Субординация аралашмасининг гептига қараб билинийи

CC BY f
23-27
8
10
Поделиться
Сейдуллаева, Д., & Сейдуллаева, А. (2022). Субординация аралашмасининг гептига қараб билинийи. Развитие лингвистики и литературоведения и образовательных технологий в эпоху глобализации, 1(1), 23–27. извлечено от https://inlibrary.uz/index.php/dllseteg/article/view/5437
Д Сейдуллаева, Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институти

Қарақалпақ тили кафедрасы, ф.и.к., доцент

А Сейдуллаева, Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институти

Қарақалпақ тили кафедрасы, ассистент оқытыўшы

Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

Ўш вилояти Ноокат туманидаги Н. Крупская ўрта мактабида бошланғич синф ўқитувчилари ва ўқув бўлими раҳбарлари учун ўқув семинари бўлиб ўтди.B. қурол билан арқонлар билан боғланган. Учрашув давомида таълим, маданият, санъат, маданият, санъат, маданият ва санъат соҳаларида икки томонлама ҳамкорлик масалалари муҳокама қилинди. Бундай ҳолда, Араб тилида таълим беришда бўлгани каби, сўзлар ва сўзларни мисол қилиб келтириш мумкин.


background image

Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari

23

БАҒЫНЫҢҚЫЛЫ ҚОСПА ГӘПТИҢ ДҮЗИЛИЎ УСЫЛЫНА ҚАРАЙ

БӨЛИНИЎИ

Сейдуллаева Д

. – Қарақалпақ тили кафедрасы, ф.и.к., доцент

.

Сейдуллаева А. –

Қарақалпақ тили кафедрасы, ассистент оқытыўшы

Бағыныңқылы қоспа гәптиң қурамындағы жай гәплер дәстүрий үйрениў

бойынша бағыныңқы гәптиң баянлаўыш формалары, бағындырыўшы дәнекер
ҳәм дәнекерлик хызметтеги сөзлер, қатнас алмасықлары, бағындырыўшы
интонация ҳәм т.б. байландырыўшы қураллар арқалы байланысады. Бирақ,
соңғы жыллардағы қоспа гәплердиң жаңа классификациясы бойынша
дизбеклеўши ҳәм бағындырыўшы интонация арқалы дүзилген қоспа гәплер
дизбекли ҳәм бағыныңқылы қоспа гәплердиң қурамынан бөлинип, өз алдына
қоспа гәптиң үшинши түри-дәнекерсиз қоспа гәп ретинде үйренилип киятыр.
Бул жағдайда бағыныңқылы қоспа гәптиң жай гәплерин байланыстырыўшы
қураллардың хызметин дизбеклеўши ҳәм бағындырыўшы интонациядан басқа,
жоқарыда аталған байланыстырыўшы грамматикалық қураллар атқаратуғын
болып қалады.

Түркий тиллеринде жоқарыда аталған байланыстырыўшы грамматикалық

қураллардың қатнасына қарай бағыныңқылы қоспа гәптиң дүзилислик түрлери
изертлеўшилер тәрепинен ҳәр түрли болып көрсетиледи.

А.П.Поцелуевский, М.Ш.Ширалиев, Ғ.А.Абдураҳманов, Қ.М.Есенов,

Е.Д.Дәўеновтың изертлеўлеринде бағыныңқылы қоспа гәплердиң дүзилиси
синтетикалық, аналитикалық ҳәм аналитика-синтетикалық сыяқлы үш түрге
бөлинеди

48

.

Екинши топар изертлеўишлер М.З.Зәкиев, Н.Х.Демесинова бағыныңқылы

қоспа гәплерди синтетикалық ҳәм аналитикалық бағыныңқылы қоспа гәп деп
екиге бөледи

49

. Сондай-ақ, жоқарыда аталған еки топар изертлеўишлердиң

мийнетлеринде бағыныңқылы қоспа гәптиң түрлерин дүзиўге қатнасатуғын
байланыстырыўшы қураллардың ҳәр түрли болып берилгени көринеди.

А.П.Поцелуевский бағыныңқы гәптиң баянлаўыш формасы арқалы бас гәп

пенен байланысқан қоспа гәпти бағыныңқылы гәптиң синтетикалық түри,
бағыныңқылы қоспа гәптиң қурамындағы жай гәплердиң көмекши сөзлер, орын
тәртип ҳәм интонация арқалы байланысқан түрлерин аналитикалық, егер, егер
де ҳәм -са формалы шәрт мейил арқалы бас гәп пенен байланысқан қоспа
гәплерди аналитика-синтетикалық бағыныңқылы қоспа гәп деп есаплайды

50

.

48

Поцелуевский А.П. Основы синтаксиса туркменского литературного языка. Ашхабад, 1943, 8-10-бетлер;

Ширалиев М.Ш. Проблема сложно-подчиненного предложения в азербайджанском языке. Сб. «Вопросы
составления описательных грамматик». М., 1961, 157-б.; Абдурахманов А.Г. Основы синтаксиса сложного
предложения современного узбекского литературного языка. Ташкент, 1960, 85-б.; Есенов Қ. Сабақтас
қурмалас сөйлемниң қурылысы. Алматы, 1982, 82-б.; Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң грамматикасы.
Нөкис, 1992, 460-бет.

49

Современный татарский литературный язык. Синтаксис. М., Изд-во «Наука», 1971. 169-б.; Демесинова Н.Х.

Развитие синтаксиса современного казахского языка. Алма-Ата, 1974, 135-бет.

50

Поцелуевский А.П. Көрсетилген мийнети, 70-86-бетлер.


background image

Respublika ilmiy-amaliy konferensiya

24

М.Ш.Ширалиев бағыныңқы гәп пенен бас гәптиң бағындырыўшы

дәнекерлер ҳәм интонация арқалы байланысқан гәплерди аналитикалық,
бағыныңқы гәптиң баянлаўышының шәрт мейил формалы ҳәм бетлик фейил
формасына

-мы/-ми

сораў аффиксиниң қосылыўы арқалы бас гәп пенен

байланысқан түрин синтетикалық, ал бағыныңқы гәптиң

са/-се

формалы

баянлаўышы ҳәм қатнаслық сөзлердиң байланысынан дүзилип, еки тәреплеме
байланыста келген гәплерди аналитика-синтетикалық түр деп қарайды

51

.

Ғ.А.Абдураҳманов бағыныңқылы қоспа гәптиң синтетикалық түрине

бағыныңқы гәпиниң баянлаўышы

ар,-мас

формалы келбетлик фейил,

-ыр,-май,-

ғунча,-қар

формалы ҳал фейил ҳәм шәрт мейил формасы арқалы бас гәп пенен

байланысқан гәплерди, аналитикалық бағыныңқы қоспа гәпке бағыныңқы гәп
пенен бас гәптиң бағындырыўшы дәнекерлер, тиркеўишлер, гейпара жанапай
ҳәм дәнекерлик хызметтеги сөзлердиң бағыныңқы гәптиң баянлаўышына
биригип бас гәп пенен байланысқан гәплерди, ал аналитика-синтетикалық
бағыныңқылы қоспа гәпке бағыныңқы гәптиң келбетлик фейилден болған
баянлаўышының тиркеўишли ямаса сеплик қосымталы келиўи ҳәм
баянлаўышы шәрт мейилден болған бағыныңқы гәптиң қатнаслық сөзлер
арқалы бас гәп пенен байланысқан гәплерди жатқарады. Соның менен қатар,
усы дүзилистиң қурамында шәрт мейил формасындағы бағыныңқы гәптиң
баянлаўышына жанапайлық хызметтеги

ҳәм, да

дәнекерлериниң дизбеклесип,

бас гәп пенен байланысқан гәплер де қаралады

52

.

Қазақ тилиндеги бағыныңқылы қоспа гәптиң қурылысын арнаўлы

изертлеўши Қ.Есенов синтетикалық бағыныңқы қоспа гәптиң шәрт мейил, ҳал
фейил формалары және келбетлик фейилдиң кеңислик сеплик жалғаўлы
баянлаўышы арқалы байланысыўынан, аналитикалық түриниң дәнекерлер ҳәм
дәнекерлик хызметтеги сөзлер, гейде

ма/ме

жанапайы, дәнекерлик мәнидеги

бол

көмекши фейили ҳәм

деп

дәнекери арқалы бағыныңқы гәптиң бас гәп пенен

байланысыўынан дүзилетуғынын көрсетеди. Ал аналитика-синтетикалық түрди
бағыныңқы гәптиң баянлаўышы келбетлик фейил менен тиркеўишлердиң
дизбеклесиўи арқалы, жупласып келген қатнаслық сөзлер баянлаўышы шәрт
мейилден болған бағыныңқы гәптиң қурамында қолланылып, бас гәп пенен
байланысқан гәплер, сондай-ақ, шәрт мейилден болған бағыныңқы гәптиң
баянлаўышына жанапайлық хызметтеги

да

дәнекериниң дизбеклесиўи арқалы

жасалатуғынын көрсетеди

53

.

Қарақалпақ

тилиндеги

бағыныңқылы

қоспа

гәпти

изертлеўши

Е.Дәўеновтың мийнетинде синтетикалық бағыныңқылы қоспа гәпке
бағыныңқы гәптиң баянлаўышының келбетлик фейил ҳәм ҳәрекет аты
фейиллериниң кеңислик сеплик аффиксли, ҳал фейил ҳәм-

са

формалы шәрт

мейилден болып, басқа ҳеш қандай қосымша қураллардың қатнасысыз бас гәп
пенен байланысқан қоспа гәплер көрсетиледи. Аналитикалық бағыныңқылы

51

Ширалиев М.Ш. Көрсетилген мийнети, 157-158-бетлер; Сол автор. Заметки о сложноподчиненно бессоюзном

предложении. «Советская тюркология», 1971, №4, 14-бет

52

Абдурахманов А.Г. Основы синтаксиса сложного предложения современного узбекского литературного

языка. Ташкент, 1960, 85-88-бетлер.

53

Есенов Қ. Сабақтас қурмалас сөйлемниң қурылысы. Алматы, 1982, 38-44-бетлер.


background image

Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari

25

қоспа гәпке бағыныңқы гәптиң бас гәп пенен бағындырыўшы дәнекерлер,

ма/ме

жанапайы,

де

көмекши фейилиниң тыянақлы баянлаўышқа

дизбеклесиўи, сондай-ақ бағыныңқы гәптиң баянлаўышының қурамында

сол,

соншелли, соншама, сондай

усаған дәнекерлик хызметтеги сөзлердиң

қатнасыўынан, ал аналитика-синтетикалық бағыныңқылы қоспа гәплерге
бағыныңқы гәптиң келбетлик фейил ҳәм ҳәрекет аты фейиллеринен болған
баянлаўышларына ҳәр түрли тиркеўиш ҳәм көмекши атаўышлардың
дизбеклесиўи

-са

формалы шәрт мейилден болған баянлаўышқа

да/-де

жанапайлық хызметтеги дәнекерлердиң, сондай-ақ қатнаслық сөзлердиң келиўи
арқалы байланысқан бағыныңқылы қоспа гәплердиң топарларының
киретуғынын көрсетеди

54

.

Бағыныңқылы қоспа гәптиң дүзилисиниң синтетикалық ҳәм аналитикалық

сыяқлы еки түрге бөлип изертлеўишлердиң мийнетлеринде де байланыстырыўшы
грамматикалық қураллардың ҳәр түрли болып берилгени көринеди.

М.З.Зәкиев татар тилиндеги бағыныңқылы қоспа гәптиң бағыныңқы

гәпиниң баянлаўыш формасы менен байланысқан барлық түрлерин
синтетикалық байланыс, бағыныңқы гәптиң баянлаўыш формасы арқалы
байланыспай, басқа байланыстырыўшы қураллар арқалы байланысқан
бағыныңқылы қоспа гәплерди аналитикалық дүзилистеги бағыныңқылы қоспа
гәплер деп есаплайды. Синтетикалық байланысты билдириўши аффикслер,
тиркеўишлер,

тиркеўишлик

хызметтеги

сөзлердиң

миннетли

түрде

баянлаўышқа жақын турыўы ҳәм орын тәртиби арқалы бир-бири менен
байланысқан гәплерди синтетикалық, ал бағындырыўшы дәнекерлер,
дәнекерлик хызметтеги сөзлер, қатнаслық сөзлер ҳәм интонация арқалы өз ара
байланысып келген гәплер аналитикалық түрге киргизиледи. Соның менен
қатар, М.З.Зәкиев аналитикалық түрдеги бағыныңқылы гәплерди олардың жай
гәплериниң байланысыў өзгешелиги тийкарында қатнаслық, дәнекерсиз ҳәм
дәнекерли бағыныңқылы қоспа гәп болып үш түрге бөлинетуғынын көрсетеди

55

.

Ҳәзирги қазақ тили синтаксисиниң раўажланыў тенденциясын изертлеўши

Н.Х.Демесинова

бағыныңқылы

қоспа

гәптиң

дүзилиў

өзгешелигин

төмендегише сыпатлайды. Синтетикалық бағыныңқылы қоспа гәптиң
қурамындағы жай гәплер бағындырыўшы дәнекерлердиң қатнасысыз
бағыныңқы гәптиң баянлаўышы арқалы байланысауғынын көрсетеди. Бул
байланыстырыўшы қураллардың хызметин ҳал фейилдиң (-ып,-а,-е,-й),
келбетлик фейилдиң сеплик тиркеўишли формалары, шәрт мейил формасы ҳәм

егер

дәнекери арқалы байланысқан бағыныңқы гәптиң баянлаўышы атқарады.

Аналитикалық түр ретинде бағыныңқылы қоспа гәптиң жай гәплериниң
бағындырыўшы дәнекерлер, дәнекерлик хызметтеги сөзлер, сораў, силтеў
алмасықлары ҳәм гейпара рәўишлердиң қатнасынан дүзилген гәплерди
көрсетеди. Соның менен қатар, аналитикалық бағыныңқылы қоспа гәплерди
компонентлерин байланыстырыўшы грамматикалық қураллардың қатнасына
қарай, қатнаслық сөзли бағыныңқылы қоспа гәп ҳәм бағындырыўшы дәнекерли
бағыныңқылы қоспа гәп сыяқлы екиге бөледи

56

. Демек, бул изертлеўшилердиң

54

Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң грамматикасы. Синтаксис. Нөкис, 1992, 460-бет.

55

Закиев М.З. Современный татарский литературный язык. Синтаксис. М., 1971, 169-170 ҳәм 189-бетлер.

56

Демесинова Н.Х. Развитие синтаксиса современного казахского языка. Алма-Ата, 1974, 156-бет.


background image

Respublika ilmiy-amaliy konferensiya

26

анықлаўы бойынша синтетикалық түрди қандай байланыстырыўшы қураллар
дүзип келсе де, бағыныңқылы гәптиң баянлаўыш формасы тийкарғы орайлық
орынды ийелейди. Сол бағыныңқы гәптиң баянлаўыш формасы арқалы бас гәп
пенен байланысып, бағыныңқылы қоспа гәптиң семантикалық белгиси
(мазмуны) анықланады.

Жоқарыдағы көпшилик изертлеўишлер тәрепинен бөлинген синтетикалық,

аналитикалық

ҳәм

аналитика-синтетикалық

түрлерди

дүзиўши

байланыстырыўшы қураллар ҳәрбир түркий тиллериниң материаллары
тийкарында ҳәр түрли болып берилгени белгили. Бундай ҳәр түрлиликлерди
жоқарыдағы

шолыў

жасалғанларды

жуўмақластырып

қарағанымызда

төмендегидей өзгешеликлерди көремиз. Гейпара изертлеўишлер бағыныңқы
гәптиң келбетлик фейилден болған баянлаўышының сеплик аффикси ҳәр
тиркеўишлердиң қатнасынан дүзилип, бас гәп пенен байланысқан түрин
синтетикалық бағыныңқылы қоспа гәп есапласа (М.З.Зәкиев, Н.Х.Демесинова),
екиншилери усы дүзилистеги гәплерди аналитика-синтетикалық түр деп
көрсетеди (Ғ.Абдураҳманов, Қ.Есенов, Е.Дәўенов). Сондай-ақ, гейпара
изертлеўишлер бағыныңқылы қоспа гәптиң қурамындағы бағыныңқы гәп пенен
бас гәптиң

егер

дәнекери ҳәм шәрт мейил формасы арқалы байланысқан

гәплерди аналитика-синтетикалық түр деп қараса (А.П.Поцелуевский,
М.Ш.Ширалиев, Ғ.А.Абдураҳманов), екинши топар изертлеўишлер бундай
байланыстағы гәплери бағыныңқылы қоспа гәптиң синтетикалық түри деп
есаплайды (М.З.Зәкиев, Н.Х.Демесинова).

Ҳақыйқатында синтетикалық ҳәм аналитикалық терминлери сөзлердиң

дүзилиси ушын да, гәплердиң дүзилиси ушын да қолланылады. Булардың
арасындағы айырмашылық, олардың синтетикалық түри сөзлердиң қосылып
биригиўи арқалы бир сөз формасында келиўин аңлатса, аналитикалық түри
қосылатуғын еки ямаса бирнеше сөздиң бирикпей бөлек турыўын аңлатады.
Бул сөзлердиң жасалыўы ҳәм дүзилиўи ушын нызамлы қубылысы. Бирақ,
бағыныңқылы қоспа гәп компонентлериниң байланысыў усылларын
баянлаўыш формаларының сыртқы көринисине қарай синтетикалық,
аналитикалық ҳәм аналитика-синтетикалық деп көбейтип бериў олардың
дүзилисин анықлаўда бираз қыйыншылықлар туўдырыўы мүмкин. Мәселен,

ма/ме

жанапайы азербайжан тилинде бағыныңқы гәптиң баянлаўышына

қосылып жазылғаны ушын синтетикалық типке бериледи: Баҳар ашылдымы
кәнәнәк кими күлләрин арасында итәшакдир. -Баҳар

шықтыма

байшешеклер

гүллеп шыға келеди. Бундай формалар өзбек, қазақ, қарақалпақ тиллеринде ма
жанапайының бөлек турыўына байланыслы аналитикалық түр деп үйрениледи.

М.З.Зәкиев ҳәм Н.Х.Демесинованың бағыныңқылы қоспа гәплерди

компонентлериниң

байланысыў

усылына

қарай,

синтетикалық

ҳәм

аналитикалық деп еки түрге бөлип үйрениў бир қанша жыйнақлы ҳәм
анықлыққа ийе. Бул изертлеўшилердиң анықлаўы бойынша синтетикалық
түрди қандай грамматикалық қураллар дүзип келсе де, бағыныңқы гәптиң
баянлаўышының қурамына киреди.

Жоқарыда баян етилгенлерди жуўмақластырып, қарақалпақ тилиндеги

бағыныңқылы қоспа гәплериң дүзилислик түрлерин бағыныңқы гәптиң
баянлаўышының ҳәр түрли болып берилиўине, яғный сыртқы көринисине


background image

Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari

27

қарай емес, бағыныңқы гәптиң бас гәпке баянлаўыш формасы арқалы
байланысқан барлық түрлери синтетикалық бағыныңқылы қоспа гәп деп
қаралады. Ал бағыныңқылы қоспа гәптиң аналитикалық түрине бағыныңқы
гәптиң баянлаўышының қурамына кирмейтуғын байланыстырыўшы қураллар
арқалы байланысқан бағыныңқылы қоспа гәплер киреди. Усы принцип
тийкарында қарақалпақ тилиндеги бағыныңқылы қоспа гәпти дүзилислик
жақтан синтетикалық ҳәм аналитикалық бағыныңқылы қоспа гәп деп еки түрге
бөлип үйрениў мақсетке муўапық келеди. Бул тийкарды үйрениў изертлеўлерде
ҳәр түрли болып үйренилип жүрген қыйыншылықларды шешиўде теориялық
ҳәм әмелий жақтан бир қанша қолайлылық туўдырыўы мүмкин. Солай етип,
бағыныңқылы қоспа гәптиң синтетикалық түриниң қурамындағы жай гәплер
бағыныңқы

гәптиң

баянлаўышына

ҳәр

түрли

байланыстырыўшы

грамматикалық қураллардың қосылыўы арқалы бас гәп пенен байланысады.
Олар төмендегилер: ҳал фейил формалары, келбетлик фейил, ҳәрекет аты
фейиллери+кеңислик сеплик қосымталары ҳәм тиркеўишлер, шәрт мейил,
бетлик фейил+гейпара жанапайлардың қатнасында байланысып келиўи арқалы
дүзиледи. Бағыныңқылы қоспа гәптиң бул дүзилислик түри қарақалпақ тилинде
кең қолланылады.

Аналитикалық бағыныңқылы қоспа гәптиң қурамындағы жай гәплер

бағындырыўшы дәнекерлер ҳәм гейпара дәнекерлик хызметтеги сөзлер,
қатнасық алмасықлары арқалы байланысады. Бул аналитикалық байланыстағы
бағыныңқылы қоспа гәплер байланыстырыўшы қураллардың қатнасына қарай
дәнекерли бағыныңқылы қоспа гәп ҳәм қатнаслық бағыныңқылы қоспа гәп
болып екиге бөлинеди.

Бағыныңқылы қоспа гәплердиң синтетикалық ҳәм аналитикалық

түрлериниң байланысыў усылларының билдирилиўи олардың ҳәр қайсысына
жеке-жеке таллаў жасағанда анық көринеди.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов