COGNITIVE METHODS OF EDUCATIONAL ISSUES OF SPIRITUAL GRACE IN PUBLIC PEDAGOGY

HAC
Google Scholar
Branch of knowledge
To share
Pazilov, M. (2023). COGNITIVE METHODS OF EDUCATIONAL ISSUES OF SPIRITUAL GRACE IN PUBLIC PEDAGOGY. Modern Science and Research, 2(8), 157–160. Retrieved from https://inlibrary.uz/index.php/science-research/article/view/22434
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Abstract

In this article, detailed information and opinions are presented about the traditional programs in the education of young people in the form of proverbs and admonitions, fairy tales, epics and their role in folk pedagogy.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 8 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

157

ХАЛЫҚ ПЕДАГОГИКАСЫНДА РУЎҲЫЙ ӘДЕП-ИКРАМЛЫЛЫҚҚА

ТӘРБИЯЛАЎ МӘСЕЛЕЛЕРИНИҢ КОГНИТИВ УСЫЛЛАРЫ

Пазылов Мирбек Арзыевич

Таяныш докторант

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты

https://doi.org/10.5281/zenodo.8242796

Анотатсия.

Бул мақалада жасларды тәрбиялаўда

үрп-әдет дәстүрлери менен

нақыл-мақал ҳәм үгит нәсият сөзлер, ертек, дәстанлар арқалы тәрбиялаў ҳәм олардың
халқ педагогикасында тутқан орны ҳаққында толық мағлуматлар ҳәм пикирлер баян
етилген.

Гилт сөз:

үрп-әдет дәстүрлер, когнитив, Халық педагогикасы, әдеп-икрамлылық ,

инсанлыйлық, тәрбиялаў.

COGNITIVE METHODS OF EDUCATIONAL ISSUES OF SPIRITUAL GRACE

IN PUBLIC PEDAGOGY

Abstract.

In this article, detailed information and opinions are presented about the

traditional programs in the education of young people in the form of proverbs and admonitions,
fairy tales, epics and their role in folk pedagogy.

Key words:

traditional programs, cognitive, population pedagogy, morality, humanity,

upbringing.

КОГНИТИВНЫЕ МЕТОДЫ ВОСПИТАНИЯ ПРОБЛЕМЫ ДУХОВНОЙ

БЛАГОДАТЬНОСТИ В ПУБЛИЧНОЙ ПЕДАГОГИКЕ

Аннотация

. В данной статье представлены подробные сведения и мнения о

традиционных программах воспитания молодежи в виде пословиц и наставлений, сказок,
былин и их роли в народной педагогике.

Ключевые

слова:

традиционные программы, познавательная, народная

педагогика, нравственность, человечность, воспитание.

Миллий үрп-әдет дәстүрлери менен нақыл-мақал ҳәм үгит нәсият сөзлер, ертек,

дәстанлар арқалы баланы руўҳый әдеп-икрамлылыққа, ақыллы, саналы, мәдениятлы, ҳәр
тәреплеме жетик шахс етип тәрбиялаў, халқымыздың көп әсирлик өмир тәжирибесине
сүйенген ҳалда әмелге асырыў халық педагогикамыздың тийкарғы принципи болып
келмекте. Себеби, қайсы заманда болса да елдиң раўажланыўының тийкарғы шәрти тәлим-
тәрбия болып келгенлиги ҳеш кимге де сыр емес. Сонлықтан да халқымыздың миллий
мәдениятын, қол өнерин, салт-дәстүрлерин, үрп-әдетлерин, әдеплилик қағыйдаларын,
ақыл-нәсият сөзлерин жас әўладтың руўҳына, санасына оның кишкене балалық дәўиринен
баслап сиңдириў, миллий өзгешеликлеримизди қәлиплестириў тек ғана ата-аналардың
емес, ал оған тәлим беретуғын муғаллим ҳәм устазлардың да, кең жәмәәтшиликтиң де
тиккелей ўазыйпасы есапланады. Халықтың тили, дини, үрп-әдети, салт-дәстүри болмаса
миллет сақланбайды, ал халық педагогикасын тек ғана мектеп ҳәм оқыў орынларында емес,
өмирде пайдаланыў, оннан ҳәр бир ата-ана ҳәм кең жәмийетшиликтиң хабардар болыўы
менен де өз әҳмийетине ийе болып есапланады.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев атап өткениндей «Бизиң ҳәўес етсе

арзыйтуғын уллы тарихымыз бар, ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы ата-бабаларымыз бар». [1]


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 8 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

158

Ҳақыйқатында да ҳәр қандай материаллық байлықтан үстин турыўшы инсан қәдир-
қымбаты, меҳир-мүриўбети, пәк мухаббат ҳәм садықлықтың көринисин халқымыз
тымсалында көриўимизге болады. Бундай инсаныйлық пәзийлетлерди қанымыздан-
жанымызға сиңдирип барылыўы тәрбияның физикалық тәрепи менен бирге инсан
руўҳиятына қаратылыўында десек асыра айтқан болмаймыз.

Халқымызда жаман әдетлерди ислемеўди, жаман қылықларды қылмаўды, жаман ис-

ҳәрекетлерди әмелге асырмаўды баланың кишкенелигинен баслап әдетлендирип тәрбияға
когнитив жантасқанлығын көриўимиз мүмкин. Мәселен, «Суўды патаслама», «Суўға
түкирме», «Нанды еки қоллап сындырыў керек», «Босағада отырыўға болмайды», «Адамды
айланып жуўырма» [3] сыяқлы ақыл-нәсиятларын айтыў менен бир қатарда айырым
ўақытлары шеклеген ис-ҳәректелериниң болажақ нәтийжелерин де шамалап айтатуғын
болған, яғный «Көпшикте отырсаң ақылсыз боласаң», «Табалдырықты тебиў жақсы емес»,
«Жамбаслап жатып аўқат жеген гүнә», «Жасы үлкеннен бурын аўқатқа қол салмайсаң»,
«Еснегенде аўзыңды қолың менен басып көлегейлеп турыў-әдеплилик» [3] деген өмирлик
ақыл-нәсият сөзлер менен де баланы әдеп-икрамлылыққа тәрбиялап келген, яғный
«Жаманлықты айт та жақсылықты таяп қой», «Адамның жаманын халық дүзетер» [4] деп
бала тәрбиялаўда когнитив көз-қарасларын билидирип өткен.

Инсан руўҳына, оның әдеп-икрамлылығына, инсанлыйлық пәзийлетлерди өзинде

жәмлеўине түртки болыўшы бундай тәрбияны когнитив усылда алған бала келешекте өзин-
өзи қадағалап, айтар сөзин, ислейтуғын ҳәрекетин, орынлайтуғын жумысын басламастан
бурын әлебетте бир мәўрит ойланып алыўға, ақылға уғрас тәризде әмелге асырыўға ҳәрекет
етери сөзсиз.

Илимий әдебиятларда «Халық педагогикасы раўажланыў менен қәлиплесиўдиң узақ

тарихый жолларын басып өтип, бизиң дәўиримизге жетти ҳәм илимий педагогика пайда
боламан дегенше жас әўладты кәмалға жеткизиўде бирден бир тәрбия мектеби хызметин
атқарды. Инсанияттың барлық урпақлары халық педагогикасы мектебинен тәлим-тәрбия
алып ер жетти. Топланған билим ҳәм тәлим-тәрбия тәжирийбелери үлкен әўладтан,
кишкене әўладқа аўызеки педагогикалық қолланба сыпатында мийрас қалдырды». [5] Енди
руўҳый әдеп-икрамлылық тәрбиясы ҳаққында тоқталып өтетуғын болсақ «Жас аўладты
халықтың бай миллий, мәдений, тарихый дәстүрлерине, үрп-әдетлери ҳәм де миллий
қәдириятларға тийкарланған нәтийжели шөлкемлестириўшилик, педагогикалық форма
қураллары (воситалари) ислеп шығылып әмелге ен жайдырылатуғын тәрбия» [6] болып
есапланады. Ал руўҳыйлық болса «Бул адамның ийелеген пайдалы билимлери өмирде
сыналаберип көнликпе ҳәм тәжирийбе басқышларынан өткен ҳәм руўҳына сиңип, жасаў
тәризи арқалы өзинде көрсете алатуғын унамлы социаллық сыпатлар жыйындысы». [7]
Солай екен ата-ана тәрепинен болсын, ямаса кең жәмәәтшилик тәрепинен болсын балаларға
тәрбия бериўде руўҳый әдеп-икрамлылық тәрбиясы бир ямаса еки айтып әмелге
асырылмайды, яғный «тәрбия ислерин дәўир талабына жуўап бере алатуғын ҳалға келтириў
ушын тәрбияның тийкары болған барлық идеялар, қайтадан көрип шығылыўы, тийкарғы
итибар болса бала шахсына қаратылыўы, жыллар даўамында топланған тәжирийбеден
унамлы пайдаланыў зәрүрлигин талап етеди». [8]

Өтмишке нәзер таслайтуғын болсақ ата-бабаларымыз перзентлериниң балалығын

пәтшалыққа теңеген болса, өспиримлик дәўиринде мийнетке үйретип келген ҳәм


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 8 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

159

перзентиниң балалық дәўириндеги қарым-қатнасы менен өспиримлик дәўириндеги қарым-
қатнасында да парқ болған. Ал бүгинги күн болса балалық ҳәм өспиримлик дәўирлерине
шекем болған жас өзгешеликлерин есапқа алып тәрбия бериўди талап етип атырғаны
сөзсиз. Себеби, техника ҳәм технологиялардың раўажланыўы, оннан инсанлардың орынсыз
пайдаланыўы, әлбетте баланың руўҳый өзгешеликлерине де тәсир етпей қоймайды. Қала
берди балаларға болған мүнәсибетимизде олардың жас өзгешеликлерин де есапқа
алыўымыз керек екенлиги, бул бойынша көплеген машқалалар ушырап турғаны ҳеш кимге
де сыр емес. Мәселен, үш жасар бала менен бес жасар баланың өсиўинде ойлаўында,
сөйлеўинде әдеўир парқ болғанлығы сыяқлы, олар менен қарым-қатнас жасаўда да
сезилерли дәрежеде парқ болады, яғный бес жасар балаға айтқан сөзимизди үш жасар бала
түсинбеўи мүмкин. Сонлықтанда бала тәрбиялағанда олардың жас өзгешеликлерине қарап
когнитив усылларды қолланыўымыз әҳмийетли роль атқарады.

Баланы тәрбиялаўдың дәслепки басқышы шаңарақ ҳәм ата-ана тәрепинен әмелге

асырылады. Гейде тәжирийбесизлик ҳәм итибарсызлықлардың нәтийжесинде бала
тәрбиялаў процессинде ҳәм оның өсип раўажланыўында қандай да бир машқалаларда пайда
болады. Бала кишкене дәўириндеги сыяқлы ата-анасына, жақынларына еркелегиси келеди,
айырым балалар шоқлығын көрсете баслайды. Сонлықтан да перзентлеримизге балалық
дәўиринен баслап ««жақсы» ҳәм «жаман», «мүмкин» ҳәм «мүмкин емес» деген сөзлер
арасындағы парықты үйретиўимиз, өзимиз болса барқулла оларға әмел қылыўымыз керек»
[2] деген қағыйда менен жасасақ, балаларымыздың шоқлық, ынжықлық, еркелик сыяқлы
әдетлерин, руўҳый әдеп-икрамлылық сыяқлы уллы пазыйлетке айландырыў
мүмкиншилигине ийе боламыз. Илимий дереклерде көрсетилиўинше бала шаңарақта ақыл,

ә

деп-икрамлылық, физикалық, екологиялық, економикалық, мийнет ҳәм ҳуқуқый

тәрбияның дәслепки бүртиклерин алады [9].

Тәрбияның бундай түрлерин бериўши шаңарақты шаңарақ басшысы басқарады.

Оның ўазыйпасы, «Економикалық-хожалық, репродуктив (нәсилдиң даўам еттирилиўи),
тәрбиялық (мийнет, економикалық, сиясый, ҳуқуқый, идеялогиялық, физикалық, ақлый,
руўҳый, жынсый, әдеп-икрамлылық, естетикалық, диний) қадағалаў, шаңарақ ағзаларының
дәрежесин, ҳүрметин, ар-намысын, абыройын қорғаў, дем алыўын, бос ўақтын үнемли
шөлкемлестириў, жас әўладты шаңарақ қурыўға таярлаў, жәрдем бериў, руўҳый-
емоционал, сәўбетлесиў (коммуникатив), жасы үлкен ата-әжелерге ғамхорлық етиў» [10]
болып есапланады. Ал қалған жасы кишилер болса шаңарақ басшысының тәрбиясын алыў,
айтқан тапсырмаларын орынлаў, жақсы оқып билим алыў, өзине шекемги ҳәм өзинен
кейинги шаңарақ ағзаларын ҳүрмет етиў, қәдирлеў, олар менен жақсы қарым-қатнаста
болыў, бир сөз бенен айтқанда шаңарақта аўызбиршилик пенен жасаў ўазыйпасын
атқарады. Алынған тәрбияның дурыслығы, жасы үлкенлерге ҳүрмет-иззеттиң шексизлиги
нәтийжесинде бундай ҳуқуқты қолға киргизген перзентлерде анасы ҳәм қыз апалары менен
мәслаҳатлесип шаңарақты басқарады.

Шаңарақ үлкен патриархал шаңарақ, еки әўладтан ибарат шаңарақ; толық емес

шаңарақ; тек ерли зайыптан ибарат шаңарақ. аралас шаңарақ; байналминал шаңарақ; қайта
қурылған шаңарақ [10] сияқлы түрлерге бөлинеди. Бул шаңарақлардың дерлик барлығында
кишкене нәрестелер дүньяға келер екен, әлбетте тәрбиялық орталық жаратылыўы керек
болады.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 8 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

160

Баланың өзин көрсетиўи, раўажланыўы, қыйыншылықларды жеңиўи, жақсы менен

жаманды ажырата алыўы, шаңарақ ағзаларының өз-ара қарым-қатнасына да байланыслы
болады. Америкалы психолог Бронфенбриннердиң изертлеўлери бойынша: әке ҳүкимран
болған шаңарақларда ер балалар жақсы тәрбия алған, жуўапкершиликти сезетуғын болған.
Бойсыныўшаң тәбиятлы, еркин ҳәрекет ете алмайтуғын, ата-анасына қарам болған, өзине
жүдә кем исенетуғын жаслар, ата-ана тең ҳүкимран болған шаңарақларда ер жеткен. Бундай
шаңарақлар, қарым-қатнасқа кирисиўге қыйналатуғын, қарар қабыл етиўде басқалардан
көмек күтетуғын перзентлерди тәрбиялайған [11].

Демек, шаңарақта тәрбиялық орталықтың жаратылыўы шаңарақ ағзалары ҳәм ата-

аналарымызға да тиккелей байланыслы. Жәмийетте басқа инсанларға өз түсинигимизди,
пикиримизди сабырлылық, шыдамлылық пенен жеткизиўге ҳәрекет етемиз, шаңарақта да
сол пазыйлетлерди перзентлеримизге көрсетсек, артықша емоцияларға берилмей, тыңлаў
қәбилетимизди де иске қоссақ, кишкене болса да перзентлеримиз бенен көбирек қарым-
қатнас жасасақ, келешекте де перзентлеримиздиң жәмийетте өз орнын нәтийжели табыўға
ерискен боламыз.

Сөзимиз жуўмағында халқымыздың бала тәрбиялаў барысында көп әсирлик

тәжийрибесине сүйене отырып, миллий руўҳый тәрбияны баланың жас өзгешеликлерине
қарай когнитив усыллар аркалы әмелге асырсақ, перзентлеримизди кишкенелигинен баслап
тек ғана физикалық раўажланыўы менен қоса, руўҳый жетилисиўине итибар берсек, ҳәр
тәреплеме жетилискен кәмил инсанды тәрбиялаған болар едик.

REFERENCES

1.

Президент Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон ижодкор зиёлилари вакиллари билан
учрашувдаги маърузаси 04.08.2017. president.uz.

2.

Prezident SHavkat Mirziyoevning O`zbekiston Respublikasi Konstitutsiyasi qabul
qilinganining 26 yilligiga bag`ishlangan tantanali marosimdagi ma`ruzasi. president.uz

3.

А.Әбдиев. «Қарақалпақ ырымлары» Нөкис 2014. (29. 30, 31 бетлер)

4.

«Қарақалпақ фольклоры» 88-100-томлар. Нөкис «Илим»-2015 (57.59-бетлер)

5.

Ж.Б.Базарбаев, А.Пазылов, Ә.Алимов, О.Кназбаев «Қарақалпак этнопедагогикасы»
Нөкис «Билим» 2010-ж. (9-бет).

6.

Ж.Хасанбоев. Х.Тўракулов ва бошқалар «Педагогика фанидан изоҳли луғат»
Тошкент 2009 (286)

7.

Б. Зиёмухаммадов «Педагогика» Тошкент 2006-й. (20-бет)

8.

Салаева М.С Нормуродова Б. «Тарбиявий ишлар методикаси» Тошкент 2009-йил (3-
бет).

9.

A.Musurmanova, X.Ibragimov, O.Jamoliddinova va boshqalar Umumiy pedagogika 1-qism.
Toshkent 2020-yil. (7-8, 129-131betlar)

10.

Najmiddinova K.U. Oila tarbiyasida milliy va umuminsoniy axloqiy madaniyatning o`rni
Toshkent 2016. (37-38-bet)

11.

I.Bozorova NavDPI o`qituvchisi Bola shaxsining shakllanishida otaning o`rni. Farzand
tarbiyasida otaning mas`uliyati, vazifasi va majburiyati: muammo va echim Respublika
ilimiy-amaliy anjumani maqolalar to`plami. Toshkent 3-avgust 2018-yil. (141-bet).

References

Президент Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон ижодкор зиёлилари вакиллари билан учрашувдаги маърузаси 04.08.2017. president.uz.

Prezident SHavkat Mirziyoevning O`zbekiston Respublikasi Konstitutsiyasi qabul qilinganining 26 yilligiga bag`ishlangan tantanali marosimdagi ma`ruzasi. president.uz

А.Әбдиев. «Қарақалпақ ырымлары» Нөкис 2014. (29. 30, 31 бетлер)

«Қарақалпақ фольклоры» 88-100-томлар. Нөкис «Илим»-2015 (57.59-бетлер)

Ж.Б.Базарбаев, А.Пазылов, Ә.Алимов, О.Кназбаев «Қарақалпак этнопедагогикасы» Нөкис «Билим» 2010-ж. (9-бет).

Ж.Хасанбоев. Х.Тўракулов ва бошқалар «Педагогика фанидан изоҳли луғат» Тошкент 2009 (286)

Б. Зиёмухаммадов «Педагогика» Тошкент 2006-й. (20-бет)

Салаева М.С Нормуродова Б. «Тарбиявий ишлар методикаси» Тошкент 2009-йил (3-бет).

A.Musurmanova, X.Ibragimov, O.Jamoliddinova va boshqalar Umumiy pedagogika 1-qism. Toshkent 2020-yil. (7-8, 129-131betlar)

Najmiddinova K.U. Oila tarbiyasida milliy va umuminsoniy axloqiy madaniyatning o`rni Toshkent 2016. (37-38-bet)

I.Bozorova NavDPI o`qituvchisi Bola shaxsining shakllanishida otaning o`rni. Farzand tarbiyasida otaning mas`uliyati, vazifasi va majburiyati: muammo va echim Respublika ilimiy-amaliy anjumani maqolalar to`plami. Toshkent 3-avgust 2018-yil. (141-bet).

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов