2025
FEBRUARY
NEW RENAISSANCE
INTERNATIONAL SCIENTIFIC AND PRACTICAL CONFERENCE
VOLUME 2
|
ISSUE 2
434
ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ҚАҒЫЙДАЛАРЫНА ӘМЕЛ ҚЫЛАЙЫҚ
Ф.Сабырбаев
Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы орынбасары,
Профилактика ҳәм қәдағалаў бөлимшеси баслығы майор.
https://doi.org/10.5281/zenodo.14957030
Анотация.
Бул мақалада өрт қәўипсизлиги район ҳәкиминиң сол тикарынадғы
баянламасы жәнеде өрттиң алдын алыўға қаратылған илажлар ҳаққында сөз етилген.
Гилт сөзлер:
Өрт қәўипсизлиги, обьект, айрықша жағдайлар, контрамарка
LET'S FOLLOW FIRE SAFETY RULES.
Abstract.
This article discusses the current decision of the district governor on fire safety
and measures aimed at further preventing fires
Keywords:
construction, buildings, residential areas, emergency situations.
ДАВАЙТЕ СОБЛЮДАТЬ ПРАВИЛА ПОЖАРНОЙ БЕЗОПАСНОСТИ.
Аннотация.
В статье рассматривается действующее постановление губернатора
округа по вопросам пожарной безопасности и меры, направленные на дальнейшее
предупреждение пожаров.
Ключевые слова:
строительство, здания, жилые массивы, чрезвычайные ситуации.
Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими Профилактика ҳәм қәдағалаў
бөлимшеси инспекторлары тәрепинен район аймағында жайласкан мәкеме, карханаларда
ҳәм пухаралардын жеке меншик турақ жайларында өрттиң алдын алыў бойынша бир қанша
угит-насият жумыслары алып барылыўына қарамастан, пуқаралардың жеке меншик турақ
жайларына тартылған электр ток сымлары ҳәм жылытыў печлериниң насазлығы, жас
балаларды жалғыз қараўсыз калдырып кетиўи, ақмайды газ плитасына қойып умытып
кетиўи, транспортлардан пайдаланыў ҳәм дузилиў қағыйдаларын бузғанлығы ҳәм де
әпиўайы өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел қылмағанлығы ақыбетинде район
аймағында өткен 2024-жылдын 12 айы даўамында пуқаралардың жеке меншик турак
жайлары, мал қоралары ҳәм транспорт қўралларында 11 өрт жуз берип, бул жуз берген
өртлерден көрилген материаллық зыян 845 444 837 сумды қурайды.
Бул жуз берген өртлердиң келип шығыў себеби электр ток сымларының қысқа
тутасыўы нәтийжесинде 3 мәрте, жылытыў печлериниң насазлығы нәтийжесинде 1 мәрте,
отқа итибарсызлық пенен қарағанлы нәтийжесинде 1 мәрте, жас балалардың шоқлығы
нәтийжесинде 2 мәрте ҳәм басқа себеплерден 4 мәрте өртлер келип шыққан.
2025
FEBRUARY
NEW RENAISSANCE
INTERNATIONAL SCIENTIFIC AND PRACTICAL CONFERENCE
VOLUME 2
|
ISSUE 2
435
Мысалы:
2024-жыл 21-январь куни Шоманай районы Дыйханабад АПЖда жасаўшы пуқара
Н.Бға тийисли болған HYUNDAI ROBEX-140W маркалы экскаватордың элект тоқ
сымларының қысқа тутасыўы нәтийжесинде, өрт келип шығып, экскаватордың салон ҳәм
маторы өрттен зиянланып, 682 583 837 сум материаллық зыян көрилген.
2024-жыл 19-апрель куни Шоманай районы Ақжап АПЖда жасаўшы пуқара С.Сның
2018-жыл туўылған баласы К.Аның мал корасында шырпы жағып ойнаўы натийжесинде,
мал қорасының 70м
2
жери өрттен зиянланып, 2 040 000 сум материаллық зыян көрилген.
2024-жыл 29-август куни Шоманай районы Қарабайлы МПЖда жасаўшы пуқара
Ҳ.Аның 2014-жыл туўылған қызы Ж.Аның мал корасында шырпы жағып ойнаўы
натийжесинде, мал қорасының 60м
2
жери өрттен зиянланып, 1 820 000 сум материаллық
зыян көрилген.
2024-жыл 08-октябрь куни Шоманай районы Наўрыз МПЖда жасаўшы пуқара
Д.Сның жеке меншик турак жай асханасында ақмайды куйдириў ушын газге қойып
қараўсыз қалдырғанлығынан турак жайдың 120м
2
жери ҳәм уй буйымлары өрттен
зиянланып, 91 886 000 сум материаллық зыян көрилген.
Бундай мысалларды коплеп келтире берсек болады, бирак буның менен
пукаралардың өзлери бул жағдайларга азғана болсада итибар аударса
«Өрт деген тилсиз
жау»
дың алдын алып, ең ахмийетлиси адамлардың набыт болыўына ҳәм орны толмас
зыян көриўине шек қойган болар едик.
