Интеллектуал қәбилетти билдириўши head/бас компоненти
Фразеологияның системалылығы кѳплеген изертлеўшилер тәрепинен тән алынған. Фразеологизмлердиң компонентлери арасында системалы байланыс, фразеологизмлердиң ѳзлери арасында, фразеологизмлер менен тилдиң басқа бирликлери арасында системалы байланыс бар. Ишки системалы байланыс ҳәм системалар арасындағы байланыслар ҳаққында академик В.В.Виноградов, сондайақ белгили фразеолог илимпазлар В.Л.Архангельский, В.П.Жуков, А.В.Кунин, З.Д.Попова, Л.И.Ройзензон, С.Кеңесбаев, Ш.Рахматуллаев, Е.Бердимуратов, Б.Юлдашев ҳәм т. б. ѳз мийнетлеринде жазды.