Authors

  • К.Ж. Ещжанов

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.75328

Keywords:

ҳаўа-райы пуқара мәкеме ҳәм кәрхана ис-гази айрықша жағдайлар.

Abstract

Бул мақалада айрықша жағдайлардыӊ алдын алыу, пуқараларымыздан әпиўайы қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылыу ҳаққында сөз етилген.

background image


Mart, 2025-Yil

656

ТУРМЫСТА ГАЗДЕН ҚӘЎИПСИЗ ПАЙДАЛАНЫЎ ШАҢАРАҒЫМЫЗ

АМАНЛЫҒЫ

К.Ж.Ещжанов

Қоңырат районы АЖБ баслығы подполковник

https://doi.org/10.5281/zenodo.15106726

Анотация.

Бул мақалада айрықша жағдайлардыӊ алдын алыу, пуқараларымыздан

әпиўайы қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылыу ҳаққында сөз етилген.

Гилт сөзлер:

ҳаўа-райы, пуқара, мәкеме ҳәм кәрхана, ис-гази, айрықша жағдайлар.

SAFE USE OF GAS IN OUR LIVES IS THE SAFETY OF OUR FAMILY

Abstract.

This article discusses the prevention of emergencies and the observance of simple

safety rules by our citizens.

Keywords:

air, citizens, carbon monoxide, emergencies.

БЕЗОПАСНОЕ ИСПОЛЬЗОВАНИЕ ГАЗА В НАШЕЙ ЖИЗНИ – ЭТО

БЕЗОПАСНОСТЬ НАШЕЙ СЕМЬИ

Аннотация.

В этой пословице говорится о предотвращении чрезвычайных

ситуаций и соблюдении простых правил безопасности для наших граждан.

Ключевые слова

: воздух, граждане, угарный газ, чрезвычайные ситуации.

Кейинги ўақытларда республикамызда табийғый ҳәм ийис газинен зәҳерлениў

жағдайлары менен байланыслы айрықша жағдайлар көп жүз бермекте. Газ плитасы

қараўсыз қалғанлығы, печь морысының тығылыўы, суў ысытыў шақапшасының қараўсыз

қалдырылыўы, стандартқа жуўап бермейтуғын ысытыў үскенелеринен пайдаланыў ҳәм

усындай жағдайлар нәтийжесинде кеуилсиз жағдайлар жүз бермекте.

Жоқарыда айтып өтилген жағдайлар жүз бериўинде пуқаралардың қәўипсизлик

қағыйдаларына итибар бермегенликлери ҳәм қағыйдаларды билмегенликлери,

итибарсызлық иләжларына қарамағанлығы себеп болмақта.

Қыстың суўық күнлеринде пуқаралар үйлерин ысытыў мақсетинде печкалардан, газ

ямаса ҳәр турли ысытыўшы затлардан пайдаланады.

Ысытыўшы затлардиң ишинде басқаларға қарағанда қәўипли болған бул табийғый

газ есапланады.

Табийғый газдиң ҳәр түрли себеплер менен хана ишинде жыйнылыўы ақыбетинде

партлаў ҳәм жаныў пайда болады ҳәмде усының натийжесинде инсан түрли жарахатлар

алыўы ямаса өмирден көз жумыўы ҳәм мүмкин.


background image


Mart, 2025-Yil

657

Табийғый газ

- бул 98% метан хамде 2% басқа аўыр углеводлар (пропан, бутан,

этан, гексан хам т.б.) дан ибарат болған газлер.

Ийис гази

- үйлеримизде пайдаланып атырған табийғый газдиң толық жанбаўы

натийжесинде пайда болатуғын газ.

Ийис гази инсан организиминиң дем алыў жоллары ҳәм дем алыў органларына

күшли тәсир қылады.

Ийис гази дем алыў жоллары арқалы организмди, орайлық нерв системасын

зәҳәрлейди.

Ийис газинен бир қатар органикалық затларды (ацетон, метил спирти, фенол ҳәм

басқалар) синтез қылыўш кәрханаларда, гаражларда вентиляция жаман болғанда, таза

боялған самаллатылмаған ханаларда, сондай ақ, үй шараятында, ашық шараятға табийғый

газ жанып турғанда ҳәм печка менен ысытылатуғын үйлерде (үй, монша ҳәм басқалар)

печка қақпағы өз ўақытында жабылмағанда зәҳерленип қалыўы мүмкин.

Табийғый ҳәм ийис гази менен зәҳерлениў жағдайлары менен байланыслы айрықша

жағдайлар жүз бериўине төмендегилер себеб болыўы мүмкин;

-табийғый газдиң толық жанбаўы ақыбетинде пайда болатуғын ийис газдиң тәсири;

-үй ишлерин ысытыў системаларына табиий газдиң жалғаныўы талапқа жуўап

бермеўи;

-табийғый газден пайдаланыўда техникалық қаўипсизлик талапларына жуўап

бермеўи;

-ысытыў ушын мөлшерленген печкалар ямаса морылырдың саз жағдайда емеслиги,

жақсылап тазаланбағанлығы ҳәм басқалар.

Ханаға табийғый газ толып қалғанын сезген жағдайда, тез арада төмендегилерди

әмелге асырыў тийис:

-хананың айнек-көзлерин, шамаллатыў;

-хада электр үскенелерин жақпаў, жанып турған болса өширмеў;

-ханада ушқын шығарыўшы затлардан пайдаланбаў;

-газ қулақларын бекитиў;

-газ қулақларын бектиўдиң иләжы болмаса ямаса жарылған, сынған ҳәм тесилген

жерлери анықланса, газ тармақларының авария хизметине хабар бериў керек.

Ҳүрметли пуқаралар! Сизлер табийий газден пайдаланған ўақтыңызда қәўипсизлик

қәделерине итибарлы болыўға шақырамыз.