Authors

  • C. Тлеубергенов

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.128780

Keywords:

өрт қәўипсизлиги ыссы мәўсим шөгиў жағдайлары айрықша жагдайлар профильактика ескертиў.

Abstract

Бул мақалада жазғы мәўсимдеги жоқары температуралы күнлер нәтийжесинде жүзеге келетуғын айрықша жағдайлар, атап айтқанда, өрт қәўипсизлиги машқалалары ҳаққында сөз болады. Халықтың қырағылығын арттырыў, өрт келип шығыўы ҳәм материаллық зыянлардың алдын алыў мақсетинде алып барылып атырған профильактикалық илажлар сәўлелендирилген. Сондай-ақ, суў бассейнлеринде шөгиў менен байланыслы бахыцыз ҳәдийселер ҳаққында ескертиўлер берилген.

background image

2025

JULY

NEW RENAISSANCE

INTERNATIONAL SCIENTIFIC AND PRACTICAL CONFERENCE

VOLUME 2

|

ISSUE 7

64

ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ТӘМИЙИНЛЕЎ ҲӘМ АЙРЫҚША ЖАҒДАЙЛАРДЫҢ

АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША «АҲМИЙЕТЛИ 90-КУН»

C.Тлеубергенов

Қарақалпақстан Республикасы

Айрықша жағдайлар басқармасы бөлимише инспекторы капитан.

https://doi.org/10.5281/zenodo.16560026

Аннотация. Бул мақалада жазғы мәўсимдеги жоқары температуралы күнлер

нәтийжесинде жүзеге келетуғын айрықша жағдайлар, атап айтқанда, өрт қәўипсизлиги
машқалалары ҳаққында сөз болады. Халықтың қырағылығын арттырыў, өрт келип
шығыўы ҳәм материаллық зыянлардың алдын алыў мақсетинде алып барылып атырған
профильактикалық илажлар сәўлелендирилген. Сондай-ақ, суў бассейнлеринде шөгиў менен
байланыслы бахыцыз ҳәдийселер ҳаққында ескертиўлер берилген.

Гилт сөзлер: өрт қәўипсизлиги, ыссы мәўсим, шөгиў жағдайлары, айрықша

жагдайлар, профильактика, ескертиў.

"ВАЖНЫЙ 90-Й ДЕНЬ" ПО ОБЕСПЕЧЕНИЮ ПОЖАРНОЙ БЕЗОПАСНОСТИ И

ПРЕДОТВРАЩЕНИЮ ЧРЕЗВЫЧАЙНЫХ СИТУАЦИЙ

Аннотация. В статье рассматриваются чрезвычайные ситуации, возникающие в

летний сезон из-за экстремально высоких температур, особенно связанные с пожарной
безопасностью. Подчеркиваются меры профилактики и предупреждения пожаров и
материального ущерба. Также внимание уделено предупреждению несчастных случаев на
воде.

Ключевые слова: пожарная безопасность, летний сезон, несчастные случаи,

чрезвычайные ситуации, профилактика, предупреждение.

"IMPORTANT 90TH DAY" ON ENSURING FIRE SAFETY AND PREVENTING

EMERGENCIES

Annotation. This article discusses emergency situations that arise during the summer due

to extremely high temperatures, particularly those related to fire safety. It highlights preventive
measures and public awareness efforts aimed at reducing fire incidents and material losses. The
article also addresses warnings about drowning accidents in water bodies during the hot season.

Keywords: fire safety, summer season, drowning incidents, emergency situations,

prevention, public awareness.

Үлкемизде жаз мәўсиминиң жазийрама ыссы күнлери даўам етпекте. Ҳәммемизге

мәлим усы мәўсимде ҳаўа-райыныӊ ҳәдден тыс ыссы болыўы турмысымызда ҳәр қыйлы
кеўилсиз жағдайлардыӊ келип шығыўына, айрықша жағдайлардыӊ жүз бериўине себеп
болыўлары мүмкин.

Социаллық тармақларда жәрияланып атырған мағлыўматларға қарағанда өрт

ҳәдийсеси ҳәм шомылыў менен байланыслы ҳәр қыйлы баҳытсыз ҳәдийселер күн қуры
емес жәрияланып атырғанлығы өкинишли жағдай болмақта. Сонлықтан республикамыз ҳәм
дүнья еллеринде жүзеге келип атырған жаз мәўсими менен байланыслы барлық айрықша
жағдайларды есапқа алып Сиз әзийз пуқаралардан барлық айрықша жағдайлардан сергек
болып, өрт пенен байланыслы түрли материаллық байлықлардыӊ жанып кетиўиниӊ,


background image

2025

JULY

NEW RENAISSANCE

INTERNATIONAL SCIENTIFIC AND PRACTICAL CONFERENCE

VOLUME 2

|

ISSUE 7

65

сондай-ақ, жазғы шомылыў мәўсиминде жүзеге келип атырған бахытсыз ҳәдийселерди
болдырмаў мақсетинде мүрәжатымызды жолламақтамыз.

Бул бахытсыз ҳәдийселердиӊ алдын алыў бағдарында ҳүкиметимиз тәрепинен бир

қанша илажлар әмелге асырылыўына қарамастан, пуқараларымыздыӊ итибарсызлығы,
айырым ата-аналардыӊ нәрестелерди қараўсыз қалдырыўы ақыбетинде өрт келип шығыўы,
соның менен бирге нәрестелер ҳәм жас өспиримлердиӊ суўға кетиў жағдайлары
республикамызда ҳәмде районымыз аймағында да жүз берип атырғанлығын үлкен өкиниш
пенен атап өтпекшимен.

Халқымыз арасында «От бәлеси, суў бәлесинен сақла»,-деген гәп бийкарға

айтылмаған. Тилсиз жаўдың бири болған суў ҳәм өрт бәлеси себебинен, ата-аналардың
итибарсызлығы ақыбетинде ҳәм шомылыўға болмайтуғын қадаған етилген орынларға
шомылыў ақыбетинде бир қанша шаӊарақлар баўырман перзнетлеринен, айырым ересек
инсанлардыӊ итибарсыз суўға түсиўи ақыбетинен шаӊарақ бағыўшысынан айрылып
атырғанлығын әпиўайы жағдай деп болмайды.

Ҳүрметли пуқаралар! Әзийз районымыз турғынлары!
Усы орында районымыз аймағында ушырасып атырған шомылыў менен байланыслы

болған кеўилсиз жағдайларды орны толмайтуғын өкинишли жағдай деп қараўымыз лазым.
Усындай кеўилсиз жағдайларды, шаӊарақларға келген мүсийбетти қайталамаў, болдырмаў
ҳәм алдын алыў мақсетинде Сиз әзийзлерден бул бағдарда сергекликти асырып,
турмысымызда болып атырған жағдайларға бийпарық болмаслығыныӊызды және бир
мәрте соранамыз.

Сонлықтан ишки ислер минстирлиги ҳәм айрықша жағдайлар басқармасы,

аймақлардағы пуқаралар жыйынлары ақсақаллары, жаслар жетекшилери, ҳәял-қызлар
белсендилери, порофилактика инспекторлары, ҳәким жәрдемшилери, салық ҳәм инсан
социаллық қорғаў инспекторлары, жәми мәҳәлле жетилиги бул иске аймақ жасы үлкенлери,
нураный аналар ҳәм аталар менен биргеликте халқымыз арасында үгит-нәсият илажларын
алып барып, шомылыў тәртибине қатаӊ әмел етиў илажлары әмелге асырыўы лазым.

Бунда ҳәр бир аўыл ҳәм көшелерде, барлық мәҳәллерде үгит-нәсият илажларын

күшейтиў, канал ҳәм барлық шомылыўға қолай деп көринген шомылыў қадаған етилген
орынларды қатаӊ қадағалаўға алыў талап етиледи.

Инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин туратуғын мәмлекетимизде ҳәр бир пуқара, ҳәр

бир жас өспирим, ҳәр бир нәресте усы елдиң перзенти. Олардың келешегинен
Президентимиз, Ана Ўатанымыз үлкен үмитлер күтпекте.

Усы орында тиришилик ушын пайтахтымызға келип турған суўлардан ақылана

жақсы нийетлерде пайдаланып, нәўпир суўымыз бахытсыз жағдайға емес ал,
перзентлеримиздиӊ бахытлы турмысына хызмет етиўин қәлеймиз.

Сизге жолланып атырған усы мүрәжаттан жуўмақ шығарып ҳәзирден баслап, үй

алдындағы жап-салмаларда, канал ҳәм ҳәўизлерде шомылыўдыӊ алдын алыўға шақырамыз.

References

Сизге жолланып атырған усы мүрәжаттан жуўмақ шығарып ҳәзирден баслап, үй алдындағы жап-салмаларда, канал ҳәм ҳәўизлерде шомылыўдыӊ алдын алыўға шақырамыз.