Authors

  • Alimjan Yusupov

DOI:

https://doi.org/10.71337/inlibrary.uz.science-research.19778

Keywords:

Clay alumina plasticity hydromica

Abstract

Clay is the most common soil on earth. It is formed after the disintegration and weathering of rocks into tiny particles, and is the last stage of their degradation. Clay occurs in solid arrays or thin layers (lenses) close to the surface.

background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 5 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

151

КЕРАМИКАЛЫҚ МАТЕРИАЛЛАРДЫҢ ТАБИИЙ ЖАҒДАЙДА УШИРАУИ ХӘМ

ӨЛАРДЫҢ ТУРЛЕРИ

Юсупов Алимжан

ҚМУ «Кѳркем өнер» факултети

ассистент оқытыўшысы

https://doi.org/10.5281/zenodo.7903231

Аннотация.

Топырақ - бул жер бетиндеги еӊ кеӊ таралған грунт болып есапланады.

Ол таў породаларыныӊ шамаллаўы нәтийжесинде майда бѳлекшелерге айланып олардыӊ
паршаланыўыныӊ еӊ кейинги этапы болып есапланады. Топырақлар жер бетинде үлкен
массив қалыӊ қатлам ямаса жуққа қатлам (линза) формасында жер бетиниӊ үстинги
бетинде пайда болады.

Гилт сѳзлер:

Ылай, глиноземлер,

пластикалық, гидрослюда, өтқа шидамлылық.

ЕСТЕСТВЕННОЕ ТВЕРДЕНИЕ КЕРАМИЧЕСКИХ МАТЕРИАЛОВ И ИХ

ВИДЫ

Аннотация.

Глина – самый распространенный на земле грунт. Она образуется после

распада и выветривания горных пород на мельчайшие частички, является последним
этапом их деградации. Залегает глина сплошными массивами или тонкими прослойками
(линзами) близко к поверхности.

Ключевые слова:

Глина, глиноземы, пластичности, гидрослюдные, огнеупорности.

NATURAL HARDENING OF CERAMIC MATERIALS AND THEIR TYPES

Abstract.

Clay is the most common soil on earth. It is formed after the disintegration and

weathering of rocks into tiny particles, and is the last stage of their degradation. Clay occurs in
solid arrays or thin layers (lenses) close to the surface.

Keywords:

Clay, alumina, plasticity, hydromica, fire resistance.

Ылайлар жер бетиндеги еӊ кеӊ тарқаған грунт түри

Ерте дәўирлерде ылайларды дәрьялардыӊ ҳәм кѳллердиӊ жағаларынан алып

пайдаланған. Ҳәзирги ўақытларда үлкен карьерлерден алып пайдаланбақта. Ҳәр жерде
жайласқан ылайлардыӊ сапасы ҳәм қурамы бир-биринен ажыралып турады ҳәм усыған
байланыслы олардыӊ қолланыў тараўын белгилеп береди. Кѳпшилик гербиш цемент
заводлар топырақ пайда болған жерлерге жақын етип қурылады, бул транспорт
шығынларын азайтып, материалдыӊ арзанлаўына жәрдем береди.

Ылайлар майда болекшелери байланыслығы жүдә жоқары болғанлықтан олардыӊ

кѳпшилик қәсийетлерин белгилеп береди. Бирақта ол байланысты бузыў қыйын болмайды
себеби ылай жумсақ грунт болып есапланады. Сол себептен оларды ашық усылда қазып
алынып, эксковатор бульдозер ҳәм басқада механизмлер жәрдеминен пайдаланады.
Ылайларды алыўда бураўлаў, партлатыў жумысларын алып барыў талап етилмейди.




background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 5 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

152

Ылайларды механизм жәрдеминде ашық усылда алыўы.

Ылай болекшелери байланыслылығы ҳәмде олардың реңине қарап бир неше турлерге

болинеди. Қара ылайлар, сары, қоңыр, кулрең, қызыл, ақ тағыда басқа
турлери.Байланыслығы кушли болған яғни жабысқақ ылайларға жабысғақлығы кушсиз
болған ылайлардан мәлим муғдарда қосып тайарланады. Сәбеби кулалшылықда
қолланылғанда ислеў аңсат болыуи ушын. Маселен қызыл ылайларда майде болекшелери
арасындағы байланыслық жуде жоқары, сол сәбепден бул ылайларға кулрең ямаса қара
ылайлардан қосып тайарланады.

Ылай бѳлекшелери арасында байланыс жүдә жокары.

Ылай породаларыныӊ тийқарғы шығысы (анасы) ретинде гранитлер ҳәм гнейислер

болып есапланады. Олар шамаллаўы нәтийжесинде кварц, слюда ҳәм дала шпатларына
тарқалады. Оннан кейинги олардыӊ паршаланыўы каолинит, монтморилонит ҳәм
гидрослюдаға тарқалады. Бул паршаланыў процесси жүз мыӊлаған ямаса оннанда кѳп
миллион жылларды ѳз ишине алады. Ылай минераллары (глинозем) алюминий ҳәм
кремний дузларынан турады ҳәм суў молекуласынан турады. Бул еки минералдыӊ қатнасы
ҳәр қыйлы болады, себеби топырақ жайласқан орнына байланыслы. Кремний оксиды
(кремнезем)SiO

2

шама менен 45-50% қурайды, алюминий оксиды (глинозем) Al2O3 40-45%

ҳәм 5-15% әтирапында суў болады.

Ылайлар арасында басқада глиноземлар (алюминий бирикпеси) араласып жүреди:

Андалузит

Дистен

Силлиманит

Галлуазит

Гидраргиллит

Монотермит

Корунд


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 5 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

153

Мусковит

Диаспор

Накрит

Пирофиллит

Глиноземлер ылайдыӊ қәсийетине үлкен тәсир корсетеди. Мысалы

андулазит

күйиў

температурасын жоқарылатып ылайдыӊ отқа шыдамлылығын жоқарылатады. Егерде ылай
арасында

монотермит

кѳп болса олардыӊ исниўи жоқары болады. Гейбир араласпалар

ылайдыӊ қәсийетине жабысқақлығына кери тәсир етеди жәнеде реӊин ѳзгертеди.

Ылайлардың арасында рең бериўши косымталар болыўы мүмкин. Оларға темир

оксиди, титан, магний, мыс, никел, хром елементлери киреди. Олар материалға хәр кыйлы
кѳринистеги реӊ берип сарғыш коӊыр, кызыл, қара жәнеде кѳк реӊге шекем ѳзгертеди.

Ылайдың курамында кум (кремний оксиды, кальцилер қосындысы гипс, доломит,

кальций) жәнеде металл дузлары менен патасланған болады. Массивли ылай грунтларында
барлык уақытта органика ушрайды. Бундай қосымталар ылайдың сапасын пәсейтеди.
Егерде органика жүдә кѳп болған жағдайда бундай ылай минераллардыӊ керамикаға
қолланыўға болмайды.

Ылайлардың 50% ке шекем майда бөлекшелериниӊ диаметри 0,01 мм ге шекем, ал

25% тен артығыныӊ диаметри 0,001 мм әтрапында болады. Ылай түйиршиклериниң
формасы жалпақ қабыршақ таризли кѳринисте болып, кери (-) зарядланған болады, ол
бѳлекше суў молекуласының он (+) зарядын ѳзине тартады. Бул ылайдың ѳзине ығаллықты
сөрыу уқыбыныӊ гидроскоплығын кѳрсетип береди.

Кийингы бөлимде бизлер ылайдың түрлери хәм классификацясы хаққында кѳрып

шығамыз.

Ылайларды классификациялаўда бир қанша характеристикаларды ѳз ишине алады.

Ылайдыӊ пайда бөлыў (дѳреўи) жағдайына қарай өлардыӊ химиялық ҳәм физикалық
қәсийетлерине бѳлинеди. Гейбир жағдайларда олардыӊ қолланыў спецификасына (орнына)
қарай түрлерге бѳлинеди.

Ылайлардыӊ бѳлиниўи

Содержанию глинистых минералов

Происхождению

Кислотности

Наличию включений

Дисперсности

Пластичности

Цвету

Огнеупорности

Способности к спеканию

Способу применения

Ылай минераллар қурамы бойынша бир ямаса бир нешше ылайлы минераллардан

дүзиледи. Биринши жағдайда оларды

Олигамиктлы

Екиншы жагдайда

полимиктлы

деп

аталады.

Олигамиктлы ылайлардың бөлиниўи:
---- Гидро слюдалы


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 5 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

154

---- Каолинлы
---- Монтмориланитлы

Гидрослюдалы ылайлар

Бундай ылайлардыӊ жабыскаклык дарежеси жүда тѳмен болады, суўда ѳзиниӊ

кѳлемин 9 есеге шекем кеӊейтеди, оның қурамында жүдә кѳп патаслықлар болып олар дала
шпаты, слюдалар хам кварцлардан турады. Гидрослюдалы ылайларға арглитлер киреды.
Булардың кураминда жасыл реӊге ийе болған глауконитлер ушрасады.

Каолинлы ылайлар

Бул грунтлардын тийкаргы компоненты каолиннен турады, түйиршиклердиӊ орташа

размерлери 0,01 мм ден турады.

Бул ылай жоқары жабыскақлық касийетине ийе болып , суўда ѳзиниӊ кѳлемин 3 есеге

шекем кеӊейтеди. Ылайдың реӊи ашык сары, коӊыр, ақ хәм күл реӊлерде болады. Бул ылай
минералы кѳпшилик жағдайда ыдыс керамикасында кеӊнен колланылады.

Монтморилонитлы ылайлар

Бул ылайлар вулкан күллериниң жыйындиси нәтийжесинде пайда болған. Олардыӊ

орташа размери 0,001 мм ден турады. Суў менен ығаллағанымизда бундай материаллардыӊ
кѳлеми 40 есеге шекем кеӊейеди.

Монтмориланит ылайларыныӊ сорыўшылык (сорбциялык) қасиети жүдә жоқары

болады. Бундай ылайларды химия, нефтти қайта ислеў санатында ѳзине сорып алыўшы
(сорбент) ретинде кеӊнен қолланылады.

Монтморилонит ылайлар 2 группага бѳлинеди

1 Флоритлер, бул ылайлар майлы консистенциялы болып жоқары жабыскак ҳәм
майлы түйиршиклериниӊ дәрежеси жүдә кѳп.

2 Бентонитлер, булар катламли структураға ийе болып суў менен ығаллағанымызда
30-40 есе кеңейеди, кепкеннен кейин шѳгип жүдә кѳп жарықларды пайда етеди.

Монтморилонит ылайлары бураўлаўшы үскенелерде жүдә кеӊнен колланылады,

булар ѳзине тек суйықлықларды емес ал ериген баска затлардыда сорыйды.

Ылайлар шыгысы бойынша томендегылерге болинеди

Эллювияллы
Теӊиз шѳгиндили
Континентал шѳгиндили
Шығысы бойынша Эллювияллы

Бул ылайлар тийкарғы аналык парадоданыӊ вулкан лавалары хам туфлардың шамаллауы
натийжесинде пайда болған жеринде жатады. Кѳпшилик жағдайларда Эллювияллы
породалар киши моссивли ямаса жуқа катлам (линза) туринде жайласады

Теңиз шѳгиндилери

Булар породалардың шамаллауы натийжесинде теңиз тубинде ямаса жағаларында

пайда болады.

Бундай ылайлар шығысы бойынша 3 типке бѳлинеди

Жаға шетиндеги: Олар курамы қум хам карбонатлар менен патасланған болады.

Жағадағы ылайлар: Бул жағадағы ылайлардыӊ қурамы дузлар менен патасланған
болады. Булардың түйиршиклери жүдә майда болып келеди. Дуздан жуўған
жағдайдада басқа ылайларға салыстырғанда дузы кѳп болады.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 5 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

155

Шельфовый: Булар теӊиз түбинде жайласқан болып калыӊлығы 100 м ге шекем
жететуғын майданы 10лаган квадрат километрден дүзилген беккем пласттан турады.
Структурасы бир тегис патаслық дәрежеси жудә кем болады.

Континентал шогиндилер

Континентал шогинди ылайлар шамаллаған породаларди (қўрғақ жердиӊ бети менен

самал арқалы, суў ағымы нәтийжесынде, жер козғалыў нәтийжесинде жәнеде таў кѳшыўы
нәтийжесынде) пайда болған.

Бул топарға тѳмендегилер киреди:

Бийик тѳбеликлердыӊ тубынде пайда болады. Бундай ылайлардыӊ граноламетиалық

қурами жудә ѳзгерыўшеӊ болып қумлар ҳәм майда таслар менен патасланған болады.

Кѳл асты топрақлары:
Қурамы бойынша бир түрдеги майда бѳлекшелерден қуралған ылайлар, душшы

кѳллерде каолинитлерден, дузлы кѳллерде монтмориллониттен қуралады. Кѳллерден
алынған ылай материаллары ѳзлериниӊ сапасыныӊ жоқарылығы менен ажралып турады.

Пролюввиаллы
Сел ағымларыныӊ нәтийжесинде пайда болады. курамы бир түрде болмайды ҳәм ҳәр

қыйлы затлар менен патасланған болады.

Дәрья ылайлары
Дәрья ылайлары, дәрьяныӊ түбинде ҳәм жағаларында, жәнеде ойлықларында пайда

болады. Қурамы жүдә аралас, қумлар ҳәм галечниклер менен патасланады.

Қышқыллығы бойынша

Ылайлардыӊ бул қәсийети олардыӊ қурамындағы оксид алюминий менен титанныӊ

муғдары менен белгиленеди. (Al

2

O

3

+ TiO

2

).

Қышқыллығы бойынша ылайлар тѳмендегише бѳлинеди:

Жоқары тийкарлы

Тийкарғы

Ярым қышкыл

Қышкыл

Жоқары тийкарлы ҳәм тийкарғы ылайлардыӊ ериў температурасы жоқары болады.
Бул топарға ѳндирислик алюминийди ислеп шыгарыўда қолланылатуғын окситлерде

киреди. Қышкыл түрдеги ылайлар катализаторлар сыпатында ҳәрқыйлы химиялық
процесслерде қолланылады.

Арасындағы қосымталар бойынша

Ылайларда ҳәр қыйлы минераллар менен биргеликкте ири бѳлекшелерде арасында

болады.

Майда бѳлекшели (2 мм шекем)

Орташа болекшели (2-5 мм)

Ири бѳлекшели (5 мм баслап)

Аз муғдарлы (1% шекем)

Орташа муғдарлы (1-5 %)

Кѳп муғдарлы (5% жоқары)

Бѳлекшелердиӊ жокары дәрежеде болыўы ылайлардыӊ жабысқақлығын пәсейтеди.

Күлалшылықта пайдаланыўға болмайды, бирақта гербиш таярлаўда оны күйдиргенде


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 5 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

156

жарылмайды. Ири бѳлекшелер (1-5 мм)- булар майда қумлар. Қумлардыӊ кѳп болыўы
супесь ҳәм суглинокларды пайда етеди.

Қызыл ылайлардың жабыскаклығы жоқары болғанлығы себебли кулалшылыкда бул

ылайга аз муқдарда жабыскаклығы томен ылайдан қосылады.

Топырақдың табиатдағи реңлери.


Пайдаланылған әдебийатлар

1.

И.С. ЖУЩИХОВСКАЯ –Деренейшая керамика: пути техналогической инновации.
УДК 930. 26(571.63)

2.

И.М.Дятлова, Ю.А.Климош – ХИМИЧЕСКАЯ ТЕХНАЛОГИЯ КЕРАМИКИ И
ОГНЕУПОРОВ в 2-х частях, Минск-2014 УДК 666.6/.7(076.5)(075.8) ББК 35.41я73 Д99

3.

А.А. Крупа, В.С Городов Химическая технология керамических материалов,Киев:
Вища школа, 1990_398.

Қөсимша әдебийатлар

1.

A.M.Салахов савременные керамические материалы.Казан 2016

2.

D.Toшхожаева . Maтериалшунослик Тошкент 2018

3.

Викепедия лекция Керамических материалы и их применения.



References

И.С. ЖУЩИХОВСКАЯ –Деренейшая керамика: пути техналогической инновации.

УДК 930. 26(571.63)

И.М.Дятлова, Ю.А.Климош – ХИМИЧЕСКАЯ ТЕХНАЛОГИЯ КЕРАМИКИ И ОГНЕУПОРОВ в 2-х частях, Минск-2014 УДК 666.6/.7(076.5)(075.8) ББК 35.41я73 Д99

А.А. Крупа, В.С Городов Химическая технология керамических материалов,Киев:

Вища школа, 1990_398.

Қөсимша әдебийатлар

A.M.Салахов савременные керамические материалы.Казан 2016

D.Toшхожаева . Maтериалшунослик Тошкент 2018

Викепедия лекция Керамических материалы и их применения.