Authors

  • Т.Қ Байниязова

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.110119

Keywords:

каракалпакское литературоведение научный метод Н.Даукараев литература исследование.

Abstract

Статья посвящена анализу методов исторического исследования, примененных в одном первых изысканий в каракалпакском литературоведении – «Очерках истории каракалпакской литературы» Н.Даукараева. Отмечено применение в данном труде историко-генетического, историко-функционального, сравнительно-исторического, типологического (именуемого также сравнительно-типологическим либо историко-типологическим), историко-литературного научных методов, а также системного подхода при изучении многовековой истории литературы каракалпакского народа. Автор приходит к выводу о необходимости дальнейшего всестороннего изучения научных методов, применяемых в каракалпакском литературоведении, с целью оценки уровня их освоения исследователями, выявления эффективности их использования и определения перспектив развития данной отрасли науки.

background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 6 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1100

Н.ДӘЎҚАРАЕВТЫҢ «ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫ ТАРИЙХЫНЫҢ

ОЧЕРКЛЕРИ»НДЕ ТАРИЙХЫЙ ИЗЕРТЛЕЎ МЕТОДЛАРЫНЫҢ

ҚОЛЛАНЫЛЫЎЫ МӘСЕЛЕСИНЕ

Т.Қ.Байниязова

Қарақалпақ гуманитар илимлер илим

-

изертлеў институты, Нөкис.

https://doi.org/10.5281/zenodo.15715924

К ВОПРОСУ О ПРИМЕНЕНИИ МЕТОДОВ ИСТОРИЧЕСКОГО

ИССЛЕДОВАНИЯ В «ОЧЕРКАХ ИСТОРИИ КАРАКАЛПАКСКОЙ

ЛИТЕРАТУРЫ» Н.ДАУКАРАЕВА

Аннотация.

Статья посвящена

анализу методов исторического исследования,

примененных в одном первых изысканий в каракалпакском литературоведении –

«Очерках

истории каракалпакской литературы» Н.Даукараева. Отмечено применение в данном
труде

историко

-

генетического,

историко

-

функционального,

сравнительно

-

исторического, типологического (именуемого также сравнительно

-

типологическим либо

историко

-

типологическим), историко

-

литературного научных методов, а также

системного подхода при изучении многовековой истории литературы каракалпакского
народа. Автор приходит к выводу о необходимости дальнейшего всестороннего изучения
научных методов, применяемых в каракалпакском литературоведении, с целью оценки
уровня их освоения исследователями, выявления эффективности их использования и
определения перспектив развития данной отрасли науки.

Ключевые слова:

каракалпакское литературоведение, научный метод,

Н.Даукараев, литература, исследование.

TO THE PROBLEM OF N.DAUKARAEV‘S APPLICATION OF THE HISTORICAL

METHOD IN THE ″ESSAYS ON THE HISTORY OF KARAKALPAK LITERATURE″

Abstract

. The article is devoted to the analysis of the methods of historical research

applied in one of the earliest studies in Karakalpak literary Study

“Essays on the History of

Karakalpak Literature” by N. Daukaraev. It highlights the use of historical

-genetic, historical-

functional, comparative-historical, typological (also referred to as comparative-typological or
historical-typological), and historical-literary scientific methods, as well as a systematic
approach in the study of the centuries-old literary history of the Karakalpak people. The author
concludes that there is a need for further comprehensive study of the scientific methods used in
Karakalpak literary studies in order to assess the extent of their mastery by researchers,
evaluate their effectiveness, and determine the prospects for the development of this branch of
science.

Keywords:

Karakalpak Literary Study, scientific method, N. Daukaraev, Literature,

research.

Мәлим болғанындай, миллий әдебияттаныўдың пайда болыўы өткен әсирдиң

биринши шерегине туўра келеди, бунда әдебий, илимий ой

-

пикирдиң дәслепки көриниси

ретинде миллий әдебий сын ең әўели ортаға шықты ҳәм өзинен соң илимий
изленислердиң жүзеге келиўи ушын шәраят жаратты.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 6 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1101

Дәўирдиң тың мәселелерине қурылған изленислер, өз гезегинде, изертлеўшилерге

әдебият ҳаққындағы илимге кирип келиўге ҳәм буннан соңғы ўақытлары илимий
дөретиўшилик пенен тыянақлы түрде шуғылланыўға жол ашып берди. Солай етип,
қарақалпақ әдебияттаныўы –

ХХ әсирдиң жемиси болып, халқымыздың көркем қыялының

шарықлаўы және илимий ой

-

пикириниң тереңлесип ҳәм кеңейип барыўы нәтийжесинде

жүзеге келген қубылыс болып табылады.

Қарақалпақ әдебияттаныўының дәслепки басқышларында әмелге асырылған

изленислерди ҳәр тәреплеме үйрениў айрықша әҳмийетке ийе, сонлықтан да биз усы
изертлеўлерде қолланылған илимий методларға, сондай

-

ақ илимий әдебиятларда бул

методлар жөнинде билдирилген теориялық пикирлер ҳәм көз

-

карасларға дыққат

аўдармақшымыз.

ХХ әсирдиң биринши ярымында қарақалпақ халқының әдебий мийрасын топлаў,

үйрениў ҳәм системаластырыў, сондай

-

ақ баспадан шығарыў жумыслары қолға алынды.

Солай етип, қарақалпақ әдебияттаныўында фольклор ҳәм классикалық әдебият

материалы негизиндеги дәслепки фундаменталь изленистиң пайда болыўы көрнекли
алым, жазыўшы, белгили жәмийетлик искер Нәжим Дәўқараевтың аты менен байланыслы.

Ол 1946

-

жылы «XIX әсирдеги қарақалпақ әдебияты» деген темадағы кандидатлық

диссертациясын жазады, бул мийнет илимпаз тәpепинен 1951

-

жылы жақланған

«Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери» атамасындағы докторлық жумысының
тийкарын курайды.

«Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери»нде миллий фольклор ҳәм XVIII

-

XIX әсирдеги, сондай

-

ақ 1950

-

жылларға шекемги жазба әдебият материалы биринши рет

хронологиялық тәртипте қарастырылып, көп әсирлик қарақалпақ әдебиятының тарийхы
жаратылған еди. Мийнет «Кирисиў» ҳәм «Жуўмақ», «Қарақалпақ аўыз әдебиятының
тарийхый дереклери», «Қарақалпақ аўыз әдебияты ҳәм оның айтыўшылары», «Қарақалпақ
аўыз әдебиятының тематикасы ҳәм түрлери», «Қарақалпақ совет фольклоры» деген
тийкарғы бөлимлерден ибарат болды

1

.

Миллий әдебияттың тарийхый дереклерин үйренгенде, автор

тарийхый

-

генетикалық метод

қа

жүгинеди, бунда ол өз халқының этногенезине қысқаша экскурс

жасайды ҳәм оның басынан кешкен ўақыялар туўралы сөз етеди.

Тарийхый

-

генетикалық метод

деген не? Тарийхый

-

генетикалық метод

үйренилип атырған реаллықтың тарийхый ҳәрекети процесинде оның сыпаты, функциясы
ҳәм өзгериўиниң избе

-

из ашылыўы, бул объекттиң реаль тарийхын барынша кайта

тиклеўге мүмкиншилик береди [10]

.

Бул метод фактларды түсиндириў

,

олардың пайда болыў себеплерин, раўажланыўы

ҳәм ақыбетиниң (сонғы ҳалаты) өзгешеликлерин, яғный себебин анықлаўды гөзлейди [4,
б. 153].

Тарийхый

-

генетикалық метод

үш мағанада қолланылады:

1. Әдебий шығарманың конкрет дереклерин пайдаланыўшы, жазыўшының

дөретиўшилик лабораториясына сиңип барыўға имканият бериўши метод.

1

Бул изленис Н.Дәўқараев

биймезгил дүньядан қайтқаннан соң, оның избасарлары тәрепинен

1959-

жылы

рус тилинде, 1961

-1977-

жыллары қарақалпақ тилинде баспадан шықты

.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 6 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1102

Соңғы онжыллыкларда бул метод мифопоэтиканы интенсив рәўиште ислеп шығыў

есабынан байыды;

2. Шығарманы жүзеге келтирген болмыс (конкрет тарийхый ўақыт, жәмийетлик

шәраят) пенен байланысын анықластырыўшы метод;

3. Шығарманың (ҳәм пүтини менен алғанда, жазыўшы дөретиўшилигиниң) ҳәм

миллий, ҳәм жәҳән әдебияты шеңберинде әдебий процесстиң раўажланыўы, белгили
әдебий бағдар менен байланысын анықлаўға мүмкиншилик бериўши метод [8].

Тарийхый

-

генетикалық метод әдетте әдебияттаныўдың басқа методлары менен

қатар қолланылады, бул методтың шекленгенлигин илимде изертлеўшиниң дәўирдиң
майда

-

шүйдесин түсиндириўге берилип кетиўи салдарынан шығарманың көркем феномен

ретинде көринбей қалыўы итималлығы менен түсиндириледи.

Соны да тап өтиў керек, әдебият тарийхын жаратыўда тарийхый метод жекке өзи

қолланбастан, әдетте басқа да илимий методлар менен өз

-

ара қарысып келиўи мүмкин.

Мысалы,

тарийхый

-

функционаллық метод

оқыўшы аудиториясына сезилерли

дәрежеде тәсир етиўши әдебий қубылысларды ҳәм ең өмиршең көркем шығармаларды
үйрениўди нәзерде тутады. Белецкийдиң көрсетиўинше, заманагөй китап оқыўшылары
ҳәм келешек китап оқыўшылары ушын шығарманың эстетикалық қунлылығын
салыстырғанда, ҳәм, екиншиден, ҳәр бир дәўир әдебий қубылысларын китап
оқыўшыларының социаллық ҳәм мәдений

-

психологиялық топарлары бойынша

классификациялаў арқалы әдебий шығармалардың ҳәрекет етиўин анықлаўға болады [11].

Салыстырмалы

-

тарийхый метод

та еки я одан да артық әдебий қубылыс катара

қойылып, илимий

-

теориялық жуўмақлар бериледи. Оның структурасына объект ҳәм

қкубылысларды тарийхый жақтан қарастырыў принципи (яғный изертлеўдиң ўақытлық
аспекти) енгизилген болып, объекттиң ямаса туўыс объектлердиң ҳәр қыйлы халатындағы
уқсаслығын ҳәм айырмашылығын табыўды мақсет етеди.

«Бул метод микро

-

, сондай

-

ақ макродәрежеде қолланылыўы мүмкин. Үйренилип

атырған қубылыс қаншелли глобал болса, улыўмаластырыўдың дәрежеси жоқары болады
ҳәм, соған сай, изертлеўдиң ўазыйпасы фундаментал себеп

-

салдар нызамлылыкларды

анықлаўға қарай көшеди» [5, б. 106

-107].

Тарийхый метод

үйренилип атырған объекттиң диахронлық ҳалатын қыяслаўды

нәзерде тутады, ал

салыстырыў методы

болса салыстырыўдың ҳәр қыйлы түрин

қолланыўы мүмкин [2, б. 396].

Өзбек әдебияттаныўы ўәкили Б.Каримов бул метод тийкарында илимий изертлеў

жургизиўге болатуғын бир қанша бағдарларды көрсетеди:

дүнья әдебияты дүрданалары яки миллий әдебияттың гөззал үлгилери өз

-

ара

қыясланады;

әдебий шығармалар жаратылған дәўирине гөре салыстырып үйрениледи;

бир миллий әдебият ўәкилиниң салыстырыў ушын негизи бар шығармалары

үйрениледи;

миллий әдебият үлгилери дүнья әдебияты контекстинде тексериледи;

әдебий процесс яки әдебият тарийхында бар болған әдебий ҳәдийселерге

парықлы ҳәм уқсас тәреплери изертленеди;


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 6 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1103

тема яки илимий проблема көз

-

қарасынан өз

-

ара жақын болған жазыўшылардың

шығармалары тексериледи;

әдебий

-

эстетикалық эволюцияны бақлаўда белгили бир жазыўшы тәрепинен

жазылған шығармалар объект етип алынады [9].

Мысалы, Н.Дәўқараев қарақалпақ аўыз еки әдебиятын салыстырмалы аспектте

үйрениў

барысында «Қырық қыз» дәстаны тек қарақалпақларда ғана бар екенин, басқа

халықларда оның версиясы ушыраспайтуғынын айқынластырады ҳәм «оның әййемги
матриархат дәўиринен, әййемги Окс жағасындағы ҳаяллар патшалығынан мағлыўмат
беретуғын дәстан екенлигине тоқтады» [1, б.15].

Типологиялық (салыстырмалы

-

типологиялық, тарийхый

-

типологиялық)

метод

әдебий қубыслардың улыўмалық теклик, маңызлық (ал тосаттан емес) белгилерин

үйрениўге қаратылған [8], бунда типология –

бул маңызлық белгилерине бола

классификациялаўды аңлатады. Тарийхый

-

типологиялық метод типологиялық жақтан

сәйкес, бирақ туўыслық емес қубылыслардың улыўмалығын олардың уқсаслығы
раўажланыў шәраятларының сәйкеслиги нәтийжесинде келип шыққанын анықлайды [12].

Әдебиятты типологиялық жақтан үйрениў берилген әдебий

-

эстетикалық

қубылыстың белгили бир типке, текке/туўыска тийисли екенин ашыўға имканият
жаратады. М.Храпченко әдебиятты типологиялық уйрениў оны (әдебиятты –

Т.Б

.)

салыстырмалы тарийхый үйрениўдиң бир түри ретинде каралатуғын ескертип, әдебий
кубылысларға бул еки жантасыўдың бир

-

бирине белгили дәрежеде жақын болғаны менен,

олар идентик (бир

-

бири менен сәйкес) емеслигин атап өтеди: «әдебиятты типологиялық

жақтан үйрениў әдебий қубылыслардың индивидуаль өзине тән белгилерин, олардың
қуры сәйкес қырларын, ҳәм байланыслардың өзин айқынластырыўды емес, бәлки мәлим
әдебий

-

эстетикалық улыўмалық, берилген қубылыстың белгили бир типке, текке дәрекли

(яғный қандай да бир улыўма негизден, тийкардан келип шыққаны –

Т.Б

.) тийисли екени

туўралы айтыўға мүмкиншилик беретуғын сол принциплер ҳәм түп сағаларды ашыўды
нәзерде тутады. Бул дәреклик әдебий фактлер өз

-

ара тиккелей байланыста болмаса да

жийи жағдайда айқынластырылады» [7, б.246

-247].

Типологиялық изертлеўлердиң бирнешше дәрежелери белгили:

әдебий қубылыслар типологиясы;

жанрлар ҳәм стильлер типологиясы;

әдебияттың тарийхый раўажланыўының типологиясы (тарийхый поэтика дара

поэтикалық усыллар яки олардың системаларының эволюциясын қарастырады) [8].

Соны да тап өтиў керек, Е.Моргачева типологизацияны илимий билиўдиң өз

алдына методы ретинде көрсетеди: «типологизация ўазыйпалары предметлерди өз

-

ара

байланыслы класслар бойынша жайғастырыўдың шеңберинен тыслайды; алдынғы планға
белгилер анализиниң комплекслилиги ҳәм системалылығы шығады, ҳәм егер
классификация усы белгиге бола қурылса, ол типология дәрежесине көтерилиўи мүмкин»
[5, б 110]. Илимпаздың бул көз

-

қарасында «Тарийхый изертлеў методлары» мийнети

авторларының пикири менен үнлеслик байқалады: уқсас қубылыс ҳәм процесслерди
анықлаў конкрет

-

тарийхый реаллықты «идеал типлер» делинетуғын логикалық модельлер

көринисинде схемалық сәўлелендириў арқалы ерисиледи.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 6 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1104

(Классификация) реал объектлердиң ол яки бул критериялары бойынша

топарластырыўға негизленген. Тип –

бул үйренилип атырған қубылыстың ең әҳмийетли

тәреплерин сәўлелендиретуғын идеал конструкция [2, б. 399

-400].

Тарийхый

-

әдебий метод

та салыстырылып атырған әдебий кубылыслардың

улыўмалығы олардың пайда болыўынын улыўмалыгы менен түсиндириледи.

Б.Каримов әдебият тарийхы ең әўели еки принцип тийкарында –

хронологиялық

(қәдимги, орта әсирлердеги, жаңа типтеги дәўирлестириў) ҳәм мәканлық (кеңислик –

Т.Б

.)

белги (анық бир мәмлекет әдебияты тарийхы, белгили бир регион әдебияты тарийхы,
этникалық жақтан жақын болған халықлар әдебияты тарийхы, дүнья әдебияты тарийхы)
көз

-

карасынан методологиялық тийкарда парықланады, деп жазады [9].

Ҳақыйқатында да, «Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери»н жазыўда

Н.Дәўқараев әдебий

-

эстетикалық қубылыс ретинде миллий әдебиятты хронологиялық

тәртипте, қарақалпақ халқының жайлаған мәканы менен байланыстыра отырып
қарастырған еди.

Мийнет авторы миллий сөз өнери бойынша пикир билдирилген илимпазлар менен

дискуссияға түседи, таллаўға тартылған материалға тийисли өз бақлаўларын ҳәм
болжаўларын айтады, сондай

-

ақ әдебият тарийхын дәўирлестириўге қол урады. Мысалы,

1920-1949-

жыллардағы қарақалпақ әдебиятының раўажланыўында тийкарғы төрт

басқышты белгилейди ҳәм ҳәр бир басқыштың баслы өзгешеликлерин ашып көрсетеди,
сондай

-

ақ 1931

-1941-

жыллар аралығындағы прозаға төмендегише тарийхый

-

әдебий

характеристика береди: проза «жаңа ғана туўылып киятыр еди. Ирили

-

усақлы гүрриңлер

шыға баслады. Бирақ, бул дәслепки қәлем (қәдем –

Т.Б

.

) сынаў ретинде болмайды,

өйткени, олар көркемлик жағынан ҳәлсиз, образлар ҳәм типлер жасаўда схематизми,
жарлылығы менен ажыралып туратуғын еди» [3, б. 220

-221].

Соның менен бирге, Н.Дәўқараевтың изленисинде қарақалпақ жазба ҳәм аўыз еки

әдебияты теңдей таллаўға тартылған. Буны изертлеў жумысының проблематикасы менен
түсиндириўге болады, бирақ та тағы бир лийкини сонда, монголтаныўшы ҳәм тюрколог
илимпаз Н.Поппениң ескерткениндей, жазба әдебиятты, яғный бизге жетип келген –

мейли баспа шығарма ямаса колжазба болсын –

ол яки бул тилдеги әдебиятты үйренгенде

халық аўыз еки дөретиўшилигинен, фольклордан жиклеп айырыўға болмайды. Себеби,
әдебий шығармалар жийи жағдайда массаға сиңеди ҳәм онда –

базыда вариантларды

жүзеге келтирип, базыда ҳайран қаларлық дәрежеде сап ҳәм бузылмаған тәризде өзиниң
дәслепки характерин сақлаған ҳалатта –

аўыз еки жол менен тарқалады. Бундай әдебий

шығарма халық массасында дерлик өзгерместен сақланадыдағы, көбинесе жаңа эпизодлар
менен толықсып, өзгереди ҳәм әсте

-

ақырын өзиниң арғы образына (прообразына)

танымастай дәрежеде қусамай қалады: «Фольклордың қәлеген түри жазба әдебияттың
сәйкес түри менен тығыз рәўиште байланысқан ҳәм соңғысы изертленбей турып
түсиниксиз, ҳәм керисинше, жазба әдебияттың қәлеген түри жийи

-

жийи халық аўыз еки

дөретиўшилигиниң сәйкес түринен байланыссыз пүткиллей түсиниксиз» [6, б. 19

-20].

Қулласы, Н.Дәўқараевтың «Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери» атлы

илимий изленисинде халық аўыз еки дөретиўшилгинен тысқары ХХ әсирдиң дәслепки
шерегине шекемги дәўирдеги шайырлардың дөретиўшилиги бирпүтинликте талқыға


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 6 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1105

тартылғанына, ҳәм усылайынша миллий әдебият материалы

тарийхый

-

генетикалық,

тарийхый

-

функционаллык,

салыстырмалы

-

тарийхый,

салыстырмалы

-

типологиялык,

әдебий

-

тарийхый метод тийкарында таллаўға тартылғанына, бунда миллий фольклор ҳәм

жазба әдебият бирпүтин система ретинде қарастырылып,

системалы жантасыў

жетеклик

еткенине гуўа боламыз.

Жуўмақлап айтқанда, қарақалпақ әдебияттаныўы әдебий

-

илимий дөретиўшиликтиң

синкретикалық характердеги шағын формадағы дәслепки үлгилеринен баслап дәўирдиң
актуаль проблемаларына бағышланған мақалалар, брошюралар, илимий басылымлар,
фундаменталь изертлеўлерге қурылған ири көлемли монографияларды берген жәҳән
әдебияттаныў илиминиң қурам бөлеги ретиндеги өзине тән раўажланыў жолында
жәмийетлик сана

-

сезиминиң өсиўи менен характерленетуғын конкрет тарийхый

шәраятларда қурамалы эволюциялық процессти бастан кеширди. Ҳәзирги ўақытта бундай
изленислерде қолланылған илимий методларды үйрениў, жергиликли алымлар тәрепинен
илимий методлардың меңгерилиўи дәрежесин ҳәм нәтийжелигин, қарақалпақ
әдебияттаныўының перспективаларын белгилеў –

өз изертлеўин күтип турған актуаль

проблемалардың бири есапланады.

Әдебият:

1.

Баҳадырова С. Нәжим Дәўқараевтың өмири ҳәм творчестволық жолы // «Қарақалпақ
илиминиң туңғыш жулдызы» / Қарақалпақстандағы биринши филология
илимлериниң докторы, көрнекли алым, жазыўшы, белгили жәмийетлик искер, устаз
Н.Дәўқараевтың 100 жыллығына арналған республикалық илимий

-

теориялық

конференция материаллары. Нөкис: Илим, 2005. –

116 б., б. 15

-16.

2.

Гринин Л.Е., Коротаев А.В., Крадин Н.Н. Методы исторического исследования //
Теория и методология истории: учебник для вузов / Отв.ред.В.В.Алексеев,
Н.Н.Крадин, А.В.Коротаев, Л.Е.Гринин. Волгоград: Учитель, 2014. –

с.504, с.386

-

408.

3.

Дәўқараев Н. Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери //

Дәўқараев Н.

Шығармаларының толық жыйнағы. Нөкис: Қарақалпақстан, 1979. –

359 б.

4.

Мазур Л.Л. Историко

-

генетический метод // Теория и методология исторической

науки. Терминологический словарь / Отв. ред. А.О.Чубарьян. –

Москва: Аквилон,

2014.

576 с.

5.

Моргачева Е.Н. Сравнительный метод: обзор подходов к классификации в
общественных науках // Вестник РГГУ. Серия психология педагогика образование.
Москва, 2016, №2 (4), с.102

-114.

6.

Поппе Н.Н. Проблемы бурят

-

монгольского литературоведения // Записки института

Востоковедения Академии наук СССР. Том

III

, Ленинград: Изд

-

во Академии наук

СССР, 1935. –

214 с., с.13

-37.

7.

Храпченко М. Типологическое изучение литературы // Храпченко М. Творческая
индивидуальность писателя и развитие литературы. Москва: Советский писатель,

1975.

408 с.

8.

https://www.calameo.com/read/0064004904e4b227f4b39


References

Баҳадырова С. Нәжим Дәўқараевтың өмири ҳәм творчестволық жолы // «Қарақалпақ илиминиң туңғыш жулдызы» / Қарақалпақстандағы биринши филология илимлериниң докторы, көрнекли алым, жазыўшы, белгили жәмийетлик искер, устаз Н.Дәўқараевтың 100 жыллығына арналған республикалық илимий-теориялық конференция материаллары. Нөкис: Илим, 2005. – 116 б., б. 15-16.

Гринин Л.Е., Коротаев А.В., Крадин Н.Н. Методы исторического исследования // Теория и методология истории: учебник для вузов / Отв.ред.В.В.Алексеев, Н.Н.Крадин, А.В.Коротаев, Л.Е.Гринин. Волгоград: Учитель, 2014. – с.504, с.386-408.

Дәўқараев Н. Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери // Дәўқараев Н. Шығармаларының толық жыйнағы. Нөкис: Қарақалпақстан, 1979. – 359 б.

Мазур Л.Л. Историко-генетический метод // Теория и методология исторической науки. Терминологический словарь / Отв. ред. А.О.Чубарьян. – Москва: Аквилон, 2014. – 576 с.

Моргачева Е.Н. Сравнительный метод: обзор подходов к классификации в общественных науках // Вестник РГГУ. Серия психология педагогика образование. Москва, 2016, №2 (4), с.102-114.

Поппе Н.Н. Проблемы бурят-монгольского литературоведения // Записки института Востоковедения Академии наук СССР. Том III, Ленинград: Изд-во Академии наук СССР, 1935. – 214 с., с.13-37.

Храпченко М. Типологическое изучение литературы // Храпченко М. Творческая индивидуальность писателя и развитие литературы. Москва: Советский писатель, 1975. – 408 с.