ISSN:
2181-3906
2024
International scientific journal
«MODERN
SCIENCE
АND RESEARCH»
VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ
341
1970-1980 ЖЫЛЛАРДА ҚАРАҚАЛПАҚСТАН СҮЎРЕТЛЕЎ ӨНЕРИНДЕ РЕҢЛИ
СҮЎРЕТТИҢ НЕГИЗЛЕРИ ҲӘМ ҚӘЛИПЛЕСИЎИ
Қ.Б.Хожамуратов
Қарақалпақ мәмлекетлик университети.
https://doi.org/10.5281/zenodo.10675386
Аннотация. Мақалада 1970-1980 жылларда қарақалпақстан сүўретлеў өнеринде
реңли сүўреттиң негизлери ҳәм қәлиплесиўи хаққында сөз барады.
Таяныш сөзлер: қарақалпақстан сүўретлеў өнери, реңли сүўрет, скульптура,
графика, жанр.
THE FOUNDATIONS AND FORMATION OF PAINTING IN THE FINE ARTS
OF KARAKALPAKSTAN IN THE 1970S AND 1980S
Abstract. The article describes the foundations and formation of painting in the fine arts
of Karakalpakstan in the 1970s and 1980s.
Keywords: Fine arts of Karakalpakstan, painting, sculpture, graphics, genre.
ОСНОВЫ И СТАНОВЛЕНИЕ ЖИВОПИСИ В ИЗОБРАЗИТЕЛЬНОМ
ИСКУССТВЕ КАРАКАЛПАКСТАНА В 1970-Е И 1980-Е ГОДЫ
Аннотация. В статье описываются основы и становление живописи в
изобразительном искусстве Каракалпакии в 1970-е и 1980-е годы.
Ключевые слова: Изобразительное искусство Каракалпакстана, живопись,
скульптура, графика, жанр.
1970 - жыллары Қарақалпақстан көркем өнеринде өткен он жылыққа қарағанда
сүўретлеў негизлериниң қәлиплесиўи жоқары пәт пенен раўажлана баслады. 1970 - жылдың
басында сүўретлеў өнери жергиликли сүўретлеў усылларын көрсеткен ҳалда республика
көркем өнериниң ажыралмас бир бөлими болып қалды. 1960 - жылғы дәўирлер
Қарақалпақстанда тәбият көрнисин сүўретлеген сүўретлеў өнери негизлерине тийкар
салған болса да, миллий түсиник ҳәм тәбиятты сүўретлеўдиң барлық аспектлерин ислеп
шығыў 1970 - жылларға туўра келеди. Бул дәўирдеги мазмунлы ҳәм көркемлик -
пластикалық жаңалыққа ийе болған тәбият темасын толық сәўлелендирген дәўир болды деп
айтыўға болады. Сүўретшилер тәрепинен тек адамлар көрниси емес, ал тәбият
кеңисликлерин де терең мәниде рәң-бәрең етип сүўретлеген. Шөлистан жерлердың,
тегисликлердиң ҳәм узақ таўлы жерлердиң бир - бири менен уйқаслығы реңли бояўлар
менен жақсы көрсетиледи.
Барлық жағдайларда да сүўретлеў өнеринде сулыў, саўлатлы көринислер
айтарлықтай көп емес, безеўшилик сүўреттиң улыўма толық структурасын қураўшы
аспектлердиң бири сыпатында бериледи. Соны айтип отиў зәрүр, безеўшилик тап усы
арқалы өзине шығарманың қалған компонентлерин бойсындырады. 1970 - жыллары
сүўретшилердиң мийнетлеринде безеўшилик (декоративлик) усылларының тѳмен
дәрежеде болыўы ҳәм оларға байланыслы болған ҳәўеслер - бул тәбияттың өзине тән
айырмашылығы ҳәм сол ўақыттың талапларының нәтийжесинде болып есапланады. Бул
дәўирдиң безеўшилигинде сүўретленип атырған көриниске ашық жеке қатнас ҳәм ойлаў
көлеми сыяқлы сыпатлардың болыўын айтип өтиў мүмкин. Адамлардың жеке активлиги
ISSN:
2181-3906
2024
International scientific journal
«MODERN
SCIENCE
АND RESEARCH»
VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ
342
ҳәм жәмийетлик жеке көрнислерге дыққат аўдарыўы, ишки дүньясына кирип барыў оның
интонационаллық ислеп шығылыўы ушын негизги ойды пайда етиўши ҳәм бағдарлаўшы
тематиканың интерпретацияны (өзинше түсиниў) айтарлықтай байытты. Гәп ораторлық
декоративликтен жасырын исенимлиликке шекемги ҳәр қыйлы интонацияларда көплеген
қайталанатуғын психологиялық затлардың, сюжетлердиң көринислеринде, мәнили
акцентлер ҳаққында бармақта.
1970 - жыллары басланған сүўретлеў өнери тематикасын ислеп шығыў менен
байланыслы болған образды, қаҳарманды, оны қоршап турған предметлерди типизациялаў
1970 - жыллары да даўам етти. Усы он жаллықтың сүўретлеў өнериниң стилистикасы
өзиниң ойлаў қәбилетиниң тәбийий - үзликсиз ислеп шығыў усылы менен 1960 - жылларға
салыстырғанда үлкен айырмашлыққа ийе екенлигин айтып өтиў керек. 1970 - жыллары
бундай ойлаўдың тәбийий - ассоциативли формасының қатнасына шығарманың
мазмунының ассоциативли минезлемеси ҳәм көринерли, қоршап турған дүньяның
реалистик қайта исленип шығылыўы кирди. Гейде сүўретлеў өнериниң өзи де метафораға
бай болды. Ассоциативлик ойлаўға қатнас емоционал - мазмунлы еффекттиң күшейиўине
туўрыдан - туўры өз тәсирин тийгизди. 1970 - жыллардың көркем өнериниң
интеллектуаллығы өзине көркем дөретиўшиликти интеллектуализациялаў ҳәм сүўретлеў
өнерин тамашагөйлер тәрепинен қабыл етилиўин активизациялаўды қамтыйды.
1970 - жыллары сүўретлеў өнер мийрасларының миллий өзгешеликлерине болған
қатнасы шығарманың формасында ҳәм тематикасында, сондай ақ шығарманың образлық
дүзилисинде көринеди. Бунда екзотикалық колорит сыпатанда көрсетиўге ямаса қосымша
етип қоймастан, оны тек билиў емес, ал сезинип билиў керек. Миллий дәстүрлер,
өзгешеликлер дегенде ишки сүўретлеў образы нәзерде тутылады. Мине усы образлық 1970
- жыллардың ақырында сүўретлеў өнеринде усыллардың бир пүтин системасы тийкарында
дүзилген жасырын символика ҳәм дәстурлер әлементиниң пайда болыўына түртки болды.
1980 - жыллары ҳәм 1970 - жылдың ақырларында әпиўайы күнделикли тематикадан
қурамалы ойланған символикалық сюжетлерге өтиўи тән, бунда образ, предмет
тамашагөйлер алдында анық бир мәни типизацияланған ҳәм жәмленген символ, белки -
информатор сыпатында да көринеди. Ҳәзирги ўақыттағы картиналардың мазмуны
қурамалырақ, ақылый жуўмақ жағына емес, ал сезиниў, емоция жағына тийисли болған
өзиниң текстиниң жасырын мәнисине қарама - қарсы болады. Авторлар көпшилик жағдайда
тамашагөйди натура менен жүзбе - жүз көристирмейди, ал оны өз қыялларында жәмлестрип
қайта дөретеди. Егер сюжет жеке ишки сезим (бастан кешириў) менен қабыл етилсе өзине
тән процесс жүз береди. Мине усы жерден ўақыт ҳәм қеңислик мәселелерине болған
қызығыўшлық оянады.
