Авторы

  • Эльдора Калбаева
    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультети 3-басқыш студенти

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.yota.127159

Ключевые слова:

Еркинликти шеклеў жазасы жынаят ҳуқықы жазаны либералластырыў суд қарары шеклеў шаралары Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси

Аннотация

Мақалада Өзбекстан Республикасында жынаят ҳуқықы системасында жынаят ислеген шахсларға қарата қолланылатуғын еркинликти шеклеў жазасы түсиниги, оның қолланылыўы, мазмуны, шет ел мәмлекетлериниң тәжирийбелери ҳәм бул жазаның нәтийжелилиги ашып берилген. Сондай-ақ, айыпкеолерди жәмийеттен ажыратпаған ҳалда оларды дүзетиў, қайта жынаят ислеўиниң алдын алыўда еркинликти шеклеў жазасының әҳмийети жарытылған.


background image

98

YANGI OʻZBEKISTON TALABALARI
AXBOROTNOMASI

www.in-academy.uz

Volume 3 Issue 05 YO’TA

ЕРКИНЛИКТИ ШЕКЛЕЎ ЖАЗАСЫНЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ

ТИЙКАРЛАРЫ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТЛИК НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ

Калбаева Эльдора Узақбаевна

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Юридика факультети 3-басқыш студенти

eldorakalbaeva@gmail.com

https://doi.org/10.5281/zenodo.15401045

ARTICLE INFO

ABSTRACT

Qabul qilindi: 05- May 2025 yil

Ma’qullandi: 10- May 2025 yil
Nashr qilindi: 14- May 2025 yil

Мақалада Өзбекстан Республикасында жынаят
ҳуқықы системасында жынаят ислеген шахсларға
қарата қолланылатуғын еркинликти шеклеў
жазасы түсиниги, оның қолланылыўы, мазмуны,
шет ел мәмлекетлериниң тәжирийбелери ҳәм бул
жазаның нәтийжелилиги ашып берилген. Сондай-ақ,
айыпкеолерди жәмийеттен ажыратпаған ҳалда
оларды дүзетиў, қайта жынаят ислеўиниң алдын
алыўда еркинликти шеклеў жазасының әҳмийети
жарытылған.

KEY WORDS

Еркинликти шеклеў жазасы,
жынаят

ҳуқықы,

жазаны

либералластырыў, суд қарары,
шеклеў шаралары, Өзбекстан
Республикасы Жынаят кодекси.

Инсания раўажланыўының ҳәрбир басқышында жәмийет ағзалары ортасында

жынаятлар жүз бериўи нәтийжесинде жынаят ислеген шахсларға қарата белгили бир
жаза шараларын қолланыў - жәмийет раўажланыўының әҳмийетли шәртлеринен бири
болып келген. Усы дәўирлерден баслап инсанлар жәмийеттеги тәртип бузыўшыларға
жаза шараларын қолланыў арқалы басқа шахслар тәрепинен бундай ис-ҳәрекетлердиң
алдын алып отырған. Мысалы, өзиниң қатаңлығы менен тарыйхта ат қалдырған
әййемги Хамураппи нызамларында, урлық ислеген, жалған гүўалық бериў сыяқлы
жынаятларға өлим, жәрийма сыяқлы жазалар қолланылған. Бул сыяқлы жазалардың
қолланылыўы жәмийетлик тәртиптиң сақланыўына жәрдем берген.

Бүгинги күнге келип, дүняның ҳәрбир мәмлекетинде жынаят ислегенлерге

қолланылатуғын жаза системасы раўажланыўы менен олардың мазмуны, мақсети де
инсаныйлық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында жетилистирилип барылмақта.
Атап айтқанда, жазаларды қолланыўда жынайый қылмыс ислеген шахсларды дүзетиў,
келесиде олардың жаңа жынаят ислеўиниң алдын алыў ҳәм жәмийетке қайта
интеграцияласыўын тәмийинлеў - ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири сыпатында
белгиленбекте.

Өзбекстан Республикасында да жынаят системасының либералластырылыўы

менен басқышпа-басқыш рәўиште қатаң жаза шараларынан инсаныйлық принципи
тийкарында нәтийжелирек жаза шараларына өтиў бойынша көплеген реформалар
әмелге асырылмақта.

Бундай реформалар шеңберинде, әсиресе, Өзбекстан Республикасы Жынаят

коднксинде белгиленген еркинликти шеклеў жазасы заманагөй жынаят ҳуқықы
системасында әҳмийетли орын ийелемекте.


background image

99

YANGI OʻZBEKISTON TALABALARI
AXBOROTNOMASI

www.in-academy.uz

Volume 3 Issue 05 YO’TA

Өзбекстан Миллий Ахборот агентлигиниң берген мағлыўматларына көре, 2023-

жылдың биринши шерегиниң өзинде 13 мың 907 шахс судланған болса, олрдың 3 мың
707 сине еркинликти шеклеў жазасы тайынланған. 2022-жылда суд тәрепинен 56 мың
542 шахс жынайый жуўапкершиликке тартылған болса, соннан 14 мың 81 шахсқа
еркинликти шеклеў жазасы тайынланған [1].

Екинликти шеклеў жазасы жынаят нызамшылығында жаңадан киритилген

жазалардың бири есапланады. Ол Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексине 2015-
жыл 10-августтағы Өзбекстан Республткасының ЎРҚ-389-санлы нызамы менен
киритилген [2].

Еркинликти шеклеў жазасы - жынаят ислеген шахсты жәмийеттен толық

ажыратпастан, оган қарата белгили бир шеклеўлер орнатыўшы жаза түри болып, ол
еркинен айырыў жазасының алтернатив жаза сыпатында жынаят нызамшылығына
киритилген. Дүняның бир қатар раўажланған мәмлекетлеринде бул институт
инсаныйлыққа тийкарланған жаза шарасы сыпатында кең қолланылады.

Мысалы, Британияда еркинликти шеклеў жазасының түрли формалары бар. Ең

көп ушырасатуғын форма – бул “community order” (жәмийетте орынланатуғын
буйрық). Бул түрдеги жаза, жынаят ислеген шахсқа айырым шеклеўлер орнатып, оның
жәмийетлик жумыслар менен шуғылланыўын тәмийинлейди. Шахс арнаўлы
шынығыўлар ямаса жәмийет ушын пайдалы ислер менен шуғылланыўы керек. Уллы
Британияда бул система, жынаят ислеген шахслардың жәмийетке хызмет етиўине ҳәм
олардың жәмийетте өз орнын қайта табыўына жәрдем береди. Бундай жазалар
исленген жынаяттың аўырлығына қарап масластырылады, сол себепли әдилликти
тәмийинлеўде масласыўшаңлық бар [3].

Германияда да “еркинликти шеклеў” жазасы бар, бирақ бул жаза түрине көбирек

“жибериўден алдын медициналық бақлаў” ҳәм “қатнасықларды дүзетиў”
механизмлери

қосылады.

Судланған

шахсларға

өз

қылмыслары

ушын

жуўапкершиликти арттырыўға, сондай-ақ олардың жәмийетлик масласыўына жәрдем
беретуғын анық шәртлер қойылады. Германия системасы шахстың жәмийетлик
масласыўын ҳәм дүзелиўин алдыннан қадағалаўға қаратылған. Бунда, жынайый
жазаларды жумсартыў ҳәм жәмийетлик тәрбияның орны үлкен әҳмийетке ийе болады
[4].

Еркинликти шеклеў – жәмийетлик қәўиплилиги салыстырмалы түрде аз болған

жынаятларды, атап айтқанда, жәмийетлик қәўпи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр
болмаған жынаятларды ислеген шахслар ушын мөлшерленген болып, шахстың ерин
ҳәрекетлениўин шеклесе де, оны жәмийеттен пүткиллей ажыратпайды, яғный,
шаңарағы менен байланысларын ҳәм мийнет етиўин тәмийинлейди. Мысалы,
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси 109-статьясының 2-бөлими (қастан денеге
жеңил жарақат жеткизиў) санкциясында бир жылға шекем, 126-статьясы (көп ҳаяллы
болыў) санкциясында бир жылдан 3 жылға шекем алтернатив жаза түри сыпатында
еркинликти шеклеў жазасы таынланыўы мүмкин екенлиги белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 45-статьясында еркинликти

шеклеў жазасы суд тәрепинен судланған шахсқа қарата жасаў орнын қандайда бир
себеплер менен шығып кетиўди пүткиллей қадаған етиўден яки сутканың белгили бир
ўақтында жасаў орнынан шығыўды шеклеўден ибарат жаза. Бунда жасаў орны дегенде,


background image

100

YANGI OʻZBEKISTON TALABALARI
AXBOROTNOMASI

www.in-academy.uz

Volume 3 Issue 05 YO’TA

жайлар, көп квартиралы үйлердеги квартиралар, басқа имаратлардағы жасаў ушын
мөлшерленген ханалар ҳәм басқа да турақ жайлар түсиниледи. [4].

Еркинликти шеклеў жазасы мүдети ер жеткен шахсларға бир айдан 5 жылға

шекем, ер жетпеген, яғный он сегиз жасқа толмаған шахсларға алты айдан еки жылға
шекем белгиленеди. Бул норма айыпкерлерге жаза тайынлаў олардың жасы итибарға
алынған ҳалда индивидуал тәризде әмелге асырылатуғынлығын көрсетеди. Ер
жетпегенлерге жеңилирек жаза белгилениўи олардың руўхый ҳәм физикалық
раўажланыў дәрежеси менен характерленеди.

Сондай-ақ, суд тәрепинен еркинликти шеклеўге ҳүкм қылынған шахсларға

төмендеги қосымша шеклеўлер де жүклеўи мүмкин:

белгили орынларға бармаў;

ғалабалық ҳәм басқа да ис-илажларды өткериўде қатнаспаў;

белгили искерлик пенен шуғылланбаў;

белгили буйымларға ийе болмаў яки оларды өзинде сақламаў;

транспорт қуралларын басқармаў;

жазаны өтеп атырған шахсларды бақлаўшы органның разылығысыз жасаў

орнын, жумыс ҳәм (яки) оқыў орнын өзгертпеў, тийисли ҳәкимшилик территориядан
тысқарыға шықпаў;

белгили бир шахслар менен байланыс орнатпаў;

байланыс қуралларынан, сол қатарда Интернеттен пайдаланбаў;

алкоголли ишимликлерди пайдаланбаў [5].

Жоқарыдағы шаралар менен бир қатарда суд жынаят ислеген шахсқа басқа да

миннетлемелерди жүклеўи мүмкин. Мысалы, өзи жеткизген материаллық ҳәм руўхый
зыянның орнын қаплаў, жумысқа яки оқыўға жайласыў сыяқлы шахстың дүзелиўине
көмеклесиўши миннетлемелерди жүклеўи мүмкин. Булардың бәршеси жазаның
нәтийжелилигине ерисиў ушын нызам тийкарында қолланылады.

Егер еркинликти шеклеўге ҳүким қылынған шахс жазаны өтеў дәўиринде өзиниң

жынайый қылмысларын аңлап жетип, дүзелиў жолына қатаң өтип, жеткизилген
материаллық ҳәм руўхый зыянның орнын қапласа, суд тәрепинен оған қойылған
шеклеўлер толық яки бир бөлими бийкар қылыныўы мүмкин.

Керисинше жағдайларда, мысалы, судланған шахс еркинликти шеклеў түриндеги

жазаны өтеўден қастан бас тартса, сондай-ақ, суд тәрепинен өзине жүкленген
миннетлемелерди орынламаған жағдайда, суд еркинликти шеклеў жазасының
өтелмей қалған мүддетин басқа түрдеги жаза менен алмастырыўы мүмкин. Әлбетте,
азаны өтеўден бас тартыў ўақты өтелген жаза мүддетине қосып есапланбайды.

Өзбекстан Республикасы Жынаят-орынлаў кодексине муўапық, қастан бас тартыў

дегенде, өзбасымшалық пенен, яғный, кеширимли себеплерсиз жасаў орнын таслап
кетиў, жасаў орнынан шығыў ўақтын бузыў, сондай-ақ басқа қосымша ҳуқықларды
кеминде еки мәрте бузыў түсинилиўи лазым [6].

Жынаят-орынлаў кодексиниң 44(1)-статьясына муўапық, еркин шеклеў жазасы

судланған шахстың жасаў орнындағы ишки ислер органларының пробация бөлими
тәрепинен яки суд белгилейтуғын, судланған шахстың белгиленген шеклеўлерге әмел
етиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыўшы басқа орган тәрепинен әмелге
асырылады [6].


background image

101

YANGI OʻZBEKISTON TALABALARI
AXBOROTNOMASI

www.in-academy.uz

Volume 3 Issue 05 YO’TA

Бул

жаза

түри,

бириншиден,

жынаятшылыққа

қарсы

гүресиўде

профильактикалық қурал хызметин атқарса,

екиншиден,

артықша жазалаўдың алдын

алады. Мысалы, биринши мәрте жынаят ислеген яки басқа шахстын денесине жеңил
жарақат жеткерген шахсты еркинен айырыў жазасының орнына бул жаза түрин
қоллаў бир қанша унамлы ткреплерге ийе.

Бирақ, төмендеги категориядағы шахсларға еркинен айырыў жазасы

тайынланбайды:

әскерий хызметкерлер;

шет ел пуқаралары;

Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасаў орнына ийе болмаған

шахслар. Бул категориядағы шахслардың ҳуқықый статусын есапқа алған ҳалда,
оларға тәсирлирек болған басқа жаза түрлери қолланылады.

Жуўмақ сыпатында соный айтыўымыз мумкин, еркинликти шеклеў жазасы

Өзбекстанның заманагөй жынайый-ҳуқықый системасында инсаныйлық, әдиллик ҳәм
социаллық қайта масласыў принциплерине тийкарланған әҳмийетли институтлардан
бири болып есапланады. Жаза түри арқалы судланған шахс жәмийеттен пүткиллей
ажыралып қалмастан, оны қадағалаў астында услап турған ҳалда жәмийетлик пайдалы
искерликке қайта тартыў имканиятын береди.

Пайдаланылған әдебиятлар:

1. Ozodlikni cheklash jazosi qanday jinoyatlar uchun qoʻllaniladi? [Elektron resurs] //
Ўзбекистон Миллий ахборот агентлиги. – 2024. (Murojaat vaqti: 13.05.2025)
https://uza.uz/oz/posts/ozodlikni-cheklash-jazosi-qanday-jinoyatlar-uchun-
qollaniladi_475903
2. O‘zbekiston Respublikasining “O‘zbekiston Respublikasi Jinoyat kodeksiga o‘zgartish va
qo‘shimchalar

kiritish

to‘g‘risida”gi

Qonuni,

2015-yil

10-avgust,

№ЎРҚ-389

https://lex.uz/docs/-2717325
3. Germany. Criminal Code (StGB) = Strafgesetzbuch. [Elektron resurs] // Gesetze im Internet.
– Rejim dostupa: https://www.gesetze-im-internet.de/englisch_stgb (data obrashcheniya:
13.05.2025).
4. United Kingdom. Criminal Justice Act 2003 = The Criminal Justice Act 2003 (UK). [Elektron
resurs]

//

Legislation.gov.uk.

Rejim

dostupa:

https://www.legislation.gov.uk/ukpga/2003/44/contents/enacted (data obrashcheniya:
13.05.2025).
5. O‘zbekiston Respublikasi Jinoyat Kodeksi = Criminal Code of the Republic of Uzbekistan.
[Elektron resurs] // Lex.uz. – Rejim dostupa: https://lex.uz/docs/141662 (data
obrashcheniya: 13.05.2025).
6. O‘zbekiston Respublikasi Jinoyat-ijroiya kodeksi = Criminal-Executive Code of the Republic
of Uzbekistan. [Elektron resurs] // Lex.uz. – Rejim dostupa: https://lex.uz/docs/111457 (data
obrashcheniya: 13.05.2025).

Библиографические ссылки

Ozodlikni cheklash jazosi qanday jinoyatlar uchun qoʻllaniladi? [Elektron resurs] // Ўзбекистон Миллий ахборот агентлиги. – 2024. (Murojaat vaqti: 13.05.2025) https://uza.uz/oz/posts/ozodlikni-cheklash-jazosi-qanday-jinoyatlar-uchun-qollaniladi_475903

O‘zbekiston Respublikasining “O‘zbekiston Respublikasi Jinoyat kodeksiga o‘zgartish va qo‘shimchalar kiritish to‘g‘risida”gi Qonuni, 2015-yil 10-avgust, №ЎРҚ-389 https://lex.uz/docs/-2717325

Germany. Criminal Code (StGB) = Strafgesetzbuch. [Elektron resurs] // Gesetze im Internet. – Rejim dostupa: https://www.gesetze-im-internet.de/englisch_stgb (data obrashcheniya: 13.05.2025).

United Kingdom. Criminal Justice Act 2003 = The Criminal Justice Act 2003 (UK). [Elektron resurs] // Legislation.gov.uk. – Rejim dostupa: https://www.legislation.gov.uk/ukpga/2003/44/contents/enacted (data obrashcheniya: 13.05.2025).

O‘zbekiston Respublikasi Jinoyat Kodeksi = Criminal Code of the Republic of Uzbekistan. [Elektron resurs] // Lex.uz. – Rejim dostupa: https://lex.uz/docs/141662 (data obrashcheniya: 13.05.2025).

O‘zbekiston Respublikasi Jinoyat-ijroiya kodeksi = Criminal-Executive Code of the Republic of Uzbekistan. [Elektron resurs] // Lex.uz. – Rejim dostupa: https://lex.uz/docs/111457 (data obrashcheniya: 13.05.2025).