Mart, 2025-Yil
647
СИЗИҢ ЖЫЛЫТЫЎ ПЕШИҢИЗ САЗ ҲАЛАТТАМА?
Н.О.Алешов
Қоңырат районы АЖБ ПҳәмҚБ киши инспекторы аға сержант
https://doi.org/10.5281/zenodo.15106701
Анотация.
Бул мақалада айрықша жағдайлардыӊ алдын алыу, пуқараларымыздан
әпиўайы қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылыу ҳаққында сөз етилген.
Гилт сөзлер:
ҳаўа-райы, пуқара, мәкеме ҳәм кәрхана, ис-гази, айрықша жағдайлар.
IS YOUR HEATING SYSTEM WORKING PROPERLY?
Abstract.
This article discusses the prevention of emergencies and the observance of simple
safety rules by our citizens.
Keywords:
air, citizens, carbon monoxide, emergencies.
ПРАВИЛЬНО ЛИ РАБОТАЕТ ВАША СИСТЕМА ОТОПЛЕНИЯ?
Аннотация.
В этой пословице говорится о предотвращении чрезвычайных
ситуаций и соблюдении простых правил безопасности для наших граждан.
Ключевые слова
: воздух, граждане, угарный газ, чрезвычайные ситуации.
Қыс мәўсиминиң кирип келип, күнлердиң суўып кетиўине байланыслы турақ
жайларда ҳәм мекемелерде бәршемиз жылытыў пешинен пайдаланамыз. Ал сол жылытыў
пеши саз ҳалатта ямаса насаз ҳалатта ислеп турғанлығын көпшилигимиз итибар
беребермеймиз. Жылытыў пешлерин пайдаланыўдан алдын гүз мәусиминде морыларын
көрип, егер қурым ямаса буйымлар тығылған болса, оны тазалап, жанған оттың иркилиссиз
шығып кетиўин тексерип көриўимиз тийис. Қыс мәусиминде көп үшырап турған ийс
газиненен зәҳәрлениу ҳәм өртлер турақ жайларды жылытыў пешлериниң морылары
надурис қурылған ямаса моры иши тазаланбағанлықтан келип шықпақта. Бүгинги күнде
гуз мәусиминде тазаланбай турып, пайдаланып атырған жылытыў пешлерин өртке қарсы
гүресиу жәмиети тәрепинен тазалап берилмекте.
Қоңырат районы өрт қәўипсизлиги бөлими өз турақ жай ҳәм мекемелериңизди
жылытыў пешлерин және бир мәрте тексерип, тазалап турыўыңиызды усыныс етеди ҳәм
бул менен сиз өз хожалығыңызды ҳәм имәратыңызды өрт апатынын сақлап қалған боласыз.
