Authors

  • Т.Қ. Байниязова

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.78823

Keywords:

каракалпакское литературоведение лирика Т.Мамбетниязов литература научное изыскание.

Abstract

Статья посвящена проблеме исследования лирики в каракалпакском литературоведении. Здесь изучается монография Т.Мамбетниязова «Каракалпакская лирика». Автор уделяет внимание научному подходу Т.Мамбетниязова к проблеме изучения лирики, успехам и неудачам, постигшим ученого в данном вопросе. Недостатки, допущенные в монографии, объясняются объективным и субъективными факторами, которые были свойственны времени создания данной научной работы. Автор статьи приходит к выводу о том, что в настоящее время назрела необходимость специального изучения научных методов, которые были применены в научных изысканиях, осуществленных в каракалпакском литературоведении.

background image

751

ResearchBib IF - 11.01, ISSN: 3030-3753, Volume 2 Issue 4

ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТТАНЫЎЫНДА ЛИРИКАНЫҢ ҮЙРЕНИЛИЎИ

МӘСЕЛЕСИНЕ

(Т.Мәмбетниязов илимий излениўшилиги мысалында)

Т.Қ.Байниязова

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты, Нөкис.

https://doi.org/10.5281/zenodo.15204951

К ПРОБЛЕМЕ ИЗУЧЕНИЯ ЛИРИКИ В КАРАКАЛПАКСКОМ

ЛИТЕРАТУРОВЕДЕНИИ

(на примере научных изысканий Т.Мамбетниязова)

Аннотация. Статья посвящена проблеме исследования лирики в каракалпакском

литературоведении. Здесь изучается монография Т.Мамбетниязова «Каракалпакская

лирика». Автор уделяет внимание научному подходу Т.Мамбетниязова к проблеме

изучения лирики, успехам и неудачам, постигшим ученого в данном вопросе. Недостатки,

допущенные в монографии, объясняются объективным и субъективными факторами,

которые были свойственны времени создания данной научной работы. Автор статьи

приходит к выводу о том, что в настоящее время назрела необходимость специального

изучения научных методов, которые были применены в научных изысканиях,

осуществленных в каракалпакском литературоведении.

Ключевые слова: каракалпакское литературоведение, лирика, Т.Мамбетниязов,

литература, научное изыскание.

TO THE PROBLEM OF STUDYING LYRICS IN KARAKALPAK LITERARY STUDY

(based on the T.Mambetniyazov’s scientific research)

Abstract. The article is devoted to the problem of the research the lyrics in Karakalpak

Literary Study. There is studied the monograph “Karakalpak lyric” of T.Mambetniyazov. The

author pays attention to T.Mambetniyazov’s scientific approach to the problem of studying

lyrics, successes and failures that befell the scientist in this matter. The shortcomings in the

monograph are explained by objective and subjective factors that were peculiar to the time of

creation of this scientific work. The author of the article comes to the conclusion that nowadays

there is a need for a special study of scientific methods that were applied in scientific research

carried out in Karakalpak Literary study.

Keywords: Karakalpak Literary Study, lyrics, T.Mambetniyazov, Literature, scientific

research.

Мәлим болғанындай, қарақалпақ әдебияттаныўы ХХ әсирдиң 60-жыллары илимий

кадрлар менен әдеўир толысқан еди. Бул жыллары Қ.Айымбетов, И.Сағитов,


background image

752

ResearchBib IF - 11.01, ISSN: 3030-3753, Volume 2 Issue 4

М.Нурмуҳамедов, Қ.Мақсетов, С.Ахметов, соңын-ала З.Насурлаева, С.Бахадырова,

Қ.Байниязов, С.Аллаяров сыяқлы жергиликли қәнигелер илимий майданда көрине

баслады. Усы қатарда Т.Мәмбетниязовтың да атын атап өтиў орынлы.

Т.Мәмбетниязовтың дәслепки қәдемлери қарақалпақ лирикасын үйрениў менен

байланыслы болып, бул изленис тийкарында автор 1966-жылы кандидатлык диссертация

жақлайды, изертлеў жумысы 1989-жылы «Қарақалпақ лирикасы» атамасында монография

түринде баспадан шығады.

«Қарақалпақ

лирикасы» атамасындағы изленисинде илимпаз 1950-1960-

жыллардағы лириканың түрлери, олардың бир-биринен айырмашылығы, усы дәўирдеги

лириканың тематикасын, идеялық ҳәм көркемлик жақтан өзгешелигин, негизги бағдарын

көрсетип бериўди мақсет еткен еди.

Автор усы ўақытқа дейин лириканың толық анализи болмағанын, қарақалпақ

адебияттаныўында ҳәм миллий әдебий сында, атап айтқанда, М.Нурмуҳамедов,

Г.Есемуратов, И.Юсупов, Б.Исмаилов, И.Сагитов, С.Ахметов, Қ.Мақсетов ҳәм басқа да

авторлардың китаплары менен мақалаларына ортақ бир кемшилик – олар лирикалық

шығармаларды анализ еткенде, оның жетискенлиги менен кемшилигин көрсеткенде,

сиясий лирикадан ары өте алмағанын ескертеди. Яғный, «лириканың муҳаббат, тәбият,

философиялық түрлерине пикир жүритпеди. Усы күнге шекем қарақалпақ совет

лирикасының изертлениўи қандай екенлиги усының өзинен ақ белгили. Усыған қарағанда,

қарақалпақ совет лирикасы еле бети ашылмай, из түспей атырған тың сыяқлы сезиледи»,

деп тастыйықлайды [3, 8].

Көп жыллық үзилистен кейин 1955-жылдан баслап «Әмиўдәрья» журналының

шығыўын илимпаз Т.Мәмбетниязов әҳмийетли ўақыя ретинде атап өтеди, бунда «журнал

дөретиўшилик күшлерди (яғный жазыўшылар ҳәм әдебиятшыларды –

Т.Б.

) өз әтирапына

топлады ҳәм олардың шығармаларын, мақалаларын өз бетинде жәриялап отырды. Бул

әдебият пенен искусствоның ҳәм әдебияттаныў илиминиң раўажланыўына тәсир жасады»,

деп жазады [3, 9]. Буннан соң автор әдебий сынның сол гездеги ҳалаты туўралы азы-кем

пикир билдиреди. Өйткени, илимпаздың пикири бойынша, әдебий шығармаға сын пикир

билдириўшилер «шайырдың шығармаларының я жаман жағын қазады, я жақсы жағын таў

етеди, сөйтеди де, шайырды я дана етеди, я жоқ етеди. Бул әдил сын емес» дей отырып,

жергиликли илимпазлардың әдебий шығарманы баҳалаўдағы жетискенликлери менен

кемшиликлерине жеке көз-қарасын билдирип өтеди [3, 9].

Деген менен, илимпаздың өзи тәрепинен де базы қәтеликлерге жол қойылған

болып, олар ҳәтте усы изертлеў жумысының баспадағы варианты болған

монографиясында да сақланып қалған. Бул олқылықты сезген Қ.Оразымбетов:


background image

753

ResearchBib IF - 11.01, ISSN: 3030-3753, Volume 2 Issue 4

«Қарақалпақ лирикасы» жақында ғана, яғный 1989-жылы басылып шығыўына қарамастан,

онда қәўпеки, исенимсиз талқылаўлар орын алған. Усы мийнеттеги лириканы

тематикалық жақтан бөлиў принципи менен де келисиў қыйын» деп орынлы түрде

ескертиў жасайды [4, 7].

Т.Мәмбетниязовтың изертлеўине тән болған жантасыў, яғный миллий әдебият

материалын идеялық-тематикалық жақтан анализлеўди қарақалпақ әдебияттаныўында кең

қолланылғанына гүўа боламыз. Мысалы, «Қарақалпақ поэзиясы» монографиясында 1945-

1956-жыллардағы қарақалпақ лирикасы туўралы сөз етилгенде, лирикалық поэзияда

Бурынғы Аўқам халқының тарийхый жеңиси үлкен мақтаныш, күшли патриотизм менен

жырланғанын, халықтың руўхый турмысындағы өзгерислер, кешеги солдаттың парахат

мийнет ҳаққындағы ой-пикири, сағынышлы хошласыўлар менен перзентин күткен ата-

ана, сәўер ярлардың зарлы үни менен кеширмелери лирикалық поэзияның идеялық-

тематикалық диапазонын кеңейтти, деп жазылған. Жаңа қурылыслар, аўыл-қаланың

өзгерген тулғасы шайырлар шығармаларының тийкарғы мазмунын қурады, дей отырып,

китап авторы С.Ахметов қарақалпақ поэзиясы материалын тематикалық жақтан

қарастырады ҳәм таллаўды әдеп кемшиликлерди көрсетиўден баслайды [1, 193-194]. Бул

жерде С.Ахметовтың лириканы үйрениўге тийисли дыққатқа ылайық пикири соннан

ибарат, ол қарақалпақ поэзиясын тарийхый шәраятқа байланыста алып, лириканы

тематика бойынша қарастырады, бунда «теориялық жақтан лириканы тематикаға бөлип

бөлшеклеместен, оны тутас алып қараған мақул» деп жазады [1, 372].

Ал, Т.Мәмбетниязов болса, рус әдебияттаныўы ўәкиллери Г.Л.Абрамович,

О.Резник, В.Д.Сквозниковтың, әдебият сыншылары Н.Добролюбов, В.Г.Белинскийдиң

илимий-теориялық пикирлеринен келип шығып, лирикалық қосықларда темаға қарағанда

мазмунды кеңирек деп түсиниў керек, деген тезисти алға сүреди. Солай етип, еки

автордың қарақалпақ лирикасы материалын үйрениў тәжирийбеси жас илимпаздар ушын

айрықша әҳмийетке ийе, деп есаплаймыз.

Т.Мәмбетниязовтың изертлеўи қарақалпақ лирикасын үйрениўге арналған

дәслепки изленис болды. Өйткени, буннан илгериде әдебий материалды үйрениўде

шайырдың биографиясы ямаса белгили дәўир ишиндеги қарақалпақ поэзиясы, дара

поэзиялық жанр бойынша тарийхый аспекттеги изленислер басым орын ийелеген болса,

буннан кейинги ўақытта жергиликли илимпазлардың миллий әдебиятты үйрениўде

теориялық мәселелерге дыққат аўдарғанының гүўасы боламыз.

Егер де усы ўақытқа шекемги жаратылған изленислерде көркем әдебият

материалына тарийхый, идеялық-тематикалық таллаў жасаўға көбирек дыққат

аўдарылғанын есапқа алсақ, К.Худайбергеновтың «Ҳәзирги қарақалпақ поэзиясында


background image

754

ResearchBib IF - 11.01, ISSN: 3030-3753, Volume 2 Issue 4

лирикалық кахарман проблемасы» [5] ҳәм Қ.Байниязовтың «Аяпберген Муўсаевтың

шайырлық стилиниң өзгешелиги» [2] деген изленислери қарақалпақ әдебияттаныўында

сап теориялық мәселелерге қурылған изертлеўлерге баслама салды.

Бул бағдардағы изленислер Б.Қәлимбетов (1982), тың «Әжинияздың лирикасы

(поэтикалық шеберлик аспектинде)», ғәрезсизлик жыллары Қ.Оразымбетовтың «Ҳәзирги

қарақалпақ

лирикасында

көркемлик

излениўшилик

(80-жыллар)»

(1993),

Б.Генжемуратовтың «Әжинияз лирикасының поэтикасы» (1996), Э.Ешниязованың

«

Төлепберген Мәтмуратов лирикасы (идеялық-тематикалық, жанрлық ҳәм көркемлик

мәселелери)» (

2001), Қ.Оразымбетовтың «Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында көркем

формалардың эволюциясы ҳәм типологиясы» (2004), Қ.Жәримбетовтың «XIX әсир

қарақалпақ лирикасы. Жанрлық қәсийетлери ҳәм раўажланыў тарийхы» (2005),

А.Досымбетованың «Шаўдырбай Сеитов лирикасында көркем форма (дәстүрий ҳәм жаңа

формалар синтези, сүўретлеў усыллары еркин қосықлардың формалық өзгешеликлери)»

(2008), П.Дабыловтың «Қарақалпақ поэзиясында лирикалық қаҳарман образының

жаратылыўы өзгешеликлери (Т.Мәтмуратов ҳәм К.Рахманов поэзиясы мысалында)»

(2018) О.Ғайлыеваның «Ғәрезсизлик дәўири түркий халықлар лирикасындағы формалық

изленислер ҳәм олардың типологиясы (өзбек, қарақалпақ ҳәм түркмен лирикасы

мысалында)» (2019), Г.Тлеуниязованың «Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында композиция

саласындағы изленислер (1990-2010-жыллар)» (2021) деген илимий изленислери пайда

болды.

Өз гезегинде, қарақалпақ лирикасын үйрениўге қурылған изленислер де миллий

әдебияттаныўдың изертлеў объектине айланды. Атап айтқанда, 2022-жылы Т.Орынбаев

«ХХI әсир басындағы қарақалпақ әдебияттаныўының раўажланыў тенденциялары

(қарақалпақ лирикасынын изертлениўи мысалында)» темасында диссертация жақлады.

Жоқарыдағы изленислер қарақалпақ әдебияттаныўында илимий-теориялық ой-

пикирдиң өсип, қарақалпақ лирикасын анализлеўге қурылған изленислерде мәселени

қамтыў шеңбериниң кеңейип барғанынан дәрек береди. Бул, өз гезегинде, миллий

әдебияттаныўда илимий потенциалының дәрежесин айқын көрсетеди, деп тастыйықлаўға

бизге мүмкиншилик береди.

Солай етип, Т.Мәмбетниязовтың «Қарақалпақ лирикасы» (1950-1960-жыллар)

атамасындағы излениси миллий әдебияттаныўдың раўажланыў жолындағы белгили бир

тарийхый басқышына тән жумыс болды.

Жумыстың жетискенлиги менен бирге кемшиликлердиң де орын алғанын атап

өтиўимиз тийис, буны изленис жаратылған пайыттағы объектив ҳәм субъектив факторлар

менен түсиндириўимиз мүмкин. Объектив факторлар ретинде 1950-1960-жыллардағы


background image

755

ResearchBib IF - 11.01, ISSN: 3030-3753, Volume 2 Issue 4

қарақалпақ әдебиятының ҳалаты, сол дәўирдеги сиясий-идеологиялық, социал-

экономикалық шәраят, лирик шайырлардың индивидуал сыпатлары, сондай-ақ илимий

орталықта орын алған атмосфера ҳәм т.б., субъектив факторлар ретинде изертлеўшиниң

илимий-теориялық мағлыўмат пенен қуралланыў дәрежесин, теориялық билимлерди

көркем әдебият материалына қолланыў жағдайын көрсетиўге болады.

Т.Мәмбетниязов жоқарыда атап өтилген «Қарақалпақ лирикасы» изертлеўинен

тысқары, «Дәли Назбергеновтың творчествосы» (1977) изертлеўи, мақалалар ҳәм

рецензияларды өз ишине алған «Поэзия ҳаққында ойлар» (1985), «Қарақалпақ балалар

поэзиясы ҳәс оның машқалалары» (1992), «Поэзия – турмыс, гүрес ҳәм талпыныў» (1993),

«Жаңа қарақалпақ поэзиясы ҳәм дәўир талабы» (1994), Г.Есемуратов пенен

соавторлықтағы «Ўатан ушын гүрескен қосықлар» (1990), З.Мәмбетниязова менен

соавторлықта Н.Жапақовтың әдебий илимий дөретиўшилик жумысы, тарийхый тулғасын

ашып бериўге арналған «Халқы қәдирлеген инсан» (2011) сыяқлы китаплары жарық

көрди. Усы жерде Г.Есемуратов пенен соавторлықтағы «Ўатан ушын гүрескен қосықлар»

китабы еки илимпаздың Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги қарақалпақ әдебияты

материалына жантасыўын бир қатарға қойып салыстырмалы тәризде үйрениў ушын

айрықша қызығыўшылық туўғызады.

Жуўмақлап айтқанда, ҳәзирги ўақытта миллий көркем сөз дөретиўшилигин илимий

тийкарда үйрениўге негизленген изленислер көлеми кеңейип, бул изленислерде

қолланылған илимий методларды арнаўлы түрде изертлеў қарақалпақ әдебияттаныўын

ушын айрықша әҳмийетке ийе бағдарлардан саналады.

REFERENCES

1.

Ахметов С. Қарақалпақ совет поэзиясы (әдебий-сын изертлеў). – Нөкис:

Қарақалпақстан, 1988.

2.

Байниязов К. Особенности поэтического стиля Аяпбергена Мусаева (в

сравнительном аспекте) Автореферат дисс. канд. филол.наук. – Нукус, 1968.

3.

Мәмбетниязов Т. Қарақалпақ лирикасы. – Нөкис, Қарақалпақстан, 1985.

4.

Оразымбетов Қ. Ҳәзирги дәўирдеги қарақалпақ лирикасында көркемлик

излениўшилик (80-жыллар). – Нөкис: Билим, 1993.

5.

Худайбергенов К. Проблема лирического героя в современной каракалпакской

поэзии: Автореф. дисс. канд.филол.наук. – Ташкент, 1967

References

Ахметов С. Қарақалпақ совет поэзиясы (әдебий-сын изертлеў). – Нөкис: Қарақалпақстан, 1988.

Байниязов К. Особенности поэтического стиля Аяпбергена Мусаева (в сравнительном аспекте) Автореферат дисс. канд. филол.наук. – Нукус, 1968.

Мәмбетниязов Т. Қарақалпақ лирикасы. – Нөкис, Қарақалпақстан, 1985.

Оразымбетов Қ. Ҳәзирги дәўирдеги қарақалпақ лирикасында көркемлик излениўшилик (80-жыллар). – Нөкис: Билим, 1993.

Худайбергенов К. Проблема лирического героя в современной каракалпакской поэзии: Автореф. дисс. канд.филол.наук. – Ташкент, 1967