TRACES OF THE CULTURAL HERITAGE OF ALTYN ORDA IN THE MATERIAL AND CULTURAL LIFE OF THE TURKIC PEOPLES OF CENTRAL ASIA

HAC
Google Scholar
To share
Nuriev, T., & Tajenov, A. (2023). TRACES OF THE CULTURAL HERITAGE OF ALTYN ORDA IN THE MATERIAL AND CULTURAL LIFE OF THE TURKIC PEOPLES OF CENTRAL ASIA. Modern Science and Research, 2(10), 1183–1188. Retrieved from https://inlibrary.uz/index.php/science-research/article/view/24917
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Abstract

In this article, it is written about the material and cultural life of the Central Asian Turkic peoples of Altyn Orda cultural heritage, who studied the history of Central Asia - gerians around the Mongols.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1183

АЛТЫН ОРДА МӘДЕНИЙ МИЙРАСЫНЫӉ ОРТА АЗИЯ ТҮРКИЙ ХАЛЫҚЛАРЫ

МАТЕРИАЛЛЫҚ ҲӘМ МӘДЕНИЙ ТУРМЫСЫНДАҒЫ ИЗЛЕРИ

Нуриев Тимур Конгратбаевич

Таженов Азат Аскар улы

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Университети

https://doi.org/10.5281/zenodo.10071923

Аннотация.

Бул мақалада Орта Азия – жерлерин монголлар дәўириндеги тарийхын

изертлеген белгили илимпазлардың, Алтын Орда мәдений мийрасыныӊ Орта Азия түркий
халықлары материаллық ҳәм мәдений турмысы haqqında sóz etilgen.

Гилт сөз:

мәдений мийрас, тарийх, илимий жумыслар, монголлар, сиясат.

TRACES OF THE CULTURAL HERITAGE OF ALTYN ORDA IN THE MATERIAL

AND CULTURAL LIFE OF THE TURKIC PEOPLES OF CENTRAL ASIA

Abstract.

In this article, it is written about the material and cultural life of the Central

Asian Turkic peoples of Altyn Orda cultural heritage, who studied the history of Central Asia -
gerians around the Mongols.

Key words:

cultural heritage, history, scientific works, Mongols, politics.

СЛЕДЫ КУЛЬТУРНОГО НАСЛЕДИЯ АЛТЫН ОРДЫ В МАТЕРИАЛЬНОЙ И

КУЛЬТУРНОЙ ЖИЗНИ ТЮРКСКИХ НАРОДОВ СРЕДНЕЙ АЗИИ

Аннотация.

В данной статье написано о материальной и культурной жизни

среднеазиатских тюркских народов культурного наследия Алтын Орды, изучавших
историю Средней Азии – герян вокруг монголов.

Ключевые слова:

культурное наследие, история, научные труды, монголы,

политика.

Монголлар дәўириндеги тарийхты изертлеў академик В.В.Бартольдтың тийкарғы

мәселелериниң бири есапланған. Академик В.В.Бартольд XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң
басында жасаған көрнекли рус шығыс таныўшысы ҳәм тарийхшысы. В.В.Бартольддың
«Орта Азия монгол шабуылыўлары дәўиринде» (1963), Орта Азияның мәдений турмысы,
тарийхы, «Чингисхан», «Шағатай» ҳәм тағыда басқа илимий жумысларында ҳәм Орта Азия
жерлериниң көп әсирлик тарийхын уйренип монголлар дәўиринде кеңнен баҳа береди10.
Бул мийнетин жазыўда В.В.Бартольд Европа, араб, парсы тиллериндеги жазба дереклерден
кеңнен пайдаланған. Бунда автор монголлар дәўирине дейинги ҳәм монголлар ўақтындағы
Орта Азия жерлерин тарийхый жақтан үйренип, тарийхый ўақыяларды ҳәм фактлерди
салыстырады.

В.В.Бартольдтың «Орта Азия монголлар шабылыў дәўириндеги» мийнетинде

«монголлар ҳәм түрклер, монголлар ҳәм қара қытайлылар, хорезмшаҳлар ҳәм
шынғысханлылар» деген бөлиминде монголлар менен Орта Азия жерлери арасындағы
байланыслар, қатнаслар ҳәм де мәдений турмыстың раўажланыўына тоқталады.

Академик В.В.Бартольд Орта Азия жерлериниң атап айтқанда хорезмшаҳ

мәмлекетиниң монголлар тәрепинен басып алыныўын илмий негизде бириншилер
қатарында баҳа береди. В.В.Бартольд «Орта Азияға монголлардың жүриси, хорезмшаҳ
султаны Мухаммедтиң орынсыз ҳәрекетлери себепшиси болады» деген пикирди айтады11.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1184

Бунда автор 1218-жыллардағы «Отрар катастрофасын» көзде тутады. Бул жылы
Хорезмшаҳтың шығармасындағы шегара қорғанларының бири Отрар да Чингисханның 500
түйеден турған кәрўан тоналған еди. Бул ўақыя Чингисханның батысқа жүрисин тезлеткени
анық мәселе. В.В.Бартольдтың мийнетиндеги есапқа алынбаған мәселелердиң бири
монголлар жүриси ўақтындағы бүлгиншилиги экономикалық ҳәм мәдений кризисти жақсы
баҳалай билген.

В.В. Бартольд әсиресе араб Персия авторы Ибн ал Асир, Ата Мелк Ат Джубейни

(XIII әсир) Рашидаддин (XIV ә.) ҳәм басқа монголлардың бүлгиншиликлери ҳаққындағы
мағлыўматлардан жоқары баҳалай билгенлиги. Соның ушын да В.В.Бартольдтың айырым
пикирлери совет – тарийх илиминде критикаланып келинди12. Соңғы ўақытлары совет
тарийхшылары И.М.Майский 1884-1975 ж.ж., М.П.Петрушевский 1898-1977 ж.ж.,
С.А.Тихвинскийлер монголлардың бизиң елимиз территориясына басып кириўи оның
дүньяны ийелеў ушын болған сиясатының бир бөлеги ретинде қарайды. Академик
М.П.Петрушевский Чингисхан планлары тек ғана Орта Азияны толық бағындырып алыў
ғана емес: бул жүрис Батыс ҳәм Шығыс Европаны басып алыўдың алды ғана еди усы
мақсетте Чингисхан еле қолға киргизилмеген Әмиўдәрья ҳәм Арал теңизи бойлары,
Иртегистиң шығысындағы жерлерди өзиниң баласы Жочи ҳәм оның әўладларына үлес етип
береди деген пикирде болған.

Орта Азия жерлериниң монголлар дәўириндеги тарийхын изертлеў айрым советлик

дүзим дәўириниң шығармаларында орын алған. Академик И.М.Майский, профессор
И.Я.Мерфет, В.Т.Пашуто, Л.В.Черепнин ҳәм тағы басқалар өз шығармаларында Чингисхан
дәўириниң зулымлықларын ашып көрсетти.

Илимпаз М.Кутлуков «Шығыс Түркистандағы монголлар үстемлиги» деген илимий

мақалаларында Орта Азия жерлериндеги бүлгиншиликти жазба дереклер негизинде
уйренеди. М.Кутлуков өз мийнетин жазарда Қытай ҳәм уйғыр жазба дереклеринен көбирек
пайдаланған. Биз бул мақаладан басқа Орта Азия жерлериндегидей уйғыр феодаллардың
монголларға еткен хызмети есабынан үлкен пайда түсиргенлигин көремиз13.

XX әсирдеги Евразия тарийхын изертлеўшилердиң қатарында монголлар

дәўириндеги Орта Азия жерлериниң тарийхын үйрениўге өз үлесин қосқан көрнекли
илимпазларының И.П.Петрушовский болғаны есапланады. Автор «1219-1224 жыллардағы
монгол әскерлериниң Орта Азияға жүриси ҳәм оның ақыбетлери» деген мақаласында,
«XIII-XIV әсирдеги Ирандағы егиншилик ҳәм аграр қатнаслары» атлы (1960-1961 ж.ж.)
китабында Орта Азия жерлериндеги монголлар дәўириндеги тарийхый жағдайы
үйренилген. Бизиң магистирлик диссертациямыз ушын И.П.Петрушевскийдиң «1219-1224
ж.ж. монгол әскерлериниң Орта Азияға жүриси ҳәм оның ақыбетлери» атлы мийнети жүдә
баҳалы, бул көлемли мақала биринши рет 1970-жылы «Татаро-монголы в Азии, в Европе»
деген атлы арнаўлы китаб жыйнақта басылып шықты14.

Мақала «жазба дереклер ҳәм изертлеўлер, «XIII әсирдиң басындағы Хорезмшаҳлар

мәмлекети», «Хорезмшаҳ ҳәм Чингизхан», Урыстың себепшиси ким болды?» урыстың
себеплери ҳәм монголлардың әскерий жеңислери Орта Азия жерлерин монголлардан басып
алыў барысы ҳ.т.б. да бөлимлерден турады.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1185

М.П.Петрушевский бул мақаласында Орта Азия жерлериндеги тарийхый

жағдайларға тоқтап Хорезмшаҳ ҳәм Чингизхан ортасындағы даў жәнжаллардың урысты
келтирип шығарыў себеплерин үйренеди ҳәм терең анализ жасайды.

Орта Азия – жерлерин монголлар дәўириндеги тарийхын изертлеген белгили

илимпазлардың бири А.Ю.Якубовский болып есапланады. А.Ю.Якубовский монголлар
мәмлекетиниң бири, Алтын Орда тарийхын изертлеўши илимпаз, бирақ А.Ю.Якубовский
Орта Азия халықлары тарийхын изертлеўши ретинде кеңнен мәлим. Орта Азия ҳаққында
белгили жери Өзбекстан тарихы менен монголлар дәўири бойынша да өз пикирин айтқан
илимпаз есапланады. А.Ю.Якубовский «Өзбекстан халықлары тарийхы» I томында,
«Өзбекстан СССР тарийхы» I том китабынан жазғанда монголлар дәўирине де анализ
жасайды.

А.Ю.Якубовский бул китабындағы өз мақалаларында монголлар дәўириндеги

Хорезм, Бухара жерлериндеги сиясий экономикалық жағдай материаллық мәденияттағы
өзгерислерге, руўхый мәденияттағы жетискенлерге тоқтаған.

А.Ю.Якубовскийдиң монголлар дәўириндеги Хорезм, Орта Азия жерлерине

арналған ири мийнетиниң бири Махмуд Тарабий басшылығы 1238-жылғы Бухарадағы
көтерилиске арналған изертлеў жумысы Орта Азиядағы монголларға қарсы болған азатлық
ҳәрекетиниң жағдайлары барысы себеплерине кеңнен тоқтайды. Бул 1338-жылғы
көтерилис монгол езгени менен қарсы болған ири халық наразылықларының бири Махмуд
басшылығындағы көтерилислер Бухараны ийелеп оның дөгерегиндеги аўылларға да
тараған.

Жуўмақлап айтқанда А.Ю.Якубовскийдиң «1238-жылғы Тарабий көтерилиси»

мийнети Орта Азия тарийхын үйрениўге монголлар дәўири бойынша мағлыўмат береди.

А.Ю.Якубовский Хорезм жерлериндеги монголлар дәўириндеги қала мәденияты

ҳаққындағы ири мийнетлериниң қатарына «Ургенш қара бақанасы» (1930), «Миздахкан
қалашасы» (1930), мийнетлери үлкен орын ийелейди. Бул мийнетлерди жазыўда
А.Ю.Якубовский 1928-1929 жыллардағы өзиниң усы жерлериндеги археологиялық
изертлеўлери ҳәм де жазба дереклердеги мағлыўматларға негизленип Ургениш ҳәм
Миздахкан арасындағы байланысты, қоңсылық қатнасларды экономикалық мәдений,
сиясий жарысларды үйренеди. Миздахкан ҳәм Ургенш XIII-XIV әсирлерде өмир сүриў
менен қатарда, өз-ара мәдений ҳәм экономикалық жарыслардың болғанлығын айтады.

Монголлар дәўириндеги Орта Азия, Хорезм жерлери ҳаққында өз пикирин айтқан

изертлеўшилердиң қатарына илимпаз, илимлер академиясының хабаршы ағзасы
С.П.Толстовты атап өтиў орынлы.

С.П.Толстов тарийхшы археологлар арасында Хорезм мәденияты ислерин

изертлеўши ретинде кеңнен белгили. С.П.Толстов монголлардың Хорезм жерлериндеги
устемлиги дәўириндеги мәденият қалдықларын изертлеў жолы менен Ана жер Орта
Азияның монголлар дәўириндеги тарийхын уйрениўде өз үлесин қосты.

Илимпаз бул китапларында монголлар дәўирине дейинги Арал бойы, Хорезм

оазисиндеги сиясий-экономикалық көтерилиўге жоқары баҳа берип, татар-монгол
басқышларының урысларынан кейин, апатшылық ҳәм мәдений төменлеўшиликтиң
болғанын көрсетеди. С.П.Толстов Алтын Орда дәўиринде шеп жағадағы Әмиўдәрья


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1186

бойларында жаңа қала мәденияты ҳәм егиншиликтиң қайтадан көтерилиўи себеплерин
көрсеткен. Автор бул мәдений көтерилиўди былай характерлейди: «бул мәмлекеттиң
басшылары Хорезм мәдений традицияларын өз мәплери ушын пайдаланыўға қызықты.
Волга бойындағы Орда қалаларының пайтахты жаңа қалаларды қурыў керек болды,
тонаўшылық урысларында байыған орда феодалларына күнделикли товарларды бай безеў
затларын өндириўди шөлкемлестириў керек болды. Әсиресе оларға дән ҳәм мийўе ҳәм
басқада егиншилик өнимлери керек болды15. С.П.Толстовтың тиккелей көрсетпеси менен
Арал бойларының орта әсирдеги дурдана естеликлери Шемаха қала (1948), Гөне Ургенш
(6-сүрет), Шах-Санем (1962), Шехрлик (1963-1966) изертленди. Орта Азия жерлериниң
монголлар дәўириндеги тарийхый жағдайы «Қазахстан тарийхы» II-том, китабынан да
билемиз.

Орта Азия үлкесиниң шет жерлериниң бири есапланған Хорезм жерлери

ҳаққындағы XIII-XIV әсирлерге тийисли мағлыўматты биз илимпаз М-
Ш.Қдырниязовтың мийнетлери менен танысыў арқалыда билемиз. Илимпаздың
«Материальная культура городов Хорезма XIII-XIV веков» (Н.-1989), «Алтын Орда
дәўирдеги Түслик Арал бойы мәденияты» (Н. 1995) ҳ.т.б. мийнетлери арқалы уйрениўге
болады.

10 Бартольд В.В. Соч. Т.I. 43-611 бетлер.
11 Бартольд В.В. Туркестан в эпоху монгольского нашествия. Т. I. стр. 472-473
12 Татаро-монголы в Азии и в Европе. М. 1977, стр. 3-8.
13 М.Кутлуков «Монголского господство в Восточном Туркстане» Бул мақала

«Татаро-монголы в Азии и Европе» китабының 85 бетинде жайласқан.

14 М.Кутлуков «Монголского господство в Восточном Туркстане» Бул мақала

«Татаро-монголы в Азии и Европе» китабының 85 бетинде жайласқан.

15 Толстовтың бул пикирин биз М-Ш.Қыдырниязовтың «Алтын Орда дәўириндеги

түслик Арал бойы мәденияты» деп аталған китабинан алдық. 9-б.

Жуўмақлап айтқанда Хорезм, Бухара ҳәм Орта Азияның монголлар дәўириндеги

тарийхын уйрениў бойынша XIX-XX әсирде көплеген илмий мийнетлер пайда болды.
Негизинен, китапларда монголлар дәўириндеги Орта Азия жерлери ҳаққында
мағлыўматлар жыйналып ҳәр тәреплеме илмий анализ жасаған. Изертлеўшилердиң
арасында академик В.В.Бартольд ҳәм И.П.Петрушевскийлердиң мийнетлерин айрықша ҳәм
жетекши орында турады. А.Ю.Якубовский ҳәм С.П.Толстовлар монголлар дәўири
тарийхын археологиялық мағлыўматлар негизинде жақсы үйренген.

Бирақ, Хорезм ҳәм Орта Азияның басқа да областларының монголлар дәўириндеги

жағдайын еледе тереңирек үйрениў ғәрезсизлик жағдайында мүмкин болып отыр. Бурын
тоталитар дүзим дәўиринде Орта Азия тарийхына Европаша көз қараста қараў, үстемлик
етип келген еди. Бүгинги күни Ана жер Орта Азия өтмишин үйрениўге мүмкиншилик
туўылды. Орта Азия тарийхын жаңа ғәрезсизлик көз-қараста үйрениў руўхый мәденияттағы
жетискенликлеримизди дурыс баҳалай билиўге мүмкиншилик береди.




background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1187

REFERENCES

1.

Jiyenbaevich M. I. Competence-based approach in higher musical and professional
education //ACADEMICIA: An International Multidisciplinary Research Journal. – 2022.
– Т. 12. – №. 4. – С. 42-47.

2.

Moyanov I. TRAINING AND DEVELOPMENT OF ART PERSONNEL //Modern
Science and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 9. – С. 65-69.

3.

Jiyenbaevich M. I. COMPETENCE-BASED APPROACH IN HIGHER MUSICAL AND
PROFESSIONAL EDUCATION //PROMINENCE OF INFORMATION BASES&
MEDIA ASSESSMENTS IN THE POST CONFLICT MARKETING ENVIORNMENT.

4.

Моянов Ы. Д. ҚОРАҚАЛПОҚ ХАЛҚИ МУСИҚИЙ ПЕДАГОГИКАСИНИНГ
ТАРИХИЙ-НАЗАРИЙ ЖИҲАТЛАРИ: Моянов Ыкласбай Жийенбаевич Ўзбекистон
Давлат санъат вамаданият институти Нукус филиали,«халқ ижодиёти» кафедраси в.
в. б доценти. Педагогика фанлари бўйича фалсафа доктори (PhD) //Образование и
инновационные исследования международный научно-методический журнал. –
2021. – №. 5.

5.

Моянов Ы. Д. ҚОРАҚАЛПОҚ ХАЛҚИ МУСИҚИЙ ПЕДАГОГИКАСИНИНГ
ТАРИХИЙ-НАЗАРИЙ

ЖИҲАТЛАРИ

//Образование

и

инновационные

исследования международный научно-методический журнал. – 2021. – №. 5.

6.

Тажимуратова Ш. С. САНЪАТШУНОСЛИК ФАНЛАРИНИ ЎҚИТИШ ОРҚАЛИ
ТАЛАБАЛАРНИНГ

МУСТАҚИЛ

ИШЛАШ

КЎНИКМАЛАРИНИ

ШАКЛЛАНТИРИШ. – 2023.

7.

Saginbaevna T. S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT
PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Spectrum Journal
of Innovation, Reforms and Development. – 2022. – Т. 9. – С. 386-392.

8.

Tajimuraova S. S. INFORMATION AND COMMUNICATIONS IN MANAGEMENT
//Journal of Integrated Education and Research. – 2022. – Т. 1. – №. 5. – С. 509-511.

9.

Tajimuratova Shakhnoza Saginbaevna. (2022). MANAGEMENT AND STUDY OF
CULTURE AND ART. Web of Scientist: International Scientific Research Journal, 3(1),
758–762.

10.

Sag’inbaevna, T. S. (2023). Cultural Life in Uzbekistan during the Years of Independence.
Spanish Journal of Innovation and Integrity, 18, 39-41.

11.

Ануаровна O. Р. ҚОРАҚАЛПОҚ ХАЛҚ КУЙЛАРИ ВОСИТАСИДА БОЛАЛАР
ИЖОДКОРЛИГИНИ РИВОЖЛАНТИРИШ. – 2023.

12.

Anuarovna U. E. IMPROVING THE MECHANISMS OF EDUCATING STUDENTS IN
THE SPIRIT OF INTER-ETHNIC HARMONY BASED ON NATIONAL MUSIC IN
THE CONDITIONS OF ETHNO-CULTURAL RELATIONS //International Journal of
Advance Scientific Research. – 2023. – Т. 3. – №. 09. – С. 329-333.

13.

БОЛАЛАР Қ. Х. К. В., РИВОЖЛАНТИРИШ И. MODERN SCIENCE АND
RESEARCH //MODERN SCIENCE. – 2023. – Т. 2181. – С. 3906.

14.

Ospanova R. DEVELOPMENT OF CHILDREN'S CREATIVITY THROUGH BLACK
FOLK SONGS //Modern Science and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 9. – С. 70-73.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN SCIENCE АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 10 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1188

15.

Maksetbaevich O. K. Ethnodemographic procesess at the headquarters of amudarya on the
EVE of the 1916 uprising //Journal of Critical Reviews. – 2020. – Т. 7. – №. 11. – С. 391-
395.

16.

Кощанов Б. А., Отегенов Х. М., Ержанова Г. М. ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН
ТАРИХШУНОСЛИГИНИНГ ДОЛЗАРБ МУАММОЛАРИ //ВЗГЛЯД В ПРОШЛОЕ.
– 2022. – №. SI-3.

17.

Rametullaevich K. A., Makhsetbaevich U. K. The Struggle of the Working People of
Karakalpakstan against Social and Colonial Oppression in 1916 in Chimbay //resmilitaris.
– 2023. – Т. 13. – №. 1. – С. 2980-2984.

18.

Отегенов Х., Ҳакимниязов К. НАРОДНОЕ ВОССТАНИЕ 1916 ГОДА В
ХИВИНСКОМ ХАНСТВЕ И АМУДАРЬИНСКОМ ОТДЕЛЕ ТУРКЕСТАНСКОГО
КРАЯ

//ВЕСТНИК

КАРАКАЛПАКСКОГО

ГОСУДАРСТВЕННОГО

УНИВЕРСИТЕТА ИМЕНИ БЕРДАХА. – 2015. – Т. 27. – №. 2. – С. 50-55.

19.

Отегенов Х. К оценке восстаний в Хивинском ханстве и Амударьинском отделе в
1916 г //Каспийский регион: политика, экономика, культура. – 2019. – №. 2 (59). – С.
31-36.

References

Jiyenbaevich M. I. Competence-based approach in higher musical and professional education //ACADEMICIA: An International Multidisciplinary Research Journal. – 2022. – Т. 12. – №. 4. – С. 42-47.

Moyanov I. TRAINING AND DEVELOPMENT OF ART PERSONNEL //Modern Science and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 9. – С. 65-69.

Jiyenbaevich M. I. COMPETENCE-BASED APPROACH IN HIGHER MUSICAL AND PROFESSIONAL EDUCATION //PROMINENCE OF INFORMATION BASES& MEDIA ASSESSMENTS IN THE POST CONFLICT MARKETING ENVIORNMENT.

Моянов Ы. Д. ҚОРАҚАЛПОҚ ХАЛҚИ МУСИҚИЙ ПЕДАГОГИКАСИНИНГ ТАРИХИЙ-НАЗАРИЙ ЖИҲАТЛАРИ: Моянов Ыкласбай Жийенбаевич Ўзбекистон Давлат санъат вамаданият институти Нукус филиали,«халқ ижодиёти» кафедраси в. в. б доценти. Педагогика фанлари бўйича фалсафа доктори (PhD) //Образование и инновационные исследования международный научно-методический журнал. – 2021. – №. 5.

Моянов Ы. Д. ҚОРАҚАЛПОҚ ХАЛҚИ МУСИҚИЙ ПЕДАГОГИКАСИНИНГ ТАРИХИЙ-НАЗАРИЙ ЖИҲАТЛАРИ //Образование и инновационные исследования международный научно-методический журнал. – 2021. – №. 5.

Тажимуратова Ш. С. САНЪАТШУНОСЛИК ФАНЛАРИНИ ЎҚИТИШ ОРҚАЛИ ТАЛАБАЛАРНИНГ МУСТАҚИЛ ИШЛАШ КЎНИКМАЛАРИНИ ШАКЛЛАНТИРИШ. – 2023.

Saginbaevna T. S. FORMATION OF STUDENTS'SKILLS OF INDEPENDENT PERFORMANCE THROUGH THE TEACHING OF ART HISTORY //Spectrum Journal of Innovation, Reforms and Development. – 2022. – Т. 9. – С. 386-392.

Tajimuraova S. S. INFORMATION AND COMMUNICATIONS IN MANAGEMENT //Journal of Integrated Education and Research. – 2022. – Т. 1. – №. 5. – С. 509-511.

Tajimuratova Shakhnoza Saginbaevna. (2022). MANAGEMENT AND STUDY OF CULTURE AND ART. Web of Scientist: International Scientific Research Journal, 3(1), 758–762.

Sag’inbaevna, T. S. (2023). Cultural Life in Uzbekistan during the Years of Independence. Spanish Journal of Innovation and Integrity, 18, 39-41.

Ануаровна O. Р. ҚОРАҚАЛПОҚ ХАЛҚ КУЙЛАРИ ВОСИТАСИДА БОЛАЛАР ИЖОДКОРЛИГИНИ РИВОЖЛАНТИРИШ. – 2023.

Anuarovna U. E. IMPROVING THE MECHANISMS OF EDUCATING STUDENTS IN THE SPIRIT OF INTER-ETHNIC HARMONY BASED ON NATIONAL MUSIC IN THE CONDITIONS OF ETHNO-CULTURAL RELATIONS //International Journal of Advance Scientific Research. – 2023. – Т. 3. – №. 09. – С. 329-333.

БОЛАЛАР Қ. Х. К. В., РИВОЖЛАНТИРИШ И. MODERN SCIENCE АND RESEARCH //MODERN SCIENCE. – 2023. – Т. 2181. – С. 3906.

Ospanova R. DEVELOPMENT OF CHILDREN'S CREATIVITY THROUGH BLACK FOLK SONGS //Modern Science and Research. – 2023. – Т. 2. – №. 9. – С. 70-73.

Maksetbaevich O. K. Ethnodemographic procesess at the headquarters of amudarya on the EVE of the 1916 uprising //Journal of Critical Reviews. – 2020. – Т. 7. – №. 11. – С. 391-395.

Кощанов Б. А., Отегенов Х. М., Ержанова Г. М. ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН ТАРИХШУНОСЛИГИНИНГ ДОЛЗАРБ МУАММОЛАРИ //ВЗГЛЯД В ПРОШЛОЕ. – 2022. – №. SI-3.

Rametullaevich K. A., Makhsetbaevich U. K. The Struggle of the Working People of Karakalpakstan against Social and Colonial Oppression in 1916 in Chimbay //resmilitaris. – 2023. – Т. 13. – №. 1. – С. 2980-2984.

Отегенов Х., Ҳакимниязов К. НАРОДНОЕ ВОССТАНИЕ 1916 ГОДА В ХИВИНСКОМ ХАНСТВЕ И АМУДАРЬИНСКОМ ОТДЕЛЕ ТУРКЕСТАНСКОГО КРАЯ //ВЕСТНИК КАРАКАЛПАКСКОГО ГОСУДАРСТВЕННОГО УНИВЕРСИТЕТА ИМЕНИ БЕРДАХА. – 2015. – Т. 27. – №. 2. – С. 50-55.

Отегенов Х. К оценке восстаний в Хивинском ханстве и Амударьинском отделе в 1916 г //Каспийский регион: политика, экономика, культура. – 2019. – №. 2 (59). – С. 31-36.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов