Mart, 2025-Yil
645
ИЙС ГАЗИНЕН ЗӘҲӘРЛЕНБЕУ УШЫН...
И.Т.Ешмуратов
Қоңырат районы АЖБ баслығы орынбасары майор
https://doi.org/10.5281/zenodo.15106696
Анотация.
Бул мақалада өрт қәўипсизлиги район ҳәкиминиң сол тикарынадғы
баянламасы жәнеде өрттиң алдын алыўға қаратылған илажлар ҳаққында сөз етилген.
Гилт сөзлер:
Өрт қәўипсизлиги, обьект, айрықша жағдайлар, контрамарка
TO AVOID POISONING FROM SUFFOCATING GAS
Abstract.
This article discusses the current decision of the district governor on fire safety
and measures aimed at further preventing fires
Keywords:
construction, buildings, residential areas, emergency situations.
ЧТОБЫ ИЗБЕЖАТЬ ОТРАВЛЕНИЯ УДУШЛИВЫМ ГАЗОМ
Аннотация.
В статье рассматривается действующее постановление губернатора
округа по вопросам пожарной безопасности и меры, направленные на дальнейшее
предупреждение пожаров.
Ключевые слова:
строительство, здания, жилые массивы, чрезвычайные ситуации
Қыс айларында ийс газинен зәҳәрлениу ҳалатлары Республикамыз аймағында
көплеп ўшарамақта. Бундай болыўына себеп пуқаралар қазанханаларын тарақ жайларының
ишине орнатып алғанлықтан ҳәм жылытыў қазан морыларының талапқа жуўап бермейтин
қылып орнатылғанлығынан, жылытыў қазан морыларының ҳәр турли шығындылардан
тазаланмағанлықтан ҳәм газ тармағында авариялық жумыслар болып, үзилислер болған
ўақытта газ тармағының ашық қалып кетиўи ҳәм газ тармағы тартылмаған аймақларда
жылытыў печине көмир өнимлеринен пайдаланып қараўсыз қалдырылыўы нәтийжесинде
ийс газинен зәҳәрлениў ҳалатлары ўшрамақта.
Ийс гази жүдә өткир тәсирли болады. Оның зәҳарлениу ҳәм өлимге алип келий
ортасинда консентрация аралығы жүдә қысқы болады. Мысал, хана хауасы тәркийбинде 0,1
процент ийс гази жыйналса, ханадағы адамлар шамасы ярым саатта өлимшилик ҳалатына
алып келиўи ықтымалы жоқары болады. Ийс гәзинен заҳарленгенде адамның:
- басы аурыйды;
- кеуил айныйды;
- дезориентация;
- жөтел;
Mart, 2025-Yil
646
- ҳалдан тайыу;
- бас айланыуы ҳәм хушын жойтыў ҳалатлары ўшрайды. Жоқарыда көрсетип
өтилген ҳалатлардыдан бири жүз берсе, турақ жайыңыздың айнасын ямаса есигин ашып
ханадағы ҳаўаны тезде шығарып жыбериудиң илажлерин көриң.
Ийс гәзинен заҳарленбеу үшын жоқарыда келтирилип өткен себеплерди өз ўақтында
сапластырып барсақ бундай жағдайға туспеймиз.
