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ЭТНОГЕНЕЗИ ҲӘМ ЭТНИКАЛЫҚ ТАРИЙХЫ
МӘСЕЛЕСИНИҢ ҤЙРЕНИЛИЎИ ....................................................................................... 14

А.Р. Қудияров -

ҚАЛА ТАРИЙХЫН ИЗЕРТЛЕЎШИ ......................................................... 17

З.И. Курбанова -

ИСПОЛЬЗОВАНИЕ ФОЛЬКЛОРНЫХ МАТЕРИАЛОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ............................................................................................. 21

С.У.Нуржанов -

КЛАССИФИКАЦИЯ ИСТОЧНИКОВ ИСТОРИЧЕСКОГО

КРАЕВЕДЕНИЯ (НА ОСНОВЕ «ҚОӉЫРАТ ТАРИЙХЫЙ ҲӘМ МӘДЕНИЙ
ЕСТЕЛИКЛЕРИ» Х.ЕСБЕРГЕНОВА) .................................................................................. 23

Н.А. Тлеубергенова -

ВОПРОСЫ МАТЕРИАЛЬНОЙ КУЛЬТУРЫ КАРАКАЛПАКОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ........................................................................................... 26

II. ЭТНОГРАФИЯ, ЭТНОЛОГИЯ, АНТРОПОЛОГИЯ МӘСЕЛЕЛЕРИ .............................. 29

М.А. Абдуллаев -

МУСТАҚИЛЛИК ЙИЛЛАРИДА ҚОРАҚАЛПОҚЛАР

ЭТНОЛОГИЯСИ ТАДҚИҚИ ................................................................................................. 29

У.К. Абсетерова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫҢ СУЎСЫЗЛЫҚ ЖЫЛЛАРЫНДА

ҚОЛЛАНҒАН ҤРП-ӘДЕТЛЕРИ ........................................................................................... 32

Г.А. Акимниязова -

КАРАКАЛПАКСКИЕ БАЗАРЫ НАЧАЛА XX ВЕКА КАК

КУЛЬТУРНО-РАЗВЛЕКАТЕЛЬНЫЕ ЦЕНТРЫ ................................................................. 34

А.Е. Бижанова, А.Ж. Дауесова -

СЕМАНТИКА ПОМИНАЛЬНЫХ ДАТ В

ТРАДИЦИОННОЙ КУЛЬТУРЕ КАЗАХОВ ........................................................................ 37

T.R. Jabbarbergenov -

XX ÁSIR JERGLIKLI IZERTLEWSHILERDIŃ

MIYNETLERINDE QARAQALPAQ JASLARÍNÍŃ BOS WAQÍTÍ .................................... 40

G. Joldasbaeva -

KELIN TAŃLAW HÁM OL MENEN BAYLANÍSLÍ DÁSTÚRLER ...... 42

Р.А. Исметов -

МУҚАДДЕС ОРЫНЛАРҒА ҚОЙЫЛҒАН АЙЫРЫМ АТАМАЛАР

ТАРИЙХЫ ............................................................................................................................... 45

Р.С. Камалова -

СОВРЕМЕННАЯ ТРАДИЦИОННАЯ ОБРЯДНОСТЬ: ПРАКТИКА,

ФАКТОРЫ И ТЕНДЕНЦИИ (НА ОСНОВЕ СВАДЕБНОЙ ОБРЯДНОСТИ) ................. 48

З.И. Курбанова -

КУЛЬТУРА ПИТАНИЯ КАРАКАЛПАКОВ ПОД ВОЗДЕЙСТВИЕМ

ГЛОБАЛИЗАЦИОННЫХ ПРОЦЕССОВ ............................................................................. 51

Д.А. Кудайбергенова -

ЗЕРГЕРЛИК БУЙЫМЛАРЫНДАҒЫ НАҒЫС МОТИВЛЕРИ ... 54

И.М. Нурмухамедова -

ПЕРВАЯ РУБАШКА МЛАДЕНЦА «

ИЙТ КӚЙЛЕК

»

У КАРАКАЛПАКОВ .............................................................................................................. 56

Ә. Қ. Пахратдинов -

КИНДИК ШЕШЕ МЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ ДӘСТҤРЛЕР .......... 60

А. Пирназарова -

И.В. САВИЦКИЙ АТЫНДАҒЫ МУЗЕЙ ЭКСПОНАТЛАРЫНЫҢ

ЖЫЙНАЛЫЎ ТАРИЙХЫНАН ............................................................................................. 63

З. Раҳмоналиев -

ЯНГИ ТАРАҚҚИЁТ БОСҚИЧИДА ЭТНОС ВА МИЛЛАТ

ТУШУНЧАЛАРИ .................................................................................................................... 66


background image

131

А.Т.Сайтов -

ПРИМЕТЫ И СУЕВЕРИЯ У КАРАКАЛПАКОВ, CВЯЗАННЫЕ

С РЫБОЛОВСТВОМ .............................................................................................................. 69

О.С. Сейтмуратов -

ПАСТУШЕСКОЕ РЕМЕСЛО У КАРАКАЛПАКОВ ..................... 71

С. Ш.Таджетова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТУРМЫСЫНДА «КЕЛИН» СТАТУСЫ

ҚӘЛИПЛЕСИЎИНДЕ ҚЫЗ-БАЛА ТӘРБИЯСЫ ................................................................ 74

К.Ж. Турекеев -

ОБЫЧАИ И ОБРЯДЫ КАРАКАЛПАКОВ САМАРКАНДСКОЙ

ОБЛАСТИ, СВЯЗАННЫЕ С РОЖДЕНИЕМ РЕБЁНКА (НА МАТЕРИАЛЕ
БУЛУНГУРСКОГО И ДЖАМБАЙСКОГО РАЙОНОВ) ................................................... 77

М.Б. Утебаев -

ПЕРСПЕКТИВЫ КРОСС-КУЛЬТУРНЫХ ИССЛЕДОВАНИЙ

В КАРАКАЛПАКСТАНЕ ...................................................................................................... 81

М.И. Ходжанов -

ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ЎЗБЕКЛАРИНИНГ СОВЧИЛИК

УРФ-ОДАТЛАРИ ................................................................................................................... 84

Г.М. Хожаниязова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ӚЗ-АРА ЖӘРДЕМ ДӘСТҤРИНДЕ

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ............................................................................... 87

G. Sharjaubayeva -

QARAQALPAQSTANLÍ KOREYSLERDIŃ AYÍRÍM

SHAŃARAQLÍQ MÁRESIMLERI ......................................................................................... 89

М.Ж.Эгамберганова -

ЭТНИК ИДЕНТИКЛИК ТУШУНЧАСИНИНГ ЭТНОЛОГИЯ

ФАНИДАГИ АҲАМИЯТИ .................................................................................................... 91

Б.Ж. Юсупова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚОЛ ӚНЕРИ: АҒАШҚА НАҒЫС ОЙЫӮ МӘСЕЛЕСИ

МУЗЕЙТАНЫӮ ҲӘМ ЭТНО-АҒАРТЫӮШЫЛЫҚ НӘЗЕРИНДЕ ................................... 94

III. ЭТНОГРАФИЯ ҲӘМ ГУМАНИТАР ИЛИМЛЕРДИҢ ИНТЕГРАЦИЯЛАСЫЎЫ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ............................................................................................................................ 97

А.Т. Бекбаулиев -

НЕКОТОРЫЕ ИТОГИ ИЗУЧЕНИЯ КУВШИНОВ С ГОРОДИЩА

КУРГАНЧА (КОБЛАНДЫ-КАЛА) ....................................................................................... 97

З.У. Бекбергенова -

Ә.ӘЖИНИЯЗОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ТОПОНИМЛЕРДИҢ

ТУТҚАН ОРНЫ ҲӘМ КӚРКЕМЛИК ХЫЗМЕТИ ........................................................... 101

A.Ó. Gúlimbetov -

XIX ÁSIR EKINSHI YARÍMÍ XX ÁSIR BASLARÍNDA QUBLA ARAL

BOYÍ SAWDA HÁM EKONOMIKASÍNÍŃ TARIYXTANÍWSHÍLÍǴÍ MÁSELESI ........ 104

О.Т.Доспанов -

АРХЕОЛОГИЯ, ЭТНОГРАФИЯ МАТЕРИАЛЛАРЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ГЕЙПАРА САЛТ-ДӘСТҤРЛЕРИН САЛЫСТЫРЫЎ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ...................................................................................................................... 106

Т. Қ. Жәримбетова -

ҚАРАҚАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА КӚРКЕМ-ҲҤЖЖЕТЛИ

ШЫҒАРМАЛАРДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ СҤЎРЕТЛЕЎЛЕР ......................................... 110

М.И. Ниязова -

К ВОПРОСАМ ЭТНОАРХЕОЛОГИИ / МАСТЕРСКИЕ ЮВЕЛИРОВ

ПОЗДНЕСРЕДНЕВЕКОВОЙ БУХАРЫ ............................................................................. 113

П.Ж.Ӛтениязов -

ХАЛЫҚ ЕРТЕКЛЕРИНИҢ ПАЙДА БОЛЫЎ ДЕРЕКЛЕРИ ............ 115

К.С. Палымбетов, О.Ж. Юсупов -

ҚАРАҚАЛПАҚ ЭТНО-ДӘСТАНЛАРЫ: ӘМИР

ТЕМУР ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒА ҲӘМ ФОЛЬКЛОРЛЫҚ ОБРАЗ ...................................... 119

Г.У. Сейдаметова -

ГОРОДСКАЯ СЕМЬЯ И ОСОБЕННОСТИ БРАКОСОЧЕТАНИЯ В

КАРАКАЛПАКСТАНЕ В 1960-1980 ГОДЫ ..................................................................... 122

С. Ә. Сулайманов -

ҚУБЛА АРАЛ БОЙЫ ДӘСТҤРИЙ ҚАТНАС ЖОЛЛАРЫНДА СУЎ

ЖОЛЛАРЫНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ..................................................................................... 125

B.U.Temirxanov -

GÁREZSIZLIK JÍLLARÍNDA QARAQALPAQ DIYQANSHÍLÍQ

ILIMIY-IZERTLEW INSTITUTÍ ILIMIY JOYBARLARÍ ESABATÍNAN ........................ 127


background image

132

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР:

ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери,

тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына

бағышланған илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ

Редактор:

А.И. Алниязов

Верстка:

В. Султангулова

Basıwǵa ruqsat berilgen waqtı 05.05.2023 j. Format – 60/84

.

“Times” garniturası. Ofset usılında basıldı. Kólemi 8,25 b.t.

Nusqası 100 dana. Buyırtpa №14-22/K

«Miraziz Nukus» JShJ baspaxanasında basıldı

Ózbekstan Respublikası baspa sóz hám xabar agentliginiń

2018-jıl 16-maydaǵı № 11–3059 licenziyası.

Библиографические ссылки

Бекжанова Б. Коракалиок туй маросими фольклорининг тарихий этнографик хусусиятлари. Тарих фанлари буйича фалсафа доктори (PhD) диссертацияси автореферата. Нукус, 2020.

Есбергенов X., Атамуратов Т. Традиции и их преобразование в городском быту каракалпаков. Нукус, 1975.

Курбанова 3. Каракалпакский костюм: Традиции и новации. Нукус, 2021.

Кусекеев У. Этнография ККАССР. Турткуль, 1934 // Оз.РИА КК белими Фундамснтал библиотекасынын кол жазба фонды, инв №932.

Автордын дала жазыуы (АДЖ), 2021, №18. Некие районы. Информант: Ш.Алламбергенова.

АДЖ, 2022, № 17. Мойнак районы. Информант: М.Хожаметова.

АДЖ, 2022, №18. Мойнак районы. Информант: У. Мырзамуратова.

АДЖ, 2023, № 1. Кегейли районы. Информант: Б.Сейтмуратова.

АДЖ, 2023, №2. Кегейли районы. Информант: Н.Базарбаева.

АДЖ, 2023, №6. Некие каласы. Информант: А.Идрисов.

Этнография белиминин архиви. Кайыпбергенова П. дала жазыуы, 1987, №31.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов