447
СҮЎРЕТЛЕЎ ӨНЕРИНДЕ ЖАС ДӨРЕТИЎШИЛЕРДИ ЎАТАН СҮЙИЎШИЛИК
ҲӘМ ҮЛКЕТАНЫЎ РУЎХЫНДА ТӘРБИЯЛАЎ
Сулайманов Тимур Амангелдиевич
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң
Көркем өнер кафедрасының ассистент оқытыўшысы.
https://doi.org/10.5281/zenodo.11244301
Анотатсия.
Бул мақалада
Сүўретлеў өнеринде жас дөретиўшилерди Ўатан
сүйиўшилик ҳәм үлкетаныў руўхында тәрбиялаў, көркем-өнер мектеплеринде жазғы
әмелиятты ашық ҳаўада өткериў бойынша sóz etilgen.
Гилт сөзлер:
Сүўретлеў өнери, көркем-өнер, тәжирийбе, пленэр әмелияты.
EDUCATING YOUNG ARTISTS IN THE FINE ARTS IN THE SPIRIT OF
PATRIOTISM AND GEOGRAPHY
Abstract.
In this article, it is suggested to educate young artists in the fine arts in the spirit
of patriotism and geography, to conduct summer activities in the open air in schools of art studies.
Key words:
fine art, art history, experiment, plein air practice.
ВОСПИТАНИЕ МОЛОДЫХ ХУДОЖНИКОВ ИЗОБРАЗИТЕЛЬНОГО
ИСКУССТВА В ДУХЕ ПАТРИОТИЗМА И ГЕОГРАФИИ
.
Аннотация.
В данной статье предлагается воспитывать молодых художников
изобразительного искусства в духе патриотизма и географии, проводить летние занятия
на пленэре в художественных школах.
Ключевые слова:
изобразительное искусство, история искусства, эксперимент,
пленэрная практика.
Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзи көркем-өнер мектеплеринде жазғы әмелиятты ашық
ҳаўада өткериў бойынша айтарлықтай тәжирийбе топланған, оны әдетте француз сөзи
менен «пленэр» деп атайды. Бул тәжирийбени илимий тәрептен үйрениўдиң әҳмийети жүдә
үлкен. Пленэр әмелияты – билим бериў процесиндеги айрықша итибар беретуғын жери,
оқыўшылардың ой-өрисин кеңейтиўге және олардың жеке руўхый, мәдений көз-қарасын
раўажландырыўға ең қолайлы дәўир. Ҳәзирги ўақытта қосымша көркем-өнер билим бериў
мәкемелеринде балалар менен бирге жумыс ислеўдеги билим, көркемлик, дөретиўшилик
және тәрбиялық ўазыйпалардың арасындағы байланыс туўралы орталық мәселе пайда
болды. Илим менен бирге ажыралмас байланыс үлкетаныўды билимлендириўдеги белгили
тараўға айналдырды. Үлкетаныў – ата-бабаларымыздың үрп-әдет, дәстүрине, ата мәканға,
448
тарийхымыздың мәдений мийрасына ҳүрмет пенен қараўға тәрбиялаўдың ең тийимли
бөлеги. Мектеп жасындағы балаларды Ўатан сүйиўшиликке тәрбиялаў ушын үлкетаныўды
үйретиўден өтетуғын қолайлы тема жоқ. Соңғы жыллары тарийх пенен әдебиятты
оқытыўда үлкетаныў өзгеше мазмунға ийе болып, география, тәбияттаныў, тарийх,
этнография, экономика, биология ҳәм медициналық үлкетаныў раўажланып атыр. Жас
сүўретшилер менен ашық аспан астындағы сабақларда мәдений контекст жийи өткизилип
киятыр. Үлкетаныўдың үйренилиўи туўылған үлкениң оқыўшысы ушын, әсиресе сүўретши
ушын жүдә әҳмийетли болып табылатуғын визуаль компоненттиң раўажланыўына тәсир
етеди. Сонлықтан тарийхый-мәдений контексттиң сол жердиң көринетуғын келбети менен
байланысы тийкарғы мәселе болып табылады. Бирақ бул мәселени изертлеген мийнетлер
жоқ. Методикалық әдебиятларда, пленэрлик әмелият бағдарламаларында айырым
өзгешеликлер менен кәсиплик бағдардағы көнликпени қәлиплестириўге баслы дыққат
қаратылады және студентлердиң ой-өрисин кеңейтиў мәселелери толығы менен дерлик
алынып тасланды. Балалар көркем-өнер, сүўрет салыўды үйретиўге қәнигелескен
мектеплерде пленэр әмелиятын алып баратуғын оқытыўшылар көбинесе жоқары және орта
арнаўлы кәсиплик оқыў орынларының тәжирийбесин өткериўге ҳәрекет етеди, бунда
кәсиплик шеберликти меңгериў менен раўажландырыўға баслы нәзер аўдарылады, ал жас
факторы итибарға алынбайды. Ашық аспан астында үлкетаныўға оқытыў оқыў-тәрбия
процесин баланың көркемлик қәсийетлерин ғана емес, тутас раўажландырыўға бағдарлаўға
мүмкиншилик береди. Пленэрди әмелиятын шөлкемлестириўдиң үлкетаныў усылы
студентлердиң жеке тулғасының улыўма эстетикалық қурамлы бөлегин раўажландырыўға
бағдарланған және кәсиплик қәсийетлерди раўажландырыўға айтарлықтай жәрдем етеди.
Солай етип, балаларға арналған қосымша көркемлик билим бериў мәкемелериндеги
жазғы пленэр тәжирийбесиниң үлкетаныў аспектин изертлеў әҳмийетли мәселе болып
табылады.
Үлкетаныў илими сыпатындағы түсиниклердиң раўажланыўы және оның билим
бериўдеги орны «үлкетаныў» уғымының келип шығыў дәреги изертленип, оның
раўажланыўының негизги дәўирлери анықланған. «Үлкетаныў» сөзи кем дегенде еки
уғымды билдиреди: үлкетаныў илим сыпатында да, жәмийетлик қубылыс – ағартыўшылық,
тәрбиялық хызмет ретинде де қарастырылыўы мүмкин. Үлкетаныў тарийхына тарийх және
өнертаныў мағлыўматлары, тәбият ҳаққындығы билимлер, әдебият тарийхы және илим
киреди. Жәмлестириўши принцип – бул мағлыўматтың барлығы бир тараўға қатнаслы.
449
Жергиликти тарийх ең дәслеп тутас бир көз-қарасты болжайды. Демек,
үлкетаныўшы илимпазлардың көз-қарасы студенттиң бойына бир тутас сүўретти
қәлиплестириўди нәзерде тутыўы менен өзгешеленеди. Тилекке қарсы, бүгинги күнде тутас
визуаль компонентке жеткиликсиз дыққат аўдарыў гүзетилмекте. Үлкетаныў
қызығыўшылыққа тийкарланған көз-қарасты болжайды. Сонлықтан оның тәрбиялық роли
жүдә зор. Ол тек билим берип ғана қоймайды, соның менен қатар жеке тулғаның руўхый
негизлерин: жеке қызығыўшылығын, сондай-ақ қызығыўшылық бағдарлар системасын
тәрбиялайды, қәлиплестиреди және раўажландырады. Россияда үлкетаныў илиминиң
жәмийетлик қубылыс сыпатында қәлиплесиўи туўралы тек үлкетаныў изертлеўлери менен
шуғылланатуғын дәслепки шөлкемлер пайда бола баслаған, концептуаллық мағлыўматлар
жыйналып, әмелиятлық жумыста туңғыш нәтийжелерге ерисилген 1890 - жыллардан
баслап сөз етиўге болады. Дәректе үлкетаныўдың раўажланыўының тийкарғы дәўирлери
үйренилген. Үлкетаныў тарийхы рус педгоги Н.Х.Вессельдиң
1
аты менен байланыслы және
1862 - жылы үлкетаныў пәниниң енгизилиўи менен басланады. Н.Х.Вессельдиң заманласы
К.Д.Ушинский
2
миллет таныў менен география, тарийх, жаратылыс таныў элементлери
менен дәслепки танысыўды ғана емес, соның менен қатар ана тилин үйрениў арқалы және
балалардың сөйлеўин раўажландырыў менен байланыстырады. К.Д.Ушинский туўған
жерди таныўды мектеп оқыўшыларына патриотлық тәрбия бериў қуралларының бири
ретинде қарастырды. «Үлкетаныў» термини педагогикалық әдебиятларда дәслепки рет
1916-1917 - жыллары оқытыўшылар съездиниң биринде педагог И.Н.Манковтың
3
сөйлеген
сөзинде және 1918 - жылы тарийхшы-методист В.Я.Улановтың «Баслаўыш мектептеги
тарийх методикасының тәжирийбеси»
4
атлы мийнетинде пайда болды. Үлкетаныў
қозғалысының айрықша өрлеўи XX әсирдиң басында байқалады. Ол дәўирде экскурсиялар
адамларды туўған үлкениң тарийхы менен мәденияты менен таныстырыўдың ең тийимли
қуралы болып саналды. Сол ўақыттан баслап экскурсиялар үлкениң мектеп пенен
байланысын сақлаў мүмкиншилиги сыпатында қарастырылды.
Жуўмақлап айтқанда, үлкетаныўды жас әўладқа үйретиў – тарийхый мийрасымыз
болған үрп-әдет, дәстүр, ана диярымызды, мәдений мийрасымызды ҳүрметлеўге
1
Вессель Н. Х. Начальное образование и народные училища в Западной Европе и в России. «Русская школа»,
1890-1891.
2
Ушинский К.Д. Собрание сочинений. АН Пед. Наук. РСФСР. Москва-Ленинград. 1950. С. 776.
3
Первый Всероссiйскiй Съѣздъ преподавателей русского языка средней школы въ МОСКВЪ. 27 декабря 1916
г. – 4 января 1917 г.
4
Уланов В. Я. Опыт методики истории в начальной школе. М., 1918.
450
тәрбиялайды. Сонлықтан, жас сүўретшилер менен пленэр әмелиятын жийи өткизип турыў
керек. Ал үлкетаныўдың үйренилиўи болса, елимиздиң ҳәрбир оқыўшысы ушын, әсиресе
қыл қәлем ийелери ушын жүдә әҳмийетли болып, визуаль қабыллаўдың раўажланыўына
тәсир етеди.
REFERENCES
1.
Вессель Н. Х. Начальное образование и народные училища в Западной Европе и в
России. «Русская школа», 1890-1891.
2.
Первый Всероссiйскiй Съѣздъ преподавателей русского языка средней школы въ
МОСКВЪ. 27 декабря 1916 г. – 4 января 1917 г.
3.
Уланов В. Я. Опыт методики истории в начальной школе. М., 1918.
4.
Ушинский К.Д. Собрание сочинений. АН Пед. Наук. РСФСР. Москва-Ленинград.
1950. С. 776.
5.
Bazarbaevich K. K. THE SPIRITUALITY OF MAHOBATLI PAINTING WORKS
IMPORTANCE //Archive of Conferences. – 2021. – С. 224-227.
6.
Хожамуратов
К.
Б.
МАҲОБАТЛИ
РАНГТАСВИР
АСАРЛАРИНИНГ
МАЪНАВИЙАҲАМИЯТИ //Ученый XXI века. – 2022. – №. 2 (83). – С. 31-33.
7.
Xojamuratov Q. B. ISSUES OF THE DEVELOPMENT OF FINE ARTS IN SCHOOLS
//Modern Science and Research. – 2024. – Т. 3. – №. 2. – С. 333-336.
8.
Абатов, Жалғасбай Орынбаевич. "ТАРИХНИ БИЛИШ ОРКАЛИ ТАСВИРИЙ
САНЪАТ НАМУНАЛАРИНИ ТУШУНИШГА ЎРГАТИШ УСУЛЛАРИ." (2023).
9.
Абатов Ж. О. ИНТЕГРАЦИОН ЁНДАШУВ АСОСИДА ТАСВИРИЙ САНЪАТ
ДАРСЛАРИНИ ЎҚИТИШ. – 2023.
