120
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАР ТАРИЙХЫНАН
Кеӊесбаев Өтебай Жолдасбаевич
Нɵкис мамлекетлик техника университети Компьютер илимлери факультети
«Тиллер ҳǝм гуманитар кафедрасы» ассистент оқытыўшысы Нɵкис қаласы
https://doi.org/10.5281/zenodo.15533096
Урыстан соӊғы жыллары Қарақалпақстан халық хожалығын қайта тиклеў иси
пүткил аўқам республикаларындағыдай хүкимет тәрепинен қолға алынып. бул исти
әмелге асырыўға жәмийеттиӊ барлық күшлерин жәмлестирди. Соныӊ ишинде бул
процесске жәмийетлик шөлкемлерде белсене қатнасып, пуқаралардыӊ искерлигин
арттырыў, соныӊ менен қатар дем алыў ҳәм мәдений ўақыт өткериў мәселесине де
итибар қаратты. Усы мәселелерди әмелге асырыў биринши гезекте кәсиплик аўқамлар,
атап айтқанда Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлар областьлық Кеӊеси (Облсовпроф)
шешиўши роль атқарды.
Усы жыллары оныӊ өз қурамына республикадағы өндирислик кәрханалар ҳәм
мәдений-ағартыў мекемелериниӊ кәсиплик аўқам уйымларын бирлестирген еди. Бул
жәмийетлик шөлкем формасында пайда болған бирлеспе кейин ала ярым мәмлекетлик
жәмийетлик уйым болып кетти. Себеби урыстан кейинги жыллары кәсиплик аўқамлар
өзиниӊ әҳмийети ҳәм жәмийет турмысына тәсири бойынша партиядан кейинги
орында турды. Кәсиплик аўқамлардыӊ тийкарғы ўазыйпасы өз ағзаларыныӊ мәдений
дем алыў жағдайларын жаратыў, арнаўлы үгит-нәсият ис-илажларын, «социалистлик
жарыс»ларды шөлкемлестириўден ибарат еди. Мәселен, 1946 жылдыӊ май айында
Қарақалпақстан жер органлары, МТС жумысшылары ҳәм хызметкерлери кәсиплик
аўқамларыныӊ 2-областьлық конференциясы болып өтеди. Бул уйымға усы тараўда
ислейтуғын 1290 адам ағза болған. Бирақ олардыӊ мәдений дем алыўы ушын
имканиятлар улыўма жоқтыӊ қасында еди. Мәселен, ҳәр бир жер органларына тийисли
кәрхана ҳәм мекемелеринде «қызыл мүйеш»лер шөлкемлестириў, оларды китаплар
ҳәм газеталар менен үзликсиз тәмийнлеп барыў жумыслары шектен тыс артта қалған.
«Өткен жылларда Жер ислери наркоматы тәрепинен МТС китапханалары ушын
берилген 15 мыӊ китаптыӊ көбиси жыртылып, жоғалып, ҳәзир тек жартысы қалған,
оларда гөнерген, деп жазады «Совет Қарақалпақстаны» газетасыныӊ хабаршысы. -
Мийнеткешлерге сиясий- тәлим-тәрбия берип, алдыӊғылардыӊ ис-тәжрийбелерин
көпшилик арасына ен жайдырыўда профсоюз шөлкемлери үлкен ǝҳмиетке ийе екенин
яддан шығармаў керек»
1
.
1949-жылы 4-июнь күни республикалық кәсиплик аўқамлар активиниӊ
жыйналысы болып өтеди. Ол жерде кәсиплик аўқамлардыӊ биринши нәўбеттеги
ўазыйпасы кәсиплик аўқамлар «өндиристиӊ жумысларына жақыннан таныс болыў
екенин, мийнет өнимин арттырыўы, өнимниӊ сапасын жақсылаўы тийис екенлиги»
атап өтиледи
2
. Яғный тийкарғы мәселе – бул пуқараларды мәмлекетлик жобаларды
орынлаў ҳәм мийнет етиўге бағдарлаў болып, соныӊ менен қатар ҳәр бир мийнеткеш
өз мойнына сол жобаларды артығы менен орынлаў ушын миннетлеме алыўын талап
етилди. Ал пуқаралар арасында мәдений-ағартыў жумысларын күшейтиў, адамлардыӊ
материаллық-турмысын жǝне де жақсылаў – екилемши болып қалды. Усы жерде айтып
1
Профсоюз шөлкемлериниӊ алдағы ўазыйпалары // Совет Қарақалпақстаны, 1946, 25-май, 102-сан.
2
Қызыл Қарақалпақстан, 1949, 4-июнь.
121
кететуғын елеўсиз бир қубылыс – бул усы жыйналыста шығып сөйлегенлердиӊ басым
көпшилиги жергиликли халық ўәкиллери болмаған. Мәселен, тийкарғы баянатшы
республикалық мәдений-ағартыў мекемелери хызметкерлериниӊ кәсиплик аўқамы
республикалық комитети баслығы Бурханов, шығып сөйлегенлерден автомобиль
тарнспорты министрлиги базасыныӊ жүргизиўшиси Филотов, полиграфкомбинат
завкомыныӊ баслығы Сокуров, тигиў комбинаты комсомол шөлкеминиӊ баслығы
Божедомова, врач Левченко, Қарақалпақстан аўыл хожалығы министри орынбасары
Власов ҳәм т.б. болып, партия обкомынан Скоробогатов усы жыйналысқа қатнасқан.
1950-ши жыллары кәсиплик аўқамлардыӊ кәрханалардыӊ өндирислик
жобаларын орынлаўдағы активлиги даўам етеди. Республикалық жергиликли санаат
кәрханалары жумысшыларыныӊ кәсиплик аўқамы өзиниӊ 1951-1952 жыллардағы
искерлиги хаққындағы баянатында биринши гезекте жергиликли санаат
кәрханаларыныӊ жыллық жобаларын орынламағынлығына итибар қаратады.
«Жергиликли кәсиплик аўқамлар өндирислик совещениелерде қабыл етилген
шешимлер орынланыўын қадағаламағанлығы үлкен кемшилик, - делинеди
хүжжетлерде. – Өндирислик совещаниелерде жумыстыӊ тоқтап қалыўы, жумыс
орныныӊ қолайлықлары, үскенелерди ақылға уғрас пайдаланыў және жумысшылар
ҳәм хызметкерлердиӊ рационализаторлық, ойлап табыў мәселелерине итибар
қаратпаған»
3
.
Бирақ, И.Сталин өлиминен кейин жумысшылар хуқықларын қорғаў мәселесине
итибар қаратыла баслады. Мәселен, жоқары да көрсетилген баянатта санаат
карханаларында ис хақыныӊ ўақтында берилмей атырғанлығы, жумыс ўақтыныӊ
тийкарсыз созылыўы, мийнетти қорғаў, социаллық қамсызландырыў мәселелери кеӊ
орын алады. Соныӊ менен қатар үй-жай, турмыс дәрежесин көтериў, жумысшылардыӊ
дем алыў ушын қолайлықлар жаратыў мәселелери дыққат-итибардан шетте қала
берди.
Социаллық турмыстағы өзгерислер жумысшылардыӊ активлигин келтирип
шығарды. Олардыӊ өз хуқықларын қорғаў мақсетинде хуқық қорғаў уйымларына
мүрәжаатлери көбейген. Мәселен, сол гездеги Қарақалпақстан юстиция министри
Х.Абутовтыӊ айтыўынша, 1955-жылы мийнет етиў мәселесине байланыслы 665 арза
ҳәм даўа арзалар келип түскен, оныӊ 468-и бойынша шешим қабыл етилген
4
.
Республикалық кәсиплик аўқамлар бирлеспеси өз қурамына Қарақалпақстан
халық хожалығыныӊ барлық тараўлары хызметкерлерин өз қурамына тартып отырды.
Мәселен, Қарақалпақстан тутыныў кооперациясы хызметкерлериниӊ кәсиплик
аўқамы қурамында 16 жергиликли комитет болып, олар 30 хожалық жүргизиўши
карханаларды қамтып отырған
5
. Тийкарғы машқала шөлкемлестириў ҳәм массалық
жумыслардыӊ ҳәм ағзалық пул (взнос) жыйнаў исиниӊ тɵменлиги болып қала берди.
Итибарлысы, бул тараўда жумыс ислеўшилер өз жыйналысларында (съезд, пленум ҳ.
т.б.) тийкарынан усы мәселелер дөгерегинде сөз жүриткен, себеби материаллық
жақтан олар басқа тараў хызметкерлери ҳәм жумысшыларына қарағанда
қамсызландырылған еди. Олардыӊ таўар ҳәм өнимлерди бөлистириўде шешиўши роль
3
ҚР ОМА, ф. 247, оп. 2, д. 6, л. 32.
4
ҚР ОМА, ф. 247, оп. 2, д. 7, л. 172.
5
ҚР ОМА, ф. 247, оп. 2, д. 25, л. 39.
122
атқарыўы орталықтан турмысқа керекли ресурсларды алыў имканиятын жоқары етти.
Республиканыӊ мәмлекетлик карханалары хызметкерлериниӊ кәсиплик аўқамы
29 жергиликли кәсиплик шөлкемлерин бириктиретуғын еди, яғный 13 райкомлық
кәсиплик шөлкемлер, 15 жергиликли комитетлер ҳәм 13-санлы түрме жанындағы
кәсиплик аўқам топары
6
. Бул кәсиплик аўқамлар бирлеспеси бир қатар унамлы
жумыслар алып барған. Мысалы, Екинши жәҳан урысына қатнасып, мүгедек болып
қалған шахслар ушын Республикамыздыӊ бирнеше районларында Мүгедеклер үйи
(Индом) ашылған еди. Солардыӊ бири Төрткүл қаласында ашылып, 1954-жылы
Тахиаташқа көширилип алып келинеди. 1955-жылы Республиканыӊ мәмлекетлик
карханалары хызметкерлериниӊ кәсиплик аўқамы тәрепинен алып барылған тексериў
пайытында бул жердеги урыс мүгедеклериниӊ жағдайы оғада аўыр екенлиги белгили
болады
7
. Мүгедеклер үйи гөне Тахиаташтыӊ ремонтланбаған барақ жайларына
жайластырылып, урыс майданларынан мүгедек болып қайтқан 41 адам
антисанитариялық жағдайда жасап келген. Хүжжетлерде көрсетилгениндей, олардыӊ
жағдайы жүдә ашынарлы болған: санитариялық-гигиеналық жағдайы жүда нашар,
аўқатланыў бөлмелери жоқ, одан қалса усы мекеме басшылары (директоры Казанов,
бухгалтери Жетибаев) мүгедеклерге арналған азық-аўқаттан жеп қалыў ямаса толық
бермеў жағдайлары анықланған. Мүгедеклерге медициналық жәрдем бериўши врач-
фельдшер улыўма болмаған. Усы мекемениӊ жағдайы менен мәмлекетлик уйымларда,
я басқа жәмийетлик шөлкемлерде қызықпағанлығы сол гездиӊ өзинде жәмийетте
идеологиялық гүреслер ҳәм сиясий мапазларға көбирек итибар қаратылып, улыўма
жағдайдыӊ деградацияланыўы бақланады.
Соныӊ менен бирге, кәсиплик аўқамлар хожалық ислерине де араласыўы
бақланады. Мысалы, Қарақалпақстан Республикалық мәмлекетлик мекемелер
хызметкерлериниӊ кәсиплик аўқамы өз жыйналысларында пахта егисиниӊ барысы
хаққында улыўма қызықпайтуғын кәсиплик аўқам басшылары бар екенлигин, мийнет
тәртиби ҳәм социалистлик жарыслар барысы хаққында сөз еткен
8
.
Улыўма алғанда, урыстан кейинги жыллары кәсиплик аўқамлар өз имканиятлары
бойынша бираз жумыс алып барыў мүмкиншилигине ийе болған. Соныӊ менен қатар
кәсиплик аўқамлар мийнеткешлердиӊ денсаўлығын қорғаў, жемисли мийнет етиў
ушын қолайлықлар жаратыў, сондай-ақ, олардыӊ дем алысын мазмунлы өткериў ҳәм
спорт және дене тәрбиясы менен шуғылланыў ушын жағдай жаратыў мәселесин де
бақлап отырған.
6
ҚР ОМА, ф. 247, оп. 1, д. 3, л. 92.
7
ҚР ОМА, ф. 329, оп. 1, д. 3, л. 103.
8
ҚР ОМА, ф. 329, оп. 1, д. 27, л. 16.