Краткий экскурс в историю изучения каракалпакской традиции взаимопомощи «помощь»

CC BY f
237-238
21
20
Поделиться
Хожаниязова, Г. (2022). Краткий экскурс в историю изучения каракалпакской традиции взаимопомощи «помощь». Ренессанс в парадигме новаций образования и технологий в XXI веке, (1), 237–238. https://doi.org/10.47689/innovations-in-edu-vol-iss1-pp237-238
Г Хожаниязова, Каракалпакский гуманитарный институт

тайный докторант

Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

В Каракалпакстане взаимопомощь называется «помощью» и формируется как социальный институт, преобладающий в сельскохозяйственном труде. Строго соблюдается традиция взаимопомощи в виде «помощи» в виде сельскохозяйственных работ, полива, земледелия, физической, финансовой, моральной, благотворительной помощи на свадьбах и обрядах.


background image

236

ÁDEBIYATLAR:

1.

Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлисининг Ахборотномаси, 2002., 12-сон, 213-модда.

2.

Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлисининг Ахборотномаси, 2002., 12-сон, 215-модда.

3.

Жураев Ю.А. Право и управление в области использования и охраны природной среды

Республики Узбекистан: Автореф. дисс. ... докт.юрид.наук. –М., 1996, − С. 3-4;
4.

Файзиев Ш.Х. Теоретические проблемы правового обеспечения экологической политики

Республики Узбекистан. Монография. –Т.:ТГЮИ, 2004, − С.45.

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДА ӚЗ-АРА ЖӘРДЕМ «КӚМЕК» ДӘСТҤРИНИҢ

ИЗЕРТЛЕНИЎ ТАРИЙХЫНА ҚЫСҚАША ШОЛЫЎ

Хожаниязова Г.М.

таяныш доктарант, ӚзР ИА ҚҚБ Қаракалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў

институты, Нӛкис, Ѳзбекстан

e-mail:

ghozaniazova@gmail.com

Қарақалпақларда ӛз-ара жәрдем «кӛмек» деп аталып, социаллық институт сыпатында

қәлиплескен, аўыл хожалық жумысларында ғалабалық кӛриниске ийе. «Кӛмек»-тҥрлери аўыл
хожалық жумыслары, ирригация, шәрўашылық, жумысларында физикалық жақтан, той ҳәм
мәресимлерде финанслық, мораллық, қайыр-саҳаўатлық жәрдем кӛринисинде ӛз-ара жәрдем
дәстҥри қатаң сақланып қалған.

Қоңсы ҳәм шет ел изертлеўшилери тәрепинен ӛз-ара жәрдем мәселеси ҳәр тәреплеме

ҥйренилген мәселелерден есапланады. Қарақалпақларда болса, ӛз-ара жәрдем мәселеси
этнография илиминде комплексли ҥйренилмеген, актуал мәселелерден бири есапланғанлықтан,
биз оны ҥйрениўди мақсет етип алдық.

Ӛз-ара жәрдем мәселесинде шет ел изертлеўшилери арнаўлы изерлеў жумыслары әмелге

асырған болып, ӛз-ара жәрдем мәселесинде илимий тийкарда пикирлерин билдирген. Атап
айтқанда, изертлеўши Е.Н.Коломасованың изертлеўлеринде ӛз-ара жәрдем мәселесине арнаўлы
дыққат аўдарады. «… Жәрдем-жәмийеттиң универсал институты болып, жәмийет ҳәм оның
тӛменги дизимлерин интеграцияласыўы ҳәм турақласыўы ушын зәрҥр әҳмийетке ийе болып,
бҥгинги кҥнде шаңарақлық жәрдем кӛрсетиў оның ең тийкарғы кӛринислеринен
бири»[Коломосова, 2005: 12]-деген илимий пикирлерин баян етеди.

Аўыл хожалығындағы ӛз-ара жәрдем мәселесинде изертлеўши О.И.Лылова: «…Әдетте,

ҳәрбир шаңарақ ӛзиниң кҥнделикли искерлигинде бәнтлик тҥрлери ҳәм дәрәмат дереклери
бойынша товар, тиришилик ҳәм дәстҥрий хожалық тҥрлерин бирлестирип, ӛз ықтыярындағы
барлық ресурслардан пайдаланады. Бул болса жҥдә кәмбағалласыўдан қашыў имканиятын береди.
Буннан тысқары, ресурслардың ҥлкен бӛлеги бийғәрез материаллық жәрдем, айырбаслаў
формасында келеди, себеби, аўыл жәмийети ҳәр дайым ағайыншилик ҳәм қоңсышылық ӛз-ара
жәрдем, дослық кӛмектиң кең тармағы менен ажыралып турады» [Лылова, 2021: 287] -деп
кӛрсетсе, Ш.И.Омаров изертлеўлеринде ӛз-ара жәрдем дәстҥрине айрықша итибар қаратады ҳәм
оның тҥрлерин, формаларын арнаўлы тҥрде бӛлип кӛрсетеди: «Цудахарлар арасында қысқа
мҥддетли мийнет талап етилетуғын жумысларды ислеўде бир мәртелик топарлық ӛз-ара жәрдем
кӛрсетиўдиң ең кең тарқалған формасы-«билхъа» еди» [Омаров, 2008: 13]деп кӛрсетсе,
изертлеўши Х.Исмаилов қоңсы халық саналған ӛзбеклердеги ӛз-ара жәрдем мәселесине тоқталып,
«хашар»- адамлардың ықтыярий мийнеттеги ӛз-ара жәрдеми [Исмаилов,1983:24 ] деген илимий
пикирлерин билдиреди.

Демек, ҳәрбир халық турмысында ӛз-ара жәрдем мәселеси ҳәр тҥрли ат пенен кҥнделикли

турмысында қалиплескен. Социаллық институт болып раўажланып, оның тҥрлери, формалары,
функциялары дәўир талабы негизинде трансформацияланды яки модернизацияға ушыраған
жағдайында да жоғалмайды.

Қарақалпақларда ӛз-ара жәрдем яғный «кӛмек» мәселесин академик С.Камалов

тӛмендегише тҥсиндиреди: «…Қарақалпақларда узақ ўақыт даўамында руўлар, ағайинлер
арасында ғамхорлық тҥрлеринен бири кӛмек қалдықлары сақланып қалған. «Кӛмек» жумыслары
тийкарынан егис, жыйын ҳәм суўғарыў системаларын тазалаў ўақтында әмелге асырылады»
[Камалов, 1968: 137,138] -деп кӛрсетип, қарақалпақлардағы «кӛмек» дәстҥрине қысқаша шолыў
берип ӛтеди.

Изертлеўши Р.Қосбергенов «кӛмек» социаллық институтына арнаўлы тоқтап ӛтеди:

«…Кӛмек-ҳақыйқый мәнисинде ғалабалық жәрдем. Орта Азияның кӛпғана халықларында тҥрли
атлар менен ғалабалық жәрдем кӛрсетиў дәстҥри әййемнен сақланып қалған.


background image

237

Ғалабалық жәрдем, тийкарынан, аўылдың бай қатламлары тәрепинен ҥй-жай

қурылысында, салмалар қазыўда ҳ.т.б. қолланылған. Бай жай салмақшы болса, кӛмек айтады, мал
сойып тағам таярлайды. Жумыста аўылдың барлық халқы, оның ағайинлери қатнасыўы керек еди»
[Косбергенов, 1958, 257,258] -деп кӛрсетеди.

Изертлеўши, Ў.Шәлекеновтиң изертлеўларинде дала жумыслары, суўғарыў ислеринде

аўыл адамлары яки руў адамлары менен биргеликте жәрдем тийкарында әмелге асылғанлығы
ҳаққында айта ӛтип, тийкарынан ирригация жумысларында ғалаба жәрдем тийкарында «жап»,
«салма», «тоңыртқа», «саға» қазылғанлығы ҳаққында мағлыўмат береди. Деген менен, ӛз-ара
жәрдем «кӛмек» социаллық институты мәселесине арнаўлы тоқталмаған.[Шәлекенов, 1958,
284,285]

Қарақалпақларда ӛз-ара жәрдем «кӛмек» мәселеси бойынша М.М.Давлетияров арнаўлы

изертлеўлерди әмелге асырады. Изертлеўши ӛз-ара жәрдем «кӛмек» мәденият компонентлерин
социаллық институтлар екенлигин кӛрсетип береди. Ӛз-ара жәрдем «кӛмек»-тарийхый
қәлиплескен дәстҥр болып, жәрдемниң жәмәәтлик кӛриниси, яғный ықтыярый физикалық жәрдем,
[Давлетияров, 2018:20]-деген илимий пикирлерин келтиреди.

Қарақалпақларда аўыл-хожалық жумысларын әмелге асырыўда ӛз-ара социаллық бирлик,

ӛз-ара жәрдем тийкарында әмелге асырылған. Себеби, аўыл хожалық жумысларында жаңа
жерлерди ашыў, шҥдигар жумыслары, жап-салмалардың ғалаба кӛмек нәтийжесинде тазаланыўы,
жаңа ирригация тармақларының ашылыўы булардың барлығы ҥлкен кҥшти талап ететуғын
физикалық аўыр жумыс болғанлықтан, аўыл арасында ӛз–ара жәрдем ғалабалық кӛмек
шӛлкемлестирилип аўыл адамлары тартылған.

Солай екен, ҳәр қандай халықтың социаллық турмысында, ӛз-ара жәрдем турмыслық

кӛнликпелер тийкарынан пайда болып ҳәм ўақыттың ӛтиўи менен ҳәр тҥрли формалары
қәлиплесип, кең ен жайып дәстҥрге айланып барды. Орта Азия аймағында жасаўшы халықлардың
аўыл хожалық турмысы аграр экономикасына тийкарланғанлықтан, аўыл хожалығында мийнет
етиўши халық арасында ӛз-ара жәрдемниң ҳәр тҥрли формалары қәлиплести

Жуўмақлап айтқанымызда, қарақалпақлардағы ӛз-ара жәрдем «кӛмек» мәселеси, бҥгинги

кҥнде оның модернизацияланыўы яки трансформацияланыў дәрежелерин илимий тийкарда
ҥйрениў оның тҥрлерин, функцияларын ашып бериў изертлеўди талап етип турған мәселелерден
бири болып табылады.

ӘДЕБИЯТЛАР:

1. Давлетияров М.М. Қорақалпоқлар замоновий кундалик Хаѐтида ижтимоий институтларнинг
ўрни ва роли//тарих фанлари бўйича фалсафа доктори (PhD) диссертацияси автореферати.-Т.2018,
20-бет
2. Исмаилов Х. Хашар его роль в трудовом и интернациональном воспитании масс.//
Общественные науки в Узбекистане. №2.1983.с.24
3. Коломасова Е.Н. Институт помощи в системе семейно-родственных отношений.//
автореф.диссер. на соиск.уч.степ.канд.социологических наук. Саранск,2005. С-12
4. Камалов С. Каракалпакии в XVIII-XIX веках. Т.1968.-137-138стр
5. Косбергенов Р. Положение каракалпакского населения в Хивинском ханстве в конце XIX-
начале XX века.//Труды Хорезмской археолого-этнографической экспедиции.Т.III.М. 1958 .с.256-
257.
6. Лылова О.В. Неформальная взаимопомощь в сельском сообществе. Аналогия социально-
экономической мысли России:XIX-XX века.Москва; Берлин; Директмедиа Паблишинг, 2021.-
287стр.
7. Омаров Ш.И. Быт и духовная культура даргинцев-цудахарцев в XIX -начале XX в.//автореф.
дисс.на соиск.ученой степени к.и.н. Махачкала,2008. С-13
8. Шәлекенов Ў. Быт каракалпакского крестьянства Чимбайского района в прошлом и настоящем.
Материалы и исследования по этнографии Каракалпаков//труды ХАЭЭ.Т.3 М-1958. С-284, 285.

Библиографические ссылки

Давлетияров М.М. Коракалпоклар замоновий кундалик Хаётида ижтимоий институтларнинг урни ва роли//тарих фанлари буйича фалсафа доктори (PhD) диссертацияси автореферати.-Т.2018, 20-бет

Исмаилов X. Хашар его роль в трудовом и интернациональном воспитании масс.// Общественные науки в Узбекистане. №2.1983.с.24

Коломасова Е.Н. Институт помощи в системе семейно-родственных отношений.// автореф.диссер. на соиск.уч.степ.канд.социологических наук. Саранск,2005. С-12

Камалов С. Каракалпакии в XVIII-XIX веках. Т.1968.-137-138стр

Косбергенов Р. Положение каракалпакского населения в ХивинскОхМ ханстве в конце XIX-начале XX века.//Труды Хорезмской археолого-этнографической экспедиции.Т.Ш.М. 1958 .с.256-257.

Лылова О.В. Неформальная взаимопомощь в сельском сообществе. Аналогия социально-экономической мысли России:Х1Х-ХХ века.Москва; Берлин; Директмедиа Паблишинг, 2021.-287стр.

Омаров Ш.И. Быт и духовная культура даргинцев-цудахарцев в XIX -начале XX в.//автореф. дисс.на соиск.учсной степени к.и.н. Махачкала,2008. С-13

Шэлскснов У. Быт каракалпакского крестьянства Чимбайского района в прошлом и настоящем. Материалы и исследования по этнографии Каракалпаков//труды ХАЭЭ.Т.З М-1958. С-284, 285.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов