THE EVOLUTION OF THE IMAGE OF EREZHEP AGABIY

HAC
Google Scholar
To share
Shamuratov, M. (2024). THE EVOLUTION OF THE IMAGE OF EREZHEP AGABIY. Modern Science and Research, 3(2), 341–345. Retrieved from https://inlibrary.uz/index.php/science-research/article/view/29468
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Abstract

The image of Yerejep Agabiy is considered the most appropriate image in the novel. By writing the image of Rezheb, the concepts and views about the historical Rezheb can be reworked and appear before our eyes in the novel. The image of the rule is manifested not only in these characteristics, but also in its emotional, psychological, and aesthetic aspects. The writer Rezhep gave these characteristics of the character of the dance not in the form of author's description, but in the plot line.


background image


341

ЕРЕЖЕП АҒАБИЙ ОБРАЗЫНЫҢ ЭВОЛЮЦИЯСЫ

Марат Шамуратов

Навоий Давлат педагогика институти Ўзбек тили ва адабиёти факултетининг

Қорақалпоқ тили ва адабиёти йўналишининг катта ўқитувчиси.

https://doi.org/10.5281/zenodo.10674854

Аннотация. Ережеп ағабий образы романдағы ен орайлық образ есапланады.

Ережеп образы да жазыўшы тәрепинен тарийхый Ережеп ҳаққындағы түсиниклер,

көзқараслар қайта исленип, бизиң көз алдымызда романдағы көриниске ийе болады.

Ережеп образы тек бул сыпатлары менен ғана емес, ал эмоционаллық- психологиялық,

эстетикалық тәреплери менен де көринеди. Жазыўшы Ережеп бийдың характерине

тийисли бул белгилери авторлық сыпатлама көринисиниде емес, ал сюжетлер желисинде

берип сөзсиз утқан.

Калит сўзлар: Oбраз эволюциясы, тарийхый образ, батыр, жузбасы, патриот,

нокер. адамгершилик фазыйлетлери, ҳәзиржуўаплық.

THE EVOLUTION OF THE IMAGE OF EREZHEP AGABIY

Abstract. The image of Yerejep Agabiy is considered the most appropriate image in the

novel. By writing the image of Rezheb, the concepts and views about the historical Rezheb can be

reworked and appear before our eyes in the novel. The image of the rule is manifested not only in

these characteristics, but also in its emotional, psychological, and aesthetic aspects. The writer

Rezhep gave these characteristics of the character of the dance not in the form of author's

description, but in the plot line.

Keywords: Image evolution, historical image, hero, patriot, patriot, servant. moral virtues,

present responsibility.

ЭВОЛЮЦИЯ ОБРАЗА ЕРЕЖЕПА АГАБИЯ

Аннотация. Образ Ережеп Aга бия является главным образом в романе. Образ

Ережеп Aга бия в романе писателем мастерски выражен и предоставлен на суд читателя.

Читатель видит не только эти качества но и эмоционально- психологическое состояние

так же эстетические стороны характера Ага бия. Писатель в романе показывает Ага

бия не только с авторской позиции но и раскрывает его характер в сюжетах романа.

Ключевые слова: Эволюция образа, исторический образ, батыр, джузбасы,

патриот, нокер, человеческие качества, oстрый ум.


background image


342

Ережеп ағабий образы романдағы ең орайлық образ есапланады. Ол роман-

дилогияның бастан ақырына шекем ҳәрекет етеди. Автор бул образдың эволюциясына

айрықша итибар берген ҳәм исенимли жасай алған. Романның прологында Ағабийдиң

соңғы сапарға атланып баратырғаны сүўретленеди: Шымбай шәҳәринен шығып, Кегейли

көпиринен өткен бир топар адамлар арқа батысқа тартылған арба жолға түсти.

Ийинлериндеги табытты гезеклесип алмасып, тез қәдем таслап, асығып барар еди

1

Демек,

Ережеп ағабий образы роман-дилогияда нәзерде тутылған идеяны алып жүриўши образ

сыпатында ҳәр тәреплеме үйрениў, оның образ сыпатындағы эволюциясын изертлеў талап

етиледи.

Ережеп Бухара әмирлиги сорамындағы Амантүбек деген жерде Ақсуўаттың

бойында Артық сериниң баласы атақлы Кулшы бийдиң шаңарағында дүньяға келди.

Әдеўир ўақытқа шекем перзентли болмай иренжип жүрген бийдиң екинши ҳаялы

Айбийбиден туўылған балаға Раджаб айында туўылғанлықтан Ережеп деп исм қойды.

Ережеп «әкеси Қулшыға мегзеп, бойшаң болажағынан дәрек берип, ақсары жүзине көк

көзлери жарасып, аўыл арасын шаңғытып жүретуғын бала еди.» (22-бет) Жазыўшы әдетте,

тарийхый образды жасаўда тарийхый шынлықты басшылыққа алады, олсыз мүмкин емес.

Себеби, тарийхый образ тарийхта болған шахстан – прототипинен алыста жасалса оқыўшы

оған исенбейди. Демек, жазыўшы жаратқан көркем шынлық қәлбеки есапланады. Ережеп

образы да жазыўшы тәрепинен тарийхый Ережеп ҳаққындағы түсиниклер, көзқараслар

қайта исленип, бизиң көз алдымызда романдағы көриниске ийе болады.

Романның екинши китабында Ережепке байланыслы ўақыялар жийи ушырасады. Ол

енди тийкарғы ҳәрекет етиўши образға айланады. Ережеп Шымбай базарында басқа

балалар менен асық ойнайма я басқа ойын ойнайма, ғыррамлыққа шыдамас, өзинен үлкен

бала болса да жағаласып кете берер еди. Бирақ ол көше баласы емес, шаңарақта жақсы

тәрбия алған бала болып жетилисти.

Жазыўшы тек көз ишарасы менен-ақ усы сезимди бере алған: «

көзлерине көзи

түскенде жигиттиң жүреги силкинип кеткен яңлы болды

.» Бул жазыўшылық шеберлик

есапланады.

Ержеткен Ережептиң характериниң қәлиплесип атырғанын оның диалогларынан да

аңлаўға болады. Ол енди өмирде анық мақсетти гөзлеген, турмыста өз орнына ийе болыўға

умтылып атырған шахс.

1

Каримов К. Ағабий, Нөкис, «Билим», 2013, 3-бет


background image


343

Ережеп нөкер болып атланғаннан кейин оның урыстағы қатнасын сүўретлемеў

көркем ҳақыйқатлықтан шетлеў болар еди. Жазыўшы Ережептиң урысқа қатнасыўын, онда

ерлик көрсетиўин жүдә исенимли сүўретлейди.

Ережептиң батырлығы, мәртлиги, дәўжүреклилиги – жазыўшы усы сүўретлеўлери

арқалы оның характериндеги бул белгилерди исенимли жеткерип берген.

Ережеп тек батыр ғана емес, ҳәзил сөзди де орынлы қоллана алатуғын жуўабый

жигит. Ережеп пенен Өмирбек лаққы ортасындағы диалогтан оның характериндеги бул

сыпатты билиў мүмкин. Өмирбек Ережеп Хийўаға атланар ўақытта аўыл жигитлери менен

келип Хийўаға бирге алып кетиўин өтиниш етеди.

- Апарар едимдағы, бирақ деп Ережеп ойланып қалғандай шырай танытты, бирақ…

- Не бирағы бар, айтсеш, - деди Өмирбек те шыдамсызланып.

- Өткен сапары қатынымды мингестирип барып едим. Бул сапары сени мингестирип

барсам, көргенлер: «қатынын мынаў еркекке алмастырыпты», деп жүрмес пе екен?

Өмирбек аз ғана егленип турды да, ҳәзилдиң мәнисин түсинип күлип жиберди.

- Әкел қолды, тентек жора!

- Не ушын?

- Әкеле бер. Мени бир түсирдиң, ядымда болар. Өзим-ақ рети менен Хийўаға бара

берермен. Бапладың.

- Лаққы жора, мени де тыңлап ал. Ертең Хийўаға барсаң ҳәр көшениң мушында

«тентек» дей берме, бул жақтағысы да аз емес еди, ол жаққа да таралып кетер.

- Яқшы, тентек жора.» (330-бет)

Ҳәзиржуўаплық, қуўақы сөздиң устасы Өмирбек лаққыны да жеңиў – Ережепке тән

минез-қулық өзиншелигиниң бир көриниси. Демек, оған жабыстырылған «тентек» лақабы

оның озбырлығы, дәўжүреклилиги ушын ғана берилген емес, ол рети келген жерде

сәўбетлесин сөз бенен-ақ түйрей алады. Бул сүўретлеўлер оның образын еле де

толықтырады.

Ережеп Хийўада нөкер болып жүрип ала атлы батырды жекпе-жек саўашта

жеңгеннен кейин оның абройы артып, ханнан сыйлы сарпай алады. Дәслеп он басы,

соңынан жүзбасы дәрежелерине де ийе болады. Иран патшалығына баратуғын елшилерди,

кәрўанды қорғаўтуғын топарға басшылық етип барып та қайтады.

Ережеп образы ўақыялар барысында қәлиплесип бара береди. Ол әкеси Қулшы бий

өлгеннен кейин нөкерликти қойып биротала аўылына келеди ҳәм әкеси орнына бий болады.

Ережеп бийдиң биринши жумысы сол дәўирдеги қарақалпақлардың көзге көринген


background image


344

бийлерин шақырып алып Шымбай қаласында өнерментшилер, өндирис ийелерине жерди

бөлип бериў, базарды қайта қурыў ислерин ойласып алады ҳәм бул иске өзи тиккелей

басшылық етеди.

Ережеп бийдиң батырлығы, дәўжүреклиги Жантай батыр келип, сәлемге кирген

бийлерге қолын емес, аяғын усынғанда оны жекпе-жек урысқа шақырыўында да көринеди.

« - Тарт аяғыңды, Жантай батыр, - деп Ережеп узатылған аяқты теўип жиберди. Сен

Жантай болсаң, мен Ережеп батырман. Жаў-жарағыңды асын да майданға шыға бер.

Болмаса хызметкериңнен ўақты менен орнын айт та, хабар жибер, усы менменлигиң ушын

жекпе-жекте қаныңды ишпесем, тентек атым қурысын!» (407-бет)

Жантай батыр Ережеп бий менен жекпе-жек урысқа шықпайды, ал елине атланып

атырып6 «қарақалпақтын мына тентек бийи саў болса елине аға болар», деген пикирди

айтады.

Ал Ережеп бийдиң дар арқанын кесиў картинасы автор тәрепинен кескинлескен

ҳалат сыпатында шебер сүўретленеди. Ол оқыўшыны тосаттан болатуғын ҳәдийсени күтиў

ҳалатында услап турады: «Жазаны орынлаўды артық созыў қәтерли болса керек, қусбеги

белги бериўден жәллад өз исине киристи, көп өтпей аяқ-қолындағы кисенлер шешилмеген

жигит дар арқанында салбырап турар, майданды өз қушағына алған өли тынышлықты

кимниңдур буўлығып жылаған сести бузар еди.

Сонда көпшилик күтпеген ўақыя жүз берди.

Астына көк ат минип, үстине шапан, басына телпек кийген жигит аламан арасынан

атылып шықты да дар турған таманға шаўып келе берди. Алдын кеселеген пияда нөкерди

атқа қақтырып, шабандоз дарға жетти де қылыш сермеди, салбырап турған адам бәлент

жерге «дүрс» етип қулап түсти, көз ашып-жумғанша болып өткен ўақыяның мәнисин

адамлар уғаман дегенше, мәрт атлы ғайып болған еди.

Сонда барып аламанның:

- Дарды кести!

- Дарды кести!

- Нағыз батыр екен!

-Ким ол! – деген шаўқымы базар майданын гүңирентти. Күтилмеген ўақыяның

болатуғынын болжаў жети үйқылағанда түсине де кирмеген қусбеги жамбасына бир урып,

сақалын тиследи. Бундай ҳалатлар жөнинде еситкени болмаса, өз көзи менен көрмеген ол,

кескин шешим де қабыллай алмас, жигитти екинши мәрте дарға тартыўға аламаннан

айбынар еди. (440-441-бетлер) Мине, бул романдағы ең шийеленискен, ҳаяжанлы пайытлар


background image


345

орта әсирлик түсиник ҳәм нызамлықлар шеңберинде жасап атырған Хийўа ханлығы ушын

да күтилмеген жағдай еди. Сюжетти бундай кескин ҳәдийсеге қурыў онда ҳәрекет етиўши

қаҳарманды анық ўақыялар майданында ҳәрекет етиўде көрсетеди. Бул болса, сол

персонаждың образын еле де ашылыўына тийкар жаратып береди.

Ережеп ўатанын, ҳалқын сүйиўши патриот, ақыллы, шешен, батыр, ержүрек болыў

менен бирге тәўекелши де. Тәўекелдиң артында оның жеке өмири турғанын да жақсы

билди, бирақ оның бойындағы биз санап өткен ағла адамгершилик фазыйлетлери усы иске

қол урыўға ийтермеледи.

Романда Ережеп ағабий образының раўажланыў эволюциясы исенимли

сүўретленген. Ережептиң туўылғанынан баслап қартайып әлемнен өтемен дегенге шекемги

өмир жолы даўамында оның образы жетилисип, өмириниң ҳәр бир басқышында

характериниң белгили бир тәреплери ашылып бара береди. Бул образ өз бойына инсанға

тийисли болған ҳәр қыйлы фазыйлетлерди жәмлестирген қурамалы образ. Ережеп образын

дөретиў арқалы автор Х1Х әсирдеги қаракалпақлардың өз алдына ханлық дүзиў, усы

арқалы ғәрезсиз мәмлекет болып жасаў ҳаққындағы ата-бабаларымыздың әсирлер бойы

әрманын орынлаўға умтылыў концепциясын жаратады. Ең өзиншелик таманы Ережеп

бийдиң бул бойынша тутқан позициясы өзинен бурын өткен ел басшылары Маман бий,

Айдос бий, заманласы Ерназар Алакөзлерге усамас еди. Бул улыўма роман бойынша да,

Ережеп бий образы бойынша да көркем ҳақыйқатлықты жаратыўдағы жетискенлик

есапланады.

REFERENCES

1.

Каримов К. Ағабий, Нөкис, «Билим», 2013, 3-бет

2.

Саримсоқов Б., Бадиийлик асослари ва мезонлари, Ташкент, 2004, 8-бет

3.

Хализев В.Е. Теория литературы, Москва, «Высшая школа», 1999, 161-бет

4.

Жәримбетов Қ. Лирикадан романға (К.Каримовтың «Ағабий» романы ҳаққында

гейпара ойлар), «Әмиўдәрья» журн., 2015, 3-сан, 95-бет

References

Каримов К. Ағабий, Нөкис, «Билим», 2013, 3-бет

Саримсоқов Б., Бадиийлик асослари ва мезонлари, Ташкент, 2004, 8-бет

Хализев В.Е. Теория литературы, Москва, «Высшая школа», 1999, 161-бет

Жәримбетов Қ. Лирикадан романға (К.Каримовтың «Ағабий» романы ҳаққында гейпара ойлар), «Әмиўдәрья» журн., 2015, 3-сан, 95-бет

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов