Авторы

  • Гүлайым Нургалийева

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.yoitj.53982

Аннотация

Бул мақалада  журналисттиң мақсетли аудиторияға информация жеткериў шеберлиги, тележурналистке қойылатуғын талаплар ҳаққында сөз етилген. Репортёрлық шеберлигиниң, сондай-ақ, ораторлықтың тележурналист искерлигиндеги әҳмийети анализленген.


background image

YANGI O'ZBEKISTON ILMIY

TADQIQOTLAR JURNALI

www.in-academy.uz

1-JILD, 8-SON (YOʻITJ)

67

Тележурналисттиң информация жеткере алыў

қәбилети

Гүлайым Нургалийева

Бердақ атындағы ҚМУ магистранты

https://doi.org/10.5281/zenodo.12725116

Бүгинги глобалласыў процессинде дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселер

ҳаққында түрли информация дереклери арқалы тез арада хабардар болыў имканы

бар. Әсиресе, телевидение халықаралық аудиторияның мағлыўматқа болған талабын

қанаатландырыўда үлкен рөл ойнайды. Заманагөй теле екран арқалы тамашагөй

жаңалық ямаса хабарды еситиў ҳәм де ондағы процессти көриў мүмкиншилигине ийе

болады. Дүняның бир қанша мәмлекетлеринде өткерилген социал изертлеў

нәтийжелерине көре, телевидение инсанияттың жетпис проценти ушын тийкарғы

мағлыўмат дәреги ретинде хызмет етеди. Бул болса информация бағдарламалары бас

редакторлары, жәмәәтте искерлик көрсетип атырған дөретиўшилер, атап айтқанда,

тележурналист ҳәм баслаўшыға қатаң жуўапкершилик жүклейди. Информацияны

оператив ҳәм исенимли жеткизиў, тамашагөй көзқарасын қәлиплестириў,

тележаңалықлар бағдарламасының көпшиликке арналғанлық дәрежесин тәмийинлеў

ҳәм визуал пүтинликти пайда етиўде жетекшилерден бири әйне тележурналист ҳәм

баслаўшылар болып есапланады. Ол көрсетиўде видеокадрларды таныстырыў,

информацияны ўақыя орнынан жеткериў менен шекленбей, тамашагөйлер итибарын

өзине тартыў арқалы ўақыя-ҳәдийселер, жаңалықлар раўажланыўы екранда өз

сәўлелениўин табыўына үлес қосады.

Жәҳәнде телевизиялық

жаңалықлар

бағдарламалары

санының

артыўы

нәтийжесинде дөретиўшилердиң ўазыйпасы қурамаласып, өз бағдарламасына

мүмкиншилиги барынша көбирек тамашагөйди тартыў үстинде илимий-

дөретиўшилик изертлеўлер алып барыўға талап артпақта. Жоқары инталы тамашагөй

A

RTICLE INFO

ABSTRACT

Qabul qilindi:5-iyul 2024 yil

Ma’qullandi: 8-iyul 2024 yil

Nashr qilindi: 11-iyul 2024 yil

Бул мақалада журналисттиң мақсетли

аудиторияға

информация

жеткериў

шеберлиги,

тележурналистке

қойылатуғын талаплар ҳаққында сөз

етилген. Репортёрлық шеберлигиниң,

сондай-ақ,

ораторлықтың

тележурналист

искерлигиндеги

әҳмийети анализленген.

KEY WORDS

Журналистика,

социалогия,

медиа,

тележурналист,

информация,

коммуникация, рекреатив.


background image

YANGI O'ZBEKISTON ILMIY

TADQIQOTLAR JURNALI

www.in-academy.uz

1-JILD, 8-SON (YOʻITJ)

68

актуал ўақыя-ҳәдийселер, глобал процесслерден ўақытында хабардар болыўға ҳәрекет

етеди. Сол себепли ҳәр бир ҳақыйқый ҳәм толық мағлыўмат, зәрүрли жаңалық

информатсиялық бағдарламасының тек ғана тәсиршеңлигин емес, бәлки орынын да

арттырыўға хызмет етеди. АҚШ телевидение саласындағы белгили шахслардың

пикрине қарағанда, табыслы жаңалықлар бағдарламасының барлық факторлары

улыўма 10 баллды қураса, тележурналист ҳәм баслаўшы факторы болса соннан 8

баллды ийелейди.

Өзбекстанда халыққа түрли тараўлардағы өзгерислер ҳәм олардың мәниси ҳаққында

оператив ҳәм қалыс, толық информация жеткизиў бойынша кең көлемли жумыслар

әмелге асырылып атыр. Себеби, елимиз басшысы «төртинши ҳәкимият» ўәкиллериниң

мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жедел реформаларды халқымыз ҳәм

халықаралық жәмийетшилик ушын ашық-айдын сәўлелендириў кереклиги ҳаққында

төмендегише пикир билдиреди: «Орынлардағы машқала ҳәм кемшиликлерди ашық-

айдын ашып бериў, оларды қалыс сәўлелендириўде мен профессионал

журналистлерди бәрҳәма ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға тайынман».

Телевизиялық

информация,

рекреатив

ҳәм

мәдений-ағартыўшылық

бағдарламалардың бүгинги телевидениедеги орны ҳәм әҳмийети олардың саны ҳәм

сапасы жоқарылығы менен белгиленеди. Жаңалықлар бағдарламасы натийжелилиги

көп тәрептен теле журналисттиң, баслаўшының актуал теманы таңлаўы, социал

машқаланы туўры табыўы, оны жеткерип бере алыўы, сөйлеў мәденияты, кадрда өзин

тутыўы, сөз ҳәм гәплерди туўры айтыўы, телевизиялық имиджи, аудитория менен

нәтийжели телесәўбет қылыў қәбилети, информация узатыўдағы уқыбы, ҳәтте

кийиниў мәдениятына байланыслы. Телевидение системасында усы талапларға жуўап

беретуғын тәжирийбели, шебер ҳәм өз кәсибиниң пидайылары көпшиликти қурайды.

Оларды арнаўлы түрде изертлеўди заманның өзи талап етпекте. Питкериў қәнигелик

жумысы усы мәселелер изертлениўине арналған болып, изертлеўдиң актуаллығы

тележурналисттиң тамашагөйге тәсир етиўи, аудитория талғамының жоқарылаўы,

телебаслаўшыға қойылып атырған талаплар ҳәм бирден-бир профессионал

стандартлар қәлиплесип атырғаны, уқыплы баслаўшыларды таярлаўды жетилистириў

зәрүршилиги менен белгиленеди.

Журналистика тараўында телевидениеде информациялық бағдарламалар ҳәм

олардың қурамы, тележурналистлер ҳәм баслаўшылар искерлигиниң айрықшалығы

бойынша қатар қәнигелер, алымлар изертлеўлер алып барған. Сырт ел ҳәм миллий

журналистикамыздың жетекши қәнигелер илимий изертлеўлер алып барған.[1]

Өзбекстанда

Ш. Ибрагимов, Д.Бекбаўлиев, Ю. Ҳамдамов, М. Мирсоатова, И.

Рахметуллаева, Д. Тешабоева, П. Алламбергенова ҳәм

А. Каримовтың

изертлеўлеринде телевидение тарийхы, тараўға тийисли түрли мәселелер, заманагөй

телевидение тилиниң тийкарғы қәсийетлери, жаслар аудиториясына қаратылған

телебағдарламалардың раўажланыў процесслери, телевидениениң рекреативлик

ўазыйпасы анализге тартылған.

Ҳ. Саидов телерадио жаңалықларының айрықшалығы ҳәм тилден пайдаланыў

мәселелери, А. Пердеев, Ф. Рөзиев, Х. Маҳамадалиев болса телевидениеде көркем

әдебиятқа байланыслы тил нормаларына әмел етиў, телебаслаўшылар сөйлеўи

сыяқлы машқалаларды илимий-теориялық тәрептен изертлеген. [2] «Репортёрлық

искерлигиниң теориясы ҳәм әмелияты» оқыў қолланбасында телевидение мәселелери,

жанрлар талаплары ҳәм телебаслаўшы искерлиги ҳаққында анализлер берилген .[3]
Анализ нәтийжелерине көре, телевидение системасында тележурналист ҳәм

баслаўшылық искерлиги, сондай-ақ, тәжирийбели тележурналистлердиң өмир жолы

ҳәм

дөретиўшилиги,

дөретиўшилигиниң

проблематикасы,

информация


background image

YANGI O'ZBEKISTON ILMIY

TADQIQOTLAR JURNALI

www.in-academy.uz

1-JILD, 8-SON (YOʻITJ)

69

жеткериўшиниң позициясы, оның имиджин жаратыў ҳәм телевизиялық образды

қәлиплестириў методлары,

дөретпелериниң стиллик-тиллик өзгешелиги ҳәм

жанрлардан пайдаланыў шеберлиги мәселелери арнаўлы үйренилмеген. а

телеканалды тамаша қылыўды мақул көреди ямаса ҒХҚның басқа түрлерине өтип

кетеди.
Тележурналист ушын профессионализмның шәртлери - коммуникатив компетентлик,

жоқары дәрежедеги тил мәденияты ҳәм барлық тараўдан хабардар болыўы

уқыплығында көринеди. Оның шахсы тамашагөйге факт ҳәм пикирлерди қабыл

етиўинде жәрдем береди.
Тележурналист тек ғана мағлыўмат дәреги болып қалмастан, бәлки өз пикири ҳәм

позициясы менен көпшилик адамларға тәсир көрсетиўши жәмийетлик ғайраткерге де

айланып атыр. Кең аудитория алдында шығыў шахсқа үлкен жуўапкершилик

жүклейди. Себеби, оны дерлик пүткил мәмлекет көреди ҳәм еситеди, оның сөзлери

адамлар сана-сезимине және жәмийетшилик пикириниң қәлиплесиўине тәсир еди.

Сондай-ақ, телебаслаўшы басқалар сыяқлы информация менен ислейтуғын редакция

жумысшысы, ол жаңалықты тәсирли етип оқып бериў менен шекленип қалмастан,

ўақыяны баянлап беретуғын сәўбетлес болыўы керек. Бизиңше, баслаўшы тийкарынан

диктор да, актёр да емес, бәринен бурын, ол продюсер, репортёр ямаса шолыўшы

сыяқлы жәмәәттиң тийкарғы ағзасы десек асыра айтқан болмаймыз. Тәжирийбели ҳәм

өз жумысына жуўапкершилик пенен қарайтуғын арнаўлы хабаршылар ҳәм бағдарлама

дөретиўшилери менен бирге ислейди.

Н.Звереваның «Профессионал баслаўшы тамашагөй менен биймәлел ҳәм исеним

менен реал ўақыт режиминде байланыс орнатады. Ол хабарды аудиторияға сондай

жеткереди, оны тыңлаў аңсат ҳәм жағымлы болады» , деген пикири оғада орынлы

айтылған.
Информациялық бағдарлама ҳәр бир телеканалдың жүзи. Телевидениеде

баслаўшылықтың рөли жылдан жылға зәрүр әҳмийетке ийе болып бармақта, оның

имиджи де өзгерип, кеңейип бармақта. Телекөрсетиўдиң табысы ҳәм әўметли шығыўы

ҳәр тәреплеме баслаўшыға байланыслы екенлиги мәлим. Баслаўшы телеаудиторияны

есапқа алған ҳалда ҳүрмет пенен мүнәсебетте болса, ҳәр бир шаңарақтың асығып

күтетуғын «мийман»ына айланады.

Жуўмақ орнында айтыў мүмкин, телебаслаўшы ефир жуўапкершилигин сезиниўи, өз

мойнындағы ўазыйпаны шын кеўилден орынлаўы, миллий менталитетти умытпаўы

керек. Миллет тарийхы, халықтың руўхыйлығы, мәмлекеттиң бүгинги потенциалы

ҳаққында жетилискен билимге ийе баслаўшы ғана оларды тамашагөйге шебер

жеткерип береди. Ҳәр бир телебаслаўшы патриот болыўы менен бирге информация

таярлаў және оны халққа жеткизиў талаплары ҳәм де мәдениятын терең ийелеўи

мақсетке муўапық.

References

1.

Браун Д., Файерсгоун Ч., Мицкевич Э. Телерадионовости и меньшинства. — М.,

1994; Ламэй К., Мицкевич Э., Файрсгоун Ч. Автономия телевидения и

государство. — М., 1999;

2.

Саидов Ҳ. Янгиликлар ёзиш ва таҳрир санъати. — T.: «Маърифат-мададкор»,

2002. — Б. 24; Пардаев А., Рўзиев Ф., Маҳамадалиев Х. Журналистикада тил ва

ифода. — Т.: «Истиқлол», 2006. — Б. 14 – 16.

3.

Репортёрлик фаолияти назарияси ва амалиёти. — Т.: «Университет», 2002. — Б.

103.

Библиографические ссылки

Браун Д., Файерсгоун Ч., Мицкевич Э. Телерадионовости и меньшинства. — М., 1994; Ламэй К., Мицкевич Э., Файрсгоун Ч. Автономия телевидения и государство. — М., 1999;

Саидов Ҳ. Янгиликлар ёзиш ва таҳрир санъати. — T.: «Маърифат-мададкор», 2002. — Б. 24; Пардаев А., Рўзиев Ф., Маҳамадалиев Х. Журналистикада тил ва ифода. — Т.: «Истиқлол», 2006. — Б. 14 – 16.

Репортёрлик фаолияти назарияси ва амалиёти. — Т.: «Университет», 2002. — Б. 103.