Авторы

  • Айшолпан Оразымбетова
    Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институты, Нөкис қаласы

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.zdif.108597

Ключевые слова:

Фольклор сюжет система жыраў репертуар образ образ түрлери.

Аннотация

Усы илимий мақалада образ ҳәм оның түрлери ҳаққында мағлыўмат берилди. Қурбанбай жыраў репертуарындағы унамлы ҳәм унамсыз образларға сыпатлама келтирилди. Жыраў атқарған «Қырық қыз» ҳәм «Алпамыс» дәстанларынан мысаллар берилди.


background image

149

ҚУРБАНБАЙ ЖЫРАЎ РЕПЕРТУАРЫНДАҒЫ УНАМЛЫ ҲӘМ УНАМСЫЗ

ОБРАЗЛАРҒА СЫПАТЛАМА

Оразымбетова Айшолпан Муратбай қызы

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институты, Нөкис қаласы

https://doi.org/10.5281/zenodo.15673843

Аннотация:

Усы илимий мақалада образ ҳәм оның түрлери ҳаққында мағлыўмат

берилди. Қурбанбай жыраў репертуарындағы унамлы ҳәм унамсыз образларға
сыпатлама келтирилди. Жыраў атқарған «Қырық қыз» ҳәм «Алпамыс» дәстанларынан
мысаллар берилди.

Гилт сөзлер:

Фольклор, сюжет система, жыраў, репертуар, образ, образ түрлери.


Образ - рус тилинде «образ», инглиз тилинде «image» яки «character» деген

мәнини билдиреди. Фольклорда образ дегенде – халық әўызеки дөретиўшилигинде
ушырасатуғын символлық ҳәм типик персонаж түсиниледи. Бул образлар халықтың
дүньяға көзқарасы, қәдириятлары, арзыў-үмитлери ҳәм жәмийетлик пикирин
сәўлелендиреди. Фольклорда ушырасатуғын образлар тийкарынан төмендегилерден
ибарат:
1.

Қаҳарманлық образлар -Ўатанды сыртқы душпанлардан қорғайтуғын,

ғәрезсизлик ушын гүресетуғын, батырлық ҳәм мәртлик тымсалы (Алпамыс,
Гүлбаршын, Гүлайым);
2.

Унамлы образ (мәрт жигит, дана ҳаял, меҳрибан ата-ана);

3.

Унамсыз образ – әдилсизлик, жаўызлықты көрсетип береди. Қаҳарманлар оларды

жеңип, халықты қутқарады, әдилликти тәмийинлейди (залым патша, жаўыз адам);
4.

Сыйқырлы образ – халықтың исеними ҳәм фантазиясына тийкарланған (әйдарҳа,

дәў, пери, сыйқырлы кемпир);
5.

Ҳайўанлар ҳәм тәбият образлары (түли, қасқыр, ат, терек, дәрья);

6.

Әпиўайы халық ўәкиллери образлары (данышпан ғарры, ақыллы бала) ҳ.т.б.
Бул санап өтилген образлардың барлығы Қурбанбай жыраў репертуарында көзге

тасланады.

Қурбанбай жыраў репертуарының басым көпшилигинде дәстан ядросын қурған

негизги ўақыя урыс болып есапланады. Бул ҳақкында профессор Қ.Мақсетов та «Урыс
қаҳарманлық дәстанның тийкарғы ядросын қурайды» [5.99] – деп атап өтеди.
Ҳақыйқатында да, урыс еки тәреп ортасында басқаша айтқанда, урыс басшылары ҳәм
оларға жәрдем берген персонажлар арасында жүз береди. Демек, усы орында унамлы
ҳәм унамсыз образларды еске түсириў орынлы. Бир елди басып алыўға келген,
басқыншылық ислеген ҳәм адамлардың ар-намысына тийиўге ҳәрекет еткен….
унамсыз образларға қарсы әдиллик пенен гүрескен унамлы образлар ҳәм оларға
жәрдем берген затлар, персонажлар бар екенлиги белгили.

Дәстанларда бәрқулла бас қаҳарманға жақын болған адамлар, ҳайўанлар ҳәм

затлар болады. Олар гейде мәсләҳат берип, гейде урысып, гейде дәртине қулақ салып
бас қаҳарманның түрли қыйыншылықлардан қутылыўына жәрдем береди. Буларды
«қоллап-қуўатлаўшы» ямаса «екинши дәрежели» қаҳарманлар деп есаплаў мүмкин.


background image

150

Олар ўақыяларға тиккелей қатнасады. Бундай сюжетлер басқа қаҳарманлық дәстанлар
сыяқлы Қурбанбай жыраў репертуарында да көзге тасланады. Мәселен, «Алпамыс»
дәстанында Қаражан Алпамыстың аты Байшубар менен бир инсан киби өз-ара
сөйлеседи:

Сен салмадың бас ийеге қайғы-зар,
Мойныңа таққанды тилладан тумар,
Ақылсыздан таяқ урдым өзиңе,
Гүнәйымды кеширегөр жәңиўар.
Атым еди батыр туўған Қаражан,
Ўәдем болмағайды дүньяда жалған.
Кеширегөр мениң енди гүнайым,
Көзгенеңнен айлан безибан [2.265]. Усы сыяқлы сюжет «Қырық қыз» дәтанында

Гүлайым ҳәм оның аты Ақтамкер арасында да сүўретленеди.

Қарақалпақ дәстанларында қаҳарманлар ҳәм оны сүйген адамлар арасындағы

гүрес ўақыялары бас қаҳарманның ақыл-парасаты арқасында оның қәлегениндей
жуўмақланады. Биз буған Қурбанбай жыраў репертуарының «Қырық қыз»
дәстанындағы Гүлайым, «Алпамыс» дәстанындағы Гүлбаршын образынан мысал
келтирсек болады. Бул жерде унамлы қаҳарманлардың унамсыз персонажлар үстинен
жеңиске ерисиў мотиви ўақыяларда өз көринисин табады.

Дәстанларда бир сюжет екинши сюжетти жетеклеп келеди. Буның нәтийжесинде

сюжет системасы жүзеге шығады. Буған «Қырық қыз» дәстаны негизинде төмендеги
еки ўақыяны мысал келтирсек болады:

– Хорезмди басып алыўға келген Нәдиршаның Алтынайды көрип ашық болыўы,

бирақ Алтынайдың оған итибар бермеўи;

– Елди қорғаў ушын Алтынай ҳәм оның ағасы Арысланның азатлық ушын гүреси;
Бул еки ўақыяның ишинде унамлы ҳәм унамсыз образлардың гүреси жүз береди.

Усы гүресте Нәдирша мақсетине ерисиў ушын барлық жаманлықларды әмелге
асырады. Атап айтқанда, сыйқыр китабын ашып дем салады ҳәм гәўҳар тастың
сыйқырынан пайдаланыўға ҳәрекет етеди:


Сол ўаклары сум кемпир,
He болғанын биледи,
Алтынайдың қасына,
Сылт етпестен келеди,
Қолтыктағы китабын,
Ол қолына алады,
Отырып турып сум кемпир,
Көп ўақыт дем салады,
Көп ўакытлар дем салып,
Кызды жайсыз уўлады,
Оннан кейин залымлар,
Арысланньң қасына,


background image

151

Ғаз-ғаз басып барады,
Жымыңлаған сум кемпир,
Оған да дем салады [1.73].

Негизинен жаўларға қарсы батырлардың күш бириктириўи әҳмийетли бир

мәселе болып табылады. Биз буны Қурбанбай жыраўдың «Ҳажы Гирей» дәстанында да
көремиз. Ҳажы Гирейдиң жалғыз өзи көп санлы қалмақ ләшкерине атланғанда
Хозермнен Айдың улы Айқозы, Жанқозы, Уйсин елден Арғын бий, Сайрамлыдан
Сәрўанлы сыяқлы 4 ел батырларының өз ерки менен қосылып жаўға атланыўы
жоқарыда келтирип өткен «Қырық қыз» дәстанындағы Гүлайым, Арыслан, Алтынай
ҳәм Сәрбиназдың Нәдиршаға атланыс ўақыясына уқсас келеди.

Илимпаз К.Палымбетов «Қоблан» дәстаны бойынша изертлеўинде: «Халық

батырларының ... жеңилислери душпан күшлериниң сумлығы ҳәм ҳийлеси,
дуўаханлығы ҳәм сыйқыр күши себепли болады. Бундай сүўретлеўлер дәстанларға тән
типологиялық дәстүр есапланады. Бундай етип дуўадан жеңилиў, дуўадан бийҳуш
болып қалыў көпшилик дәстанданларда бар» [6.104] – деп, атап өтеди. Сондай-ақ,
«Қырық қыз» дәстанында Қулымсай мәстан кемпир арқалы Алтынайға жала жабады.
Демек, қарақалпақ эпосларының сюжет системасында мифологиялық, ертеклик
мотивлерден де пайдаланылады. «Қырық қыз» дәстанындағы мәстан кемпир, пирлер
дәстанның сюжет системасын қураған ўақыяларға негиз болған мотивлер деп
ойлаймыз.

Дәстанлардағы сюжет системасының тағы бир өзгешелиги жақсы ҳәм жаманлар

арасындағы гүрес болып есапланады. Бул гүрестиң биринши басқышы жаман
адамлардың жеңиси менен жуўмақланады. Буның тийкарғы себеби, дәстан
қаҳарманының күшлилигин, қыйншылықларға шыдам бериўин, ақыл менен жол
тутыўын, батырлығын дәлиллеў ҳәм ар-намысын сақлаўын көрсетиўден ибарат.
Жыраўдың бул усылы негизинен дәстан сюжетине ылайық болған идеяны алып
шығыўға жәрдем береди. Мысалы, «Қырық қыз» дәстанында Алтынай менен Нәдирша,
яғный унамлы ҳәм унамсыз образлар арасындағы гүрестиң биринши басқышында
Нәдирша жеңип шығады. Бирақ, төмендеги қатарларда дәстан қаҳарманының душпан
қолында болса да оннан қорықпағанын, оған бойсынбағанын ҳәм ар-намысын
бермегенин көремиз:

Солдыр енди бағда ашылған гүлимди,
Яр болмаспан саған еки дүньяда,
Жанға раҳим қылма ханым сен енди [3.233]. Демек, дәстан атқарыўшысы ар-

намысты қорғаў идеясын да күшли формада ашып береди. Ең тийкарғысы гүрестиң
екинши басқышында унамлы образлардың душпанлар үстинен жеңиске ерисип
шығыўы ҳәм өш алыўы сыяқлы ўақыялар сюжет системасының избе-излигине де
дәлил болады:

Күнлигимде пида болды бул жаным,
Өшимди алсам болмас еди әрманым [1.172].
.... Өзиң көрген Арыслан,
Атаңа нәлет патшаның,


background image

152

Мойнына жипти салады,
Нәдиршаның қолларын,
Артына беккем байлады [1.174].
.... Душпанларын өлтирип,
Оның гүлин солдырып,
Хорезмниң еллерин,
Азат етип залымнан,
Батыр қыз шад қылады [1.175].
Бундай жағдай жыраў атқарған «Сәлимжан» дәстанында да ушырасады. Онда

Сәлимжан дәслеп қыйыншылыққа түсип қул болса да, гүрестиң екинши басқышында
Қарлығаш ҳәм Қыдыр бабаның жәрдеми менен менен душпанлар үстинен жеңиске
ериседи [4]. Бул сыяқлы мысалларды жыраў репертуарынан көплеп келтириўге
болады.

Жуўмақлап айтқанда, эпостың жетилискен дәрежеге жетиўиниң тийкарғы шәрти

де унамлы ҳәм унамсыз образлар арасындағы гүрес есапланады. Бул қарама-қарсы
образлар, эпостың сюжет системасын да қурайды. Қурбанбай жыраў атқарған
дәстанлар да бул ҳақыйқаттан шетте қалмайды.

References:

Используемая литература:

Foydalanilgan adabiyotlar:

1.

Қарақалпақ фольклоры. 100 томлық. 9-том. «Қырық қыз» (Қурбанбай жыраў

варианты). ‒Ташкент: Маънавият, 2009. – Б. 536.
2.

Қарақалпақ фольклоры. 100 томлық. 3-том. «Алпамыс». Қурбанбай жыраў

варианты. ‒Нөкис: Қарақалпақстан, 2007. – Б. 756.
3.

Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық. VI том. «Қырық қыз» (Қурбанбай жыраў

варианты). ‒Нөкис: Қарақалпақстан, 1980. –Б. 460.
4.

Қарақалпақ фольклоры. 100 томлық. 50-том. «Сәлимжан». ‒Нөкис: Илим, 2012. – Б.

440.
5.

Мақсетов Қ. Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының поэтикасы. ‒Ташкент:

Илим, 1965. – Б. 334.
6.

Палымбетов К. «Қарақалпақ халық дәстаны «Қоблан». – Нөкис: Билим, 2020. –Б.

164.

Библиографические ссылки

Қарақалпақ фольклоры. 100 томлық. 9-том. «Қырық қыз» (Қурбанбай жыраў варианты). ‒Ташкент: Маънавият, 2009. – Б. 536.

Қарақалпақ фольклоры. 100 томлық. 3-том. «Алпамыс». Қурбанбай жыраў варианты. ‒Нөкис: Қарақалпақстан, 2007. – Б. 756.

Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық. VI том. «Қырық қыз» (Қурбанбай жыраў варианты). ‒Нөкис: Қарақалпақстан, 1980. –Б. 460.

Қарақалпақ фольклоры. 100 томлық. 50-том. «Сәлимжан». ‒Нөкис: Илим, 2012. – Б. 440.

Мақсетов Қ. Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларының поэтикасы. ‒Ташкент: Илим, 1965. – Б. 334.

Палымбетов К. «Қарақалпақ халық дәстаны «Қоблан». – Нөкис: Билим, 2020. –Б. 164.