1980 - жыллардың екинши ярымын тәрийплей отырып, експрессивлик басланыўдың
өсиўин айтып өтиў зәрүр. Социаллық өзгерислер, аралдың eкологиялық апатшылығы ҳәм
тағы басқа да жағдайлар тек жас, жаңа ғана қәлем тербетип атырған сүўретшилердиң
дөретиўшилигине күшли тәсирин тийгизип қалмастан, ал көпшилик тажрийбели
усталардың сүўретлеў тилин өзгертип жиберди. Шығармалардағы образлы дүнья барған
сайын шийеленисип бармақта, сондай ақ ол адамларға күшли тәсир етеди. Усындай
кейипти бериўши eкспрессия сүўретшилер тәрепинен қолланылған. Eкспрессия,
ISSN:
2181-3906
2024
International scientific journal
«MODERN
SCIENCE
АND RESEARCH»
VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ
343
психологиялық өткирлик, көркем жазыўдың безелиўи (декоративлиги) усы он жыллыктың
көплеген мийнетлеринде сәўлеленген. Философиялық категориялар менен жәмленген
ойлаў уқыплылығы сүўретшилерге өз дөретиўшилигинде ҳәр қыйлы дәўир ҳәм
халықлардың стиллерин ҳәм дәстурлерин салыстырыўға, қайта ойланыўға ҳәм синтизлеўге
мүмкиншилик береди. 80 - жыллардың сүўретшилерин халық дөретиўшилигинде
қолланылатуғын символикалардың рәң-бәреңлиги тәсирлендирген. Өткен усталардың
композициялық, ритмикалық, пластикалық ҳәм рәң-бәрәң шығармаларының қысқа
тәрийпленгенлик ҳәм қысқа жуўмақланғанлығы гилем, кесте тоқыў, ағаш оймашылығы ҳәм
ювелирлик тағыншақларда өз сәўлелениўын тапқан. Фольклорға, халық поeзиясына кең
кеўил бөлыў өткен дәўир менен ҳәзирги дәўир фантазияларының көркемлик усылларының
ўйқаслығы ўақытқа тән болып есапланады.
1980 - жыллардың орталарынан баслап көркем өнерде белгили тыныспалар болады,
көркемлик сүўретлеўде жаңа стилистик изленислер байқалады, руўҳый ҳәм әдеп - икрамлы
темалар пайда болады ҳәм жаңаланады. 1980 - жыллардағы сүўретшилердиң көркем өнери
индивидуаллыққа бай, бизди қоршап турған дүньяның образлық сүўретлеўиниң жаңа
дөретиўшилик изленислери жүзеге шықты. Ҳәзирги күнде 80 - жыллардың көркем өнерин
интеллектуаллық басланыўдың үстем болған көркем өнери деп айтиўға болады. Бул сол
жыллардағы сүўретшилердиң дөретиўшилик психологиясының өзгешеликлерин түсиниўге
жәрдем береди. Сүўретлеў өнерин қызықлы етип ҳәм өзгеше усыллар менен баянлаўы,
ўақыт ҳәм ҳәрекет етиў орнынан улыўмалық принципи усы он жыллыққа туўра келеди.
Ўақыт жийи түринде картиналарда есаплаўдың бир неше нуқта арқалы қыйыншылық пенен
түсиндириледи. Мысалы, М.Антонов өзиниң «Арал балықшылары» картинасында
eкологиялық апатшылықтың ҳақыйқый ўақыясын балықшылар қайғысының ақыбети
сыпатында, соның менен бирге шығарманың бул ўақыя ҳәм персонажларын тәбият
тәрепинен дөрелген, өзгермес, турақлы ҳәм адам искерлиги нәтийжесиндеги дүзеп болмас
қубылыс сыпатында сүўретлеген. Ўақыттың бул өзгерислери ҳәм өз - ара байланыслылығы
- картинаның композицияның нерви болып табылады. Ҳәр қыйлы тарийхый шәртли
дәрежелердиң өз-ара тәсирин мүнәсип түрде сүўретлейди. Ўақыт бирлигинен өтиўши ҳәм
оның конфликтлеринен ҳәм қумарлығынан руҳланыўшы еркин дөретиўшилик
фантазиясының баслы дәрежеси болыўы мүмкин. Сүўретши бундай жағдайда сырттан
бақлаўшы емес, ал усы ўақыяларды бастан кешириўши индивидуаллық сыпатында
көринеди. Ўақыт ҳәм кеңеслик машқаласы болып, ол тамашагөйди өткен дәўир ҳәм ҳәзирги
дәўир ҳаққында ойланыўға, турақсызлық ҳәм мәнгилик ҳаққында, ҳәр қыйлы дәўир ҳәм
ўақыт бирлигиндеги көркем өнердиң тәғдири ҳаққында ойланыўына туртки болады.
REFERENCES
1.
Алламуратов А. Қарақалпақстан искусствосының тарийхынан Н., 1968
2.
Уразимова Т.В. Вступительная статья к каталогу выставки каракалпакских
художников в г.Москве, галерея НИКОР -1991
3.
Реңли сүўрет Б.Серекеева //Вестник КК ОАН РУз – 2006 г. -№2.
4.
Ишановтын дөретиўшилигинен этюдлар //Қарақалпақстан муғаллими – 1997 -№3-4
5.
М.Кудайбергеновтың дөретиушилиги хаққында //Арал қызлары – 1999 - №1 (24)
ISSN:
2181-3906
2024
International scientific journal
«MODERN
SCIENCE
АND RESEARCH»
VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ
344
6.
Национальное своеобразие произведений Ж.Изентаева //Вестник КК ОАН РУз –
1994 -№2
7.
Некоторые аспекты живописного творчества каракалпакских художников
Г.Абдурахмановой и М.Антонова //Вестник КК ОАН РУз – 1992 -№3
8.
Некоторые вопросы преемственности национальных традиций в изобразительном
искусстве Каракалпакстана //Вестник КК ОАН РУз – 1993 -№1
9.
Панжинская В. Общественно-етическая позиция художника К.Саипова. Вестник
Каракалпакского филиала Академии наук УзССР. №2 (76) 1979
10.
Пейзажная реңли сүўрет А.Утегенова (некоторые аспекты) //Вестник КК ФАН
УзССР-1991 - №3
11.
Савийкий И.В. Қарақалпақстанның сүўретлеў искусствосы. Журнал «Әмударья»
март 1968
12.
Свежева Б. Ето в Нукусе. Журнал дружба народов. №6.1983
13.
Уразимова Т.В. Из истории становления и развития скульптуры Каракалпакстана
1960-1980 гг. учебно-методическое пособие. Н., 1998
14.
Уразимова Т.В. Особенности развития станковой живописи Каракалпакстана 1970-
1980 гг. Учебно-методическое пособие Н., 2000
15.
Уразимова Т.В. Становление и развитие станковой живописи Каракалпакстана 1950-
1960 гг. Учебно-методическое пособие. Н., 1999
16.
E.Жолдасовтың полотноларынын образлы дүньясы // Арал кызлары – 1999 - №1 (24)
17.
Aziza T. TARIXIY ASARLANING JAMIYAT TARAQQIYOTIDA TUTGAN
O’RNI:“YULDUZLI TUNLAR” ASARINING BOSH G’OYASI //Journal of Integrated
Education and Research. – 2022. – Т. 1. – №. 4. – С. 42-46.
18.
Aziza T., Zakir A. The Role of Animated Films Based on the Works of Alisher Navoi in
Shaping Children's Worldview //Zien Journal of Social Sciences and Humanities. – 2022.
– Т. 6. – С. 100-103.
19.
Tleumuratova
A.
J.
QORAQALPOG'ISTONDA
TEATR
SAN'ATINING
SHAKLLANISHI VA O'ZIGA XOS XUSUSIYATLAR. – 2024.
20.
Tleumuratova A. J. FORMATION AND SPECIFIC FEATURES OF THEATER ART IN
KARAKALPAKSTAN //Modern Science and Research. – 2024. – Т. 3. – №. 1. – С. 408-
411.
21.
Tleumuratova A. JAHON ANIMATSIYA SAN'ATIDA TARIXIY MAVZU,
OBRAZLAR TALQINI VA O’ZBEK ANIMATSIYA SAN’ATIDA TUTGAN O’RNI
//ВЕСТНИК КАРАКАЛПАКСКОГО ГОСУДАРСТВЕННОГО УНИВЕРСИТЕТА
ИМЕНИ БЕРДАХА. – 2023. – Т. 61. – №. 3. – С. 221-223.
22.
Tleumuratova А. HISTORICAL THEME IN WORLD ANIMATION ART,
INTERPRETATION OF IMAGES AND ITS ROLE IN UZBEK ANIMATION ART
//Modern Science and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 10. – С. 1105-1111.
23.
Хожамуратов
К.
Б.
МАҲОБАТЛИ
РАНГТАСВИР
АСАРЛАРИНИНГ
МАЪНАВИЙАҲАМИЯТИ //Ученый XXI века. – 2022. – №. 2 (83). – С. 31-33.
24.
Bazarbaevich K. K. THE SPIRITUALITY OF MAHOBATLI PAINTING WORKS
IMPORTANCE //Archive of Conferences. – 2021. – С. 224-227.
ISSN:
2181-3906
2024
International scientific journal
«MODERN
SCIENCE
АND RESEARCH»
VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ
345
25.
Xojamuratov Q. B. ISSUES OF THE DEVELOPMENT OF FINE ARTS IN SCHOOLS
//Modern Science and Research. – 2024. – Т. 3. – №. 2. – С. 333-336.
26.
Bazarbaevich X. K. TASVIRIY SAN ‘AT DARSLARIDA TALABALARNI MUSTAQIL
TA ‘LIM OLISH FAOLIYATIGA YO ‘NALTIRISH METODLARI //BOSHQARUV VA
ETIKA QOIDALARI ONLAYN ILMIY JURNALI. – 2023. – Т. 3. – №. 2. – С. 526-529.
27.
Xojamuratov Q. B. ISSUES OF THE DEVELOPMENT OF FINE ARTS IN SCHOOLS
//Modern Science and Research. – 2024. – Т. 3. – №. 2. – С. 333-336.
28.
Tajimuratova S. CONCEPT OF FURTHER DEVELOPMENT OF NATIONAL
CULTURE IN UZBEKISTAN //Modern Science and Research. – 2024. – Т. 3. – №. 1. –
С. 251-254.
29.
Tajimuratova S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT
PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Modern Science
and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 10. – С. 841-849.
30.
Saginbaevna T. S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT
PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Spectrum Journal
of Innovation, Reforms and Development. – 2022. – Т. 9. – С. 386-392.
31.
Sag’inbaevna T. S. Cultural Life in Uzbekistan during the Years of Independence //Spanish
Journal of Innovation and Integrity. – 2023. – Т. 18. – С. 39-41.
32.
Tajimuratova S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT
PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Modern Science
and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 10. – С. 841-849.
33.
Saginbaevna T. S. Management and study of culture and art. – 2022.
34.
Тажимуратова Ш. С. САНЪАТШУНОСЛИК ФАНЛАРИНИ ЎҚИТИШ ОРҚАЛИ
ТАЛАБАЛАРНИНГ
МУСТАҚИЛ
ИШЛАШ
КЎНИКМАЛАРИНИ
ШАКЛЛАНТИРИШ. – 2023.
35.
Tajimuraova S. S. INFORMATION AND COMMUNICATIONS IN MANAGEMENT
//Journal of Integrated Education and Research. – 2022. – Т. 1. – №. 5. – С. 509-511.
