Эффективность обучения лабораторным работам по теме «Электроснабжение» с помощью тренажеров

Поделиться
Рахмонов, И., & Бижанов, А. (2022). Эффективность обучения лабораторным работам по теме «Электроснабжение» с помощью тренажеров. Ренессанс в парадигме новаций образования и технологий в XXI веке, (1), 279–281. https://doi.org/10.47689/innovations-in-edu-vol-iss1-pp279-281
И Рахмонов, ТМТУ

доктор философских наук, доцент, заведующий кафедрой электроснабжения

А Бижанов, ҚМУ

Ассистент кафедры электроэнергетики

Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

В Указе Президента Республики Казахстан об утверждении Концепции развития системы высшего образования до 2030 года определены основные направления модернизации отрасли, при этом ряд четких ориентиров развития определены социальная и экономическая сферы [Указ Президента Республики Узбекистан. ПФ-5847, 2019. С. 6].


background image

278

2.

Hanson F. Revolution @State: The Spread of Ediplomacy // The Lowy Institute. 2012. P. 3–4

3.

Bjola, Corneliu, and Marcus Holmes. Digital Diplomacy: Theory and Practice. Abingdon, UK,

and New York: Routledge, 2015

4.

Nye 2018 – Nye J. How Sharp Power Threatens Soft Power [Электронный ресурс] //Foreign

Affairs. 2018. Jan. URL:

https://www.foreignaffairs.com/articles/china/2018-01-24/how-sharp-power-

threatens-soft-power

(дата обращения 10 янв. 2019).

5.

https://docplayer.com/35352547-Cifrovaya-diplomatiya-digital-diplomacy-kak-dopolnitelnyy-

politicheskiy-resurs-mezhdunarodnyh-otnosheniy.html



ЭЛЕКТР ТӘМИНАТЫ ТИЙКАРЛАРЫ ПӘНИНИҢ ЛАБОРАТОРИЯЛЫҚ

ЖУМЫСЛАРЫН СИМУЛЯТОРЛАР ЖӘРДЕМИНДЕ ОҚЫТЫЎДЫҢ

НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ

Рахмонов И.У.

техника илимлери бойынша философия докторы, доцент, Электр тәминаты кафедрасының

баслығы, ТМТУ, Нѳкис, Ѳзбекстан

Бижанов А.К.

ҚМУ, Электрэнергетикасы кафедрасы ассистенти, Нѳкис, Ѳзбекстан

e-mail:

alibi.bijanov88@mail.ru

тел: +998913734030


Президентимиздиң

Жоқары

билимлендириў

системасын

2030

жылға

шекем

раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы пәрманында, тараўды жаңаландырыўдың
баслы бағдарларын белгилеў, заманагӛй билим ҳәм жоқары мәнаўий пазийлетлерге ийе, ғәрезсиз
пикирлей алатуғын жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў процессин сапа жағынан жаңа
басқышқа кӛтериў, жоқары билимлендириўди модернизация етиў, жаңа тәлим технологияларына
тийкарланған ҳалда социаллық тараў ҳәм экономика тармақларын раўажландырыў мақсетинде бир
қанша анық бағдарлар белгилеп қойылған [Ўз.Рес.През.Фармони. ПФ-5847, 2019: 6].

Билимлендириў процессине санлы технологиялар ҳәм заманагӛй усылларды ендириў

бойынша тӛмендеги илажларды әмелге асырыў белгиленди:
-санлы экономика ушын жоқары тәжирийбели инжинер-техник кадрларды таярлаў системасын
шӛлкемлестириў;
-заманагӛй хабар-коммуникация технологиялары менен тәлим технологияларының беккем
интеграциясын тәминлеў, бул бағдарда педагог кадрлардың кәсиплик шеберлигин ҥзликсиз
раўажландырып барыў ушын қосымша шараятлар жаратыў;
-тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлериниң ӛзине тәнлигинен келип шығып, билимлендириў
процессинде ҳалқаралық кӛлемде кең қолланылатуғын замангӛй электрон программалық
ӛнимлерден пайдаланыўды раўажландырыў.

Оқыў симуляторларынан пайдаланған халда шынығыўларды ҳәм лаборатория

жумысларын орынлаў – бул, педагогикалық методиканың программаластырылған педагогикалық
тәминаттан пайдаланыў усылына киретуғын, ҳәзирги кҥндеги раўажланған мәмлекетлерде кең
тарқалған инновациялық технология есапланады [Бижанов, 2020: 65].

Изертлеўлеримиздиң тийкарын ҥш аймақтағы электр энергетикасы қәнигеликлериниң

талабалары қураған болып, олар электр тәминаты тийкарлары пәни ушын арнаўлы исленген
программаластырылған педагогикалық тәминаттан пайдаланған ҳалда пәннин лекция, әмелий ҳәм
лабораториялық жумысларын аралықтан турып орынлаў имканиятына еристи. Жәнеде оқыў
пәниниң қосымша методикалық тәминатлары, яғный тарқатпа материаллар, глоссарийлер, студент
билимин беккемлеўши тестлер ҳәм әдебиятлардың силтемелери веб проекттиң тийкарғы
айнасынан орын алды (1-сҥўрет).

Оқыў симуляторлары – бул, инжинерияның ҳәр тҥрли процесслерин ҥйрениў мақсетинде

компьютерде ўақыя ҳәм қубылысларды симуляциялаў арқалы оқытыў болып есапланады
[Рахмонов, 2021: 82].


background image

279

1-сүўрет. Электр тәминаты тийкарлары пәни ушын арнаўлы исленген виртуал симуляцион

онлайн оқыўлықтың тийкарғы айнасы.


Симуляторлар ҳәр тҥрли халларды сынаўдан ӛткизиў, қурамалы ҳәм қәўипли болған реал

жағдайларды виртуал тиклеў ушын қолайлы электрон оқыў ресурсларының бири болып, буның
жәрдеминде айтылған процесслерди лаборатория қурылмалары арқалы орынлаўдан кӛре
симулятордан пайдаланып оқыўдың кӛбирек абзаллықлары бар, ҳәм булар тӛмендегилерден
ибарат:

әдеўир арзанырақ финанслық пайдаға алып келеди, яғный лабораториялық қурылмаларды

сатып алыўдың ҳәжети жоқ;

реал дуньяда физикалық тәрептен имкансыз болған қурамалы сынаўларды ӛткизиў

имканиятын береди;

тәжирийбелерди аралықтан басқарыўға болады, яғный айрықша жағдайларда аралықтан

оқыўға тез бейимлеседи;

билим алыўшыларда иммерсив сезиў арқалы ҳақыйқый қубылысларды тҥсиниў имканияты

артады.

Техникалық билим бериў бағдарларында ӛтилетуғын электр тәминаты тийкарлары

пәниниң лабораториялық жумысларын орынлаўда компьютер симуляторларынан пайдаланыў
жоқары нәтийжеликке алып келеди. Ҳәр бир жаңа лаборатория жумысларында, әмелий
шынығыўларда ӛтилген жумысларды ҳәм тәжирийбелерди сынаўдан ӛткизиў ушын қаржы
сарплаў орнына сиз симуляция қылыўыңыз мҥмкин. Егер батареялар, резисторлар,
конденсаторлар, индуктив катушкаларда жумыслар дурыс моделлестирилген болса, виртуал
исленген бул элементлерди миллион тҥрли сценарийлерде сынап кӛриў мумкиншилиги болады.
Ҳәр қандай шаманы ӛзгертиў вариантлары шексиз, тәжирийбе ўақтында әсбаплардың базылары
жарамсыз аҳўалға келип қалсада тийсе ҳеш қандай материаллық зиянға алып келмейди (2-сҥўрет).


background image

280

2-сүўрет.

Электр тәминаты тийкарлары пәни ушын арнаўлы исленген виртуал симуляцион

онлайн оқыўлықтың

лаборатория жумыслары кӛрсетилген айнасы.

Ҳәзирги ўақытта жоқары билимлендириўде кӛплеген пәнлер бойынша оқытыў

компьютердиң кӛмеги менен алып барылып атыр. Мәселен, сабақлар компьютердиң жәрдеминде
интерактивли

бола

баслады:

презентациялар,

видеопроектор

жәрдеминде

исленген

демонстрациялар усыған тийкар бола алады. Интерактивлиликтиң артыўы талабалардың оқытыў
методикасына актив қатнаста болыў мҥмкинлигин жаратыўы, сораўлар бериўи, оқытыўшы
усыныс еткен материаллардың тҥсиниксиз бӛлимлери менен фрагментлери бойынша толық ҳәм
тҥсиникли мағлыўмат алыўы имканиятларын берди [Краснова, 2001: 224].

Педагогикада моделлестириў дидактик әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм мәселелерди шешиўде

кең қолланылады. Мәселен, изертлеўши-оқытыўшы модели оқыў процессиниң дҥзилисин
оптималлап ҳәм активлестирип, талабалардың билиминиң беккемлениўине ҳәм раўажланыўына
жәрдемин тийгизеди. Инновациялық технологиялар тек ғана академиялық ҳәрекетшеңликти
асырыўға емес, дҥнья илим ҳәм тәлим системасына қосылыў, экономикалық тәрептен қолайлы
болған тәлим системасын жаратыў, тәлимниң корпоративлигин асырыў, сондай-ақ тараўлар
ортасындағы тҥрли дәрежедеги байланысларды беккемлеўге жәрдем береди.

Солай етип, 3D модел жәрдеминде симуляция етиў қәбилетине ийе электрон оқыў

қолланбаларын пайдаланыў тәлим процессиндеги усынылған оқыў материалының усылларына,
формаларына сезилерли дәрежеде тәсир етеди ҳәм пәнлерди оқытыў бойынша тәлим
методикасының сапасын арттырады. Билимлендириў тараўына заман талабына сәйкес келетуғын
тәлим технологияларын яғный симуляторлар жәрдеминде оқытыўды ендириў жоқары
нәтижеликке алып келетуғынлығы анық.


ӘДЕБИЯТЛАР:

1. Ўзбекистон Республикаси олий таълим тизимини 2030 йилгача ривожлантириш концепциясини
тасдиқлаш тўғрисидаги Ўзбекистон Республикаси Президентининг Фармони. ПФ-5847, 8.10.2019
й.

2. Бижанов А.К. Техникалық тәлим бағдарларында лабораториялық жумысларды симуляторлар
арқалы орынлаўдың нәтийжелилиги. Вестник. ҚМУ. IV.2020. 65-67 б.

3. Г.А.Краснова, М.И.Беляев, А.В.Соловых. Технологии создания электронных обучающих
средств. М.: МГИУ, 2001. –224 с.
4. И.У.Рахмонов, А.К.Бижанов, Техникавий олий таълим муассасаларида мутахассислик фанларни
ўқитишда илғор педагогик технологиялар. Ҳалқаро илимий масофавий конференцияси. Тошкент
2021. 82-83 б.

Библиографические ссылки

Узбекистан Рсспубликаси олий таълим тизимини 2030 йилгача ривожлантириш концепциясини тасдиклаш тугрисидаги Узбекистан Рсспубликаси Прсзидснтининг Фармони. ПФ-5847, 8.10.2019 й.

Бижанов А.К. Техникалык тэлим багдарларында лабораториялык жумысларды симуляторлар аркалы орынлаудыц нэтийжелилиги. Вестник. КМУ. IV.2020. 65-67 б.

Г.А.Краснова, М.И.Беляев, А.В.Соловых. Технологии создания электронных обучающих средств. М.: МГИУ, 2001.-224 с.

И.У.Рахмонов, А.К.Бижанов, Техникавий олий таълим муассасаларида мутахассислик фанларни укитишда илгор педагогик технологиялар. Хдлкаро илимий масофавий конференцияси. Тошкент 2021.82-83 6.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов