Келешек әўлад тәрбиясында көркем әдебиятты терең аңғарыў, ғәрезсизлик қәбилетлерин қәлиплестириў ҳәм өз бетинше китап пенен ислесиў көнликпелерин пайда етиў, турмыста ушырайтуғын ўақыя-қубылыслардың
мәнисин тез түсинип жететуғын тапқыр ҳәм билгир балаларды тәрбиялаў әйне мектеп тәлимнен басланады. Бундай мақсетлерди әмелге асырыў МТС программаларында нәзерде тутылған болып, пәнлерди оқытыўда олар арасындағы байланыслылықтың тәмийинлениўи менен әмелге асырылып
барылады