Муқаддес орынларға қойылған айырым атамалар тарийхы

  • Каракалпакское отделение Академии наук Республики Узбекистан Каракалпакский научно-исследовательский институт гуманитарных наук
CC BY f
45-48
10
1
Поделиться
Исметов , Р. (2023). Муқаддес орынларға қойылған айырым атамалар тарийхы . Этнографические исследования в Каракалпакстане: история и современность, 1(1), 45–48. извлечено от https://inlibrary.uz/index.php/ethnography_karakalpakstan/article/view/21938
Р Исметов , Каракалпакское отделение Академии наук Республики Узбекистан Каракалпакский научно-исследовательский институт гуманитарных наук

докторант

Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

Мэмлекетимиз бойлап жайласкан тарийхый хэм мукаддес зиярат орынлары пайда болыуы хэм себеплери бойынша халык арасында бир каиша ацыз эпсаналар таркалган. Бул орынлар бойынша тарийхшы, этнограф, эдебиятшы, фольклорист х.т.б тараудагы алымларымыз тэрепинен бир каиша изертлеу жумыслары алый барылган. Бул орынларга зиярат етиушилер тэрепинен хэр турли урп-эдет хэм дэстурлер эмелге асырылып атама атлары да соган карата койылган.


background image

1

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты







ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ

ИЗЕРТЛЕЎЛЕР: ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстан

ға мийнети сиңген

илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты

Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына бағышланған

илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ













Нѳкис

«Илим»

2023


background image

2

УOK 008(575.172)+94(575.172)
КБК 63.3(5Қар)
Қ50

Қарақалпақстанда

этнографиялық

изертлеўлер:

тарийх

ҳәм

заманагӛйлик // Республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.
ӚзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты.
Нѳкис: «Илим» баспасы, 2023ж., 132 б.



Топлам

Ӛзбекстан

Республикасы

Илимлер

Академиясы

Қарақалпақстан бӛлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў
институты Илимий Кеӊесиниӊ (2023-жыл, 10-апрель кҥнги №3-санлы
баянлама) қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасыныӊ
этнография илимине ѳз ҥлесин қосқан Қарақалпақстанға мийнети сиңген
илим ғайраткери, тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың
90-жыллығы мҥнәсибети менен шѳлкемлестирилген «

Қарақалпақстанда

этнографиялық изертлеўлер: тарийх ҳәм заманагӛйлик

» атамасындағы

республикалық илимий-әмелий конференция материаллары.



Бас редактор:

Қарлыбаев М.А.

Жуўаплы редактор:

Курбанова З.И.

Таярлаўшы:

Сайтов А.Т.


Топламда берилип атырылған материаллардағы мағлыўматлардыӊ

ҳәм мазмуныныӊ дурыслылығына авторлар жуўапкер, олардыӊ пикирлери
редакцияныӊ пикирлери болып есапланбайды.




ISBN 978-9943-8869-6-4

© «Илим» баспасы, 2023ж.


background image

45

Р.А. Исметов -

МУҚАДДЕС ОРЫНЛАРҒА ҚОЙЫЛҒАН АЙЫРЫМ АТАМАЛАР ТАРИЙХЫ

Р.А. Исметов

Ӛзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бӛлими,

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институты,

этнография бɵлиминиң таяныш докторанты

Мǝмлекетимиз бойлап жайласқан тарийхый ҳǝм муқаддес зиярат орынлары пайда

болыўы ҳǝм себеплери бойынша халық арасында бир қанша аңыз-ǝпсаналар тарқалған.
Бул орынлар бойынша тарийхшы, этнограф, ǝдебиятшы, фольклорист ҳ.т.б тараўдағы
алымларымыз тǝрепинен бир қанша изертлеў жумыслары алып барылған. Бул орынларға
зиярат етиўшилер тәрепинен ҳәр тҥрли ҥрп-әдет ҳәм дәстҥрлер әмелге асырылып атама
атлары да соған қарата қойылған.

Ерте дәўирлерден ата-бабаларымыз зиярат орынларына барып зиярат етиўлери

ҳәзирги кҥнге шекем сақланып киятырған дәстҥрлеримизден болып саналады. Ата-
бабалардың қәбирлерин зиярат етиўден тысқары тҥсинде аян берген орынларға ямаса
жасы ҥлкен ата ҳәм кемпир апалардың айтыўлары бойынша зияратқа барыўшылар жийи-
жийи ушырасады. Булар тийкарынан жумысы жҥриспей жҥргенлер, кеселликке
шалынғанлар, арқасы кӛтерилген ямаса «жин урғанлар», бир жумыс баслаўдан алдын
жумысына раўаж нийет етип кетиўшилер, перзентли бола алмай жҥрген ҳаяллар ҳ.т.б
топардағы зиярат етиўшилерди ушыратыўымыз мҥмкин.

Елимиз бойлап жайласқан бул мийрасларымызды қандай ҳалында жетип келген

болса сол кӛринисинде сақлап қалыў, сол арқалы келешек ǝўладқа жеткериў баслы мақсет
болып есапланады.

Республикамызда бундай бир неше зиярат орынлары белгили. Ислам дҥньясына

белгили улама бабаларымыздың мақбаралары жайласқан аймақларды ҥйрениў де
илимпазлардың баслы ўазыйпаларынан саналады. Бул орынларда болып, сол
аймақлардың халқынан усы зиярат орынлары туўралы сорап, буларды жыйнап анализ
етиў оғада әҳмийетли. Бундай орынлар Қарақалпақстан Республикасы районларында
жийи-жийи ушырасады. Бул белгили болған ǝўлийелердеги ата-бабаларымыздың
қәбирлерин зиярат етиў, әтирапларын абаданластырыў, усы орынларға барыўшы
зияратшылар ушын қолайлы шараятларды жаратыў баслы мǝселелердиң бири болып
есапланады. Сол арқалы бул орынларға шет елли туристлерди топлаў, оларды
қызықтырыў, имканиятлар жаратыў бҥгинги талаплардың бири саналады.

Бул зиярат орынларының зәрҥрлигин кең халық массасына тҥсиндириў ең

ǝҳмийетли ўазыйпалардан. Халық арасында кең таралған, жоғалыў алдында турған халық
аўызеки дӛретпелерин топлаў ҳǝм бул топланған мағлыўматларды ғалаба хабар қураллары
арқалы жәриялап барыў илимпазлардың алдында турған ўазыйпалардың бири. Мине, усы
арқалы елимиз бойлап жайласқан бундай муқаддес орынлар бойынша бир қанша кең
мағлыўматлар жыйналады ҳәм туризм тараўына пайдалы болады.


background image

46

Бундай орынлар елимиздиң ҳǝр бир районында ушырасады. Мысалы, Шымбай

районында жайласқан Мардан баба, Қараɵзек районындағы Қошқар-ата, Кегейли
районында орналасқан Нурымбет ахун, Мойнақ районындағы Жантемир ийшан ата,
Беруний районындағы Кеширмес баба сыяқлы зиярат орынлары халқымызға белгили.

Кегейли районынан Шымбай районына барар жолда, «Май жап» арнасының арқа

тәрепи, шеп тәрепин жағалаған жол да әҳмийетке ийе. Онда «Қызылӛзек» АПЖ
аймағында жайласқан Мардан баба ямаса халық арасында Мардан ата деп те аталыўшы
ерте дәўирлерде пайда болған ҳәм ҳәзирги кҥнде жергиликли халық ямаса усы аймақа
жақын жерде аўыл халықлары елеге шекем марҳумларды жерлеп келип атырған зиярат
орны жайласқан. Мардан баба бул жерге Араб еллеринен ислам динин таратыў
мақсетинде келген. Баба усы аймақ халқына ислам динин таратыўда ҥлкен хызмет еткен.
Бабаның келген дǝўири бойынша анық бир мағлыўмат жоқ. Бирақ, информаторымыздың
айтыўы бойынша Султан ўайс баба, Нарынжан баба, Беке ата, Әзизлер баба қатарында
келген қусайды. Бирақ тарийхый мағлыўматларға сҥйенетуғын болсақ, жоқарыда аты
аталған ǝўлийе уламаларымыз ҳǝр дǝўирде жасаған. Солай етип, Мардан баба IX-XIV
ǝсирлер аралығы шамасында жасап, ислам динин ен жайдырыўда ҥлкен хызмет еткен
болыўы итимал. Мардан баба таң намаз оқыйтуғын ўақытта Кабба Тулла алдына келип
турады екен. Сонда бир кҥни баба Жупар елтиси менен шай ишип отырғанда былай
айтыпты:

