“ILM-FAN VA TA’LIMDA INNOVATSION YONDASHUVLAR, MUAMMOLAR, TAKLIF VA YECHIMLAR”
MAVZUSIDAGI 19-SONLI RESPUBLIKA ILMIY-ONLAYN KONFERENSIYASI
255
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МИЛЛИЙ ҚӘЎИПСИЗЛИГИН
ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ ТИЙИСЛИ МИЛЛИЙ НЫЗАМШЫЛЫҚТЫ
ЖЕТИЛИСТИРИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ҲӘМ КЕЛЕШЕГИ
Гулимов Аманлык Базарбаевич
Турсынбаев Мираддин Оралбай улы
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Өзбекстан Республикасының миллий қәўипсизлигин тәмийинлеўге
тийисли миллий нызамшылықты жетилистириў Өзбекстан Республикасы
ғәрезсизликке ерисиўинен баслап әмелге асырылмақта. 1997-жыл қабыл
етилген Өзбекстан Республикасының «Сыртқы сиясий искерлигиниң тийкарғы
принциплери ҳаққында»ғы Нызамы 2012-жыл 14-сентябрьде өз күшин жойтты.
2012-жыл сентябрьде «Өзбекстан Республикасының сыртқы сиясий искерлиги
концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди.
Концепция мазмунының тийкары - Өзбекстан тәрепинен мәмлекетимиз
ғәрезсизлигиниң биринши жылларынан баслап әмелге асырылып атырған
стратегиялық жумыслардың логикалық даўамы есапланады.
Концепцияның мазмуны ҳәм қағыйдалары Өзбекстан Республикасының
Конституциясы, «Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалар
ҳаққында»ғы Нызамы, мәмлекетимиздиң басқа норматив-ҳуқықый актлерине,
сондай-ақ, «Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды буннан былай да
тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетти раўажландырыў концепциясы»на
тийкарланады, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған норма ҳәм
принциплерине, атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Уставы,
Инсан ҳуқықларының дүнья жүзилик декларациясы, Халық аралықҳуқық
принциплери ҳаққындағы декларация, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге
Ислесиў Шөлкеминиң Хельсинки Жуўмақлаўшы Актине ҳәм басқа тийисли
актлерге сәйкес келеди.
Концепцияда Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы принциплери
белгиленип, атап айтқанда төмендегилерге айырықша итибар берилген:
- дүньяда тынышлық ҳәм қәўипсизликти сақлаўға, улыўма тән алынған
халықаралық норма ҳәм принциплерге әмел етиўге садықлық;
- идеологиялық көз қарасларға қарамастан бирге ислесиў ушын ашықлық;
- тең ҳуқықлылық ҳәм өз-ара мәпдарлық, мәмлекетлердиң суверенитети,
аймақлық пүтинлиги, шегараларына қол қатылмаслығы, ишки ислерине
“ILM-FAN VA TA’LIMDA INNOVATSION YONDASHUVLAR, MUAMMOLAR, TAKLIF VA YECHIMLAR”
MAVZUSIDAGI 19-SONLI RESPUBLIKA ILMIY-ONLAYN KONFERENSIYASI
256
араласпаў, тартысларды тыныш жол менен шешиў, күш ислетпеў ямаса күш
пенен қәўип туўдырмаў.
- ҳәр түрли әскерий-сиясий блок ҳәм альянслардан узақ болыўы ҳаққында;
өзиниң суверенитет ҳәм аймақлық пүтинлигин қорғаў бойынша қатаң
позицияға ийе болыўы ҳаққында ҳәм өзиниң аймағында шет еллердиң әскерий
базалары жайластырылыўына жол қоймаўы ҳаққында; ашық, избе-из ҳәм актив
сыртқы сиясат алып барыўы ҳаққындағы принциплерин анық-айқын
баянлайды.
Концепцияда Өзбекстан Республикасы мәмлекеттиң, халықтың жоқары
мәплери, оның парахатшылығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетлеринен
келип шығып, мәмлекетти модернизациялаўдың үстинги бағдарларына,
ҳәрекеттеги миллий нызамшылық ҳәм қабыл етилген халықаралық
миннетлемелерге әмел етип аўқамлар дүзиў, бирлеспелерге ҳәм басқа
мәмлекетлер аралық структураларға кириў, соның менен бирге, олардан шығыў
ҳуқықын өзинде сақлап қалады.
Өзбекстан парахатшылық сиясат жүргизеди ҳәм әскерий-сиясий блокларда
қатнаспайды, ҳәр қандай мәмлекетлер аралық структуралар әскерий-сиясий
блокқа өзгерген жағдайда, олардан шығыў ҳуқықын өзинде сақлап қалады.
Өзбекстан өзиниң қоңсылас мәмлекетлердеги қураллы конфликтлерге ҳәм
қарама-қарсылықларға тартылыўын алдын алыў ушын тийисли илажларды
көреди. Концепцияда айырықша атап өтилганиндей, Өзбекстан өз аймағында
шет еллердиң әскерий базалары ҳәм объектлериниң жайластырылыўына жол
қоймайды. Мәмлекет Қураллы Күшлериниң қәлиплестирилиўинен гөзленген
бирден-бир мақсет – мәмлекеттиң суверенитеттин ҳәм аймақлық пүтинлигин,
халықтың парахатшылығын ҳәм қәўипсизлигин қорғаўдан ибарат. Өзбекстан
Қураллы Күшлери шет елдеги тынышлықты сүйиўшилик әскерий
әмелиятларында қатнаспайды.
Өзбекстан Республикасында терроризмге қарсы гүресиўде бир қатар
жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасында терроризмге
қарсы
гүресиўде
нормативлик
ҳуқықый
акт
ретинде
Өзбекстан
Республикасының Жынаят Кодексин көрсетип өтиў мүмкин. Өзбекстан
Республикасы Жынаят Кодексиниң 155-статясы терроризмге арналған. Бунда
террорзмге төмендегише анықлама берилген: «Терроризм – халықаралық
қатнасықларды қурамалыластырыў, мәмлекеттиң суверенитетин, аймақлық
пүтинлигин бузыў, қәўипсизлигине зыян жеткизиў, урыс ҳәм қураллы
конфликтлер
келтирип
шығарыў,
социаллық-сиясий
жағдайды
турақсызландырыў, халықты қорқытыў мақсетинде мәмлекетлик уйымды,
халықаралық шөлкемди, олардың лаўазымлы шахсларын, физикалық ямаса
юридикалық шахсты қандайда бир искерликти әмелге асырыўға яки әмелге
“ILM-FAN VA TA’LIMDA INNOVATSION YONDASHUVLAR, MUAMMOLAR, TAKLIF VA YECHIMLAR”
MAVZUSIDAGI 19-SONLI RESPUBLIKA ILMIY-ONLAYN KONFERENSIYASI
257
асырыўдан өзин тыйыўға мәжбүрлеў ушын зорлық, күш ислетиў, шахс ямаса
мал-мүлкке қәўип туўдыратуғын басқа қылмыслар ямаса оларды әмелге асырыў
қәўпи, соның менен бирге террористлик шөлкемниң бар болыўын, ислеп
турыўын, қаржыластырылыўын тәмийинлеўге, террористлик ҳәрекетлерин
таярлаў ҳәм ислеўге, террористлик шөлкемлерге ямаса террористлик
искерлигине көмеклесип атырған ямаса бундай искерликте қатнасып атырған
шахсларға тиккелей ямаса тиккелей болмаған ҳәр қандай қаржы-қураллар ҳәм
ресурслар бериў ямаса жыйнаўға, басқа хызметлер көрсетиўге қаратылған
искерлик» ретинде көрсетип өтилген. 1999-жыл 16-февральда Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинети бинасында террористлик акт әмелге
асырылды. Буннан кейин миллий қәўипсизликти тәмийинлеўде норматив-
ҳуқықый актлерге өзгерислер киргизиў керек болды.
Нәтийжеде, 2000-жыл 15-декабрьде Өзбекстан Республикасының
“Терроризмге қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди. Нызамның 1-
статьясында «Бул Нызамның мақсети терроризмге қарсы гүресиў тараўындағы
қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат» екенлиги көрсетип өтилген. 1-
статьяның екинши бөлиминде бул нызамның ўазыйпалары көрсетип өтилген.
Бунда төмендегише: «Бул Нызамның тийкарғы ўазыйпалары шахс, жәмийет
ҳәм мәмлекеттиң терроризмнен қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәмлекеттиң
суверенитетин
ҳәм
аймақлық
пүтинлигин
қорғаў,
пуқаралардың
парахатшылығын ҳәм миллий татыўлықты сақлаўдан ибарат» екенлиги
белгиленген.
Соның менен бирге, бул нызамда терроризм түсинигине анықлама
берилген. Бул төмендегише: «Терроризм — сиясий, диний, идеологиялық ҳәм
басқа мақсетлерге ерисиў ушын шахстың өмири, ден-саўлығына қәўип
туўдыратуғын, мал-мүлк ҳәм басқа материаллық объектлердиң жоқ етилиўи
(зыян келтирилиўи) қәўпин келтирип шығарыўшы ҳәм мәмлекетти,
халықаралық шөлкемди, физикалық ямаса юридикалық шахсты қандайда бир
ҳәрекетлер ислеўге ямаса ислеўден тыйылыўға мәжбүрлеўге, халықаралық
қатнасықларды қурамаластырыўға, мәмлекеттиң суверенитетин, аймақлық
пүтинлигин бузыўға, қәўипсизлигине зыян жеткизиўге, қураллы конфликтлер
шығарыўды гөзлеп азғыртыўға, халықты қорқытыўға, социаллық-сиясий
жағдайды турықсызландырыўға қаратылған, Өзбекстан Республикасының
Жынаят кодексинде жуўапкершилик нәзерде тутылған күш ислетиў, күш
ислетиў менен қорқытыў ямаса басқа жынаятлы қылмыслар» ретинде көрсетип
өтилген.
Өзбекстан Республикасының «Қорғаныў ҳаққында»ғы Нызамы 1992-жыл
3-июльда қабыл етилген. 2001-жыл 22-майда «Қорғаныў ҳаққында»ғы нызам
жаңа редакциясында қабыл етилди. Жаңа редакцияда қабыл етилген «Қорғаныў
“ILM-FAN VA TA’LIMDA INNOVATSION YONDASHUVLAR, MUAMMOLAR, TAKLIF VA YECHIMLAR”
MAVZUSIDAGI 19-SONLI RESPUBLIKA ILMIY-ONLAYN KONFERENSIYASI
258
ҳаққында»ғы нызамның 4-статьясында «халықаралық ҳуқық нормаларына
муўапық түрде коллективлик қәўипсизлик системаларында қатнасыў»
мүмкинлиги көрсетип өтилген. 5-статьяда «әскерий-сиясий жағдай, миллий
қәўипсизликке болған анық ҳәм потенциал қәўиплер мониторингин жүргизиў»
мүмкинлиги көрсетилген. Нызамның 23-статьясы «қорғаныў тараўындағы
халықаралық бир ислесиў» деп аталып, бунда төмендегише: «Өзбекстан
Республикасы халықаралық ҳуқықтың жеке тәртипте ҳәм коллективлик түрде
қорғаныўдан ибарат болған ҳуқықты беккемлейтуғын улыўма тән алынған
нормалар ҳәм принциплерге тыйкарланып, әскерий қурылыс, тынышлық ҳәм
қәўипсизликти сақлап турыў тараўында басқа мәмлекетлер менен бирге
ислеседи» деп көрсетип өтилген.
Жуўмақ орнында соны айтып өтиўимиз мүмкин, мәмлекеттиң миллий
қәўипсизлигин тәмийинлеўде «миллий қәўипсизлик» ҳаққындағы нызам
әҳмийетли орын тутады. ҒМДА мәмлекетлери арасында Россия Федерациясы
(Қәўипсизлик ҳаққындағы нызамы 2010-жыл 28-декабрьде қабыл етилген),
Қазақстан Республикасы (Миллий қәўипсизлик ҳаққындағы нызам 2012-жыл 6-
январда қабыл етилген), Азербайжан Республикасы (Миллий қәўипсизлик
ҳаққындағы нызам 2004-жыл 29-июньда қабыл етилген), Қырғызстан
Республикасы (Миллий қәўипсизлик ҳаққындағы нызам 2003-жыл 26-
февральда қабыл етилген), Молдова Республикасы (Мәмлекет қәўипсизлиги
ҳаққындағы нызам 1995-жыл 31-октябрьде қабыл етилген), Тәжикстан
Республикасы (Қәўипсизлик ҳаққындағы нызам 2011-жыл 28-июньда қабыл
етилген) «Миллий қәўипсизлик ҳаққында»ғы нызам қабыл етилген. Өзбекстан
Республикасының миллий қәўипсизлик ҳаққындағы нызамы бүгинги күнге
шекем қабыл етилмеген. Өзбекстан Республикасының миллий мәплерин және
оның қәўипсизлигин ишки ҳәм сыртқы қәўиплерден келип шығып миллий
қәўипсизлик ҳаққындағы нызамды қабыллаў мақсетке муўапық болып
табылады.
