ResearchBib IF-2023: 11.01, ISSN: 3030-3753, Valume 1 Issue 9
ISSN: 3030-3753. VOLUME 1, ISSUE 2
20
МӘҲӘЛЛЕ СОЦИАЛЛЫК ИНСТИТУТ СЫПАТЫНДА
Умидахан Сапарбаева
Қаракалпак мамлекетлик университети
Социаллық пәнлер кафедрасы философия кәнигелиги 2-курс магистранты.
https://doi.org/10.5281/zenodo.14034112
Аннотация. Бул мақалада Өзбекстан Республикасында мәҳәлле тусинигиниң
институт сыпатында уйренилиуи хаққында сөз етилген. Яғный мәҳәллениң
институт,миллий қәдирят,урп-әдет дәстурлеримиз тийкарында уйренилиу зәрурлиги
айтылған.
Гилт сөзлер: Мәҳәлле, жәмийет, синергиялық процесс, қадриятлы қатнасық ,
мораллық сана.
NEIGHBORHOOD AS A SOCIAL INSTITUTION
Abstract. This article discusses the organization of the concept of community as an
institution in the Republic of Uzbekistan. That is, it is said that the need to organize the
neighborhood on the basis of our national values, customs and traditions is necessary.
Keywords. Neighborhood, society, synergy, process, meaningful communication,
intelligent imagination.
СОСЕДСТВО КАК ПРОФЕССИОНАЛЬНЫЙ ИНСТИТУТ
Аннотация. В данной статье говорится об организации понятия как института в
Республике Узбекистан. Было сказано, что соседство должно быть организовано на
основе наших национальных ценностей и традиций.
Ключевые слова: Соседство, сообщество, синергия, процесс, ценное общение,
разумное воображение.
Рауажланған бугинги жәмийетимизде гллобалласыу процесси жуз бермекте.Бундай
рауажланыу дәуиринде қәдирятлык қатнасықларға итибар қаратыу зәрур.Руўҳый
мийрасларымыздан есапланган Ҳәдислерде адам ҳәм жәмәәт арасындағы қатнас
мәселесине айрықша итибар қаратылып, адамның жасаўы ҳәм раўажланыўының негизи
сыпатында социаллық ортаны, атап айтқанда жәмәәтти алып қарайды. Мәселен, онда
«Жәмәәттен ажралмаӊлар, себеби шайтан жалғыз адам менен биргедур ҳәм еки адамнан
узақрақдур. Ким жәннет нематларын қәлесе, жәмәәт пенен бирге болсын»
-делинген.
1
Муҳаммад пайғамбар қиссаси. Ҳәдислар. –Т., Камалак, 1991. -74 б
ResearchBib IF-2023: 11.01, ISSN: 3030-3753, Valume 1 Issue 9
ISSN: 3030-3753. VOLUME 1, ISSUE 2
21
Мәҳәлле-актив система, яғный өзин-өзи шөлкемлестиретуғын структура болып
табылады. Оның негизин жыллар даўамында қәлиплескен руўҳый қәдриятлар, руўҳый
қатнаслар қурайды. Мәҳәллениң ҳәр бир пуқарасы өзи жасап турған ортаның элементи
болып, өзиниң мақсет ҳәм уазыйпаларын аңлап жеткен болыўы лазым. Оның мәпи ҳәм
мақсети жәмәәт мәпи ҳәм мақсети менен уйғынласыўы, бир пүтин структураның
турақлылығының негизи болып табылады. Онда адамлар, киши группалар биргеликте, бир
мақсетте ҳәрекет етип, турақлылықты саклайды. Халқымызда мынандай даналық гәп бар:
«Бир балаға-жети қоңсы ата-ана». Бул гәпте терең мәни бар. Ҳәр бир шаңарақ басқа
шаңарақтың перзентин өзиниң перзентиндей көрсе, «өз мәпи» ҳәм «жәмәәт мәпи»
арасындағы бирликти ойласа, бул қарама-қарсы тәреплердиң биргеликтеги, бир мақсеттеги
ҳәрекети, мәҳәлле тынышлығының, оның турақлылыгының негизин қурайды.
Атап айтканда, егер жәмийетте жақсылық сыйланса (хошаметленсе),- бул жәмийет
жоқары синергизмге ийе. Жоқары синергизмге ийе жәмийет- бул жәмийет, ағзалары тек
ғана ақыл даўысы менен емес, сол менен бирге жүрек даўысы, жақынына муҳаббат сезими
даўысы мененде ашық. Бул ашықлық, жақсылық, басқаны «Мен-емес» сыпатында
қабыллаў емес, бәлки дос сыпатында қабыллаў алып қаралады.
Демек, мәҳәлле-синергиялық процесстин келип шыгыў формасы болып табылады.
Синергиялық-бир-бирин бийкар етиўши, бирақта бир бағдарға ҳәрекетленетуғын,
жоқары тәртиптеги структураны қәлиплестириўде биргеликте қантасатуғын процесс
есапланады. Бул қарама - қарсылықтың диалетикалық бирлиги раўажланыудың объектив
факторына айланады. Мәҳәлле менен шахс арасындағы диалектикалық бирлик
орнатылыўдың илимий негизин анализ қылғанда мына пикир орынлы. Бириншиден,
адамның еркин раўажланыўында объективлик (социаллық орта) ҳәм субъективлик (жеке
адам) диалектикасы қатнасы мәселеси орайлық орынға ийе. Бул мәселе бойынша, олардың
өз-ара себепли-нәтийжели қантасы диалектикасының үш тийкарғы шәртин көрсетип
береди: «Бириншиден,- дейди автор, жаңа объектив социаллық ортаны, яғный социаллық
тең ҳәм еркин адам раўажланыўы ушын жаңа жоқары раўажланған ҳәм социаллық әдил
объектив социаллық шәраятты қурыў зәрүр. Екиншиден, бул объектив ҳәм социаллық әдил
базада ҳәр бир субъекттиң, ҳәр бир адамның еркин раўажланыўын тәмийнлеў лазым ҳәм,
үшиншиден, сонда адамлардың, халықтың бирлиги еркин раўажланыў имкәнияты болады.
Екиншиден, шахстың мораллық санасы жәмийетлик сана арқалы тәсир етеди. Бул
қантас сәўлелениў сферасы арқалы келип шығады. Сонлықтанда шахс тәрепинен исленген
2
Семенов В.С. О перспективах человека в XXI столетии. // Вопросы философии. -М.2006. -№2. -С.33-34.
ResearchBib IF-2023: 11.01, ISSN: 3030-3753, Valume 1 Issue 9
ISSN: 3030-3753. VOLUME 1, ISSUE 2
22
ҳәр қандай ҳәрекет морал фильтири арқалы сәўлелениўи «адам-жәмийет» системасының
ҳәр бир компонентинде (социаллық, экономикалық. ҳуқуқый, руўхый искерликлер ҳәм
қатнаслары)-бас мақсетке айланыўды талап етеди.
Үшиншиден, шахста этикалық мәденият нормаларын қәлиплестириўде, оларда
жуўапкершилик ҳәм қызығыўшылықты оятыўда мына төмендеги талапларды, яғный,
1) адамзатқа
2) ўатанға
3) махалелеслериме (дослар, консы-кобалар ҳәм басқада әтираптағыларға),
4) өз-өзине ҳүрмет
мине усындай қатнаста, тәртипте шахста мораллық сананы өндириў, «адам-
жәмийет» системасындағы гармонияны беккемлеўде шахстың этикалық қатнас
мәдениятын раўажландырады.
Мәҳәллениң тынышлығы - ҳәр бир шаңарақтың тынышлығынан басланады.
Тынышлықтың негизин қурыўшы, этикалық мәдениятсыз, турақлылықты талап
ететуғын өмир ҳақыйқатлығысыз жасаў мүмкин емес. Сол себепли мораллық сана этикалық
мәденияттың ядросы сыпатында, адамларды мақсетке бағдарлаўдың, олардың ис-
ҳәрекетлерин ретлестириўдиң фундаменталлық баҳалықларын өз ишине жәмлеўи тийис.
Усы өзгешеликлерди есапқа алған тийкарда шанаракта, шахста мораллық
установкаларды
қәлиплестириў,
өндириў,
мәденият
қәдриятлары
талапларын
қанаатландырыў – махалле, ары барса жәмийет руўхый өмириниң бас мақсети болып
табылады.
Этикалық мәденият «адам-жәмийет» системаларындағы мораллық қатнасларды
сәўлеленидириўи лазым. Сонлықтанда, ол, ҳәрекетте, искерликте адамзаттың, жәмийетлик
болмыстың турақлылығын сақлап қалыў ҳәм раўажланыўын дыққатқа алыўдың бағдарын
береди. Бундай қатнаста миллий ҳәм улыўма инсаный қәдриятлы-установкаларды өзинде
сиңдириў, адам мәплери менен жәмийет мәплери арасындағы гармонияны дыққатқа
алыўды талап етеди.
Жеке адамның этикалық мәдениятын қәлиплестириў арқалы социаллық
ориентациялаўдың структурасы көп компонентле болып, ол өзинде қадириятлы-
ориентация, қадриятлы установка, қадриятлы қатнасық ҳәм қадриятлы минез-ҳулықты өз
ишине алады.
Қадриятлы-установка-жеке адамның структурасының айрықша компоненти
сыпатында, ретлестириўши характерге ийе болып, адамның мәлим бир искерликлерге
таярлығын сәўлелендиреди.
ResearchBib IF-2023: 11.01, ISSN: 3030-3753, Valume 1 Issue 9
ISSN: 3030-3753. VOLUME 1, ISSUE 2
23
Бул компонент, мәселен, «өтирик сөйлеме», «ҳадал жаса», «хызмет ет», «жумыс
исле», «жигерли бол», «кишипейил бол», «ҳағына жүр», «биреўлер менен жарыспа»,
«қыянет ойлама журтқа» ҳәм т.б. қадириятлы установкалар арқалы жеке адамның
қәлиплесиўи тиккелей оның мораллық өндирилиўи менен байланыслы. Усы орында сонны
айтыў орынлы, ХХ әсир философиясының көрнекли ўәкили Э. Фромм адамның жасаўы
установкаларының бири сыпатында «болыў» установкасының, яғный өзин-өзи мораллық
өндириўин (шөлкемлестириўин) адам жасаўының бас мақсети болыўын айтып өтеди.
Қадриятлы қатнасық-мазмун тәрептен объектив, формасы тәрепинен суъбектив
характерге ийе болып, жеке адамның санасында (ишки өмиринде) жақсылық идеаллары,
гөззаллық ҳәм т.б түрлеринде сәўлеленеди. Ол өмирлик тәжрийбелер тәсиринде
қәлиплесип, адамлардың бир-бирлери менен руўхый-манаўвий қатнасықлары сыпатында
келип шығады. Мәселен, бул принцип Бердақтың дөретиўшилигинде адамның мораллық
санасының элементи ретинде алынғанлығын көриўимиз мүмкин. Мәселен, «Балам»,
«Салык» қосыкларының бир пүтин мазмуны усы принциптиң реалласыўына қаратылған.
Онда қадриятлы-қатнасық мораллық норма сыпатында алып қаралып, жеке адамның
жәмийет алдындағы миннетлери, социаллық жуўапкершиликлери перзент тәрбиясының
бас мақсети екенлигин көрсетип берген.
Демек, этикалық мәдениятты қәлиплестириў қурамалы диалектикалық процесс
есапланып, объектив ҳәм субъектив факторлардың (мақсетке бағдарланған тәрбиялық
тәсийрлер) өз-ара байланысын аңлатады. Бунда өз нәўбетинде адамның раўажланыў
диалектикасы көринеди. Онда адамның махалленин гүллеп жаснаўы ушын хызмет етиўи,
өзиниң искерлик қәбилетлерин, өзине тән күшлерди сарп етиў арқалы, «жәмаат ушын»
(«халық ушын») ҳәм «өзим ушын» установкаларын бирликте алып қараў нәтийжеси
сәўлеленеди. Жәмийет пенен адам мәплериниң гармониясының қәлиплесиўине дыққат
аўдарыў зәрүр, егерде кери жағдай қәлиплессе, онда тең салмақлықтың бузылыўы адам ҳәм
жәмийеттиң раўажланыў дәрежесин белгилемейди.
Адам қаншелли қәлиплескен болса, өзиниң ишки потенциалларын шығарыў арқалы,
соншелли еркин болып, социаллық процесслерде объектив күш сыпатында қатнасады.
Махалленин раўажланыўы онда жасаушы хар бир шахстын раўажланыўы менен
байланыста алып қараў, адам усыл сыпатында өзиниң сапалық мазмунын байытып,
социалласып адамның мақсет сыпатында изертлениўиниң тийкарғы факторын береди.
Буған қосымша, адамды этикада мақсет ҳәм усылдың бирлиги сыпатында алып
қарағанда, «адам мүмкиншилик», «адам ҳақыйқатлық» категорияларын абстрактлық
дәрежеде емес, бәлки конкрет практикалық процесслер менен байланыста сәўлелендириўди
ResearchBib IF-2023: 11.01, ISSN: 3030-3753, Valume 1 Issue 9
ISSN: 3030-3753. VOLUME 1, ISSUE 2
24
талап етеди. Адамның еркин, жақсы жасаўы, махаллеслерине мораллық қатнаста болыўы
мақсет болса, ол еле ҳақыйқатлыққа айланбаған мүмкиншилик, яғный потенциаллық
болмыс сыпатында жасайды. Бул мүмкиншиликлердиң ҳақыйқатлыққа айланыўы ушын
шәрт-шәраятлардың болыўы талап етиледи. Бундай шәрт-шәраятлар өз нәўбетинде
адамның өзинде. Яғный, адамды мақсет сыпатында, еле ҳақыйқатлыққа айланбаған
мүмкиншиликлердиң ҳақыйқатлыққа айланыўында адамды тиккелей усыл сыпатында
алып қаралыўы зәрүр. Бул процессте адамның өзин-өзи өндириў кереклигин, ақыллы,
билимли, жигерли, ғайратлы, әлпайым болыў, туўры жолдан жүриў, халық ушын хызмет
етиў, мийнетти сүйиў арқалы ғана өзиниң мораллық потенциалларын жаратыўға
бағдарланыўын есапқа алыў мақсетке муўапық. Бир сөз бенен айтқанда, жақсылық ойлаў-
мақсет, усы жақсылықты әмелге асырыў-усыл сыпатында келип шығып, адам искерлигинде
усы мақсет ҳәм усылдың бирлигин тәмийинлеў тийкарғы принцип, этикалық-
методологиялық өлшем сыпатында алып қараўды талап етеди.
Жуўмақластырып айтқанда, мәҳәлле инсанларды өзинде хәр турли билимлер
тийкарында жәмлейтуғын әдебин, мәдениятын кәлиплестиретуғын терең философиялық
мәниге ийе тусиник сыпатында ҳәм де бүгинги күнде жәмийетимиздиң руўҳый
раўажланыўында методологиялық усыл сыпатында қолланыў жәмийетте кәмил инсан, ел
тынышлығы, Ўатан көрки идеяларының ең жайдырыўға, усы тийкарда Өзбекстан
Республикасының сапалы раўажланыўына, жәмийетимизде интелегенция қатламыныӊ
еледе кеӊейиўине ҳәм жәмийетимиздиң усы бағдардағы мақсетлериниң рауажланыўына
тсир етеди.
REFERENCES
1.
Муҳаммад пайғамбар қиссаси. Ҳәдислар. –Т., Камалак, 1991. -74 б
2.
Семенов В.С. О перспективах человека в XXI столетии. // Вопросы философии. -
М.2006. -№2. -С.33-34.
3.
http//t.me/mahallavaoilainfo/10351
