Authors

  • К Тангирбергенова.
  • А Толыбаева.

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.43448

Keywords:

жер ҳәм салық ирригация канал мурап пахташылық аграр.

Abstract

Бул мақалада Қарақалпақлар турмысында Россия патша хүкиметиниң ирригация ҳәм суўдан пайдаланыўы сиясаты хаққында сөз етиледи.

background image



31-oktabr, 2024-Yil

79

ҚАРАҚАЛПАҚЛАР ТУРМЫСЫНДА РОССИЯ ПАТША ХҮКИМЕТИНИҢ

ИРРИГАЦИЯ ҲӘМ СУЎДАН ПАЙДАЛАНЫЎЫ СИЯСАТЫ

Тангирбергенова. К

т.и.к.доцент.

Толыбаева. А

Қарақалпақпақ Мәмлекетлик Университети II курс магистранты.

https://doi.org/10.5281/zenodo.13895836

Аннотация. Бул мақалада Қарақалпақлар турмысында Россия патша хүкиметиниң

ирригация ҳәм суўдан пайдаланыўы сиясаты хаққында сөз етиледи.

Гилт сөзлер: жер ҳәм салық, ирригация, канал, мурап, пахташылық, аграр.

IRRIGATION AND WATER USE POLICY OF THE RUSSIAN TSARIST

GOVERNMENT IN KARAKALPAKS

Abstract. This article discusses the policy of the Russian Tsar's government on irrigation

and water use in the lives of the Karakalpaks.

Keywords: land and taxes, irrigation, canal, cotton, agriculture.

ИРРИГАЦИОННАЯ И ВОДОПОЛЬЗОВАТЕЛЬСКАЯ ПОЛИТИКА

РОССИЙСКОГО ЦАРСКОГО ПРАВИТЕЛЬСТВА В КАРАКАЛПАКАХ.

Аннотация. В этой статье речь идет о политике царского правительства России

по ирригации и водопользованию в жизни каракалпаков.

Ключевые слова: земля и налог, ирригация, канал, мураб, хлопководство, аграрный.

Патша Россиясының қарақалпақлар турмысында

колониялық сиясаты ирригация

ҳәм суўдан пайдаланыў мәселеси менен тығыз байланыста болды. Себеби, Қарақалпақстан

үлкесинде суўсыз тиришилик те, дийқаншылық та болмады. Түркстан генерал-губернаторы

1877-жылы-ақ әскерий министрге жазған хатында: «Бөлимдеги жер ҳәм салық мәселелерин

үйрениў, және додалаўдың нәтийжелерин айтпағанның өзинде де ирригация мәселеси

үлкен әҳмийетке ийе»

,-деп көрсеткен еди. Түркстанның басқа аймақларынан өзгеше

Қарақалпақстан үлкесинде суўғарып дийқаншылық етиўдиң дереги тек Әмиўдәрьядан

алатуғын нешше мың шақырымлық көп санлы каналлар ҳәм жаплар болды. Тек Әмиўдәрья

бөлиминде дәрьядан саға атуғын 145 ири ҳәм майда канал менен жаплар бар еди.

В.Каульбарстың мағлыўматларына қарағанда, Шымбай участкасындағы тек

магистрал Кегейли каналынан 350 аслам жаплар суў алған. Әмиўдәрья бөлиминдеги


background image



31-oktabr, 2024-Yil

80

барлық жаплардың саны 630 дан асқан [1,174] ал олардың узынлығы 2700 'шақырымнан

көбирек еди.

Қарақалпақстан үлкесинде дийқанлар ерте заманлардан-ақ суўғарыў каналларын

қазған ўақытта, әсиресе олардың сағасын оңлаўда, аяғына бир қанша жаптың жағасын

тәртипке салыўға ҳәм тарнаўлар қурыўға үлкен кеўил бөлди. Халық мураплары саға

алынатуғын жерге, оның қатты бослығына айрықша әҳмийет берген.

Себеби саға қолайлы

жерге түспесе, жапқа суў жарамай қалған, ал, саға орпан топырақлы жерден алынса, дәрья

ағысы менен оны бузып ямаса уйық басып, суўғарыў тармаклары тез истен шығып қалыўы

мүмкин еди. Қарақалпақстан үлкесинде ирригациясы мәселелериниң бул өзгешеликлери

дийқанлар ушын үлкен қыйыншылыкларды пайда ететуғын еди. Россия патша ҳүкимети

бул өзгешеликлерди есапқа алмады ҳәм суўдан пайдаланыў бойынша айтарлықтай нызам

күшине ийе ҳеш нәрсе ислей алмады. 1877-жылы 19-июньде патша ҳүкимети тәрепинен

мақулланған пүткил Түркстан үлкеси ушын «Ирригация бойынша айрықша ўақытша реже»

болса бул жерде суўдан пайдаланыўдың бурынғы тәртиплерин мақуллады. Енди бурын

қабыл етилген: «Ўақытша реже» керексиз болды ҳәм ирригация тәртибин ҳеш қандай

өзгертпестен, тек ирригация хызметкерлериниң талапларын қанаатландырыў ушын

жергиликли халықтың қалтасынан бир неше мыңлаған манат ақшаларды алып атыр

»,-деп

айтылып та жүрди. [2,123]Патша ҳүкимети ирригация ҳәм суўдан пайдаланыў бойынша

колониаллық мақсетин иске асырыў ушын суўғарыў

мәселесин қадағалаўға алды, оны

үйрениў бойынша қәнийгелер жумыс иследи.

Суўдан пайдаланыў иси менен арық ақсақаллар ҳәм мураплар шуғылланды. Арық

ақсақаллар баслы суўғарыў каналларын басқарса, ал оларға тиккелей бағынатуғын

мураплар болса екинши дәрежели каналлар менен жапларды басқарыў жумысларын

жүргизди. Бундай мураплар саны XIX әсирдиң ақырында Әмиўдәрья бөлиминде 79 дан

аслам болды.[3,158] Олар тийкарынан суўғарыў тараўларының жағдайын бақлап барыўы,

қазыўы, тазалаўы, оңлаў жумысларын шөлкемлестириўи, ҳәр бир дийқан хожалығының

жерине белгили муғдарда суў бериўи, хожалықлардың суўдан пайдаланыў мүддетин

белгилеўи тийис болды.

Және де, арық ақсақал ҳәм мураплар суў кемтарлығы ўақытлары суўдан

пайдаланыўдың «әспек» тәртибин енгизип, ҳәр бир жер участкасына суў беретуғын ўақыт

ҳәм гезекти белгиледи. Әмиўдәрья суўын, оның жағасын бақлаў әсиресе, жағысты ҳәм

сағаларды суў жуўып кетпеў ҳәм басқа да ирригация мәселелери бойынша Қарақалпақстан

үлкесинде бир қатар инженер-ирригатор ҳәм гидротехниклер жумыс иследи. Олардың


background image



31-oktabr, 2024-Yil

81

ишинде инженер Валуев, Бонч-Осмоловский, Абрамов, Гельман, Писарев, Памшиев ҳәм

басқалар болған еди. Бирақ, бул жумыслар ақырына шекем апарылмады ҳәм тийисли

нәтийже бермеди. Сонлықтан, дийқанлар ирригация қыйыншылыкларын хәм суў

кемтарлыкларын өз басларынан аўыр жағдайда өткерди. Мәселен, патша ҳүкиметиниң

ирригация жумысларына жетерли дыққат аўдармаўы нәтийжесинде көп жыллар

даўамында оғада әҳмийети үлкен дийқаншылық оазислери болып киятырған Көкөзек,

Шоманай ҳәм басқа да каналлардың жағалары XIX әсирдин ақыры хәм XX әсирдин

басларында шөлистанлықка айналды. Дийқанлар бул жерлерди таслап, Арал тенизи

жағаларына, Каратерең ҳәм басқада жақларға көшип кетиўге мәжбүр болды.[4,127]

Ирригациялық қурылыслардың жарамсызлығы нәтийжесинде бурын өзлестирилген

егислик жерлер жарамсызланып қала берди. Ғәлле егинлериниң майданы қысқара баслады.

Бул халық ушын азық-аўқат ҳәм маллар ушын от-жемниң жетиспеўшилигине алып

келди. Солай етип, патшашылыктың Қарақалпақстан үлкесиндеги жер-суў сиясаты

колониаллық характерге ийе болды. Патшашылық халықты қаталлық пенен жумсады,

колониаллық сиясаттың нәтийжесинде Қарақалпақстан үлкеси Россия империясының

шийки зат аймағына айнала баслады.

Патша ҳүкиметиниң колониаллық аграр сиясаты бәринен Қарақалпақстан үлкесин

Россияның шийки зат аймағына айдандырыўға бағдарланған еди. Бул өз гезегинде товарлы

хожалықтың раўажланыўына алып келди. Нәтийжеде Әмиўдәрья бөлиминде тийкарғы бес

экономикалық район Дәўқара, Шымбай, Таллық, Шорахан ҳәм Қызылқум қәлиплесип, олар

хожалық түрлери ҳәм салыстырма қатнасы бойынша бир-биринен өзгешеленетуғын еди.

Жоқарыда аты атлған экономикалық районлардан Қызылқумда, Шорахан

участкасының Мыңбулақ ҳәм Тамды болыслықларында, және Дәўқара районының қубла

тәрепинде жасаўшы xалық тийкарынан мал шарўашылығы менен шуғылланған.[5,345]

Қалған басқа экономикалық районларда көшпели хожалықлар дерлик болмаған ҳәм

олар отырықшы болып дийқаншылық пенен шуғылланған. Хийўа ханлығында хожалық

түрине қарай үш экономикалық районлар (ҳәзирги Хорезм, Ташаўыз областьлары ҳәм сол

жағалық қарақалпақ жери) ийелги болған. Оның сол жағалық қарақалпақлар жеринде ,

тийкарынан халық шарўашылық пенен дийқаншылықты кәсип еткен. Онда, әсиресе,

өзбеклер менен қарақалпақлар хожалығында пахташылық тараўы раўажланған. 1909-

жылда егислик жерлер Әмиўдәрья бөлиминде 52698 десятина болып, соннан 41,8 проценти

(23698 десятина) Шорахан участкасында, 52,8 процент (29004 десятина) Шымбай

участкасында болды. Ал, Хийўа ханлығында 22127 десятина егислик жер болып, оның тек


background image



31-oktabr, 2024-Yil

82

6,7 проценти ғана ханлықтың арқа тәрепиндеги Хожели, Шоманай, Қонырат бекликлерине

тийисли еди. Қарақалпақлар жеринде дийқаншылықтың 20 дан аслам түрлери болып, олар

ишинде

кем-кемнен

пахташылыққа

бейимлестире

баслады.

Пахташылықтың

раўажланыўына бәринен де бурын рус патшалығы санаат капиталы мәпдар еди, өйткени

пахта оның халық аралық базардағы бәсекилесиў жағдайын жеңиллететуғын, шийки зат

дәреклерине монополиялық үстемлигин тәмийинлейтуғын еди ҳәм үлкен пайда алыўға

мүмкиншилик беретуғын еди.

XIX әсирдиң ақырынан баслап усы мақсетти гөзлеп Закаспий темир жолы арқалы

көп муғдарда ғәлле әкелине баслады, және де пахта егиўшилер ушын қарыз ҳәм дәслеп ҳәр

қыйлы жеңилликлер берилди. Бул нәрсе пахта егиўге қызығыўшылықты пайда етти.

Мәселен, 1914-жылы пахтаның жер майданы басқа егинлерге қарағанда Әмиўдәрья

бөлиминиң Шымбай участкасында төртинши (13,6 процент) орынды, ал, Шорахан

участкасында биринши (28,3 процент) орынды ийеледи.

XX әсирдиң басында пахташылық Хийўа ханлығындағы Әмиўдәрьяның сол

жағалық жерлеринде де әдеўир кең ен жая баслады. Егер XIX әсирдиң ақырында Хийўа

ханлығында пахта егилген жерлер барлық егислик майданының тек 9,1 процентин қураған

болса, 1907-жылға келип ол 15,8 процентке өсти. [6,42]Қарақалпақстанда пахта егилетуғын

жерлер 1898-жылғы 3 мың десятинадан 1910-жылы 6438 десятинаға өсти. Буннан соңғы

жыллары ол 10000 десятинаға шекем артты, ал оннан жетистирилетуғын өним 591 мың

пудты қурады. Солай етип, пахта егилетуғын жерлер басқа егинлер арасында жоқарғы

орынларды ийеледи. Сонлықтанда патша ҳүкимети сырт еллерден гезлеме алып келиў

зәрүрлиги болмайтуғын дәрежеде Россияға пахта гезлемесин жетистириў ушын олардың

талап етиўи бойынша Орта Азия ҳәм Кавказда пахташылық районларын дүзиўге

бағдарланған илажлар көре баслаған еди. Солай етип, патша ҳүкимети өзиниң колониаллық

аграр сиясатында Россия санаатын басқа елден гөре басып алынған колониаллық елдеги

арзан шийки зат-пахта менен тәмийинлеўди нәзерде тутқан еди.

REFERENCES

1.

Андрианов Б.В. Социально-экономический строй каракалпаков по данным

статистико-экономического обследования Амударьинского отдела. Сталинабад,

1959. C. 174.

2.

История Каракалпакской АССР. Ташкент. Изд. «ФАН» Уз ССР, 1986, C.123.


background image



31-oktabr, 2024-Yil

83

3.

Камалов С.К. Каракалпакстан XVIII-XIX вв., Т., Изд-во «ФАН», Уз ССР, 1968. с.

158.

4.

Кастельская З.Д. Из истории Туркестанского края (1865-1917гг.) М. «Наука», 1980.

С.127

5.

Румянцев П.П. Торговля, промышленность, кредит. //В кн.: Азиатская Россия. Земля и

хозяйство. М., 1913. C. 345.

6.

ЦГА РУ ф.3.оп.1.д.7.л.42.

References

Андрианов Б.В. Социально-экономический строй каракалпаков по данным статистико-экономического обследования Амударьинского отдела. Сталинабад, 1959. C. 174.

История Каракалпакской АССР. Ташкент. Изд. «ФАН» Уз ССР, 1986, C.123.

Камалов С.К. Каракалпакстан XVIII-XIX вв., Т., Изд-во «ФАН», Уз ССР, 1968. с. 158.

Кастельская З.Д. Из истории Туркестанского края (1865-1917гг.) М. «Наука», 1980. С.127

Румянцев П.П. Торговля, промышленность, кре¬дит. //В кн.: Азиатская Россия. Земля и хозяйство. М., 1913. C. 345.

ЦГА РУ ф.3.оп.1.д.7.л.42.