THE IMPORTANCE OF SOCIAL IMPRESSIONS IN THE FORMATION OF "SELF-AWARENESS" AND THE IMAGE OF "I".

HAC
Google Scholar
To share
Zulfiya , M. . (2023). THE IMPORTANCE OF SOCIAL IMPRESSIONS IN THE FORMATION OF "SELF-AWARENESS" AND THE IMAGE OF "I". Modern Science and Research, 2(10), 618–621. Retrieved from https://inlibrary.uz/index.php/science-research/article/view/24525
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Abstract

In this article, the self-awareness of a person is a characteristic of age and gender, the division of a person's inner "I" into components, the aspect of a person's "I" according to W. James.

Similar Articles


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

618

«ӨЗИН -ӨЗИ АӉЛАӮ» ҲӘМ «МЕН» ОБРАЗЫНЫҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИНДЕ

СОЦИАЛЛЫҚ ТӘСИРЛЕРДИҢ ӘҲМИЙЕТИ

Матуразова Зулфия Матиязовна

ҚМУ педагогика ҳәм психология кафедрасы ассистенти

https://doi.org/10.5281/zenodo.10020394

Аннотация.

Бул мақалада шахстың өзин – өзи аңлаў жас ҳәм жынысый өзине тән

қәсийетке, адамның ишки «мен»и, компанентке бөлинуи, У.Джеймс шахстың «мен»ине
тийисли аспекти ҳаққында сөз етилген.

Гилт с

ө

з:

Өзин-өзи аӊлаў, «мен» ,

шахс, билиў компоненти, эмоционал компонент,

әдеп – икрамлылық компоненти.

THE IMPORTANCE OF SOCIAL IMPRESSIONS IN THE FORMATION OF

"SELF-AWARENESS" AND THE IMAGE OF "I".

Abstract.

In this article, the self-awareness of a person is a characteristic of age and

gender, the division of a person's inner "I" into components, the aspect of a person's "I" according
to W. James.

Key words:

Self-awareness, "I", person, cognitive component, emotionality component,

manners - moral component.

ЗНАЧЕНИЕ СОЦИАЛЬНЫХ ВПЕЧАТЛЕНИЙ В ФОРМИРОВАНИИ

«САМОСОЗНАНИЯ» И ОБРАЗА «Я».

Аннотация.

В данной статье самосознание человека является характеристикой

возраста и пола, разделением внутреннего «Я» человека на компоненты, аспектом «Я»
человека по У. Джеймсу.

Ключевые слова:

Самосознание, «Я», личность, когнитивный компонент,

эмоциональность, манеры – моральный компонент.


Ең терең, ең нәзик ҳәм түсиниў қыйын болған өлшеў – бул адамның ишки «мен»и.

Инсанның ишки дүньясы тек оның өзи ҳәм шахстың «мен»и ҳаққындағы пикири менен
терең байланыслы. Өз – өзин аңлаў – бул шахстың «Мен» образының пайда болыўы демек
(И.S.Кон). «Мен» образы инсанда тез пайда болмайды. Ол пүткил өмири даўамында
социаллық тәсирлер нәтийжесинде жүзеге келеди. Көплеген илимий дереклерде «мен»
образына сәйкес бир неше көз-қарастағы теориялар бар. Оларды үш компанентке бөлип
үйренсек мақсетке муўапық:

1. Билиў компоненти; (өзин – өзи билиў)
2. Эмоционал компонент; (өзин – өзи баҳалаў)
3. Әдеп – икрамлылық компоненти (өзине мүнәсебет)
Д. Милл «мен» концепциясын «есте сақлаў» менен байланыстырған болса, В.Вундт

«мен»ди «инсанның жеке сезимлери» менен уйғынластырады. Сондай-ақ илимпаз И.С.Кон
өзиниң «мен»иниң жаратылысы» мийнетинде өзин-өзи аңлаў - бул биргеликтеги
искерликке бирлескен адамлардың көзи менен қараў, деп биледи. А.Н. Леонтев болса өзин–
өзи аңлаўда социаллық искерликтиң роли ҳаққында «Индивидуал «Мен» өзиниң қурамы
бойынша социаллық тәжирийбе нәтийжесинде пайда болатуғын социаллық қурам»деген
пикирди илгери сүреди: Ҳәр бир инсан өзин, өзлигин қаншелли анық билсе, өзи


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

619

ҳаққындағы образды анық жарата алса, оның жәмийет мүнәсибетлерине қарсы ҳәрекет
етиўи соншелли аз ҳәм тәрбияланған болады. «Мен» образының тийкарғы қурамлылық
бөлими өзин баҳалаў болып, оны У. Джеймстиң оригинал формуласы бойынша есаплаў
мүмкин.

Жетискенлик


өзин - өзи баҳалаў.

---------------------- =
Талапшаңлық


У.Джеймс шахстың «мен»ине тийисли еки аспектти ажыратып көрсетеди:
1. Эмперикалық «мен».
2 Ҳақыйқый «мен»
Эмперикалық «мен» адамның өзи тәрепинен ерисилген нәтийжелеринде көринеди.

Ол төмендегише басқышлардан ибарат:

- Материаллық «мен» – шахстың дене дүзилиси ҳәм жеке оның өзине тийисли

болған барлық нәрселерди өз ишине қамтып алады..

- Социал «мен» шахстағы оның әтирапындағылар тән алған «мен» ҳәр бир инсанның

өзи ҳаққында, оның дөгерегиндегилердиң пикирлери қызықтырыўы болып есапланады.

- Психологиялық «мен» индивидтиң социум орталықта оның кимлигин көрсете

алатуғын қәбилети, уқыбының жыйындысынан ибарат .

Ҳақыйқый ямаса әдепли «мен» шахстың өзин аңлаўы, өз–өзине баҳа бериўинен

ибарат. Солай етип, «мен» концепциясы – социаллық пикирлеримизди билдириўши ҳәм
минез–қулқымызды басқарыўшы бир пүтин система.

Шахстың өзин – өзи аңлаў жас ҳәм жынысый өзине тән қәсийетке ийе. Бул әсиресе,

өзиниң ким екенлигин билиў, аңлаўға умтылыў, жас өспирим дәўирден баслап
раўажланады. «Мен» образының жақсы ҳәм жаман болыўы оның қоршап турған сыртқы
орталық, өзгелер мүнәсибетлери тәсиринде болады. «Мен» социаллық мүнәсибетлер ҳәм
орталық пенен байланыслы процесс екен оған тәсир етиўши факторларда бар

Булар:
- биз орынлайтуғын роллер;
- биз қәлиплестиретуғын социаллық идентификациялар (уқсаслық,теңлесиў);
- әтираптағылар менен өзимизди салыстырыўымыз;
- ерисилген табысларымыз ҳәм әўметсизликлеримиз;
- әтираптағылардың биз ҳақымыздағы пикирлери;
- бизге тийисли болған мәденият.
Жоқарылардан жуўмақ шығарып айтатуғын болсақ, шахстың өзин–өзи аңлаўда

социаллық орталықтың тәсирин шәртли түрде төрт бир бири менен байланыслы тәреплерин
көрсетип өтемиз:

1. Өзин – өзи билиў, өзин тәрбиялаў дәстүрин белгилейди;
2. Өз – өзине мүнәсебети, өзине шахс сыпатында мүнәсебетте болыўы;
3. Өзин – өзи сезиниўи, өзин тастыйықлаўы, өзинен-өзи қанаатланыўы ҳәм шахстың

руўхый жағдайы менен байланыслы;


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

620

4. Өзине–өзиниң тәсири, шахс өзин туўры басқарса, өз ис- ҳәрекетлерине критиканы

дурыс қабыл етсе, онда өзин–өзи тәрбиялаўға зәрүрлик сезеди. Ѳзин раўажландырыў ушын
жаслық дәўиринен билим,ѳнер үйрениў,излениў,ѳз үстинде ислеў ертенги кунги улкен
социаллық орталыққа мүнәсиб кадр,қәнийге болыў заман талабы.Студент жаслардың өзи
ҳаққындағы пикирлерин билиў мақсетиде алып барылған сораў-жуўап нәтийжелеринде,
322 студенттен 25% «керекли ўақытта өз пикирлеримди айта алмайман» деген болса, 43%
«базыда», деген жуўапты белгилеген. «Кемшиликсиз адам болмайды», деген пикирди 70%
респондент мақул көрген. «Әтираптағыларға жақсы тәреплеримди көрсетким келеди»,
деген сораўға 52%, «Ҳәмме нәрсеге өз күшим менен ерисемен», деген пикирде 63% студент
тоқтаған.

“Мен” образы инсанның өзи ҳаққындағы көриниси болып өзин-өзи тарийплеў емес,

бәлки өзин өзи белгилеў әҳмиетлилеў мен киммeн? мен нени қәлеймен? мен нени қила
аламан? мен ким боламан? шахстың өзин қандай көриўи оның басқа адамлар менен
мунасәбетте болыў стратегияларына, өзин өзи басқарыў формаларына, бизнес шериклерине
болған мунасәбетине ҳәм улыўма сыртқы дүнья менен мунасәбетлерине байланыслы.
"Мен" образы өзине болған мунасәбетти, өзин ҳүрмет қылыўды, өзин сүйиўди, өзин өзи
қабыллаўды белгилейди. Өзиңизди сүйиў өзиңизди басқалардан үстин қойыўды
англатпайды. Керисинше, өзине болған муҳаббат инсанға басқаларды сүйиў, оларды
қәдирлеў имканиятын береди.

Е. Фромм бул ҳаққында сондай жазған еди: " Мениң " мен" им басқа адам сыяқлы

мениң мухаббатимның объекти болыўы керек".

Демек, жоқарыдағы илимий дереклерден

жуўмақ шығарып айтатуғын болсақ, мәмлекетимиз жаслары ертеңги келешек
қурыўшылары екен,ѳзи арзыў еткен,ѳзи таңлаған жолынан екиленбестен,өзине исеним
менен қәдем қойып,санасында миллий қәдириятларымызды сиңдирип, ўатанға, әдалатлық,
пидайылық пенен қатнас сыпатларын қәлиплестириўде социаллық активликти асырыў
зарүр деп есаплаймыз.

Халық пенен миллет жуўапкершилигин инсанның терең сезиниўинде «мен»ди

мәнәўият ҳәм билим, тәрбия уйғынлығында басқарыў бүгинги күн талап етпекте. «Мен»
инсанда жақсы қәлиплессе, менменлик пайда болмайды, ол «мен»лик шегарасынан шығып
кетпейди. Буның ушын инсанның балалығындағы «мен»ди тәрбия арқалы басқарыў
мақсетке муўапық.


REFERENCES

1.

Н.Исломова.Д.Андуллаева, Ижтимоий психология.Т-2013 б- 21-22.

2.

Ахвердова О.А., Тарасьян Н.А., Духовно-нравственное становление личности:
история и современность: Программа курса по выбору.- Старополь; Изд. СГУ, 2012
б-14.

3.

Л,Сапарова,З.Матуразова,Ш.Алланазарова.М.Қурбаниязов.Улы ўма психология Т-
2018ж.

4.

Матуразова З. М. и др. ПАТРИОТИЗМ КАК ЭТНОПОЛИТИЧЕСКАЯ КАТЕГОРИЯ
ЦЕННОСТНЫХ

ОРИЕНТАЦИЙ

У

МОЛОДЕЖИ

РЕСПУБЛИКИ


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

621

КАРАКАЛПАКСТАН //Восточно-европейский научный журнал. – 2016. – Т. 8. – №.
4. – С. 121-122.

5.

Оразбаева Г., Матуразова З., Алланазарова Ш. Воспитание детей на основе
народных традиций у каракалпаков //Теория и практика современной науки. – 2016.
– №. 6-1 (12). – С. 1011-1014.

6.

Berdakhovna A. A., Matiyazovna M. Z., Kaniyazovna K. G. Pedagogy And Psychology
//Journal of Positive School Psychology. – 2022. – Т. 6. – №. 8. – С. 2259-2262.

7.

Zulfiya M., Karimboy J. IJTIMOIY GUMANITAR SOHALARDA “ONG”
TUSHUNCHASI VA MOHIYATI. PSIXOLOGIYA VA FIZIOLOGIYADA ONG, ONG
OSTI VA ONGSIZLIKNING XUSUSIYATI VA FUNKSIYALARI //Finland
International Scientific Journal of Education, Social Science & Humanities. – 2023. – Т.
11. – №. 6. – С. 153-165.

8.

Asamatdinova J., Maturazova Z. Education of Adolescents in Outstanding Time for the
Purpose of Forming the Value Orientation of the Personality //PSYCHOLOGY AND
EDUCATION. – 2021. – Т. 58. – №. 2. – С. 1457-1461.

9.

Matiyazovna M. Z. EXPERIMENTAL STUDY OF PATRIOTISM //European Journal of
Research and Reflection in Educational Sciences Vol. – 2020. – Т. 8. – №. 12.

10.

Матуразова З. М. ВОСПИТАНИЕ ПАТРИОТИЧЕСКОГО ЧУВСТВА У
ПОДРОСТКОВ НА ОСНОВЕ НАРОДНЫХ ТРАДИЦИЙ //Экономика и социум. –
2019. – №. 5 (60). – С. 930-933






References

Н.Исломова.Д.Андуллаева, Ижтимоий психология.Т-2013 б- 21-22.

Ахвердова О.А., Тарасьян Н.А., Духовно-нравственное становление личности: история и современность: Программа курса по выбору.- Старополь; Изд. СГУ, 2012 б-14.

Л,Сапарова,З.Матуразова,Ш.Алланазарова.М.Қурбаниязов.Улы ўма психология Т-2018ж.

Матуразова З. М. и др. ПАТРИОТИЗМ КАК ЭТНОПОЛИТИЧЕСКАЯ КАТЕГОРИЯ ЦЕННОСТНЫХ ОРИЕНТАЦИЙ У МОЛОДЕЖИ РЕСПУБЛИКИ КАРАКАЛПАКСТАН //Восточно-европейский научный журнал. – 2016. – Т. 8. – №. 4. – С. 121-122.

Оразбаева Г., Матуразова З., Алланазарова Ш. Воспитание детей на основе народных традиций у каракалпаков //Теория и практика современной науки. – 2016. – №. 6-1 (12). – С. 1011-1014.

Berdakhovna A. A., Matiyazovna M. Z., Kaniyazovna K. G. Pedagogy And Psychology //Journal of Positive School Psychology. – 2022. – Т. 6. – №. 8. – С. 2259-2262.

Zulfiya M., Karimboy J. IJTIMOIY GUMANITAR SOHALARDA “ONG” TUSHUNCHASI VA MOHIYATI. PSIXOLOGIYA VA FIZIOLOGIYADA ONG, ONG OSTI VA ONGSIZLIKNING XUSUSIYATI VA FUNKSIYALARI //Finland International Scientific Journal of Education, Social Science & Humanities. – 2023. – Т. 11. – №. 6. – С. 153-165.

Asamatdinova J., Maturazova Z. Education of Adolescents in Outstanding Time for the Purpose of Forming the Value Orientation of the Personality //PSYCHOLOGY AND EDUCATION. – 2021. – Т. 58. – №. 2. – С. 1457-1461.

Matiyazovna M. Z. EXPERIMENTAL STUDY OF PATRIOTISM //European Journal of Research and Reflection in Educational Sciences Vol. – 2020. – Т. 8. – №. 12.

Матуразова З. М. ВОСПИТАНИЕ ПАТРИОТИЧЕСКОГО ЧУВСТВА У ПОДРОСТКОВ НА ОСНОВЕ НАРОДНЫХ ТРАДИЦИЙ //Экономика и социум. – 2019. – №. 5 (60). – С. 930-933

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов