Respublika ilmiy-amaliy konferensiya
322
Т.ҚАЙЫПБЕРГЕНОВ ПОВЕСТЛЕРИНИҢ МЕКТЕП ЖАСЫНДАҒЫ
БАЛАЛАРҒА ТӘСИРИ
Сәрсенбаев Қонысбай Жақсылық улы
–
Әжинияз атындағы НМПИ,
Қарақалпақ әдебияты кафедрасы таяныш докторанты
Келешек әўлад тәрбиясында көркем әдебиятты терең аңғарыў, ғәрезсизлик
қәбилетлерин қәлиплестириў ҳәм өз бетинше китап пенен ислесиў
көнликпелерин пайда етиў, турмыста ушырайтуғын ўақыя-қубылыслардың
мәнисин тез түсинип жететуғын тапқыр ҳәм билгир балаларды тәрбиялаў әйне
мектеп тәлимнен басланады. Бундай мақсетлерди әмелге асырыў МТС
программаларында нәзерде тутылған болып, пәнлерди оқытыўда олар
арасындағы байланыслылықтың тәмийинлениўи менен әмелге асырылып
барылады.
Балалар 7 жасынан баслап мектеп есигинен қәдем атады. Ең алды менен
балада мектеп тәрбиясы көнликпелери үйретилгеннен соң, жазыў, оқыў әсте
ақырын үйретиледи. Бала баслаўыш класс дәўиринде әдебиятта көлеми үлкен
болмаған ертек, гүрриң, қосықлар үйретиледи. Ал, 5-класқа келгенде
фолклорлық шығармалар изинен жазба әдебият ўәкиллери тереңнен үйретилип
басланады. Балада Ана Ўатанға, ата-анаға, дос яранларға муҳаббатты оятыў
әдебият оқытыўшыларының мойнындағы турған уллы ўазыйпа. Әдебиятты
сүйип оқыған баладан ҳеш қашан жаманлық шықпайды.
Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы
Т.Қайыпбергеновтың «Муғаллимге рахмет» повести мине усы 5-класс
сабақлығында берилген. Бул повестте бурынғы аўқам дәўириндеги
инсанлардың ойлаў дәрежеси, психологиясы, аўылдың турмыс тәризи қызықлы
етип сүўретленген.
Т.Қайыпбергенов өзи жасаған, ХХ әсирдиң барлық тарийхый
басқышларының гүўасы болған. Соның ушын да ол көркем дөретиўши
сыпатында
өткен
бурынғы
аўқамның
тарийхый
ўақыяларын
өз
шығармаларында сәўлелендирмеўи мүмкин емес еди.[2.36]
Әдебиятшы илимпаз М.Бекбергенованың жоқардағы пикирине қосыла
отырып, Т.Қайыпбергеновтың ҳәр бир повестинде шынлық, дәўирдеги белгили
бир ҳақыйқатлықты сүўретлеўи бәршемизге белгили. Бул пикиримизди көркем
сөз шебериниң «Муғаллимге рахмет» повестинде берилген төмендеги қатарлар
арқалы дәлиллеймиз.
Турдымурат муғаллим ҳаққында дәслеп өзиниң пикирине ийе емес
ўақытларында қыз апасы менен сөўбетлеседи.
– Муғаллим ура ма екен?
– Ким айтты? – деди ол маған.
– Муғаллим орыс па? – дедим тағы.
– Қарағым, өйдеме! Муғаллим әп-әнедей қарақалпақ жигити.
– Муғаллимниң шашы бар ма? – дедим көзимниң қыйығы менен әжапама
да қарап.
– Шашы болғанда не қылады? – деди ол мениң сораўымды жақтырмай [3.15].
Globallashuv davrida tilshunoslik va adabiyotshunoslik taraqqiyoti hamda ta’lim texnologiyalari
323
Келтирилген мысал арқалы класском Турдымураттың ең биринши
муғаллим деген сөзди еситкенде оннан қорыққаны. Дүйсен молланың, ертең
муғаллим келсе бәршеңизди ала шыбық пенен сабайды, соң шошқаның гөшин
жегизеди дегенлери ериксиз ядына түсип қыз апасынан сораған сораўлары еди.
Сораўлар оғада әпиўайы, сада аўыл баласының турмысын көз алдымызға
келтиреди.
Турдымурат муғаллим менен балаларды излеп шыққан ўақтында:
– Сен оларды усы кәраға шақырып келесең, бе? – деди маған.
– «Меңлимурат аға шақырып атыр» дейин бе? – дегенимде:
– Аўа, муғаллим демей-ақ қой. Бәлким, келмей қалар деди ол маған [3.32].
Бул қатарларда болса, аўыл балаларының жүрегинде муғаллимнен
қорқыныш бар екенлигин көрсек болады. Соған қарамай әдиўли муғаллим
Меңлимурат оқыўшылардың кеўлин табыўға ҳәрекет етеди. Олар менен жақсы
мүнәсибетте болып, ишки дүнясын билгиси келеди. Повест барысында,
Меңлимуратқа қарсы тосықлар көплеп ушырасады. Аўыл адамларының
муғаллимге болған көзқарасының төменлиги, оқыўшылардыңда унамсыз
ҳәрекетлери Меңлимуратты билим бериў жолынан қайтара алмайды.
Меңлимурат оқыўшылардың жүрегинде қандайда бир жақты нур қуяды.
Балалар ерлик ислеў ушын ҳәмме нәрсеге таяр турады. Оларға айтылған ҳәр
қандай аңыз әпсаналардан руўхланып, өзлеринде сол қаҳарманды көриўге
тырысады. Меңлимурат келешек әўладты руўхландырыў ушын марапатлаўдан
ҳеш шаршамайды.
Жазыўшы муғаллим образын жүдә шеберлик пенен жаратқан, онда
төмендеги педагогикалық қәсийетлер жәмленген. Меңлимураттың пикир
алмасыўы менен байланыслы коммуникатив қәбилети жүдә раўажланған
тийкарғы ўақыялар оқыўшының санасына қаратылған болып, қурамалы
процесте жумыс алып барады. Бунда Меңлимурат төмендеги педагогикалық
бағдарларға тийкарланады.
1. Оқыўшыларды (аўыл балаларын) исендириў. Оқыўшыларда мәртлик
сезимин оятыў оларда өзлерине исеним пайда етиў арқалы Меңлимурат
оқыўшылардың исенимине киреди. Мысалы: Маман бий, Айдос бий, Ерназар
Алакөз деген халқымыз батырлары, болмаса ертеклер, әпсаналар айтып береди.
Усындай әңгимелер айтса, сондай тыңлаймыз, тап сол ҳәдийсениң ишинде
өзлеримиз турғандай болып көринеди [3.43].
2. Оқыўшылар санасына тәсир етиў. 13-жасар Әнўар Пирмухаммедовтың
ислеген мәртлиги ҳаққында айтылған ўақыясы арқалы Меңлимурат
оқыўшылардың санасына тәсир көрсетеди. «Сизлер буны бип қойғаныңыз жөн,
усындайларды еситип, билип, оқып, өзлериңизди дүзетесиз» [3.43] деген
пикирлерди баян етеди.
3. Оқыўшылардың
ҳәрекетине пикир билдириў. Шебер педагок
оқыўшыларға тек ғана билим берип қоймастан, жасларды келешекке
тәрбиялайды. Бизиң қаҳарманымыз Меңлимурат та мине усындай
педагоклардан. Мысалы: Муғаллим бизлерге ҳәриплер, оларды бириктирип
жазыўды үйретиў менен бирге аўылдың жағдайынан шетте болмаўды да
ескертеди [3.59].
Respublika ilmiy-amaliy konferensiya
324
Жуўмақлап айтқанда, жазыўшы Т.Қайыпбергенов өзиниң «Муғаллимге
рахмет» повестинде педагок Меңлимурат образын жаратыў арқалы мектеп
оқыўшыларының санасына муғаллимниң унамлы ҳарактерлерин сүўретлеп
береди. Повести оқыған мектеп оқыўшысында муғаллимге деген исеним,
ҳүрмет пайда болады. Бул болса жазыўшының шеберлигиниң айқын сәўлеси
болды.
Әдебиятлар:
1. Алламбергенов К. Кең дүняға қушақ ашқан жазыўшы. – Нөкис:
Қарақалпақстан, 2018.
2. Бекбергенова М. Төлепберген Қайыпбергеновтың дөретиўшилигинде
инсан концепциясы типологиясы. // Илим ҳәм жәмийет. 2019. №2.
3. Қайыпбергенов Т. Повестьлер. – Нөкис: Қарақалпақстан, 2018.