ISSUES OF THE DEVELOPMENT OF FINE ARTS IN SCHOOLS

HAC
Google Scholar

Downloads

Download data is not yet available.
To share
Xojamuratov Қ. (2024). ISSUES OF THE DEVELOPMENT OF FINE ARTS IN SCHOOLS. Modern Science and Research, 3(2), 333–336. Retrieved from https://inlibrary.uz/index.php/science-research/article/view/29028
0
Citations
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Keywords:

Abstract

ISSUES OF THE DEVELOPMENT OF FINE ARTS IN SCHOOLS


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

333

МЕКТАПЛЕРДЕ СҮЎРЕТЛЕЎ ӨНЕРИН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ

Қ.Б.Хожамуратов

Қарақалпақ мәмлекетлик университети.

https://doi.org/10.5281/zenodo.10646636

Аннотация. Мақалада мектаплерде сүўретлеў пәнин раўажландырыў мәселелери

айтып өтилген болып, бунда ҳәр түрли методик усыллар ҳаққында сөз барады. Бул
методик усыллар сүўретлеў пәнин мектеплерда кеңнен өтилиўде жәрдем береди.

Таяныш сөзлер: Мектеп

,

сүўретлеў өнери, графика, сабақ, процесс.

ISSUES OF THE DEVELOPMENT OF FINE ARTS IN SCHOOLS

Abstract. The article deals with the development of fine arts in schools, discusses various

methodological techniques. These methodological techniques are widely used in schools of fine
arts.

Keywords: School, art, graphics, lesson, process.

ВОПРОСЫ РАЗВИТИЯ ИЗОБРАЗИТЕЛЬНОГО ИСКУССТВА В ШКОЛАХ

Аннотация. В статье рассматриваются вопросы развития изобразительного

искусства в школах, рассматриваются различные методические приемы. Эти
методические приемы широко используются в школах изобразительного искусства.

Ключевые слова: Школа, искусства, графика, урок, процесс.

Ҳәзирги заман методикасы алдына қойылган ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири

оқыўшылардың өз бетинше жумыс орынлаўы ҳәм қосымша билимлер алыўы болып
табылады. Оқыў графикалық жумысларын өзбетинше сүўретлеў ҳәм оқытыўда
педагогиканың әҳмийетли талапларының бири оқытыўшының сабақты нәтийжели алып
барыўын тәмийнлейди.

Мектепте сүўретлеў пәниниң нәтийжелилигин арттырыў көбинесе оқыўшылардың

дөретиўшилик жумысларын тексериў ҳәм оларға баҳа бериўге байланыслы болады. Бул өз
гезегинде бириншиден, оқыўшы хызметин активлестириўди, екиншиден оқыўшылар
тәрепинен оқыў материалларын пухта өзлестириўине жәрдем береди.

Сабақ процессинде оқыўшылардың сүўретлеў пәнине болған қызығыўшылығын

қоллап-қуўатлаў, төмен өзлестиретуғын оқыўшылардың кемшиликлерин көрсетип,
оқытыўшының еринбестен қайта-қайта түсиндирип бериўи ҳәм және де оларды «Сен төмен
оқыйсаң, саған жаман баҳа қояман» деп кемситпестен, жәрдем бериў жүдә жақсы
нәтийжелерге алып келеди.

Оқыўшылардың дөретиўшилик жумысларын үйрениўде тексериў басқышпа-басқыш

алып барылса жүдә жақсы нәтийже береди. Ең биринши тексериўди оқыўшылар
дөретиўшилик жумысларды орынлап келгенлеринен соң өткизиў мүмкин. Бунда
оқыўшының сүўретти қағазға қалай ҳәм дурыс етип жайластырыў тәртибине, сүўретленип
атырған нәрселер тексерилип шығылады. Сүўретлеп атырған буйым масштабы,
өлшемлери, геометриялық жасаўлар дыққат пенен гүзетиледи. Сүўрет салыўда талаплары
дурыс орынланған болса, сүўретты реңде бояўға, яғний кийинги этапқа өтиўге рухсат
бериледи.


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

334

Ал сүўрет салыў талаплары бузылған жағдайда, ондағы қәте-кемшиликлерди

оқыўшыға жақсылап түсиндирилиў керек.

Екинши тексериўде сүўретлеў өнериниң талапларына толық әмел етилиўи мақсет

етип алынады. Бунда сүўреттиң ислениў дәрежеси, бойяўдағы қәте кемшиликлер
тексериледи ҳәм сол қәте кемшиликлер дурыслаў бойынша уста сүўретшилер дөретпелери
көрсетип өтиледи.

Мине усылар көзден өткерилип ақырғы тексериўде тийисли баҳа қойылады.
Оқытыўшы сүўретлеў пәнин нәтийжели алып барыўда ҳәм оны раўажландырып

отырыўда төмендеги ўазыйпаларға ерисиўи керек:

а) оқыўшыларда сүўретлеў пәнине болған қызығыўшылық сезимлерин оятыў ҳәм

онда билим-көнликпени раўажландырыў;

б) берилген үй тапсырмасын өз ўақтында орынланыўын тәминлеў;
г) класстан тыс өз бетинше жумысларды анықлаў;
д) оқыўшыны сабақтан тыс қосымша «сүўретлеў пәни» дөгерегине қатнасыўын

тәмийнлеў;

е) оқыўшының өз үстинде излениў уқыплылығын раўажландырыў.
Оқыўшыларда сүўретлеў билимлерди раўажландырыў қурамалы процесс болып, ол

оқыў процесси менен тығыз байланыслы. Сүўретлеў пәни қәнигелериниң көп жыллық
гүзетиўлери соны көрсетеди, көбинесе оқыўшылар сүўретлеў пәни бойынша билим-
көнликпелерди тийкарынан жеке тәртиптеги оқыў-графикалық жумысларын орынлаў
арқалы ийелемекте. Себеби сабақ процессинде берилген теориялық билимлер тийкарынан
сүўрет шынығыўлар арқалы әмелде беккемленеди.

Жоқары оқыў орынлары ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары сүўретлеў

пәни дәстүринде белгиленген жеке тәртиптеги мәжбүрий графикалық жумысларды
орынлаўлары керек.

Ҳәр қандай оқытыўшы сабақ өтиўде өз алдына тийкарғы үш мақсетти, оқыўшыға

билим бериў, тәрбия бериў ҳәм оқыўшы шахсын раўажландырыў мәселелерин қояды.
Бунда оқытыўшыдан үлкен шеберлик талап етиледи, оқытыўшы «Мен сабақты қайсы
формада өткенде оқыўшыларға нәтийжели билим бере аламан, сүўретлеў пәнин
раўажландырыў ушын нелер ислеўим керек» деген сораўға жуўаплар излеўи керек.

Оқытыўшы сүўретлеў сабағында көргизбели усыл, түсиндириў усылы, әмелий

усылы, экранластырыў усылы, сораў-жуўап усылы ҳәм дидактикалық методлардан
пайдаланыўы мүмкин.

Сүўретлеў пәнинде ойынлы методлардан пайдаланыўдың роли айрықша. Ойын

түрлеринде жеке карточкалардан пайдаланыў оқыўшылардың жеке уқыплылығын
раўажландырады. «Сораў-жуўап» ойынында оқыўшылар сүўретлеў пәнине тийисли
терминлерди терең ядта сақлаўларына ҳәм шаққан, зийрек болыўға тәрбиялайды.

Математика-ақыл гимнастикасы болса, сүўретлеў пәни адамның терең пикирлеў

қәбилетин өсириўши пән. Сүўретлеў пәниниң мине усы тәрепин «қара қуты» ойыны
методынан пайдаланыўда көремиз.

«Қара қуты» ойыны оқыўшыларда қызығыўшылық сезимлерин оятады. Бул ойын

шәртинде мына сораў қойылады: «Бул қуты ишинде уста сүўретшилердиң бириниң


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

335

дөретиўшилик жумысының фото сүўрети бар (сүўрет хаққында айтып бериледи), бул
кимниң дөретпеси?» Оқыўшылар қойылған сораў бойынша ядтан көринислерди сүўретлеп
бериў керек. Оқытыўшы қара қуты ишинде жасырылған дөретпениң фотосын шыгарады
ҳәм оқытыўшының көриниси менен салыстырылады. Демек қара қуты ишине басқа да
қурамалы дөретиўшилик жусылар фотосын жасырыў да мүмкин.

Оқытыўшы сүўретлеў пәнин раўажландырыў мәселесин тек сабақ процессинде емес

класстан тыс жумысларда да алып барыўы мүмкин. Мысалы «сүўретлеў пәни» дөгерегин
шөлкемлестириў, дийўалый газеталар шығарыўы керек.

Мектептеги сүўретлеў пәнине арналған дийўалы газеталар оқыўшылардың өз

бетинше жумыс алып барыўын тәминлейди.

Бул тахтаға тапсырма етип жазыўы сүўретлеў пәниндеги ең соңғы жаңалықларды

сызып қойыўы, сораўлар вариантын бериўи, тест сораўларын бериўине болады. Сүўретлеў
пәнине қызыўшы оқыўшылар бул дийўалы газетаның ҳәр таза санын асығыслық пенен
күтип жүреди. Ондағы берилген сораўларға жуўаплар жазып яки тест сораўларына дурыс
жуўапларды белгилеп, конвертке салып сол жердеги арнаўлы қутышаға салып кетеди.

Оқытыўшы сол жуўапларды тексерип, ең жақсы оқыйтуғын оқыўшыны анықлап,

сабақ барысында оны басқа оқыўшыларға үлги етип мақтап көрсетеди.

Бул метод арқалы оқыўшылар арасында жарысыўды пайда етип, олардағы күшли

қызығыўшылыққа ҳәм өз үстинде излениўлерин тәмийнлеўи мүмкин.

Солай етип, сүўретлеў пәнин раўажландырыўдағы тийкарғы мәселелердиң бири бул

оқытыўшының билим бериўдеги ўазыйпасын орынлаўда тийкарғы мақсети сабақты
нәтийжели алып барыўын тәминлеў мәселесине қаратылған болады.

REFERENCES

1.

Д. О. Коменский, «Уллы дидактика»,-Ташкент, 1975.

2.

И.Г.Песталотцци, «Сайланған педагогикалық дөретпелери»,-М., 1961.

3.

А.Дистервег, «Сайланған пед. дөретпелер», М -1976,.

4.

К.Д.Ушинский, «Сайланған пед. дөретпелер», М-Л 1948, 2-т.

5.

Н.Н.Ростовцев, «Мектепте көркем өнер пәнин оқытыў методикаси», М, 1980.

6.

В.С.Кузин, «Идейно-эстетическое восстание учахихся на уроках изобразшего
искусство в школе». Автореф.Док.пед. наук., М, 1974.

7.

Р.Хасанов, «Заттың өзине қарап сүўретсалыў».-Ташкент, 1969.

8.

«Көркем өнер пәни және оны оқытыўдың актуал мәселелери», илимий топлам №1, 2,
3, 4-санлары.-Наманган,“НамДУ”, 2008, 2009, 2010, 2013 йй.

9.

Bazarbaevich X. K. TASVIRIY SAN ‘AT DARSLARIDA TALABALARNI MUSTAQIL
TA ‘LIM OLISH FAOLIYATIGA YO ‘NALTIRISH METODLARI //BOSHQARUV VA
ETIKA QOIDALARI ONLAYN ILMIY JURNALI. – 2023. – Т. 3. – №. 2. – С. 526-529.

10.

Хожамуратов

К.

Б.

МАҲОБАТЛИ

РАНГТАСВИР

АСАРЛАРИНИНГ

МАЪНАВИЙАҲАМИЯТИ //Ученый XXI века. – 2022. – №. 2 (83). – С. 31-33.

11.

Bazarbaevich K. K. THE SPIRITUALITY OF MAHOBATLI PAINTING WORKS
IMPORTANCE //Archive of Conferences. – 2021. – С. 224-227.


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 2 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

336

12.

Камалова Х. ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА СОЦИОЛОГИЯ
ИЛИМИНИҢ РАЎАЖЛАНЫЎ МƏСЕЛЕСИ //ВЕСТНИК КАРАКАЛПАКСКОГО
ГОСУДАРСТВЕННОГО УНИВЕРСИТЕТА ИМЕНИ БЕРДАХА. – 2018. – Т. 38. – №.
1. – С. 110-112.

13.

Kamalova K. S. Qaraqalpaqstan Respublikasinda genderlik ma’selelerinin’sotsial-
filosofiyaliq aspektleri //Евразийское Научное Объединение. – 2020. – №. 4-5. – С. 368-
370.

14.

Kamalova K. S., Kutimova G. T., Zaretdinova N. K. QARAQALPAQSTAN
RESPUBLIKASINDA

GENDERLIK

IDENTIVLIKTI

QÁLIPLESTIRIWINDE

SHAŃARAQTIŃ ROLI //Интернаука. – 2021. – №. 23-3. – С. 30-32.

15.

Алимбетов

Ю.

и

др.

QARAQALPAQSTAN

RESPUBLIKASI

TA’LIM

SISTEMASININ’ISKERLIK MA’SELESI HAQQINDA //Журнал Социальных
Исследований. – 2020. – Т. 3. – №. 2.

16.

Qarlibaevna B. A., Yusupbay A., Sabirovna K. K. ABOUT THE ACTIVITY TASKS OF
THE EDUCATION SYSTEM IN THE REPUBLIC OF KARAKALPAKSTAN
//Ижтимоий фанлар. – 2020. – Т. 2. – №. 3.



References

Д. О. Коменский, «Уллы дидактика»,-Ташкент, 1975.

И.Г.Песталотцци, «Сайланған педагогикалық дөретпелери»,-М., 1961.

А.Дистервег, «Сайланған пед. дөретпелер», М -1976,.

К.Д.Ушинский, «Сайланған пед. дөретпелер», М-Л 1948, 2-т.

Н.Н.Ростовцев, «Мектепте көркем өнер пәнин оқытыў методикаси», М, 1980.

В.С.Кузин, «Идейно-эстетическое восстание учахихся на уроках изобразшего искусство в школе». Автореф.Док.пед. наук., М, 1974.

Р.Хасанов, «Заттың өзине қарап сүўретсалыў».-Ташкент, 1969.

«Көркем өнер пәни және оны оқытыўдың актуал мәселелери», илимий топлам №1, 2, 3, 4-санлары.-Наманган,“НамДУ”, 2008, 2009, 2010, 2013 йй.

Bazarbaevich X. K. TASVIRIY SAN ‘AT DARSLARIDA TALABALARNI MUSTAQIL TA ‘LIM OLISH FAOLIYATIGA YO ‘NALTIRISH METODLARI //BOSHQARUV VA ETIKA QOIDALARI ONLAYN ILMIY JURNALI. – 2023. – Т. 3. – №. 2. – С. 526-529.

Хожамуратов К. Б. МАҲОБАТЛИ РАНГТАСВИР АСАРЛАРИНИНГ МАЪНАВИЙАҲАМИЯТИ //Ученый XXI века. – 2022. – №. 2 (83). – С. 31-33.

Bazarbaevich K. K. THE SPIRITUALITY OF MAHOBATLI PAINTING WORKS IMPORTANCE //Archive of Conferences. – 2021. – С. 224-227.

Камалова Х. ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА СОЦИОЛОГИЯ ИЛИМИНИҢ РАЎАЖЛАНЫЎ МƏСЕЛЕСИ //ВЕСТНИК КАРАКАЛПАКСКОГО ГОСУДАРСТВЕННОГО УНИВЕРСИТЕТА ИМЕНИ БЕРДАХА. – 2018. – Т. 38. – №. 1. – С. 110-112.

Kamalova K. S. Qaraqalpaqstan Respublikasinda genderlik ma’selelerinin’sotsial-filosofiyaliq aspektleri //Евразийское Научное Объединение. – 2020. – №. 4-5. – С. 368-370.

Kamalova K. S., Kutimova G. T., Zaretdinova N. K. QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASINDA GENDERLIK IDENTIVLIKTI QÁLIPLESTIRIWINDE SHAŃARAQTIŃ ROLI //Интернаука. – 2021. – №. 23-3. – С. 30-32.

Алимбетов Ю. и др. QARAQALPAQSTAN RESPUBLIKASI TA’LIM SISTEMASININ’ISKERLIK MA’SELESI HAQQINDA //Журнал Социальных Исследований. – 2020. – Т. 3. – №. 2.

Qarlibaevna B. A., Yusupbay A., Sabirovna K. K. ABOUT THE ACTIVITY TASKS OF THE EDUCATION SYSTEM IN THE REPUBLIC OF KARAKALPAKSTAN //Ижтимоий фанлар. – 2020. – Т. 2. – №. 3.