Зергерлик буйымларындағы нағыс мотивлери

CC BY f
54-56
4
1
Поделиться
Кудайбергенова , Д. (2023). Зергерлик буйымларындағы нағыс мотивлери . Этнографические исследования в Каракалпакстане: история и современность, 1(1), 54–56. извлечено от https://inlibrary.uz/index.php/ethnography_karakalpakstan/article/view/21936
Д Кудайбергенова , УзР ИА ҚҚБ Каракалпакский гуманитарный центр

  Аспирант

Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

бнермснтшилик буйымлары хэр бир халыктыц кунделикли турмысынын курамлык белеги сыпатында, эсирлер дауамында кэлиплесип, рауажланып келген миллий кэдириятларды езинде жэмлестиреди.


background image

1

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты







ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ

ИЗЕРТЛЕЎЛЕР: ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстан

ға мийнети сиңген

илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты

Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына бағышланған

илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ













Нѳкис

«Илим»

2023


background image

2

УOK 008(575.172)+94(575.172)
КБК 63.3(5Қар)
Қ50

Қарақалпақстанда

этнографиялық

изертлеўлер:

тарийх

ҳәм

заманагӛйлик // Республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.
ӚзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты.
Нѳкис: «Илим» баспасы, 2023ж., 132 б.



Топлам

Ӛзбекстан

Республикасы

Илимлер

Академиясы

Қарақалпақстан бӛлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў
институты Илимий Кеӊесиниӊ (2023-жыл, 10-апрель кҥнги №3-санлы
баянлама) қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасыныӊ
этнография илимине ѳз ҥлесин қосқан Қарақалпақстанға мийнети сиңген
илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың
90-жыллығы мҥнәсибети менен шѳлкемлестирилген «

Қарақалпақстанда

этнографиялық изертлеўлер: тарийх ҳәм заманагӛйлик

» атамасындағы

республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.



Бас редактор:

Қарлыбаев М.А.

Жуўаплы редактор:

Курбанова З.И.

Таярлаўшы:

Сайтов А.Т.


Топламда берилип атырылған материаллардағы мағлыўматлардыӊ

ҳәм мазмуныныӊ дурыслылығына авторлар жуўапкер, олардыӊ пикирлери
редакцияныӊ пикирлери болып есапланбайды.




ISBN 978-9943-8869-6-4

© «Илим» баспасы, 2023ж.


background image

54

Д.А. Кудайбергенова -

ЗЕРГЕРЛИК БУЙЫМЛАРЫНДАҒЫ НАҒЫС МОТИВЛЕРИ

Д.А. Кудайбергенова

ӚзР ИА ҚҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер

илим изертлеў институти докторанти

Ӛнерментшилик буйымлары ҳәр бир халықтың кҥнделикли турмысының қурамлық

бӛлеги сыпатында, әсирлер даўамында қәлиплесип, раўажланып келген миллий
қәдириятларды ӛзинде жәмлестиреди. Ески ӛнерментшилик тҥрлеринен бири болған
зергерлик буйымларындағы формалар, безек ҳәм нағыслар тәбият қубылыслары
ҳаққындағы символлардың умытылған тәреплерин арадан бир неше ўақытлар ӛтиўине
қарамастан ӛзинде сақлап қалыў қәсийетине ийе. Буннан тысқары, тағыншақларда
келтирилген нағыслар қандайда бир форма ямаса кӛринислер болып қалмастан әҳмийетли
этнографиялық дерек сыпатында халықтың диний исеним ҳәм елеслери менен тиккелей
байланыслы болады. Зергерлик буйымлары ҳәр тҥрли спектордағы мағлыўматларды
тасыўшы дерек ҳәм олардың эстетик гӛззалығы арқасында мәлим бир мәни-мазмун
белгилери жатады. Ӛз нәўбетинде олар исламға шекемги ҳәм исламнан кейинги культ
идеяларды ӛзинде сәўлелендиреди. Дҥньяны бундай қабыл етиў ҳәм бундай кӛзқараслар
халықтың декоратив кӛркем-ӛнеринде сәўлеленип ҳәм қәлиплесип барады. Ӛз ӛнимлерин
жаратыўда ӛнерментлер әтираптағы ҳақыйқый дҥньядан ӛзине керек мотивлерди алады.
Зергерлик буйымларындағы нағысларда инсаният ӛз ӛтмишиндеги кӛзқарасларды, туйғы-
сезимлерди ямаса эстетикалық идеяларды кӛриў мҥмкин ҳәм бул ӛз гезегинде әййемги
жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы ушын тҥсиникли болған ҳәм философиялық пухта ойланған
системаны сәўлелендириўши қандайда бир схематикалық формалар ҳәм белгилер
кӛринисинде пайда болған (Давлатова, 2019. 208 б).

Қарақалпақ зергерлик буйымларында терең мәни ҳәм мазмунды ӛзинде

сәўлелендирген нағыслаў ӛнериндеги мотивлер ҳәм композициялар айрықша әҳмийетке
ийе. Нағыслар қарақалпаклар турмыс тәризине соншелли кирип ҳәм сиңип келген, оны


background image

55

материаллық мәденият объектлеринен бӛлек ҥйрениў натуўры болады (Жданко, 1958. 377
б). Ӛз нәўбетинде қарақалпақ зергерлик буйымларында қолланылатуғын нағыслардағы
тийкарғы мотивлер А.Алламуратов (Алламуратов, 1977. 29 б) мийнетинде
классификацияланған ӛсимлик, зооморф, геометриялық ҳәм предметлер кӛриниси,
мотивлери менен тиккелей байланыслы. Ҳәр бир мотив бир-бири менен байланыслы,
яғный зергерлер тәрепинен тағыншақлар безелгенде олар ӛз-ара бириккен ҳалда қандайда
бир композицияны-комбинацияны жаратады ямаса ўақыттың ӛтиўи менен «эволюцияға»
ушыраған жағдайларды пайда етеди.

Қубла Арал бойы аймағында ислам дининиң тарқалыўы халықтың нағыслар

әлеминен антропоморфлық мотивлердиң жоқ болып, зооморфлық мотивлердиң стиллесип
кетиўине, гҥл, яғный ӛсимлик нағыслардың ҳәм эпиграфиканың кӛбейип раўажланыўына
тийкар салды (Уразимова ҳ.б., 2019. 44 б). Әзелден бар мотивлер менен бир қатарда
қарақалпақ зергерлик буйымларын белги-символлар ҳәм араб имласы келтирилген
нағыслар да айрықша ҳәм кең тҥрде безеп барады. Белги-символлар – нағыслаў
ӛнериндеги ең архаикалық қатламлардан бири болып, олар тийкарынан әййемги диний
исенимлер, аспан денелери ямаса аўыл хожалығы культлери менен байланыслы болып
келеди (Хакимов, 1977. 11 б). Нағыслаў ӛнеринде символлар универсал эстетикалық
категория болып, бир тәрептен кӛркем-ӛнер образларын ашып берсе, екинши тәрептен
белги ҳәм аллегориялар менен салыстырыў имканын береди (Умарова, 2009. 22 б).
Айырым жағдағдайларда белги-символлар тосыннан ямаса жоқ жерден пайда болған,
олардың келип шығыўы әййемги дәўирлерге барып тақалып, әсирлер даўамында
кӛринисин сақлап қалған болыўы мҥмкин, бирақ тийкарғы мәниси ӛзгерип барған болыўы
итимал.

Белги-символлар мотивлери арасында аспан денелери символикасы сәўлеленген

тағыншақлар айрықша мәни билдиреди. Тағыншақлардағы ай, қуяш, нур ҳәм жулдызлар
стиллестирилген ҳалда сҥўретленген нағыслар ямаса формалар буған айқын мысал бола
алады. Ҳәр тҥрли дәўирлерде бар болған барлық символ-белгилер ӛз дәўиринде ҳҥкимран
болған исенимлерге байланыслы болған ҳалда семантикалық мәниге ийе болады ҳәм ӛз
нәўбетинде мәлим бир ўазыйпаны да атқарып келген.

Бҥгинги глобалласқан заманагӛй әлемде форма ҳәм нағыслары аспан денелериниң

саҳна кӛринислери менен безетилген, кӛбинесе ҳаял-қызлар тәрепинен кең пайдаланылып
киятырған «жулдызлар болжаўы» (гороскоп) сәўлеленген тағыншақлар (әсиресе сырға,
кулон ҳәм брош) символлық мәнилер менен толықтырылған. Кӛбинесе батыс халықлары
мәдениятына тән болған бундай нағыслаў, безек ҥлгилери бҥгинги кҥнге келип Орта Азия
халықлары арасында да кең тарқалған. Олар қуяштың жыллық ҳәрекети шеңбериндеги он
еки жулдызлардың атамалары болып, ҳәр бир кӛринис ӛз алдына белги ямаса символлық
мәнини пайда етеди. Бҥгинги кҥнде бундай кӛринистеги тағыншақлар «әўмет
келтириўши» ямаса «ийесиниң туўылған ўақтын кӛрсетиўши» белги сыпатында ҳаял-
қызлар тәрепинен тағылып келинеди.

Араб имласи келтирилген мотивлер

ислам дини кирип келгеннен соң тағыншақлар

арасында кең тарқалды. Имла кӛринисиндеги нағыслар тҥсирилген тағыншақлар
кӛпшилик жағдайда ийеси ҳаққында мағлыўматлар береди ямаса Қураннан келтирилген
сҥрелер, аятлар менен безетилген болады. Олар тийкарынан куфи ҳәм насх имлаларында
келтирилген. Буннан тысқары, ҳаяллар дәстҥрий кийимлериндеги тағыншақлар арасында
қосымша детал сыпатында қолланылатуғын

хантенге

лерге де араб имласы тҥсирилген.


background image

56

Олар да ӛз гезегинде кишкене балалар ҳәм ҳаяллар кийимлеринде кӛзден, тил-суқтан
сақлаўшы тағыншақ бӛлеги ретинде алып қаралған.

Қарақалпақ нағыслаў ӛнериниң пайда болыўы ӛз алдына әҳмийетли қубылыс, бул

жәҳән кӛркем-ӛнери мийрасында айрықша орын тутады. Нағыслар, бир қанша әўлад
тәжирийбелерин ӛзинде жәмлеген ҳәм олардың руўхый улыўмалық аўҳалын
сәўлелендириўши әййемги белги-символлар системасы болып есапланады. Жоқарыда
келтирилген ҳәр бир мотив пҥтин бир композицияны пайда еткен ҳалда зергерлер
тәрепинен тағыншақларға тҥсирилген. Ямаса ҳәр бир мотив бир-бири менен тығыз
байланыслы десек туўры болады. Соның менен бир қатарда ҳәр бир мотивтиң
идеологиясы, ҥрп-әдет, диний ҳәм дҥньялық кӛз қараслардағы орны әййемги ата-бабалар
мийрасларына барып тақалады. XX әсирлерге келип кӛпшилик нағыслардың мәниси,
колланылыўы ӛзгерген ямаса умытылған болса да, олардың айрымлары ҳәзирги кҥнге
шекем жат кӛзлерден қорғаўшы, тил-суқтан сақлаўшы белги-символлар ретинде
пайдаланылып атыр.

Пайдаланылған әдебиятлар:

Алламуратов А. Каракалпакская народная вышивка. Нукус. 1977.
Давлатова С.Т. Ўзбекистоннинг жанубий худудлари анъанавий ҳунармандчилиги

тарихий жараѐнлар контекстида. (XIX асрнинг 2 ярими XXI аср бошлари). Тарих фан. док.
(DSc) дисс., 2019.

Жданко Т.А. Народное орнаментальное искусство каракалпаков. Труды ХАЭЭ.

Том III. Москва, 1958. 373-410 бетлери.

Умарова З.Х. История развития ювелирного искусства таджиков (V-начала XX вв.).

Автореф… дис. канд. ист. наук. Душанбе, 2009.

Уразимова Т.Б., Курбанова З.И., Уразбаева З.К. Қарақалпақ нағыслаў ӛнери. Нукус,

2019.

Хакимов А.А. Изобразительно-орнаментальные образы и мотивы прикладного

искусство Мавераннахра IX-нач. XIII вв. к проблеме изучения художественного ремесла
Средней Азии. Автореф… дисс. канд. иск. наук. Москва,1977.

И.М. Нурмухамедова -


background image

130

МАЗМУНЫ

I. Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ҲАҚҚЫНДА ................. 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ......................................... 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ТИЙКАРҒЫ ИЛИМИЙ МИЙНЕТЛЕРИ ........................................ 4

Ж. Айтмуратов -

МИЛЛЕТ ЗИЯЛЫЛАРЫН АРДАҚЛАҒАН АЛЫМ ............................ 12

М.М. Давлетияров -

Х.ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ МИЙНЕТЛЕРИНДЕ

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ЭТНОГЕНЕЗИ ҲӘМ ЭТНИКАЛЫҚ ТАРИЙХЫ
МӘСЕЛЕСИНИҢ ҤЙРЕНИЛИЎИ ....................................................................................... 14

А.Р. Қудияров -

ҚАЛА ТАРИЙХЫН ИЗЕРТЛЕЎШИ ......................................................... 17

З.И. Курбанова -

ИСПОЛЬЗОВАНИЕ ФОЛЬКЛОРНЫХ МАТЕРИАЛОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ............................................................................................. 21

С.У.Нуржанов -

КЛАССИФИКАЦИЯ ИСТОЧНИКОВ ИСТОРИЧЕСКОГО

КРАЕВЕДЕНИЯ (НА ОСНОВЕ «ҚОӉЫРАТ ТАРИЙХЫЙ ҲӘМ МӘДЕНИЙ
ЕСТЕЛИКЛЕРИ» Х.ЕСБЕРГЕНОВА) .................................................................................. 23

Н.А. Тлеубергенова -

ВОПРОСЫ МАТЕРИАЛЬНОЙ КУЛЬТУРЫ КАРАКАЛПАКОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ........................................................................................... 26

II. ЭТНОГРАФИЯ, ЭТНОЛОГИЯ, АНТРОПОЛОГИЯ МӘСЕЛЕЛЕРИ .............................. 29

М.А. Абдуллаев -

МУСТАҚИЛЛИК ЙИЛЛАРИДА ҚОРАҚАЛПОҚЛАР

ЭТНОЛОГИЯСИ ТАДҚИҚИ ................................................................................................. 29

У.К. Абсетерова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫҢ СУЎСЫЗЛЫҚ ЖЫЛЛАРЫНДА

ҚОЛЛАНҒАН ҤРП-ӘДЕТЛЕРИ ........................................................................................... 32

Г.А. Акимниязова -

КАРАКАЛПАКСКИЕ БАЗАРЫ НАЧАЛА XX ВЕКА КАК

КУЛЬТУРНО-РАЗВЛЕКАТЕЛЬНЫЕ ЦЕНТРЫ ................................................................. 34

А.Е. Бижанова, А.Ж. Дауесова -

СЕМАНТИКА ПОМИНАЛЬНЫХ ДАТ В

ТРАДИЦИОННОЙ КУЛЬТУРЕ КАЗАХОВ ........................................................................ 37

T.R. Jabbarbergenov -

XX ÁSIR JERGLIKLI IZERTLEWSHILERDIŃ

MIYNETLERINDE QARAQALPAQ JASLARÍNÍŃ BOS WAQÍTÍ .................................... 40

G. Joldasbaeva -

KELIN TAŃLAW HÁM OL MENEN BAYLANÍSLÍ DÁSTÚRLER ...... 42

Р.А. Исметов -

МУҚАДДЕС ОРЫНЛАРҒА ҚОЙЫЛҒАН АЙЫРЫМ АТАМАЛАР

ТАРИЙХЫ ............................................................................................................................... 45

Р.С. Камалова -

СОВРЕМЕННАЯ ТРАДИЦИОННАЯ ОБРЯДНОСТЬ: ПРАКТИКА,

ФАКТОРЫ И ТЕНДЕНЦИИ (НА ОСНОВЕ СВАДЕБНОЙ ОБРЯДНОСТИ) ................. 48

З.И. Курбанова -

КУЛЬТУРА ПИТАНИЯ КАРАКАЛПАКОВ ПОД ВОЗДЕЙСТВИЕМ

ГЛОБАЛИЗАЦИОННЫХ ПРОЦЕССОВ ............................................................................. 51

Д.А. Кудайбергенова -

ЗЕРГЕРЛИК БУЙЫМЛАРЫНДАҒЫ НАҒЫС МОТИВЛЕРИ ... 54

И.М. Нурмухамедова -

ПЕРВАЯ РУБАШКА МЛАДЕНЦА «

ИЙТ КӚЙЛЕК

»

У КАРАКАЛПАКОВ .............................................................................................................. 56

Ә. Қ. Пахратдинов -

КИНДИК ШЕШЕ МЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ ДӘСТҤРЛЕР .......... 60

А. Пирназарова -

И.В. САВИЦКИЙ АТЫНДАҒЫ МУЗЕЙ ЭКСПОНАТЛАРЫНЫҢ

ЖЫЙНАЛЫЎ ТАРИЙХЫНАН ............................................................................................. 63

З. Раҳмоналиев -

ЯНГИ ТАРАҚҚИЁТ БОСҚИЧИДА ЭТНОС ВА МИЛЛАТ

ТУШУНЧАЛАРИ .................................................................................................................... 66


background image

131

А.Т.Сайтов -

ПРИМЕТЫ И СУЕВЕРИЯ У КАРАКАЛПАКОВ, CВЯЗАННЫЕ

С РЫБОЛОВСТВОМ .............................................................................................................. 69

О.С. Сейтмуратов -

ПАСТУШЕСКОЕ РЕМЕСЛО У КАРАКАЛПАКОВ ..................... 71

С. Ш.Таджетова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТУРМЫСЫНДА «КЕЛИН» СТАТУСЫ

ҚӘЛИПЛЕСИЎИНДЕ ҚЫЗ-БАЛА ТӘРБИЯСЫ ................................................................ 74

К.Ж. Турекеев -

ОБЫЧАИ И ОБРЯДЫ КАРАКАЛПАКОВ САМАРКАНДСКОЙ

ОБЛАСТИ, СВЯЗАННЫЕ С РОЖДЕНИЕМ РЕБЁНКА (НА МАТЕРИАЛЕ
БУЛУНГУРСКОГО И ДЖАМБАЙСКОГО РАЙОНОВ) ................................................... 77

М.Б. Утебаев -

ПЕРСПЕКТИВЫ КРОСС-КУЛЬТУРНЫХ ИССЛЕДОВАНИЙ

В КАРАКАЛПАКСТАНЕ ...................................................................................................... 81

М.И. Ходжанов -

ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ЎЗБЕКЛАРИНИНГ СОВЧИЛИК

УРФ-ОДАТЛАРИ ................................................................................................................... 84

Г.М. Хожаниязова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ӚЗ-АРА ЖӘРДЕМ ДӘСТҤРИНДЕ

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ............................................................................... 87

G. Sharjaubayeva -

QARAQALPAQSTANLÍ KOREYSLERDIŃ AYÍRÍM

SHAŃARAQLÍQ MÁRESIMLERI ......................................................................................... 89

М.Ж.Эгамберганова -

ЭТНИК ИДЕНТИКЛИК ТУШУНЧАСИНИНГ ЭТНОЛОГИЯ

ФАНИДАГИ АҲАМИЯТИ .................................................................................................... 91

Б.Ж. Юсупова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚОЛ ӚНЕРИ: АҒАШҚА НАҒЫС ОЙЫӮ МӘСЕЛЕСИ

МУЗЕЙТАНЫӮ ҲӘМ ЭТНО-АҒАРТЫӮШЫЛЫҚ НӘЗЕРИНДЕ ................................... 94

III. ЭТНОГРАФИЯ ҲӘМ ГУМАНИТАР ИЛИМЛЕРДИҢ ИНТЕГРАЦИЯЛАСЫЎЫ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ............................................................................................................................ 97

А.Т. Бекбаулиев -

НЕКОТОРЫЕ ИТОГИ ИЗУЧЕНИЯ КУВШИНОВ С ГОРОДИЩА

КУРГАНЧА (КОБЛАНДЫ-КАЛА) ....................................................................................... 97

З.У. Бекбергенова -

Ә.ӘЖИНИЯЗОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ТОПОНИМЛЕРДИҢ

ТУТҚАН ОРНЫ ҲӘМ КӚРКЕМЛИК ХЫЗМЕТИ ........................................................... 101

A.Ó. Gúlimbetov -

XIX ÁSIR EKINSHI YARÍMÍ XX ÁSIR BASLARÍNDA QUBLA ARAL

BOYÍ SAWDA HÁM EKONOMIKASÍNÍŃ TARIYXTANÍWSHÍLÍǴÍ MÁSELESI ........ 104

О.Т.Доспанов -

АРХЕОЛОГИЯ, ЭТНОГРАФИЯ МАТЕРИАЛЛАРЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ГЕЙПАРА САЛТ-ДӘСТҤРЛЕРИН САЛЫСТЫРЫЎ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ...................................................................................................................... 106

Т. Қ. Жәримбетова -

ҚАРАҚАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА КӚРКЕМ-ҲҤЖЖЕТЛИ

ШЫҒАРМАЛАРДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ СҤЎРЕТЛЕЎЛЕР ......................................... 110

М.И. Ниязова -

К ВОПРОСАМ ЭТНОАРХЕОЛОГИИ / МАСТЕРСКИЕ ЮВЕЛИРОВ

ПОЗДНЕСРЕДНЕВЕКОВОЙ БУХАРЫ ............................................................................. 113

П.Ж.Ӛтениязов -

ХАЛЫҚ ЕРТЕКЛЕРИНИҢ ПАЙДА БОЛЫЎ ДЕРЕКЛЕРИ ............ 115

К.С. Палымбетов, О.Ж. Юсупов -

ҚАРАҚАЛПАҚ ЭТНО-ДӘСТАНЛАРЫ: ӘМИР

ТЕМУР ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒА ҲӘМ ФОЛЬКЛОРЛЫҚ ОБРАЗ ...................................... 119

Г.У. Сейдаметова -

ГОРОДСКАЯ СЕМЬЯ И ОСОБЕННОСТИ БРАКОСОЧЕТАНИЯ В

КАРАКАЛПАКСТАНЕ В 1960-1980 ГОДЫ ..................................................................... 122

С. Ә. Сулайманов -

ҚУБЛА АРАЛ БОЙЫ ДӘСТҤРИЙ ҚАТНАС ЖОЛЛАРЫНДА СУЎ

ЖОЛЛАРЫНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ..................................................................................... 125

B.U.Temirxanov -

GÁREZSIZLIK JÍLLARÍNDA QARAQALPAQ DIYQANSHÍLÍQ

ILIMIY-IZERTLEW INSTITUTÍ ILIMIY JOYBARLARÍ ESABATÍNAN ........................ 127


background image

132

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР:

ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери,

тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына

бағышланған илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ

Редактор:

А.И. Алниязов

Верстка:

В. Султангулова

Basıwǵa ruqsat berilgen waqtı 05.05.2023 j. Format – 60/84

.

“Times” garniturası. Ofset usılında basıldı. Kólemi 8,25 b.t.

Nusqası 100 dana. Buyırtpa №14-22/K

«Miraziz Nukus» JShJ baspaxanasında basıldı

Ózbekstan Respublikası baspa sóz hám xabar agentliginiń

2018-jıl 16-maydaǵı № 11–3059 licenziyası.

Библиографические ссылки

Алламуратов А. Каракалпакская народная вышивка. Нукус. 1977.

Давлатова С.Т. Узбскистоннинг жанубий худудлари анъанавий хунармандчилиги тарихий жараёнлар контекстида. (XIX асрнинг 2 ярими XXI аср бошлари). Тарих фан. док. (DSc) дисс., 2019.

Жданко Т.А. Народное орнаментальное искусство каракалпаков. Труды ХАЭЭ. Том III. Москва, 1958. 373-410 бетлери.

Умарова З.Х. История развития ювелирного искусства таджиков (V-начала XX вв.). Автореф... дис. канд. ист. наук. Душанбе, 2009.

Уразимова Т.Б., Курбанова З.И., Уразбаева З.К. Каракалпак нагыслау енери. Нукус, 2019.

Хакимов А.А. Изобразительно-орнаментальные образы и мотивы прикладного искусство Мавераннахра IX-нач. XIII вв. к проблеме изучения художественного ремесла Средней Азии. Автореф... дисс. канд. иск. наук. Москва,1977.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов