Authors

  • Азиза Турдыбаева

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.73631

Keywords:

badiiy ma’nbalar qahramon obrazi dialog monolog xarakter konflikt.

Abstract

Ushbu maqola, Qaraqalpoq adabiyotidagi Tumaris obrazini o‘rganishga bag‘ishlangan. Maqolada, Tumaris obrazining tarixiy va badiiy jihatlari, ayniqsa, S. Bahodirova va X. Utemuratovaning asarlari misolida tahlil qilinadi. Shuningdek, maqolada Tumarisning obrazini yaratishda foydalanilgan tarixiy manbalar, xalq ertaklari va afsonalar haqida ham ma'lumot berilgan.

background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

738

ҚАРАҚАЛПАҚ РОМАНЫНДА ТУМАРИС ОБРАЗЫ (С.БАҲАДИРОВА ҲӘМ

Ҳ.ӨТЕМУРАТОВА ШЫҒАРМАЛАРЫ МЫСАЛЫНДА)

Турдыбаева Азиза Тахир қызы

Бердақ атындағы ҚМУ магистранты.

turdibaevaaziza1@gmail.com

https://doi.org/10.5281/zenodo.15090978

Annotaciya.

Ushbu maqola, Qaraqalpoq adabiyotidagi Tumaris obrazini o‘rganishga

bag‘ishlangan. Maqolada, Tumaris obrazining tarixiy va badiiy jihatlari, ayniqsa, S. Bahodirova

va X. Utemuratovaning asarlari misolida tahlil qilinadi. Shuningdek, maqolada Tumarisning

obrazini yaratishda foydalanilgan tarixiy manbalar, xalq ertaklari va afsonalar haqida ham

ma'lumot berilgan.

Kalit so’zlar:

badiiy ma’nbalar, qahramon obrazi, dialog, monolog, xarakter, konflikt.

ОБРАЗ ТУМАРИС В КАРАКАЛПАКСКОМ РОМАНЕ (НА ПРИМЕРЕ

ПРОИЗВЕДЕНИЙ С. БАХАДИРОВОЙ И Х. ӨТЕМУРАТОВОЙ)

Аннотация

. Данная статья посвящена изучению образа Тумарис в каракалпакской

литературе. В статье анализируются исторические и художественные аспекты образа

Тумарис, особенно на примере произведений С. Бахадировой и Х. Өтемуратовой. Также в

статье рассматриваются использованные в создании образа Тумарис исторические

источники, народные сказания и легенды.

Ключевые слова:

художественные истоки, персонаж, диалог, монолог, персонаж,

конфликт.

THE IMAGE OF TOMYRIS IN KARAKALPAK NOVEL (BASED ON THE WORKS OF

S. BAHADIROVA AND KH. UTEMURATOVA)

Abstract

. This article is dedicated to the study of the image of Tomyris in Karakalpak

literature. The article analyzes the historical and literary aspects of the image of Tomyris,

particularly through the works of S. Bahadirova and H.Utemuratova. The article also provides

information about the historical sources, folk tales, and legends used in creating the image of

Tomyris.

Key words:

artistic sources, character, dialogue, monologue, character, conflict.

Қарақалпақ әдебияты бүгинги күнде раўажланып бармақта. Соның ишинде

епикалық шығармалар да өзиниң жанрлық ҳәр түрлилиги менен әдебиятымызды


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

739

байытпақта. Әдебиятымызда тарийхый шахслар өмирине арналған прозалық ҳәм

поезиялық шығармалар жазылды. Тарийхый шахслар өмири ҳәм олардың тарийхта

қалдырған искерликлери тарийхый шығармаларда, романларда жазыла баслады ҳәм бир

қанша жетискенликлерге де ерисилди. Қарақалпақ әдебиятында тарийхый романлар

қатарына Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ дәстаны», К.Султановтың «Әжинияз»,

О.Бекбауловтың «Беруний», К.Мәмбетовтың «Посқан ел», «Бозатаў», А.Садиковтың

«Бостансыз бүлбүл», Ҳ.Өтемуратованың «Ҳүрлиман», «Тумарис» романлары киреди. Бул

романлардың ҳәммесиниң прототипи бар. Мысалы, «Қарақалпақ дәстаны» романында

Маман бий Оразан улы, Айдос бий, Ерназар алакөз, «Әжинияз» романында Әжинияз

Қосыбай улы, О.Бекбауловтың «Беруний» романында уллы илимпаз Абу Райҳан Беруний,

«Посқан ел» романында Исмайыл Султан, Орманбет бий, Жийен жыраў, «Бостансыз

бүлбүл» де Бердақ Ғарғабай улы, Өтеш Алшынбай улы прототип есапланады.

Тарийхта жасаған массагетлер патша ҳаялы Тумарис ҳәм оның ерликлерин

сүўретлейтуғын шығармалар жазылды. Тумарис тек қарақалпақлар тарыйхында жасаған

шахс емес, ол пүткил түркий халықлар ушын ортақ шахс есапланады. Сонлықтан Тумарис

образы түркий халықлар әдебиятында дөретилген. Қоңсылас халықлар әдебиятында соның

ишинде Тумарис образын қазақ әдебиятында Болат Жандарбеков «Саклар» роман

диалогиясының биринши китабы «Тумарис» деп аталады. Романда тарийхый шахс

Тумаристиң ерликлери Кир менен болып өткен саўашлары, оның ўатанына, халқына болған

муҳаббаты сүўретленеди. Б.Жандарбеков романды жазыўда тийкарғы дерек сыпатында

Герадоттың «Тарийх» деп аталған тоғыз китаптан ибарат шығармасын алған. Бул роман

ҳаққында әдебиятшы Римғалий Нурғалий улы былайынша деген еди: «Б.Жандарбеков

жазыўшылық шеберлигиниң арқасында усындай бир тарийхый деректи көркемлик шынына

жеткизе алған. Ҳәр бир ўақыя өзиниң тәсирлилиги менен қатар, оқыўшыларды көп ойларға

қалдырады. Тарийх тереңнен бойына енип, сол ўақытлары болған түрли ўақыяларды жай

ғана емес, терең логикалық жол менен қабыллаўға мүмкиншилик жаратады».

Өзбек әдебиятында ер жүрек Тумарис образын Ергаш Жуманбулбул улынан

Ҳ.Зарипов жазып алған «Айсулыў» дәстанында Туран мәмлекетиниң патшасы Айсулыў

образында Тумарис образы өзиниң әдебий көринисин тапқан. Дәстанда Туран

мәмлекетиниң патшасы –Айсулыў бас қаҳарман болған. Дәстан терең социаллық-сыясый

мазмунға бай болып, онда халықтың арзыў-әрманлары, ўатан сүйиўшилик сезимлери,

басқыншыларға қарсы гүресиў сүўретленген.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

740

Айсулыў өз халқы ҳәм журтына садық, пидәйи, батыр, мәрт, гүресте теңсиз,

душпанға аяўсыз апсанаўий қаҳарман образы есапланады. Шығармада Айсулыў Иран

патшасы Доро ләшкерлерин қарсы қаҳарманларша гүреседи ҳәм жеңеди. Бул халық

дәстаны болып есапланады. Сондай-ақ, жазыўшы Миркәрим Осим «Тумарис» повестинде

Тумарис ерликлерин жырлайды.

Қарақалпақ әдебиятында Тумарис образы бириншилерден болып И.Юсуповтың

«Тумарис» поемасы жарық көрди. [Юсупов И., 1974.] Поемада мәрт қаҳарман ҳаял патша

Тумаристиң ерликлери жырланады. Тумарис поемасы тарийхый қаҳарманлық поема. Өз

халқының өткен тарийхы туўралы фактлер, аңыз әңгимелер шайыр ушын оғада бай

материал береди. Өткенди сүўретлеў шайырға бүгинги күнди улығлаў ушын керек. Ҳәр бир

халықтың өтмишинде аңызға айланған қаҳарманлық ўақыялар жүдә көп. Усылардың бири

массагетлердиң ҳаял патшасы Тумарис туўралы қаҳарманлық ҳәдийсе. Шайырдың Тумарис

поемасында сол ҳаял патшасының Кирге қарсы мәртлик саўашы сәўлеленеди. Оқыўшының

көз алдына аңызға айланģан ана Тумарис образы келеди.

Сондай-ақ, қарақалпақ әдебиятында Гүлистан Дәўлетованың 2014-жылы

«Қарақалпақстан» баспасынан шыққан «Тумар қыз» қосықлар ҳәм поемалар топламын

баспадан шығарды. Топлам ишиндеги «Тумар қыз» деп аталған тарийхый дәстаны

тарийхый қаҳарман Тумарис патшайым ҳаққында жазылады. Шығармада Тумарис

ҳаққындағы ўақыялар төрт қатарлы қосықларға жазылған. Шығарма ақырында қосық

атамасын не ушын Тумар қыз деп қойғанлығын шайыр дәлиллеп көрсетеди.

Қарақалпақ прозасында Тумарис образын С.Баҳадированың “Тумарис” повести ҳәм

Ҳ.Өтемуратованың «Тумарис» тарийхый романы ҳәм А.Әбдиевтиң «Өмир,өлум ҳәм өмир»

тарийхый роман-дилогиясының биринши китабы бар. бар. Бул шығармаларда авторлат

Тумарис прототипин көркем образ дәрежесине көтере алған. Жуўмақлап айтқанда, түркий

халықлар әдебиятында Тумарис образы тарийхый образ дәрежесине көтериле алған десек

болады. С.Баҳадирова өзиниң «Тумарис» повестин жазыўда халық аңыз-әңгимелеринен,

тарийхый фактларды үйренип шыққанлығын байқаймыз. Жазыўшы өзиниң «Қарақалпақ

қандай халық» атлы мийнетинде Тумаристиң ерликлерин жырлаған аңыз-әңгемелер

ҳаққында сөз етеди. Автордың «Сен әзизсең, Қарақалпақ ҳаялы» атлы бөлиминда

қарақалпақ батыр аналары Тумарис, Зарина, Спаретра, Одатида ҳаққындағы тарийхый

фактларды ҳәм аңыз-әпсаналарды жазып өтеди.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

741

Автор: «Сак ҳаялларын урыс өнерин жақсы билетуғынлығын, аттың үстинда жерде

жүргендей айқасыў, гүресиў, найзаласыў, аттан түспей душпанды жеңиў жағынан ҳеш бир

адам бул ҳаялларға тең келе алмайтуғынлығын өз заманласлары жазып кеткен» -деген

пикирди береди.

Тумарис повестин жазыўда автор тарийхый шахс ҳаққында бар материалларды

жыйнайды ҳәм оларды бириктирип көркем шығармадағы қаҳарман образын дөретеди.

Автор өзинен алдынғы жазылған тарийхый китаплардан, аңыз ҳәм әпсаналардан ҳәм

адамлар аўзынан еситкен Тумарис ҳаққындағы дәреклерди жыйнаған. Жуўмақлап айтқанда

еки авторда Тумарис образын дөретиўде дәслеп дәреклерди жақсылап үйренип

шыққанлағын көриўимизге болады. Қарақалпақ прозасында Тумарис образын жаратқан

және бир шығарма А.Әбдиевтиң “Өмир, өлим ҳәм өмир” тарийхый роман-дилогияның

биринши китабы “Әййемги Қарақалпақлар” китабы болып есапланады. Бул роман жақында

баспа жүзин көрди. Романда тек қарақалпақлар тарийхы емес, ал, пүткил адамзат пайда

болған дәўирден, Адам атадан баслап жердиң жаратылыўынан баслап сөз етиледи.

Адамлардың жаратылыўы ҳаққында ҳәртүрли аңыз-әңгемелер ҳаққында, Нуў

пайғамбар ҳаққында әпсаналар киргизилген. Автор романның көркемлигин арттырыў

ушын ерте дәўирлер, адамлардың пайда болыўы ҳәм урыўлардың келип шығыў тарийхы

бойынша ҳәртүрли факт ҳәм аңыз-әпсаналарды қоллаған. Романда аллатала тәрепинен ески

дәўирде туўылатуғын Тумарис пенен ҳәзирги дәўирде туўылатуғын нәрестениң руўхларын

алмастырып қояды. Автордың сюжет қурыўдағы шеберлиги бастан-ақ көринеди. [Әбдиев

А,. 2024]

Тарийхый темада жазылған прозалық шығармалар ҳәзирги әдебиятымызда көплеп

ушырасады. Олардың сюжети де ҳәр қыйлы. Көркем шығарманың тартымлылығы да

сюжеттиң шебер дүзилгенлигине байланыслы. Қарақалпақ прозасында айырықша орынға

ийе С.Баҳадированың «Тумарис» повести сюжети Ҳ.Өтемуратованың «Тумарис» романы

сюжетинен кескин парықланады. Бул еки шығарма да дүстүрий сюжеттен пайдаланылған.

Еки шығармада да барлық ўақыялар избе-из баянланады. Ўақыялардың басланыўы

повестте массагетлер елине Кирдиң бастырып киятырған жеринен басланады. Массагетлер

арасында душпанның әскерий күши ҳаққындағы әңгемелер тарқалады. Тумаристиң өз елин

қорғаў ушын батыстан, шығыстан әскер жыйнай баслайды. Кир болса өз жансызларына

массагетлер ҳәм олардың әскерий жағыдайын билиў ушын жибереди.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

742

Сюжеттеги бул жағыдай Кирдиң характерин ашыўға жәрдемлеседи.Себеби Кир

әшкөз, ҳийлекер, қандай жол менен болсада жеңиў ушын өз шаңарағынан да кешип

кететуғын патша образы.

«Тумарис» романында тийкарынан ўақыялар Бирян атлы Тумаристиң бала гезинен

баққан жетим баланың оның артынан насақ сөзлер айтып, оның Кайқысраў бул жерлерди

басып алмастан бурын Тумаристи жоқ етиў кереклигин айтып, жоспар қурып атырған

жеринен басланады. Тумарис болса бул жағыдайдың гүўасы болып қалады. Бирақ,

патшайым Бирянды жазаламайды,оны азат етеди ҳәм басы аққан жаққа кетиўин буйырады.

Бул ўақыядан кейин Тумаристиң психологиялық жағыдайы ашыла баслайды.

Тумарис түскинликке түсе баслайды. Ишинен толғанады, күйинеди ҳәм патшайым

өз ишинде душпанлары бар екенлигин сезеди. Бул сюжеттиң еледе раўажланыўына

ўақыялардың шийеленисиўине алып келеди. Ел арасында Тумарис ҳаққында өсек, насақ

гәплер қаплап кетеди. Бул сөзлерге шыдай алмаған Тумарис жаңа нызам шығарады ҳәм

өсек тарқатқан адамларды өлим жазасына ҳүким етеди. Тумаристиң бул ҳәрекетлери

халқының арасында патшайымға деген исенимсизликти, ҳаял патшаны жығыўға оны

тахттан қулатыўды қәлеўшилерге ашықтан ашық гүрес баслағанлығын көрсетер еди.

Романның сюжетинде автор тәрепинен қосылған, ойлап табылған ўақыялар да бар.

Мысалы, Кир аңға шыққан ўақытта оның аўламақшы болған аңын басқа бир биятныс адам

атып түсиреди. Қараса ол ҳаял адам екен. Ҳаял Кирге олжасын саўға етип кетеди. Кир болса

ал қызға ашық болып қалады. Оның ҳәрекетшеңлигине, әскерий шеберлигине, ат

шаптырыўына ҳайран қалады. Өмири даўамында бундай гөззалға көрмеген еди. Ол бул

қызды өз адамларына излетеди. Ақырында ол Тумарис болып шығады. Бул ўақыя арқалы

Кирдиң ишки дүнясы ашылады. Өмиринде ашық болып көрмеген, ҳаялларға қулдай

қарайтуғын патша өзи бир ҳаял алдында қулға айланады. Оның сулыўылғына ашық болады.

Сол арқалы автор Тумаристиң сыртқы көринисин ҳәм физикалық жағыдайын

бермекши болған. Романдағы бул конфликт ҳаққында профессор П.Нуржанов “Кирдиң

патша ҳаял Тумариске ашық болыўы да өз алдына қызықлы ҳәм қарама-қарсылықлы

ўақыяларға толы болып, олар романның конфликтиниң буннан былай да кескинлесиўине

тийкар болған ” [Нуржанов П., 2023.-126].

Бул еки шығармада да уқсаслықлар менен өзгешеликлер ушырасады. Мысалы,

повесттеги түс көриў мотиви жақсы қолланылған. Кир саўашқа шықпастан бурын түс

көреди. Бул жаманлыққа жорылады ҳәм улын ҳәм әскербасшысын өз елине қайтарады.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

743

Ал, романда болса түс көриў мотиви басқаша, Тумарис түс көреди. Оны түс

жорыўшыға жорытқанда аңға шығыўды мәсләҳәт береди ҳәм ақлығын өзи менен бирге

алып кетиўди айтады. Бул болса Тумаристиң алдында болатуғын жаман ўақыяларды алдын

ала сезиў қәбилети бар екенлигин билдиреди.

Тарийхый романлардың көркемлик өзгешелигин ашыўда портретлик ҳәм пейжазлық

сүўретлеўлер айрықша орынға ийе.

«Тумарис» повестинде де портретлик сүўретлеўлердиң вестикалық сүўретлеў

усылынан қолланғанлығын көриўимизге болады. Повесттеги Тумаристиң алдына келген

Кирдиң елшилери ҳәм оларды күтип алған Тумаристиң кийими сүўретленеди: Тумарис

ярым айдың сүўретин алтыннан ойып маңлайына қыстырған, алтын таслар менен ашық

жерин қалдырмай безеген тажын басына кийдириўди ым менен ишарат етти. Ол үстине зер,

лал, гүўҳар менен нағысты ойдырған узын, етеги жерге тийген қызыл шапанын шешип

атырған хызметшисине бир қарады да «маған ақ шапанымды әкел» деп ымлады. Ол әдетте

елшилерди қабыллағанда қызыл шапанын кийип, жеңиске ерискенде, тойда байрамда кийер

еди» [Баҳадирова С., 2018.-16]. Бул Тумаристиң елшилерди қабыллаўдан алдын кийген

кийими ҳәм оның портрети еди. Автор бундай портретлик баянлаў арқалы оқыўшыға

Тумаристиң гүресте жеңиске ерисиўине исеним ҳәм оның өз ўәзирлерин изине ериўи ушын

ҳәрекет етип атырған патшаны көрсек болады. Бул арқалы жыйналыста көтерилип атырған

Кирге бағыныў йәки бағынбаў кереклиги ҳаққындағы тартысты патша алдын ала шешип

қойғанлығын, Кир менен саўашқа түсиў шәрт ҳәм бул урыста жеңиске ерисиў кереклигин

өз адамларына усы кийим арқалы билдирип турыпты. Бул портрет арқалы Кирдиң

массагетлер елине не ушын саўаш ашып атырғанлығын ҳәм бул елдиң байлықлары толып

атырғанлығында оқыўшыға түсиндирмекши болған.

Статикалық портретте персонаждың сыртқы көриниси сюжет ўақыясы тоқтатылған

ҳалда әдеўир айдынластырылып, деталластырылып сызылады. Әдетте, бундай портретлер

персонаж шығарма ўақыясына дәслепки рет кирип келген ўақытта бериледи. Статикалық

портретте жазыўшының образға болған идеялық, естетикалық қатнасы көринеди.

“Тумарис” романында да статикалық портретлик сүўретлеўлер көплеп ушырасады.

Мысалы, романдағы Бат деген ғарры сүўретленеди. Ол өсек тарқатыўшы, сатқын, жалахор

адам етип сүўретленеди:

“Оң көзи гүлли, шеп аяғы ақсақ, сол қолы да шолақ, жалғыз көз, бир қоллы, майрық

Бат ғарры, сийрек сақаллы, маңлай шашларыда төгилип болған.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

744

Бети мыржым-тыржым мәнилик қайта-қайта бас ийип, еңбеклеп келип буның етегин

өпти” [Өтемуратова Х., 2006. -52].

Булай сүўретлеў арқалы оқыўшыға ғаррының қандай адам екенлигин, оның сыртқы

көриниси сыяқлы ишки дүнясыда көримсиз, нәренжан екенлигин көрсетпекши болған.

Ғарры сол көрисиўинде Тумариске бир қыз ҳаққында жала жаўып Тумарис ҳаққында

өсек тарқатып жүргенин айтады. Бирақ, Тумарис жүдә сезгир ҳаял, ақыры ол патша.

Ғаррының өзин бул иси ушын жазалайды. Ғаррының жала жаўып Тумариске жазалатпақшы

болған қызы Ҳая атлы сулыў қыз болып оның портрети шебер жаратылған. Себеби ғарры

сол қызға жетисе алмайды сол ушын ол қызға қастан жала жаўады. Ғаррының бундай иске

қол урыўы ушын Ҳаяның сыртқы көриниси тәкирарланбас болыўы керек. Сонда ғана

оқыўшыда шығарма қаҳарманларына деген исенимлилик пайда болады. Сулыў Ҳаяның

портрети төмендегише: Ҳая жерден пишип алғандай сымбатлы, қундыз қара шашларының

қалыңлығы адамды қайыл қалдырарлық, көзлери алақандай, қыпша бел нәзелим екен,

қоллары байлаўлы, аяқлары шандыўлы, оны жупыны халатта буның алдына алып келди.

Қос ыйығынан басқан жасаўылларға тисин қайраған ер қыздың қарсыласқанлығы,

бетинен тырнағанлығы, қолының көгергенлиги көринип турыпты [Өтемуратова Х., 2006.-

52]. Ҳаяның сыртқы көринисин сүўретлеўде фолклорлық сүўретлеўлерден пайдаланылған,

мысалы, “қундыз қара шашлары”, “қыпша бел” сыяқлы сүўретлеўлер тийкарынан

фолклорда унамлы қаҳарманларды түрийплеўде қолланылады. Бундай портретлик

сүўретлеўлер қаҳарман образын жасалыўында қолланылған лексикалық өзгешеликке қарай

соматикалық түрге де жатады. Яғный, адамның дене дүзилисине ҳәм айырықша белгилерин

атап өтеди.

С.Баҳадированың «Тумарис» повестинде тәбият көринислери арқалы қаҳарманлар

характерин бермекши болады. Мысалы, Кирдиң ишки дүнясында болып атырған алғаў-

далғаў қыялларды бериўде пейзажлық сүўретлеўлерден пайдаланылған.

-Кирдиң бүгин негедур тақаты болмай отыр. Қайнаўытлап аққан Окс ғана оның

ишиндеги дәртти түсинип турған сыяқлы. Окстың ағысындай Кирдиң де ишинде ойлар

қайнаўытлап, мына ылай суўдай кем-кем ылайып, қойыўласа түседи [Бахадырова

С.,2018.23].

Бул пейзажлық сүўретлеў арқалы автор қаҳарманның ишки толғанысын Окстың

қайнап ағып атырған ылай суўына мегзетеди. Сол арқалы қаҳарманның ишки

кеширмелерин, толғанысларын ашып бердеди.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

745

Булай тәбият көринислерин қаҳарман характерин ашып бериўде қолланыў арқалы

автор айтажақ ўақыяларды еледе тәсирли жеткизиўге ериседи. Кирдиң массагетлер жерин

басып алыўының себеби де байлықларға ийе болыў. Массагет жери жүдә бай екенлигин

пейзажлық сүўретлеўлерден де көриўимизге болады. Бул Кирдиң ашкөзлигин ҳәм

массагетлердиң сулыў табиятын қорғаў ушын жанынан кешкенлигин билсек болады.

Роман қурылысындағы пейзажлық сүўрелеў бир қарағанда сюжетке тиккелей

қатнасы жоқтай туйылса да, лейкин базы бир елементлери арқалы автордың алға қойған

мақсетлерин әмелге асырыўда көркем-естетикалық хызмет атқарады. Романда Тумаристиң

шешиўши саўашқа атланар ўақытта оған ана тәбият ҳәм қуяш қудайы пәлектен бир күш

берип турғандай етип, тәбияттың өзи бул гүресте Туматисти қоллап турғандай, бир илаҳий

қүдирет тәбият арқалы қаҳарманды жигерлендирген сыяқлы көринеди: Тас төбеде

шағырайған күн де ызбырлнған. Бетине бет перде боларлық үзик-жулық бултларды да

қәҳерленип айдап салды. Ол Тумариске қарап: “Хәй, қызым, сен де, мен де тиришиликтиң,

мөминлердиң ғамхоршысымыз, мен көзимди ашаман, күлип қарайман, шығыстан қызыл

пешеханамды түрип таслап, көк диңгегине көтерилемен, барлық шөп-шарды нурға

толтыраман, қуяш қудайы болған мен өзим ҳүжимге шығаман”- деген тәризли

[Өтемуратова Х., 2006. -22].

Дәслебинде тәбият көринисин сүўретлеп соңынан стилистикалық фигура

жанландырыў қолланылған.

Көркем шығармаларда саўаш майданын драматизмге толы сүўретлеўде әлбетте

пейзажлық сүўретлеў баслы орын тутады. Сол сыяқлы романда Қайқысраў менен болған

саўаш майданы қанлы ҳәм қорқынышлы етип сүўретлеўде қумлықлардың ыссы ҳәўири ҳәм

қуяштың нурларының душпан әскерлериниң денелерин күйдирип ҳалдан таярлық аўҳалға

келиўин ҳәм ғарға-қузғынлардың өли денелер үстинде ушыўы картинасын көз алдымызға

келтиремиз: Қуяш күнбатарға еңкейди, өзиниң ҳәсем қызыл шымылдығын тутты, сол

қырмызы шымылдықтың етеклерине тутасып, қумлықларда қызыл қан, адам қаны ағып

атыр... Бүгин қумға да қызыл паяндоз төселиўли. Ғарға-қузғынлар қара булттай болып

аспанды енлеп баратыр. Олар той қурады, бул күнди олар өзлериниң мың жыллық узақ

өмиринде еле талай еске алады [Өтемуратова Х. 2006.-28].

Қарақалпақ әдебиятында Тумарис образын жаратқан “Тумарис” повестинде

пейзажлық ҳәм портретлик сүўретлеўлер шығарманың көркемлилигин ашыўға

жәрдемлескен.


background image

ISSN:

2181-3906

2025

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 4 / ISSUE 3 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

746

Тәбият көринислерин сүўретлеў арқалы персонажлардың ишки кеширмелерин ҳәм

сюжеттиң раўажланыўына түртки болғанлығын көриўимизге болады. Тумаристиң образын

жаратыўда пейзажлық ҳәм портретлик сүўретлеўден пайдаланыў Ҳ.Өтемуратованың

шығармаларында шебер қолланыла алған. Тумарис” романында тәбиайтқа жан ендириў ҳәм

оннан мәдет сораў сыяқлы сүўретлеўлерди көре аламыз. Шығармалар қурылысында тәбият

көринислерин қолланыў автордан шеберликти талап етеди. Бул пейзажлық сүўретлеўлерди

автор гейде туўра тәбият көринисин туўра мәнисинде, гейде қаҳарманның кеўил кейпиятын

ашыўда параллел психологиялық ямаса контраслық усылларда қолланған.

Жуўмақлап айтқанда, миллий прозамызда Тумарис образы еки автор тәрепинен де

шебер жаратылғанлығын, ҳәр бир шығарманың жанрлық жақтан өзиншеликлерге ийе

екенлигин, сюжет қурыўдағы шеберликлерин көре аламыз. С.Баҳадирова Тумарис образын

батыр, әдалатлы, сулыў ҳәм мәрт ана көринисинде сүўретлесе, Ҳ.Өтемуартова романында

Тумаристи басқа көз қарастан көре аламыз. Романда қаҳарман қайсар, өз дегенинен

қайтпайтуғын әскербасы, мийримли ана ҳәм өз душпанына да әдалатлы етип сүўретлейди.

Шығармаларда Тумарис образы тарйхта жасағын Тумаристиң характерин жақсы

ашып бере алған дей аламыз. Авторлар өз шығармалар арқалы келешек әўладларға

Тумаристиң мәртлигин ҳәм батырлығын айтпақшы ҳәм қарақалпақ ҳаял-қызларының

қанында Тумарис қаны ағып турғанлғын еслетпекши болған.

REFERENCES

1.

Әбдиев А. Әййемги Қарақалпақлар («Өмир, өлум ҳәм өмир» дилогиясының биринши

китабы). - Ташкент: «ELNUR-PRINT». 2024.

2.

Бахадырова С. Қарақалпақ қандай халық.-Ташкент: «Навруз». 2017.

3.

Бахадырова С. Тумарис.-Ташкент: «Навруз». 2018.

4.

Мамбетов К. Тумарис хаккында әпсана. // «Амударья». 1970. №7.

5.

Нуржанов П. Әдебият хаққында ойлар.-Нөкис:«БИЛИМ». 2023.

6.

Өтемуратова Х. Тумарис (роман). //«Әмиудәрья», 2006.№1-4.

7.

Юсупов И. Тумарис ҳәм басқалар.-Нөкис: «Каракалпакстан», 1974.

References

Әбдиев А. Әййемги Қарақалпақлар («Өмир, өлум ҳәм өмир» дилогиясының биринши китабы). - Ташкент: «ELNUR-PRINT». 2024.

Бахадырова С. Қарақалпақ қандай халық.-Ташкент: «Навруз». 2017.

Бахадырова С. Тумарис.-Ташкент: «Навруз». 2018.

Мамбетов К. Тумарис хаккында әпсана. // «Амударья». 1970. №7.

Нуржанов П. Әдебият хаққында ойлар.-Нөкис:«БИЛИМ». 2023.

Өтемуратова Х. Тумарис (роман). //«Әмиудәрья», 2006.№1-4.

Юсупов И. Тумарис ҳәм басқалар.-Нөкис: «Каракалпакстан», 1974.