- Мен улама адамман. Мен намаз оқыған ўақтымда Кабба Тулла алдыма келип

турады. Сонда елтиси «бунда мениң де хызметлерим бар шығар» депти. Баба «қойса
ондай гәпти» деп елтисиниң кеўлине тийипти. Ертесине Жупар елти тамақ писирер
ўақтында алдын қазанға жаман нǝрселер тҥсип кетпесин деп 10 қабат етип таўар менен
қазанның бетин жаўады екен. Сол кҥни 9 қабат етип жаўыпты. Баба намаз ўақтында Кабба
Тулла кɵз алдына келмепти. Соннан соң баба ҳаялының да кийели екенлигин тǝн алыпты.
Солай етип буннан кейин халық арасында «Мардан баба, Жупар елти болмаса зордан
баба» деген аңыз кең таралып кеткен екен. Жǝне бир рәўият: Мардан бабаның ислерин
тексериў мақсетинде Араб еллеринен Арзиреў бабаны жиберипти. Ол киси улама
болыпты. Қандай да бир себеплер менен усы жерде қаза таўыпты. Кейин усы жерге
жерленипти, Мардан баба сол гезде ўәсият етипти: Мен дҥньядан ɵткеннен соң мени
зиярат етип келиўшилер дǝслеп Арзиреў бабаны, соң мени зиярат етсин! Соннан бери бул
жерди зиярат етиўшилер алдын Арзиреў бабаны, соң Мардан бабаны зиярат етеди екен
(АДЖ 2022, № 12).

Кегейли районы, Абат АПЖ, Добал кенегес аўыл аймағында Нурымбет ахун зиярат

орны жайласқан. Бул усы аймақтағы жергиликли халық арасында айрықша ǝҳмийетке ийе
орын болып есапланады. Нурымбет ахун 1893-1971- жыллары аралығында жасаған. Ол
диний саўатлы, жоқары билимге ийе болған улама ǝўлийе болған. Ҳǝзирги кҥнде
Нурымбет ахун қǝбири жайласқан қойымшылықта усы районның абаданластырыў бɵлими
тǝрепинен оңлаў жумыслары алып барылған. Бирақ, бул орында еле де кең кɵлемде қайта
қурыў жумыслары алып барылыўы керек. Келиўшилердиң зиярат етиўи ушын кең
имаканиятлар жаратыў зǝрҥр (АДЖ 2022, № 17).

Жазыўшы А.Дǝўлетмуратов Нурымбет ахунның ɵмири, ислеген мийнетлери,

халыққа еткен хызметлери бойынша мағлыўматлар топлады. (Дǝўлетмуратов, 2015).
Деген менен, халық арасында бул тулға туўралы еле де кӛбирек таралған аңызлар бар. Бул
мағлыўматларды топлаў баслы мақсет болып табылады. Қалаберсе, бул орын
туристлердиң де белгили объектине айланыўы тәбийий. Сол қатары Кегейли районында


background image

47

«Абат» АПЖ аймағында жǝне бир қанша ǝҳмийетке ийе болған зиярат орынлары бар. Бул
орынлар да қайта оңлаўды талап етеди.

Қараӛзек районында жайласқан «Қошқар ата» қойымшылығы Нӛкистен Қараӛзекке

«А.Досназаров» АПЖ арқалы ӛтетуғын жолдың оң тәрепинде, усы АПЖ орайына жетпей
онша узақ емес аралықта жайласқан. Қойымшылыққа ҥлкен жаптың кҥн шығар
тәрепинен, қалың тораңғыллық арасынан жол салынған. Жол бойының бир тәрепи жап,
екинши тәрепи егинлик атызлары, және тораңғыллық, бул адамда басқаша сезимлерди
пайда етеди. Яғный, ески дәўирлердеги ата-бабаларымыздың жасаған тәбийий орталығы,
«пышық мурны батпаған» тоғайлық ҳаққында ойлар келеди. Қойымшылыққа келген
жерде тилеўхана салынған. Зияратшылар ушын керекли шараятлар жаратылған
(дәстерхана, жер асты баспа «кран» арқалы суў алынады, тилеўхана алды әйўанда отырып
қуран-тилаўат етиў мҥмкиншилиги бар).

Қошқар атаның басына салынған тилеўхананың гҥмбези, дийўаллары гӛнерген,

қулаў алдында. Бул жерге елеге шекем жергиликли халық келеди. Қойымшылық орны
елеге шекем зиярат орны саналады. Сол жердеги шыйықшыхана әтирапындағы буйымлар
буны дәлийллейди. Яғный, бул буйымлардың жақын арада пайдаланғанлығы анық
кӛринип тур.

Қошқар ата туўралы халық арасында бир қатар аңызлар айтылып жҥр. Бул жерге

Хийўа ханы тҥнеген екен. Бирақ не мақсетте тҥнегенлиги белгисиз. Хийўа ханы сол жерге
жақын жерден 500 гектар жерди ўақымға берген. Бул ўақым жерден жетим-жесирлер,
жарлы халық ўәкиллери емин- еркин пайдаланған. Және бул жерге бийперзент ҳаяллар да
келип тҥнеген. Әсиресе, кийели жәниўар жолбарыслардың тҥнегенлиги де атап ӛтиледи
(АДЖ 2021, №12).

Дала жазыўлары менен Беруний районында болған ўақтымызда «Тынышлық»

АПЖ аймағында да Қошкар баба атлы қойымшылық бар екенлиги мǝлим болды. Бирақ,
информаторларымыздан сораған ўақтымызда олар Қошқар баба бойынша ҳеш қандай
мағлыўматларды келтире алмады. Бул орында халык арасында караматлы есапланып, оған
тийкарынан

бийперзент ҳаяллар, кеселликке шалынған, талабы келиспеген адамлар,

ҥйлене алмай жҥрген жигитлер де тез-тез келип зиярат етеди екен. Бул жерге қандай да
бир нийет етип зиярат етиўшилер тийкарынан ҳǝптениң 3-кҥни келеди. Ата-бабаларын
зиярат етип келиўшилер 5-кҥни (жума кҥни) келеди. Бул жерде ҥлкен еки сырыққа жас
нǝрестелердиң кийимлери байланып кетилген. Және де ер адамлардың кийимлери
байланғанлығының гҥўасы болдық (АДЖ 2022, № 18).

Бул келтирилген муқаддес зиярат орынларынан басқа елимизде белгили мәканлар

жҥдә кӛп. Мǝселен, Қабақлы ата, Дийўанайы Бурх (Қараɵзек районы), Ырза баба
(Қанлыкɵл районы), Жантемир ийшан ата, Тоқпақ ата (Мойнақ районы), Шаббаз баба,
Биби Мушкул кушод, Бесим молла (Беруний районы) сыяқлы муқаддес орынларды атап
ɵтиўимиз мҥмкин. Бул орынлар бойынша бир қанша изертлеў жумыслары алып барылып,
китапларда, илимий мақалаларда мағлыўмат келтирилген болыўы мҥмкин. Бирақ, бул еле
де изертлеўди кеңнен талап етеди.

Пайдаланылған әдебиятлар:

Дǝўлетмуратов А. Нурымбет ахун. Нɵкис, 1977.
Автордыӊ дала жазыўлары (АДЖ), 2021, №12. Қараӛзек районы, «А.Досназаров»

АПЖ. Информатор: Турсын молла.


background image

48

АДЖ, 2022, №18. Беруний районы, Муўса Бақсы, 48-жай. Информатор:

Бабаниязова Рахатай.

АДЖ, 2022, №17. Кегейли районы. «Абат» АПЖ. Информатор: Байекеев Пиряр.

АДЖ, 2022-жыл, № 12. Шымбай районы, «Қызылӛзек» АПЖ. Информатор: Еримбетов
Хожамурат.

Р.С. Камалова -


background image

130

МАЗМУНЫ

I. Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ҲАҚҚЫНДА ................. 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ӚМИРИ ҲӘМ ИЛИМИЙ ИСКЕРЛИГИ ......................................... 3

Х. ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ ТИЙКАРҒЫ ИЛИМИЙ МИЙНЕТЛЕРИ ........................................ 4

Ж. Айтмуратов -

МИЛЛЕТ ЗИЯЛЫЛАРЫН АРДАҚЛАҒАН АЛЫМ ............................ 12

М.М. Давлетияров -

Х.ЕСБЕРГЕНОВТЫҢ МИЙНЕТЛЕРИНДЕ

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ЭТНОГЕНЕЗИ ҲӘМ ЭТНИКАЛЫҚ ТАРИЙХЫ
МӘСЕЛЕСИНИҢ ҤЙРЕНИЛИЎИ ....................................................................................... 14

А.Р. Қудияров -

ҚАЛА ТАРИЙХЫН ИЗЕРТЛЕЎШИ ......................................................... 17

З.И. Курбанова -

ИСПОЛЬЗОВАНИЕ ФОЛЬКЛОРНЫХ МАТЕРИАЛОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ............................................................................................. 21

С.У.Нуржанов -

КЛАССИФИКАЦИЯ ИСТОЧНИКОВ ИСТОРИЧЕСКОГО

КРАЕВЕДЕНИЯ (НА ОСНОВЕ «ҚОӉЫРАТ ТАРИЙХЫЙ ҲӘМ МӘДЕНИЙ
ЕСТЕЛИКЛЕРИ» Х.ЕСБЕРГЕНОВА) .................................................................................. 23

Н.А. Тлеубергенова -

ВОПРОСЫ МАТЕРИАЛЬНОЙ КУЛЬТУРЫ КАРАКАЛПАКОВ

В ТРУДАХ Х. ЕСБЕРГЕНОВА ........................................................................................... 26

II. ЭТНОГРАФИЯ, ЭТНОЛОГИЯ, АНТРОПОЛОГИЯ МӘСЕЛЕЛЕРИ .............................. 29

М.А. Абдуллаев -

МУСТАҚИЛЛИК ЙИЛЛАРИДА ҚОРАҚАЛПОҚЛАР

ЭТНОЛОГИЯСИ ТАДҚИҚИ ................................................................................................. 29

У.К. Абсетерова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫҢ СУЎСЫЗЛЫҚ ЖЫЛЛАРЫНДА

ҚОЛЛАНҒАН ҤРП-ӘДЕТЛЕРИ ........................................................................................... 32

Г.А. Акимниязова -

КАРАКАЛПАКСКИЕ БАЗАРЫ НАЧАЛА XX ВЕКА КАК

КУЛЬТУРНО-РАЗВЛЕКАТЕЛЬНЫЕ ЦЕНТРЫ ................................................................. 34

А.Е. Бижанова, А.Ж. Дауесова -

СЕМАНТИКА ПОМИНАЛЬНЫХ ДАТ В

ТРАДИЦИОННОЙ КУЛЬТУРЕ КАЗАХОВ ........................................................................ 37

T.R. Jabbarbergenov -

XX ÁSIR JERGLIKLI IZERTLEWSHILERDIŃ

MIYNETLERINDE QARAQALPAQ JASLARÍNÍŃ BOS WAQÍTÍ .................................... 40

G. Joldasbaeva -

KELIN TAŃLAW HÁM OL MENEN BAYLANÍSLÍ DÁSTÚRLER ...... 42

Р.А. Исметов -

МУҚАДДЕС ОРЫНЛАРҒА ҚОЙЫЛҒАН АЙЫРЫМ АТАМАЛАР

ТАРИЙХЫ ............................................................................................................................... 45

Р.С. Камалова -

СОВРЕМЕННАЯ ТРАДИЦИОННАЯ ОБРЯДНОСТЬ: ПРАКТИКА,

ФАКТОРЫ И ТЕНДЕНЦИИ (НА ОСНОВЕ СВАДЕБНОЙ ОБРЯДНОСТИ) ................. 48

З.И. Курбанова -

КУЛЬТУРА ПИТАНИЯ КАРАКАЛПАКОВ ПОД ВОЗДЕЙСТВИЕМ

ГЛОБАЛИЗАЦИОННЫХ ПРОЦЕССОВ ............................................................................. 51

Д.А. Кудайбергенова -

ЗЕРГЕРЛИК БУЙЫМЛАРЫНДАҒЫ НАҒЫС МОТИВЛЕРИ ... 54

И.М. Нурмухамедова -

ПЕРВАЯ РУБАШКА МЛАДЕНЦА «

ИЙТ КӚЙЛЕК

»

У КАРАКАЛПАКОВ .............................................................................................................. 56

Ә. Қ. Пахратдинов -

КИНДИК ШЕШЕ МЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ ДӘСТҤРЛЕР .......... 60

А. Пирназарова -

И.В. САВИЦКИЙ АТЫНДАҒЫ МУЗЕЙ ЭКСПОНАТЛАРЫНЫҢ

ЖЫЙНАЛЫЎ ТАРИЙХЫНАН ............................................................................................. 63

З. Раҳмоналиев -

ЯНГИ ТАРАҚҚИЁТ БОСҚИЧИДА ЭТНОС ВА МИЛЛАТ

ТУШУНЧАЛАРИ .................................................................................................................... 66


background image

131

А.Т.Сайтов -

ПРИМЕТЫ И СУЕВЕРИЯ У КАРАКАЛПАКОВ, CВЯЗАННЫЕ

С РЫБОЛОВСТВОМ .............................................................................................................. 69

О.С. Сейтмуратов -

ПАСТУШЕСКОЕ РЕМЕСЛО У КАРАКАЛПАКОВ ..................... 71

С. Ш.Таджетова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТУРМЫСЫНДА «КЕЛИН» СТАТУСЫ

ҚӘЛИПЛЕСИЎИНДЕ ҚЫЗ-БАЛА ТӘРБИЯСЫ ................................................................ 74

К.Ж. Турекеев -

ОБЫЧАИ И ОБРЯДЫ КАРАКАЛПАКОВ САМАРКАНДСКОЙ

ОБЛАСТИ, СВЯЗАННЫЕ С РОЖДЕНИЕМ РЕБЁНКА (НА МАТЕРИАЛЕ
БУЛУНГУРСКОГО И ДЖАМБАЙСКОГО РАЙОНОВ) ................................................... 77

М.Б. Утебаев -

ПЕРСПЕКТИВЫ КРОСС-КУЛЬТУРНЫХ ИССЛЕДОВАНИЙ

В КАРАКАЛПАКСТАНЕ ...................................................................................................... 81

М.И. Ходжанов -

ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ЎЗБЕКЛАРИНИНГ СОВЧИЛИК

УРФ-ОДАТЛАРИ ................................................................................................................... 84

Г.М. Хожаниязова -

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ӚЗ-АРА ЖӘРДЕМ ДӘСТҤРИНДЕ

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ............................................................................... 87

G. Sharjaubayeva -

QARAQALPAQSTANLÍ KOREYSLERDIŃ AYÍRÍM

SHAŃARAQLÍQ MÁRESIMLERI ......................................................................................... 89

М.Ж.Эгамберганова -

ЭТНИК ИДЕНТИКЛИК ТУШУНЧАСИНИНГ ЭТНОЛОГИЯ

ФАНИДАГИ АҲАМИЯТИ .................................................................................................... 91

Б.Ж. Юсупова -

ҚАРАҚАЛПАҚ ҚОЛ ӚНЕРИ: АҒАШҚА НАҒЫС ОЙЫӮ МӘСЕЛЕСИ

МУЗЕЙТАНЫӮ ҲӘМ ЭТНО-АҒАРТЫӮШЫЛЫҚ НӘЗЕРИНДЕ ................................... 94

III. ЭТНОГРАФИЯ ҲӘМ ГУМАНИТАР ИЛИМЛЕРДИҢ ИНТЕГРАЦИЯЛАСЫЎЫ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ............................................................................................................................ 97

А.Т. Бекбаулиев -

НЕКОТОРЫЕ ИТОГИ ИЗУЧЕНИЯ КУВШИНОВ С ГОРОДИЩА

КУРГАНЧА (КОБЛАНДЫ-КАЛА) ....................................................................................... 97

З.У. Бекбергенова -

Ә.ӘЖИНИЯЗОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ТОПОНИМЛЕРДИҢ

ТУТҚАН ОРНЫ ҲӘМ КӚРКЕМЛИК ХЫЗМЕТИ ........................................................... 101

A.Ó. Gúlimbetov -

XIX ÁSIR EKINSHI YARÍMÍ XX ÁSIR BASLARÍNDA QUBLA ARAL

BOYÍ SAWDA HÁM EKONOMIKASÍNÍŃ TARIYXTANÍWSHÍLÍǴÍ MÁSELESI ........ 104

О.Т.Доспанов -

АРХЕОЛОГИЯ, ЭТНОГРАФИЯ МАТЕРИАЛЛАРЫНДА

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ГЕЙПАРА САЛТ-ДӘСТҤРЛЕРИН САЛЫСТЫРЫЎ
МӘСЕЛЕЛЕРИ ...................................................................................................................... 106

Т. Қ. Жәримбетова -

ҚАРАҚАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫНДА КӚРКЕМ-ҲҤЖЖЕТЛИ

ШЫҒАРМАЛАРДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ СҤЎРЕТЛЕЎЛЕР ......................................... 110

М.И. Ниязова -

К ВОПРОСАМ ЭТНОАРХЕОЛОГИИ / МАСТЕРСКИЕ ЮВЕЛИРОВ

ПОЗДНЕСРЕДНЕВЕКОВОЙ БУХАРЫ ............................................................................. 113

П.Ж.Ӛтениязов -

ХАЛЫҚ ЕРТЕКЛЕРИНИҢ ПАЙДА БОЛЫЎ ДЕРЕКЛЕРИ ............ 115

К.С. Палымбетов, О.Ж. Юсупов -

ҚАРАҚАЛПАҚ ЭТНО-ДӘСТАНЛАРЫ: ӘМИР

ТЕМУР ТАРИЙХЫЙ ТУЛҒА ҲӘМ ФОЛЬКЛОРЛЫҚ ОБРАЗ ...................................... 119

Г.У. Сейдаметова -

ГОРОДСКАЯ СЕМЬЯ И ОСОБЕННОСТИ БРАКОСОЧЕТАНИЯ В

КАРАКАЛПАКСТАНЕ В 1960-1980 ГОДЫ ..................................................................... 122

С. Ә. Сулайманов -

ҚУБЛА АРАЛ БОЙЫ ДӘСТҤРИЙ ҚАТНАС ЖОЛЛАРЫНДА СУЎ

ЖОЛЛАРЫНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ ..................................................................................... 125

B.U.Temirxanov -

GÁREZSIZLIK JÍLLARÍNDA QARAQALPAQ DIYQANSHÍLÍQ

ILIMIY-IZERTLEW INSTITUTÍ ILIMIY JOYBARLARÍ ESABATÍNAN ........................ 127


background image

132

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы

Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты

ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДА ЭТНОГРАФИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР:

ТАРИЙХ ҲӘМ ЗАМАНАГӨЙЛИК

Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери,

тарийх илими кандидаты Хожахмет Есбергеновтың 90-жыллығына

бағышланған илимий-əмелий конференция

МАТЕРИАЛЛАРЫ

Редактор:

А.И. Алниязов

Верстка:

В. Султангулова

Basıwǵa ruqsat berilgen waqtı 05.05.2023 j. Format – 60/84

.

“Times” garniturası. Ofset usılında basıldı. Kólemi 8,25 b.t.

Nusqası 100 dana. Buyırtpa №14-22/K

«Miraziz Nukus» JShJ baspaxanasında basıldı

Ózbekstan Respublikası baspa sóz hám xabar agentliginiń

2018-jıl 16-maydaǵı № 11–3059 licenziyası.

Библиографические ссылки

Дэулетмуратов А. Нурымбет ахун. Некие, 1977.

Автордын дала жазыулары (АДЖ), 2021, №12. Караезек районы, «А.Досназаров» АПЖ. Информатор: Турсын молла.

АДЖ, 2022, №18. Беруний районы, Мууса Баксы, 48-жай. Информатор: Бабаниязова Рахатай.

АДЖ, 2022, №17. Кегейли районы. «Абат» АПЖ. Информатор: Байекеев Пиряр.

АДЖ, 2022-жыл, № 12. Шымбай районы, «Кызылезек» АПЖ. Информатор: Еримбетов Хожамурат.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов