Authors

  • Ж. Хожанов

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.72890

Keywords:

Өрт қәўипсизлиги обьект айрықша жағдайлар контрамарка

Abstract

Бул мақалада өрт қәўипсизлиги район ҳәкиминиң сол тикарынадғы баянламасы жәнеде өрттиң алдын алыўға қаратылған илажлар ҳаққында сөз етилген.

background image

2025

MARCH

NEW RENAISSANCE

INTERNATIONAL SCIENTIFIC AND PRACTICAL CONFERENCE

VOLUME 2

|

ISSUE 3

232

ѲРТТИ БОЛДЫРМАЎҒА БИРГЕЛИКТЕ ГУРЕСЕЙИК

Ж. Хожанов

Тахтакопир районы АЖБ баслыгы орынбасары майор.

https://doi.org/10.5281/zenodo.15052660

Анотация.

Бул мақалада өрт қәўипсизлиги район ҳәкиминиң сол тикарынадғы

баянламасы жәнеде өрттиң алдын алыўға қаратылған илажлар ҳаққында сөз етилген.

Гилт сөзлер:

Өрт қәўипсизлиги, обьект, айрықша жағдайлар, контрамарка

LET'S FIGHT TOGETHER TO PREVENT FIRES FROM SPREADING

Abstract.

This article discusses the current decision of the district governor on fire safety

and measures aimed at further preventing fires

Keywords:

construction, buildings, residential areas, emergency situations.

ДАВАЙТЕ ВМЕСТЕ БОРОТЬСЯ, ЧТОБЫ НЕ ДОПУСТИТЬ

РАСПРОСТРАНЕНИЯ ПОЖАРОВ

Аннотация.

В статье рассматривается действующее постановление губернатора

округа по вопросам пожарной безопасности и меры, направленные на дальнейшее

предупреждение пожаров

.

Ключевые слова:

строительство, здания, жилые массивы, чрезвычайные

ситуации.

Бәҳәр айларында пуқаралар уй әтирапын тазалап ѳт шоплерди мусорларды ѳртеў

ақыбетинде ѳрт жуз бериӯине алып келеди.

Демек пукаралардын уйлеринде, сондай-ак мал муликлеримизди ѳрт қәўипинен

қатаң сақлаў ҳәр биримиздиң ен баслы уазыйпаларымыздан есапланады.

Районлық Айрықша жағдайлар бѳлими хызметкерлери ѳрт қәўипсизлигин

тәмийинлеу бойынша бир қатар нәтийжели илажлар жургизип атыр.

Бул бағдарда пукаралар арасында тусиник жумыслары ҳәм ушырасыўлар

ѳткерилмекте.

Пукараларымыз турак жайларында ѳрт қәўипсизлиги қәделерине айрыкша итибар

қаратыў лазымлығы бойынша еслетпелер таркатылмакта.

Жуз берип атырған ѳртлерди салыстырып карасак, электр проводларындагы кыска

тутасыў нәтийжесиенде пайда болған ѳртлар тез-тез ушырасып турады.


background image

2025

MARCH

NEW RENAISSANCE

INTERNATIONAL SCIENTIFIC AND PRACTICAL CONFERENCE

VOLUME 2

|

ISSUE 3

233

Айрым турак жайларда ушырасып атырған изоляция қабығы истен шыққан ҳәм

электр сымларынын жалғанған жерлериниң ашық ҳалда болыўы ѳрттиң келип шығыўына

себепши болады.

Сонлықтанда айрым пукаралар турак жайларындағы кунделикли пайдаланып

атырған электр ускенелеринен дурыс пайдаланса ҳам электр сымларының изоляциясының

жарамлылығын тез-тез кѳзден ѳткерип турса ҳәм кемшиликлерди дузетип барса кеўилсиз

жағдайлардың алдын алған болар едик.

Турак жайлардағы усындай ҳәм буннан баска кемшиликлерге итибарсызлык пенен

қараў кеўилсиз жағдайларға алып келетуғынлығын халык арасында тусиндирип барыў ҳәм

кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў бизлердин баслы уазыйпамыз.

Тѳмендеги ѳрт қәўипсизлиги қәделерине әмел қылыў махсетке муўапық:

- Газ ускенелеринен дурыс пайдаланыу ҳәм газ ийисин сезгенде электр ускенелерин

қоспаў, шырпы жақпаў, тез-арада «104» ке хабарлаў;

- Газ ускенелериң резиналы шлангалар менен жалғамаў;

- Электр есаплағышларына сым орап қоймаў;

- Жас ѳспиримлерди қараўсыз қалдырмаў;

- Жас балаларды ашык ѳрт пенен ҳәм шырпы менен ойнауына жол коймаў;

- Электр тармакларына жалғанған телевизор, радио ҳәм баскада электр ускенелерин

караўсыз калдырмаў;

- Турак жай әтырапларын шығындылардан ҳәм тез жаныўшы куўрак шѳплерден оз

уактында тазалап турыў.

Бәршени усы қағыйдаларға әмел қылыўды ҳәм турак жайларымызда ѳрттиң алдын

алыўда ҳәм оған карсы гуресиўде биргеликте белсендилик пенен катнасыўға шакырамыз.