Әлемниң тиллик көринисин жаратыўдың теориялық тийкарлары

CC BY f
175-180
0
Поделиться
Кудайбергенова , С. (2023). Әлемниң тиллик көринисин жаратыўдың теориялық тийкарлары . Ренессанс в парадигме новаций образования и технологий в XXI веке, 1(1), 175–180. https://doi.org/10.47689/XXIA-TTIPR-vol1-iss1-pp175-180
С Кудайбергенова , Каракалпакский государственный университет имени Бердаха

Ассистент

0
Цитаты
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Аннотация

Тилдин мэнисин тилден сыртта, тилдин ментал тэбиятын уйренбестен турып анык шегаралау мумкин емес. Тил инсанга таныс болмаган мазмун-мэнис емес, бэлким инсанныц кэбилети ретинде байланыс куралы хэм элемнин базасы, сэулелениуи болып тусиндириледи. Тил инсанныц санасы, ойлауы, руухый эмелий искерлиги менен тыгыз байланыслы. Тил жэрдеминде дуньялык хэм диний билимлср, руухый агартыушылык мэдений-социаллык кэдириятлар, олардыц нормалары инсан тэрспинсн тольны менен хэм айырымлары езлсстириледи, топланады, инсанныц ойлау формалары олар жэрдеминде рауажланады хэм элемди руухый тэрептен езлестиреди.

Похожие статьи


background image

XXI CENTURY RENAISSANCE IN THE PARADIGM OF SCIENCE,

EDUCATION AND TECHNOLOGY INNOVATIONS

175

ӘЛЕМНИҢ ТИЛЛИК КӨРИНИСИН ЖАРАТЫЎДЫҢ ТЕОРИЯЛЫҚ

ТИЙКАРЛАРЫ

Кудайбергенова С.П.

Нѳкис, Ѳзбекстан

Бердақ атындағы ҚМУ ассистенти

Тилдиң мәнисин тилден сыртта, тилдиң ментал тәбиятын үйренбестен турып

анық шегаралаў мүмкин емес. Тил инсанға таныс болмаған мазмун-мәнис емес,
бәлким инсанның қәбилети ретинде байланыс қуралы ҳәм әлемниң базасы,
сәўлелениўи болып түсиндириледи. Тил инсанның санасы, ойлаўы, руўхый-әмелий
искерлиги менен тығыз байланыслы. Тил жәрдеминде дүньялық ҳәм диний
билимлер, руўхый-ағартыўшылық мәдений-социаллық қәдириятлар, олардың
нормалары инсан тәрепинен толығы менен ҳәм айырымлары өзлестириледи,
топланады, инсанның ойлаў формалары олар жәрдеминде раўажланады ҳәм әлемди
руўхый тәрептен өзлестиреди.

Тилде қабыл етилген белгилерде инсанның санасы, сүўретлеў-ойлаў

искерлиги, турмыслық тәжирийбеси нәтийжелери әмелге асырылады. Билиў
процесинде инсан бир ўақыттың өзинде ҳәм объектив әлем, ҳәм өзиниң жеке әлеми
есапланған субъектив әлемди де жаратады. Инсан санасында екилемши идеал
әлемниң пайда болыўы объектив әлемниң инсан санасына тән усыл ҳәм
формаларда айырым инсан аңлай алатуғын көлемлерде тәкирарланады. Тил инсан
ойлаўының бар екенлиги, оны аңлатыў басланғыш формаларының екилемши
формасына өзгертиў, трансформациясының нәтийжеси болып қатнасады. Г.В.
Колшанский «тил ойлаўды, ойлаў болса әлемди сәўлелендиреди», демек «әлем
ҳаққындағы билим – бул инсан ойлаўы искерлигиниң ажыралмайтуғын бөлеги,
инсан санасында бул әлем тиллик көринисиниң бар болыў формасы болса
концептлер олар арасындағы түрли көлем ҳәм формадағы қатнаслар
көринисиндеги абстракция (қыялый) есапланады», деп көрсеткен. Егер әлемниң
басланғыш көриниси предметлер ҳәм ҳәдийселердиң әпиўайы топламы болса,
әлемниң екилемши тиллик көриниси идеал түсиниклер әлеминде бар ҳәр түрли
базалық ҳәм дөренди предметлер ҳәм процесслердиң өз ара онтологиялық ҳәм
гносеологиялық байланысын көрсетеди. Солай екен, тәбийий тил инсан менен әлем
арасындағы қатнасларды инсан санасына байланыстырыўшы структуралық бөлим
ретинде қатнасады. Бунда тил ойлаўдың қәсийетлерин, соның менен бирге, барлық
затлар әлеминиң түрли тәреплери ҳәм белгилериниң өзгешеликлерин сақлайды.

Сол тийкарда Г.В.Колшанский төмендеги жуўмаққа келеди: тил ойлаўдың

барлық көринислик искерлигин инсан санасында беккемлеў қуралы ретинде
қатнасса, онда тил инсан ойлаўын беккемлеўдиң материаллық формасы сөйлеўши
инсан өз өмири даўамында топлаған тәжирийбе ҳәм билимлер комплекси ретинде
тилде бар әлемниң тиллик көриниси менен алмастырылады.

Ҳәзирги заман когнитив тил билими илими көзқарасынан әлемниң

лексикалық көриниси – бул ҳәр дайым Әлемниң қандай да бир конкрет жағдайдағы
арнаўлы бир лексикалық бирликлер жәрдеминде түсиндирилиўи. Әлем пүтин


background image

XXI CENTURY RENAISSANCE IN THE PARADIGM OF SCIENCE,

EDUCATION AND TECHNOLOGY INNOVATIONS

176

сүўретлеў мүмкин емес, бәлки оның көбирек салыстырмалы структуралық
бөлимлери сәўлеленеди.

Әлемниң тиллик көриниси еки тийкарғы ўазыйпаны атқарады:

интерпретатив (көрнисин көриў ҳәм түсиниўди әмелге асырыў) ҳәм регулятив
(дүньяда инсан ушын жөнелис белгиси болып хызмет етиў).

Әлемниң тиллик көринисинде сөз пүтин әлем яки оның өз алдына алынған

бир структуралық бөлеги ҳаққында да мағлыўмат бериў мүмкин.

Тил формасында әлемниң тиллик көринисиниң лексикалық тил көриниси де

жаратылады. Бундай көринис объектив әлемди жоқары дәрежеде сәўлелендириўи
керек.

«Тил көриниси объектив әлемди өз гезегинде репрезентациялайтуғын

концептуал әлемниң репрезентациясы болып табылады». Г. В. Колшанский пикири
бойынша «тил бийғәрез креатив (дөретиўшилик) күш ретинде қатнаспайды,
әлемниң жеке тиллик көриниси, тек бар болған әлемниң өзиниң дәслепки дәреги
ҳәм бул әлемдеги искерлигине ийе инсанның концептуал әлемин белгилейди. Тил
ҳәм ойлаўдың басланғыш байланысын, әлемниң тиллик көриниси ретинде емес, ал
әлемниң ойлаў тили, яғный әлемниң концептуал әлеми ҳаққында айтыў керек», деп
көрсетеди.

Н. Ю. Шведованың пикири бойынша, әлем тиллик көриниси – бул халықтың

көп әсирлик тәжрийбелери менен ислеп шығылған ҳәм ҳәр бири өз алдына алынған
тилге байланыслы номинациялық қураллары менен әмелге асырылып, концептуал
қурылысында барлықты пүтин ҳәм көп бөлекли әлем тиллик көриниси ҳәм
сөйлеўшиниң тил менен пикирлеўде нени ойында сәўлелендирип атырғанының өз
бөлимлери арасындағы байланысты тәбиятты, бириншиден, оның материаллық ҳәм
руўхый, турмыслық искерлиги көзқарасынан, екиншиден, оны қоршап турған
арнаўлы бир анық орын ҳәм жанлы ҳәм де жансыз тәбият, сондай-ақ, инсан
тәрепинен жаратылған түрли, көп тәреплемели тараўлар ҳәм социаллық ақыл
сүўретлендиреди.

Тил ҳәм сана тәбияттан ҳәм өз мәниси бойынша бир объектив әлемге

тийисли болып табылады. Г.В. Брутянның атап өтиўинше, әлемниң тиллик
көриниси «пүтин ҳәм тийкарынан бир тилде сөйлесиўши адамлар санасындағы
логикалық аңлатпа формасы менен муўапық келеди, бирақ тил моделлери ҳәм
аўызеки үлгилер арқалы өз алдына алынған тиллердиң өзине тән өзгешеликлери
себепли жаңа тиллик көринис арқалы әлемди қосымша көриў процеси болып өтеди
[10; 77-90].

Ҳәр бир тилде сөйлесиўши адамлардың ҳәм олар сөйлесетуғын тилдиң

мийнет, жәмийетлик ҳәм мәдений тәжирийбеси өзгешеликлери, ҳәдийселер ҳәм
процесслердиң анаў яки мынаў мәнилер менен биргеликтеги лексикалық ҳәм
грамматикалық басланғыш ҳәм екилемши интерпретация ҳәм номинациялардың
айырмашылығында өз көринисин табады.

Әлем тиллик көриниси «усы тилдиң түрли контекстлерде сүўретленген жеке

сыпатларын сәўлелендирип ҳәм оның психикалық айырмашалығын анықлап, тил
элементлерин концептуал интерпретациялап усы тилде сөйлеўши адамлар
жәмәәтиниң жәмийетлик турмысы ҳәм материаллық мәденияты өзгешеликлери
менен тығыз байланыслы болып табылады [1].


background image

XXI CENTURY RENAISSANCE IN THE PARADIGM OF SCIENCE,

EDUCATION AND TECHNOLOGY INNOVATIONS

177

Ол ҳақыйқат әлеминен ҳәр бир тил артында туратуғын белгили бир

мәденияттың өзине тән айырмашылығы менен парық қылады. Әлемниң көринисин
қәлиплестиретуғын қыяллар анық емес көринисте сөзлер мәнисине киреди. Инсан
анық болмаған, байланыс («фонлы») мәнилерден қуралған сөзлерден пайдаланып,
өзи сезбеген ҳалда оның қараўындағы вербал байланыс даўамында пайдаланылған
сөзлер арқалы жаратылған әлемди аңлайды, кабыл етеди. Керисинше, тиккелей
тастыйықлаўлар формасындағы сөз дизбеклер ҳәм сөзлердиң басланғыш
лексикалық мәнисинен ибарат басланғыш номинатив мәнили структуралық
бөлимлер олардың мәниси контекстуал ядросын қурайды, мине усы дискурста бул
информацияны қабыл еткен тил ийелери түсинип тартысыўлары мүмкин. Соның
ушын бул жерде еслетилген информациялар ағымы усы тилде сөйлеўшилер ушын
улыўма әлемниң тиллик көрнисине кирмейди. Тил мотивациясы барлық ўақыт
айрықша тиллердиң басқа тиллерде бақланбайтуғын өзине тән аңлатпа ҳәм
интерпретация мүмкиншиликлерин береди. В.Г. Гак тилде сол тилде жүзлеген жыл
даўамында сөйлесетуғын халықтың терең руўхый дүньяны белгили бир нормада
сәўлелениўи ҳаққында жазады. Автор «тиллер өз ара олар ийе болған формал,
семантикалық ҳәм когнитив мүмкиншиликлер менен ғана емес, олар өзлери ийе
болған белгилер системасынан қандай пайдаланыўлары менен де бир-биринен
парық етеди», деп жуўмақ етеди [5].

А.В. Кравченко өзиниң «Тил ҳәм билим» деп аталған шығармасында инсан

ақылы, руўхыйлығы ҳәм физиологиясы менен әлемди билиўдиң өз-ара байланысын
көрсетеди. Автор «бир тәрептен әлемниң концептуализациясы, категоризациясы
ҳәм интерпретациясы ҳәр қыйлы тиллерге тән ҳәр тәреплеме улыўма ҳәм жеке
түсиниклер категориясында сәўлеленеди» деп шамалайды. Бул категориялар бизиң
усы Әлемниң белгили бир бөлиминде нелерди билиўимизди сәўлелендиреди. Мине
усы универсаллық соңында шет тиллерди ийелеў мүмкиншиликлерин жүзеге
келтиреди. Басқа тәрептен болса, ҳәр бир тил, әдетте, түсиниклерде биз әлемди
билиўимиз сыяқлы сәўлеленгениндей мине усы тиллерге тән ҳәм тән болмаған
өзгешеликлердиң басланғыш ҳәм туўындылық түсиниклердиң системасына ийе»
[9].

Сөйлеўши инсанға тилдиң эмоционал, экспрессив, когнитив ҳәм мәдений

тәсири оның структуралық бөлимлериниң ҳәр тәреплемелилигине ғана емес, ал
оның әлемниң тиллик көринисиниң қайсы дәрежеде айрықшалығына да
байланыслы. А.Вежбицкая сол сыяқлы айырмашылықлар мәнисин «Пүткил
инсаният ушын ҳәр тәреплеме түсиниклер конфигурациясының ҳәр бир мәденият
ушын өзине тән қәсийетти пайда етиўи мүмкин», деп түсиндиреди [4].

Сондай-ақ, сөйлеўде тил элементлери арасында семантив примитивлерди

таңлаў халықтың өз тили арқалы миллий айрықшалығы, руўхыйлығы ҳәм
идеологиясын аңлатыўда үлкен әҳмийетке ийе. Мине солар әлемниң қандай
элементлери, олардың қандай өзине тән ямаса универсал өзгешеликлери ҳәм
қатнаслары усы тилде сөйлесиўши адамлардың әлемниң тилге лексикалық
сүўретин жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин көрсетеди [5].

Тил билиминде ҳәммеге белгили қағыйдалар бар болып, оған бола дүньяның

көп санлы тиллери – бул тийкарында жаратылған ҳақыйқатлықтың адекват
сүўретти ашып бериў имканиятларына алып баратуғын инсан ойлаўының бирдей


background image

XXI CENTURY RENAISSANCE IN THE PARADIGM OF SCIENCE,

EDUCATION AND TECHNOLOGY INNOVATIONS

178

принциплери болған әлемди руўхый өзлестириў усыллары, түрли жоллары бар.
Сөйлесиў қуралы – тилге тийисли ойлаўды, яғный пикирди аңлатыў қуралы ҳәм
оны тил элементлери жәрдеминде рәсмийлестириў қуралын өзинде сәўлелендиреди
[6]. Философияның сөзлигинде ойлаў «түсиниклер, ҳүкимлер, теориялер ҳәм тағы
басқаларда объектив әлемди сәўлелендириўдиң актив процеси, мий…».

Философияда тил ойлаўдың әмелде барлық формаларынан бири

есапланғанлығы ушын түрли тиллерде сөйлесиўши адамлар бир-биринен өз
лекискалық ойлаўының формалары менен кескин парық етеди. Ҳәр бир тил өзинше
әлемди семантикалық, лексикалық-логикалық концепцияластырып, өзиниң
әлемлик лексикалық сүўретин жаратады.

Тил пайдаланыўшылар шахслар ушын тилден сыртта жайласқан

экстралингвистикалық әлемниң барлық өзгешеликлериниң көриниси болады.
Соның менен бирге, тилди, атап айтқанда, сөздиң мәнисин билип тил ийеси оның
ана тилинде айтылған көзқарасқа әлемди көре баслайды ҳәм «муўапық мәденият
ушын тән болған әлемниң концептуализациясы ҳәм категоризациясы менен қысып
шығарылады. Усы мәниде сөз тилге тән концептлерден ибарат, соның менен бир
ўақытта

тил

ийелериниң

ойлаў

тымсалын

«қәлиплестиреди»

ямаса

«сәўлелендиреди». Бул интерпретация процесиниң дәслепки басқышлары болып
табылады.

В. Гумбольдт, тиллер тек ғана мәнилердиң еслик қурамы ҳәм ҳәттеки усы

мәни

компонентлери

менен

емес,

бәлки

мәнилерди

қәлиплестириў,

концептуализация усылы, әлемди аңлаў ҳәм билиў усылы менен парық етеди, деп
шамалайды. Оған бола түрли тиллер түрли әлемди сезиў есапланады ҳәм ҳәр бир
белгили бир тилдиң өзгешелигин онда сөйлеўши «халықтың тилди ийелеў
қәбилетин» белгилейди [8].

Бул пикирлерден келип шыққан ҳалда бизиңше тилде белгили бир

жәмийетшилик сөйлеседи, оннан пайдаланады ҳәм оның руўхый мазмун, билим
ҳәм де тәжирийбесине тәсир етеди. Сөзсиз анаў яки мынаў тилде баян етилген
әлемниң тиллик көринисине тәсир етип онда сөйлеўшилердиң санасын ҳәм ойлаў
искерлигин билдиреди.

Л. Вайсерберг, «белгили бир тилдиң сөзлик резерви тил жыйындысы ҳәм де

тил жәмийетшилиги нәзерде тутқан түсиниклери ҳәм пикирлеў қуралларының
пүтин биргеликтеги жыйындысынан ибарат; соған муўапық тилдиң ҳәр бир ийеси
усы сөзликти қандай үйренеди, тил жәмийетшиликтиң барлық ағзалары усы
пикирлеў қуралларын қалай ийелейди; бул мәнисте, ана тилдиң имканияты соннан
ибарат, ол әлемниң белгили бир тиллик көринисин өз түсиниклери ишине алады
ҳәм тил жәмийетшилигиниң барлық ағзаларына жеткерип береди», деп жазады.

Америкалы изертлеўши Б.Уорф былай жазады: «Биз тәбиятты ана тилимизде

айтылған бағдарларға ажыратамыз. Дүньядағы ҳәдийселерди анаў яки мынаў
категориялар ҳәм паттернлерге олар өз-өзинен көринип турғанлығы (түсиникли,
анық болғанлығы) ушын бөлмеймиз, керисинше әлем бизиң алдымызда ямаса көз
алдымызда сана менен жаратылыўы керек болған қыяллардың калейдоскопиялық
ағымы ретинде көринеди. Демек, ҳәр бир тил бул тийкарынан бизиң санамызда
сақланатуғын ҳәр түрли структураланған тил системасы болып табылады».


background image

XXI CENTURY RENAISSANCE IN THE PARADIGM OF SCIENCE,

EDUCATION AND TECHNOLOGY INNOVATIONS

179

Ю.Д.Апресян ҳәр бир тәбийий тил әлемди қураў ҳәм интерпретациялаў

арқалы оның белгили бир усылын сәўлелендиреди, деп есаплайды. Тилди билиў
усы тилде сәўлеленген әлемди пайда етиўди ийелеўди нәзерде тутады. Ҳәр бир
анық тил тийкарында сол тилден пайдаланыўшы, сөйлесиўши шахстың өзиниң
әлем картасы бар.

Усы тилге тән әлемди пайда етиў усылы ҳәр тәреплеме, миллийликке тән,

соның ушын ҳәр түрли тиллердиң ийелери әлемди өз тиллериниң репрезентация
ҳәм интерпретация имканиятлары тәсири астында көриўи мүмкин.

«Инглис тилиндеги сөз дизбеклери ҳәм түрли сөзлер мәнисинде баянланған

әлем ҳаққындағы қыяллар топламы анаў яки мынаў дәрежеде барлық арнаўлы
тилде сөзлесиўшилерине бөлинген көрсетпелер ҳәм қараслардың қандай да бирден-
бир системасына топланды» [2].

А. Вежбицкаяның пикири бойынша, ҳәр бир тил миллийликке тән. Тилде

мәденияттың өзине тәнлиги ҳәм тил ийелери миллий характериниң өзгешелиги
сәўлелениўи анық [3]. Бизиң пикиримизше де ҳәр бир тилде сөйлеўши халық өзине
тән миллийлиги ҳам басқа халықларда қайталанбас миллий минез қулық
миллийлигине де ийе. Бул оларға өз әўладларынан мийрас болып жетип келмекте
ҳәм ҳәр бир халық ўәкиллери сол миллийлигин нешше әсирлер, жыллар өтседе өз
қәлипинде сақлап келешек аўладқа мийрас еткиси келеди.

Ана тилиндеги сөз мәнисинде баян етилген идеялар формасы усы тил

ийесине өз-өзинен түсиникли болғанлығы ушын онда турмыс улыўма қандай
дүзилгенлиги ҳаққында иллюзия пайда болады. Бирақ әлемниң түрли тиллери
көринисин салыстырыўда олар арасындағы үлкен айырмашылықлар белгили
болады. Барлық халықлар ушын улыўмалық болған қәдириятлар «ҳәр бир миллий
дүньяда ҳәр түрли түсиниледи ҳәм өз пәтине (темп) ийе болади» [7]. Бул
пикирлерде Гачев ҳам Вежбицкаяның пикиринеде қайсыдур мәнисте бир-бирине
жақын ҳам уқсаслығы бар.

Әлем тиллик көриниси объектив әлем екилемши белгили система – тил

менен сүўретленгени ушын тилде мөрленген әлем тымсалы ҳәм узақласқан әлем
болып табылады. Бирақ әлем тиллик көриниси ҳәм оның тымсалы тилде өзиниң
элементар арасындағы диалектлик байланысы ҳәм қатнасын айқын көрсетеди.

Солай етип, әлем тиллик көриниси ҳәр бир тилде өзиниң тек өзине тән

болған өзгешеликлерине ийе, бирақ улыўмалық функционал (ўазыйпасы бойынша),
түсиникке қарай ол барлық тиллер ушын тән, болмаса адамлар бир-бирин түсиниў
мүмкиншилигине ийе болмаған болар еди.

Ҳәр бир тилде сөйлесиўши шахс пайдаланыўшысы сөйлеў искерлиги

процесинде белгили бир тилдиң билиў ҳәм коммуникативлик ўазыйпалары
раўажланыўының диалектикасы ҳәм нормаларына муўапық жеке, тазасын ислеп
шығыўы мүмкин. Соның ушын әлем тиллик көриниси қыялый, абстракт мәни
болып улыўмалық формада сәўлеленетуғын сөйлеў искерлигиниң усы айрықша
өзгешеликлери басқа барлық тил ийелери ушын да тән ҳәм улыўма есапланады.
Ақыры тил белгили системасының коммуникатив, билиў функциясы
сәўлелендириў, билиў ҳәм қайта пайда етиў формасында тәмийинленген ҳәр
тәреплеме жәмийетлик мазмун белгиленеди.


background image

XXI CENTURY RENAISSANCE IN THE PARADIGM OF SCIENCE,

EDUCATION AND TECHNOLOGY INNOVATIONS

180

Әлемниң тиллик көриниси болса тилге «байланысыў»ға ийе болғанлығы

ушын адам концептуал әлеми бөлегин көрсетеди ҳәм тил формалары арқалы
өзгереди. Әлем тил ҳәм түсиник моделлери өз ара байланыслы, әлемниң тил
модели түсиниклеринен жыйналады. Тил қурамалы усылда ҳақыйқатқа жетисиў
тийкарында шығарылатуғын әлем ҳаққындағы билимлер менен араласып кетеди.
Сәйкес келиўши затлар ҳәм ҳәдийселерди белгилеў олардың анық сыпатламасын,
интерпретациясын өз ишине алады. Сондай мәнилердиң пайда болыўы билиўдиң
белгили бир басқышы сыяқлы оларды беккемлейди. «Тил адамлардың әпиўайы,
сыртқы байланыс, социаллық байланысларды услап турыў қуралы емес, бәлки
инсан тәбиятының өзинде бар болған ҳәм оның руўхый күши ҳәм дүньяға қарасын
қәлиплестириў ушын зәрүр. Буған инсан өз ойлаўының социаллық ойлаў менен
байланысында ерисиўи мүмкин» [8]. Белгили немис алымы, тил билими илиминиң
тийкарын салыўшылардың бири Вилъгелъм фон Гумболъдттың усы пикиринде
автордың тилдиң когнитив ҳәм байланыс (коммуникатив) ўазыйпасы бирлиги ҳәм
де айырмашылықлары ҳаққындағы қараслары көрип шығылған. Соның менен
бирге тилге тек ғана қарым-қатнас қуралы сыпатында емес инсанның руўхый
дуньясынан дерек бериўши ҳәм оны сәўлелендириўши деп те айтсақ болады.

ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР

:

1. Ахманова О.С. Общелингвистические аспекты оптимализации речевого
сообщения [Текст]: Учебное пособие: В 5 ч. Москва: Изд-во Моск. ун-та, 1966.
2. Апресян Ю.Д. Избранные труды. Т.2. Интегральное описание языка и системная
лексикография. М, 1995.
3. Вежбицкая А. Семантические универсалии и описание языков. М., 1999.
4. Вежбицкая А. Язык. Культура. Познание. — М.: Русские словари, 1997;
5. Гак В.Г. Пространство вне пространства // Логический анализ языка. Языки
пространств. М., 2000.
6. Головин Б.Н. Введение в языкознание [Текст]: [Учеб. пособие для филол.
специальностей ун-тов и пед. ин-тов]. Москва: Высш. школа, 1973.
7. Гачев Г. Д. Национальные образы мира: курс лекций. 1998.
8. Гумбольдт В. Фон. Избранные труды по языкознанию. М., 1984.
9. Кравченко А. В. Знак, значение, знание: Очерк когнитивной фи-лософии языка.
Иркутск, 2001.

10. Brutian, G.A. «On Philosophical Argumentation». Philosophy and Rhetoric, 2
(pp. 77–90). Очерки по анализу философского знания. Ереван: Изд-во
Айастан. 1979.

Библиографические ссылки

Ахманова О.С. Общелингвистические аспекты оптимализации речевого сообщения [Текст]: Учебное пособие: В 5 ч.Москва: Изд-во Моск, ун-та, 1966.

Апресян Ю.Д. Избранные труды. Т.2. Интегральное описание языка и системная лексикография. М, 1995.

Всжбицкая А. Семантические универсалии и описание языков. М„ 1999.

Всжбицкая А. Язык. Культура. Познание. — М.: Русские словари, 1997;

Гак В.Г. Пространство вне пространства // Логический анализ языка. Языки пространств. М., 2000.

Головин Б.Н. Введение в языкознание [Текст]: [Учеб, пособие для филол. специальностей ун-тов и пед. ин-тов]. Москва: Высш, школа, 1973.

Гачев Г. Д. Национальные образы мира: курс лекций. 1998.

Гумбольдт В. Фон. Избранные труды по языкознанию. М., 1984.

Кравченко А. В. Знак, значение, знание: Очерк когнитивной фи-лософии языка. Иркутск, 2001.

Brutian, G.A. «On Philosophical Argumentation». Philosophy and Rhetoric, 2 (pp. 77-90). Очерки по анализу философского знания. Ереван: Изд-во Айастан. 1979.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов